ШЕБЕР СӨЗ ЕСКЕН ЖЕЛДЕЙ БУРҚЫРАСЫН

Қайғырғаны қағазынан билинди

          1931-жылы май-июнь айларында  “Ылақалы” деген жерде (ҳәзирги  “Алтынкөл”де) аяғынан тура алмай, емленип атырған ўақытта, Тилеўберген Жумамуратовтың, туўған мәканы Мойнақ¬тың “Аққум” аўылындағы туўысқанларына ҳәм қатар жораларына   жазған хаты:

Атамурат, Мырзамурат, Мәтмурат,
Келген жерим еки жарым шақырым,
Керегеге  салып мени ақырын,
Алты жигит тум-тусымнан көтерип,
Питкергендей бир Қуданың тәғдирин.

Бир күн отыр едим үйде сандалып,
Қолымды таянып жаттым таң қалып.
Қәлим және кешикти ғой дегенде,
Кирип келди бир қолына хат алып.

Хатын алып оқыйман да, қарайман,
Шыдамастан өзинен де сорайман.
Айталмаған аманлығын билейин,
Одан басқа не хызметке жарайман?!

Қайта-қайта оқып көрдим тазасын,
Сөйтип алып сәлем хаттың мазасын.
Ақырында жыртып қойды Көптилеў,
Оныңдағы жеткерипти қазасын.

Есабы жоқ күнниң, өткенде зуўлап,
Елдеги жигитлер жоллапты хатлап.
Қайғырғаны қағазынан билинди,
Жазған Генжемурат қәлемин таўлап.

Мәрпеттиң де айрақлаған хаты бар,
Бир қағазда орап берген заты бар.
Қудайберген өз қолынан жазыпты,
“Списка”да алты адамның аты бар.

Мында  келгеннен соң қалдым жүре алмай,
Жарық дүнья, ай-даланы көре алмай.
Бийтаплық, қапалық ­ қосылып бәри,
Есим кетти не екенин биле алмай.

Тағы бир хат келди Мәтимураттан,
Жиберипти Алламурат қыяттан.
Аўырыўдың жартысын бөлип алады,
Андай-мундай хабар келсе елаттан.

Мағаналы шийрин сөзиниң мәни,
Қысқаша тил менен айтыйын аны,
Жасы үлкенниң сөзи мынаў тыңласам,
Төмендеги жазғанының мазмуны:

“Тилеўберген жаным, иним, баўырым,
Биле алмадық наўқасыңның тәўирин,
Қайғырамыз, ойланамыз, қәйтемиз,
Билмеген соң наўқасыңның аўырын”.

Жумамурат мақсым: ­ Сабыр ет,­ дейди.
­ Келгеннен соң ақырына жет, ­ дейди. ­
Ықлас пенен мен ҳәм сени емлейин,
Қаранып бир-еки ай, соң-соң кет, ­ дейди.

Сөйтип сол сөзине қарап жатырман,
Қудайға сыйынып мен де отырман.
Сағынышлы, ғәрийп Тилеўбергенниң,
Иштеги дүбеўи жанып атырған.
                                                            1931-жыл


          1935-жыллары Мойнақ районының “Мәдели” аўылына Кәримбай Муўсаев деген жигит муғаллим болып барады. Ол ҳәммеге өзин шайыр етип танытқысы келеди, ҳәзил жазады. Әсиресе, қыз-жигитлерге сын таға береди. Соның бир қосығын аўыл Кеңесиниң хаткери Мәрпет Нәменов деген жигит аўылда аўырып жатырған жас шайыр Тилеўберген балаға (ол күнде солай аталған) алып барады. Ол Кәримбайдың сөзине қосық жазады.

КӘРИМБАЙДЫҢ СӨЗИ

Мойнақтың елине келдим,
Мәдели жерине келдим.
Теңизин, көллерин көрдим,
Егинлери де бар екен.

Теңизден сүўен аўлайды,
Желқом ҳәм ескек таўлайды,
Көллерге тағы қатнайды,
Мал баққан шарўалар екен.

Мен бир жүрген шайыр едим,
Жоқарыдан келип едим,
Муғаллим боп сабақ берип,
Биразлары билмес екен.

Жаслары отырыспа қурар,
Қыз-жигитлер соған барар.
:лкенлер төрде отырар,
Бизлерди сыйламас екен.

Қызлары сулыў болса да,
Берген кесени алса да,
Бир өзи аўлақ қалса да,
Айтқан тилди алмас екен.

Қызлар-жигитлер қасында,
Жеккелик келди басыма,
Мирәт жоқ ғарры-жасыңда,
Мениң кеўлим қалған екен.

“Жеткиншек” ҳәм “Бирлик” ели,
Марпет, Сағый, Жәдигери,
Мен бунда келгеннен бери,
Қызға таныстырған емес.

Түсиремен абырайын,
Ҳәмме журтқа танытайын,
Қосық жазып қатырайын,
Кимниң зорын билмес екен!

Қыз жеңгеси танымады,
Айнаханы мазақлады,
Сөйтип, маған қарамады,
Шайырды аңламас екен.

Муғаллиммен мениң өзим,
“Гәзийт”ке де шыққан сөзим,
Барлығын көрип тур көзим,
Қыз-жигити надан екен.

Шайыр болып атын жайған,
Муўса улы Кәримбайман,
Қосық жазып қорқытаман,
Шайырлықты билмес екен.


ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ КӘРИМБАЙҒА ЖАЗҒАНЫ

Мен билмеймен ҳаслы-затың,
Жоқарыдан келген жигит,
Кәримбай ма ырас атың,
Бизиң журтқа күлген жигит.

Пайда жоқ көмпейген урттан,
Еситемен сени сырттан,
Тап келгендей басқа журттан,
Бизлерди жат көрмең, жигит.

Бурынғының жолын тутып,
Отырыспада қызлар күтип,
Ўақтыңда тым-тырыс кетип,
Сырттан сайып күлген жигит.

Жарамапты саған Мойнақ,
Сөзлериң бар дойнақ-дойнақ.
Жүрипсең ким менен ойнап,
Тақым салдың бирден жигит.

Көринесең сөзге батыр,
Айтқанларың қотыр-қотыр,
Гәп таппасаң тыныш отыр,
Тақырдан шөп терген жигит.

Жәдигер менен Мәрпетке,
Сағыйдулла, қызлар бетке,
Басқа да ғошшақ жигитке,
Айып тағып илген жигит.

Қайдан таптың шайырлықты,
Тутысайық болсаң мықлы,
Бизиң елат адамлықты,
Үйренбейди сеннен, жигит.

Шайыр болсаң, айтысайық,
Бир-биреўге қатысайық,
Сөздиң оғын атысайық,
Болсаң егер мерген жигит.

Анда шаўып, мында шаўып,
Ҳәр кимге бир жала жаўып,
“Қоясаң” деп бир қыз таўып,
Ҳақың барма берген, жигит?!

Сулыўларды саған қыйып,
Гәплессин деп қойған жыйып,
Барыўдан қабақты үйип,
Ҳәр муқамға дөнген жигит.

Саған пайда ойлағанда,
Түсинбейсең ойнағанға,
Өкпелепсең Айнаханға,
Ҳеш пәмиң жоқ, менмен жигит.

Ҳәр нәрсеге керек төзим,
Жатық болса айтқан сөзиң,
Қарапайым болсаң өзиң,
Орын берер төрден жигит.

Әдепсизлик ­ елге күлген,
Қоқаңламас ҳалын билген.
Болғанлықтан жасың үлкен,
Қатты айтпай жүрмен, жигит.

Гәпиң аўыр ғарры, жасқа,
Өлемата ҳәдден аспа! ­
Бизиң елге аўыз ашпа,
Деген Тилеўберген жигит.
                                        1935-жыл

 

ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ ҚАЗАҚ АҚЫНЫ
ҮМБЕТАЛЫ МЕНЕН АЙТЫСЫНАН

          Тилеўберген Жумамуратов 1934-жылы Мойнақтың “Аққум” деген жеринде жасаған. Сол ўақытлары қазақ халқының ақыны Үмбеталы қарақалпақ халқының  еллерин аралап жыр айтып жүрген усайды. Ол Аққумдағы көпшилик адамлардан Тилеўберген шайырдың дилўарлығы ҳаққында еситеди ҳәм оған:
­           - Мен Сизди көпшиликтен шайыр бала деп еситемен. Шайыр болсаң, екеўимиз айтысайық, изимизде атларымыз қалсын, ­ дейди. Бул ўақытлары Тилеўберген он жети жаста екен. Жақын аўылларда белгили шайыр атанғаны  менен, еле пүткил елге мәлим болғаны жоқ еди. :мбеталы суўырып салып айта беретуғын әйгили шайыр екен. Соннан тартынды ма, я ийбе сақлады ма, Тилеўберген:
­-Мен Сиз бенен айтыспайман, ­ деп жуўап береди.
          Бирақ, аўылдың халқы Үмбеталыға:
-­ Сиз сол бала менен айтысып көриң, дәсма-дәс шешенликтен қумардан шығасыз. Келисим менен айтыспаса, сөз бенен илип сөйлең, оннан соң ол да айтысты даўам етип жибереди. Ақыл сөзге қулағымыздың қурышы қансын, ­ деп қоймаған.
          Усынған  байланыслы Үмбеталы әдейи Тилеўберген шайырдың жан жерине тийейин деп, мынадай сораўларды береди:
- Қарақалпақлар, Хожахмет Яссаўийдиң  шымылдығын урлап, ғарғыс алған. Қарақалпақлардың аз болыўы да соннан. Усы гәптиң ырас я өтиригин айтып бериң. ­ дейди.
          Сөз тийгеннен кейин Тилеўберген шайыр қарап тура алмайды. Айтыс басланып кетеди. Тилеўберген шайыр Үмбеталиниң сораўына жуўап қайтарады. Буннан кейин серли ақын жеңилип қаларман деп ойлады ма,
­- Шамаңды байқадым. Сениң алдыңда басымды ийемен, ­ деп айтысты даўам етпейди. Сондағы олардың арасындағы айтыс тексти:

Үмбеталының сораўы:

Тилеўберген қарағым жас баласың,
“Аққум”ның отырыспасын басқарасың.
Жүсиптей сын-сымбатың келисип тур,
Қызлардың жүрегинде сақталасың.
Уясы дүзиў жердиң улы дейди,
Еситтим көп аралап ел арасын.
Айтқаны адамлардың ырас болса,
Дүньяда китап қоймай ақтарасың.
Журттың бәри сыртыңнан шайыр дейди,
Жүйрик болсаң несине тоқталасың?
Кей-кейде сөзимизди илип алып,
Тартысып көриўге де оқталасың.
Узақ жолдан шабылған тарлан ғой деп,
Мениңмен айтысыўға жасқанасың.
Ағаңның той-мереке жыйындарда,
Билесиң, еш иркилип тоқтамасын.
Сени де бир қамшылап жиберейин,
Шайыр болсаң сен неге сақталасың?
Барың болса шығаршы қарыўыңды,
Шырағым, ел ишине сөз тарасын?
Қарақалпақ үлкен ел болған екен,
Басқарған талай журтын буқарасын.
Түркистанға барғанда көрип жүрмиз,
Хожа Ахмет Яссаўийдиң мақбарасын.
Сонда қарғыс алыпты қәрекең деп,
Душпанлары шығарған масқарасын.
Соннан кейин азайып қалған екен,
Деп сыртыңнан айтады, журт ырасын.
Ақын болсаң, осыған жуўап қайтар,
Шебер сөз ескен желдей бурқырасын.
Шымылдықты урлаған урылардың,
Урпақтары болған соң, сақталасың!
Қарақалпақ улымын деў де уят,
Оны айтып несине мақтанасың?
Халық айтса қалып айтпайды, деген сөз бар, 
Дәлилде қәрекеңниң ақ қарасын?!

Тилеўбергенниң жуўабы:

Көп сәлем Үмбеталы ағамызға,
Излесек Сиздей аға табамыз ба?!
Талай-талай мақтаўлы болсаңыз да,
Асылып турсыз бүгин жағамызға!
Ҳәзирше шабытыма келгеним жоқ,
Ойлансақ, шамалы сөз табамыз да..
Сиз бир бийик асқар таў, мен төбешик,
Шабылған тарлансыз ғой арамызда.
Оқып қойдым жасырын хатыңызды,
Мақтап өлең жазыпсыз Сара қызға.
“Қазақ қызы жаным” деп айырыпсыз,
Сонда биз бөлекленип қаламыз ба?
Сизге дос қарақалпақта аз емес ғой,
Жеткерейин Төрехан жораңызға.
Жабылып бир басқылап ала ғойса,
Өкпелемең бизлердей балаңызға.
Еки жыл туўысқандай емиренип,
Буннан былай қас душпан боламыз ба?
Түркистанда шымылдық урлаған деп,
Сын тағыпсыз бизлердиң бабамызға?!
Урлаўына сизлердей гүўа турса,
Бабамыздың айыбын жабамыз ба?
Шымылдықты урласа алған шығар,
Бул гәплер ырас, я жалған шығар?!
Бир шымылдық бир халыққа мүлк болмайды,
Көп болса төрт-бес уры болған шығар.
Ҳәр елде ондай уры болмаймекен,
Қазақта да урылар болған шығар?!...
Әўелден арқан-тусаў урлайтуғын,
Өзиңниң арқадағы шарўаң шығар!
Нағашылы- жийенлер урлап болып,
Жаласы қарақалпаққа қалған шығар?!
Гүмбезинде бар дейди, алтын алқап,
Қазақлар сатып жеген жүрек жалғап,
Ҳеш азамат өз елин ғарғамайды,
Яссаўий қазақ емес, қарақалпақ!
(Тексттиң изи жойтылған)

Умбеталының ең соңғы жуўабы:

Хат жазаман мен арнап,
Тилеўберген қарағым.
Ықбалың жүрип бул күнде,
Ҳәр кимнен артық талабың!
Сен болмасаң қызбайды,
“Аққум”да мениң базарым.
Қай ўақытта хат жазсам,
Меңлибек еди шабарым.
Мойнаққа сени кетти деп,
Хабарыңды сорадым.
Аман есен келдиң бе,
Арымайтын араным!
Айтысыўға шама жоқ,
Күшиңди байқап қарадым.
Айналайын қарағым,
Алдыңда бас урамын!
                              1932-жыл

 

“РОТОРЫН СЫТЫП АЛДЫ…”

          Көлик кемтар ўақыт, 1959-жылы декабрь айында Тилеўберген шайыр хызмет сапары менен Кегейлиге баратуғын болып, жолшыбай жүк машинасына минеди. Жолда суўыққа тоңып турған еки кемпирди көрип, үш адам миниў қадаған екенин билсе де, шоферға:
­ - Әжелерди алып кетейик, суўыққа қатып қалар, “ГАИ” тоқтатса, өзим жуўап берейин, ­ деп мойнына алады.
          Айтқанындай, Кегейлиге кирген жерде булар минген машинаны автоинспекция хызметкерлери тоқтатады. Булар: “қудайға шүкир, жетип келдик, суўыққа қатпаған пайда” деп жалынса да “ГАИ”лар тыңламайды. Басқа жигитлер шайырды танып, “Уят болар, қояғояйық, ­ десе де, биреўи баслығы қусайды:
-­ Мениң атымды Сәден дейдилер! Ҳеш кимнен қорқатуғын жерим жоқ, сытып аламан, ­ деп, машинаның роторын алып қояды. Өзи мәс екен.
          Тилеўберген шайыр район басшылығы жайына, мәжилис болып атырғанына қарамастан кирип келип, болған жағдайды айтады. Сол жерде жаңағы  “ГАИ” шақыртып алынып, халық алдында шайырдан кеширим сораған, қопаллығы ушын “ҳәмели сол жерде сытып алынады”. Сондағы Тилеўбергенниң минберге шығып айтқанынан:

Кегейлиге келип едик,
Кирген жерде күтип алды.
Бизлер минген машинаның,
Роторын сытып алды.

­- Мениң атым Сәден,­-дейди- ­
Мен қорқаман неден! - ­ дейди.
- ­Кегейлиге келгенлерден,
Алатуғын қәдем! - ­ дейди.

Өзи күтә шаққан екен,
Жүз граммды қаққан екен.
“Еки кемпир мингиздиң” деп,
Үлкен гүна тапқан екен!

(Текст толық емес)

 

ЖАЗЫЎШЫЛАР АЎҚАМЫНДА

          Жазыўшылар союзының баслығы Марат Нурмуҳаммедов басқа жумысқа өтип, орнына бираз ўақыт баслық сайланбай, мекемеде хожасызлық ҳүким сүрип турады. Сондағы Тилеўбергенниң айтқаны:

Келгенди ким қабыллайды,
Секретарь табылмайды.
Консультантқа “отыр” десе,
Партшөлкемге бағынбайды.

Печьлерге  от жағылмайды,
Қапылары жабылмайды.
Председатель болмағансоң,
Ҳеш ким уста шақырмайды.
Кадр деген қапылмайды,
Ҳәр ким келип тақылдайды,
“Сени сайлаў керек” десек,
Басын ийзеп мақуллайды.

“Кәтталар” ҳеш гәп урмайды,
Көп айтамыз “япырмайды”,
Бул аўҳалдан қутылар күн,
Енди қашан жақынлайды?!
                                        1960-жыл

 

СЕЛКИЛДЕЙДИ СӘЛИЙМАНЫҢ ЖАЎЛЫҒЫ

          Дәлкек басымырақ болғанлықтан исми айтылмады, 1958-жылы Тилеўберген Жумамуратов қәлемлеси менен хызмет сапарында болады. Районда жасы келсе де, турмысқа шықпаған белсенди қыз Сәлийма буларды жумыслар менен таныстырып, бирге жүреди. Қыз Тилеўбергенниң жолдасы менен бурыннан таныс қусайды, ҳәзиллесип, “Мени мақтап қосық жазып кетиң” деп қоймайды.

Сонда  жигит:

­Селкилдейди Сәлийманың жаўлығы,
Еле кетпеген бе мойынтаўлығы.
Усы ўаққа дейин байға тийген жоқ,
Көбейсе де журттың ақлық-шаўлығы,

­ деп қосық шығарып атырса, Тилеўберген  жорасының қулағына:

­- Неғыласаң, тәбияты алмаса,
Мүмкин, кемис шығар денниң саўлығы,

­- деп сыбырлапты. Қурдасынан тартынбаған жигит қояғоймай, даўам етеди:

­ - Сәлийма қыз жүриўши еди сызылып,
Сырттан қарап көрген адам қызығып.
Ендигиден былай ерге тиймесе,
Кетеди ғой гүлабыдай бузылып…

          Буны еситкен қыз “сампылдама!” деп ашыўланыпты.
          Былай шыққаннан соң, Тилеўберген аңламай сөйлеген жорасына:

­ “Сампылдама”, достым, кеттиң қаттыға,
Тиймегени бир жериңе батты ма?!
“Ҳаялыңды таслап мени аласаң!” ­
Деп көсилип төсегиңде жатты ма?!

­ деп тәмби берген екен. Ол ҳәр қандай жағдайда да әдил, кеўилшек инсан болған.

ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ МОЙНАҚШЫ ШАЙЫР
ПАЛМАН МЕНЕН ЖАЗЫСҚАН ХАТЛАРЫНАН

          Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың жетписинши жыллары, бийтап аяғы және шалынып кетип, наўқасланып Республикалық емлеўханада жатырғанында, Мойнақшы дайысы Палман оннан ҳал-жағдайсорап, ойын-дәлкек, ҳәзил мәнисинде қосық жазып жиберген. Тилеўберген де Палманның қосығына жуўап жазған.

Палманның хаты:

­ Ҳалыңды еситтим мен Тәжибайдан,
Жығылды деп Сизди үш этаждан,
Ондай ҳалға, достым, тап болдың қайдан,
Тилеўберген, тәўирмисең, жийеним?!

Аўырыў деген бир әдет болады,
Ҳал сорасқан бендеге медет болады.
Бир атым насыбайдан кеўил қалады,
Тилеўберген, тәўирмисең, жийеним?!

Аяғы аўырып жатыр деп Сизди,
Жас болсаң да, иштиң көп жерден дузды,
Ҳал сорасқан дайың Палман дер бизди,
Тилеўберген, тәўирмисең, жийеним?!

Мен өзим барыўға узақдур жолым,
Жумыста жүрген соң тиймейди қолым.
Орнымда ислеўге яки жоқ улым,
Тилеўберген, тәўирмисең, жийеним?!

Кетти деп еситтим Арабстанға,
Барып келиў қыйын емес жас жанға.
Көргениңди қосып жазып дәстанға,
Тилеўберген, тәўирмисең, жийеним?!

Тәўир болыўыңа тилеклес дайың,
Қулласы, тәўирмисең, қалай ҳал-жайың,
Аўҳал сорасқан биз, Палман дайың,
Тәўирмисең, Тилеўберген, жийеним?!

Кеўил деген әзийз, қылдан жиңишке,
Өткен күнлер түсер ойласам еске,
Тәўир болып кеткейсең айланып иске,
Тилеклеспен, Тилеўберген жийеним!

Тилеўбергенниң Палманға жуўабы:

­           Әссалаўма әлейкум, Палман аға! Саў-саламат жүрсиз бе? Қуўатлымысыз? Бала-шағалар, қоңсы-қобалар саў ма? Турмыс-аўҳалларыңыз жақсы ма?
          Мен Сизден еки хат алып едим. Ўақтында жуўабын қайтара алмадым. Оның ушын Сизден кеширим сорайман. Себеби, әўелги жазған хатыңызға жуўап қайтараман деп жүргенимде адресиңиз жазылған конверт көп қағазға араласып кетипти, таба алмай қалдым. Соңғы хатыңызда адресиңиз жоқ екен. Сол себепи ўақтында хат жазбадым.
          Бизиң саламатлығымыз жаман емес. Сиз айтқандай тамнан қулағаным жоқ. Жерде тайып жығылып-ақ, бурынғы аўырыў аяғымнан майрылған едим. Ҳәзир тәўирмен. Бирақ, көп жатыспа болды. Ақыры қайыр.
          Баяғыда мола Насратдийн деген адам болған екен. Сол атына мине алмай умтылып турып:
­          - Ўәй, ғаррылық-ай, ғаррылық-әй, - ­ дей берипти. Үлкен адамлар: - ­ Жасыуллыға көмеклесиң,­- деп атына көтерип мингизипти. Сонда Насратдийн былайырақ шығып кеткен соң артына қарап:
­          - Қойшы, ғаррылық, ғаррылық деп.. Жасымда да қарық емес едим, ­ деген екен. Ол бурыннан-соңға биреў демемесе атына мине алмай қалатуғын әдети бар екен. Сол айтқандай, бул аяқ бурын да қарық емес еди. Бирақ, қудайға шүкир, усы аяқ пенен дүньяның талай жерлерин гездим.
          Сиз сораған араблардың, Мысырдың жерлерин де, еллерин де көрип қайттым, өткен жылы. Бурында, алты мың, жети мыңыншы жыллары салынған патшалардың  қорған сарайларын, олардан да басқа тамашаларды көрдик. Адам таң қаларлық нәрселер дүньяда көп екен.  Дүньядағы ҳәр бир елдиң, мәмлекетлердиң дәстүр-заңлары, өмир кешириўлери бири-бирине усамайды. Жарлыларының турмыслары жүдә төмен, адам аяғандай.
          Күн жылығандай болса, қуда қәлесе, саўлық болса, Мойнаққа барып қайтарман, деген нийетим бар. Мүмкин, сонда гезлесермиз, нәсип болса. Ҳәзир Мойнақ суўық деген хабарды еситип, бирдей үйде жатып, жуқарыңқырап қалғанлықтан, жүрегим даўамай тур.


Ҳаслың қабасан дайымсаң,
Дуўай сәлем Палман аға,
Шайыр болыўға қайымсаң,
Шешенликте палўан аға!

Тоқтамайсаң кетсең йошып,
Өтирикке ырас қосып,
Қаршадайдан жазып қосық,
Жастан шапқан тарлан аға.

Айтқаныңды билер халық,
Өзиңде бар кәтқудалық,
Баяғыда тумсық салып,
Мени шоқып алған аға.

Сезип едим әне соннан,
Хабарым бар тамашаңнан,
Үйленбеппен қабасаннан,
Жүректеги әрман, аға.

Сөзиң жүрди желдей тарап,
Ҳақ көңилсең өзиң бирақ.
Хат жазыпсаң, аўҳал сорап,
Гәпиңде жоқ жалған, аға.

Бурыннан-ақ майып аяқ,
Досларым жүр сырттан аяп,
Қыдыраман, қолда таяқ,
Бой тикледим зордан, аға!
   ***
Көздиң нуры жерим менен аспаным,
Елде жүрсем, асқар таўдан асқаным.
Қәстеликте қанат болып көринди,
Қара жерди қайра-қайра басқаным.
                                        1970-1972-жыллар

«ҚАЗАҚСТАН ДӘПТЕРИ» ДҮРКИНИ ТАРИЙХЫНАН

          1962-жылы май айында Қазақстанда өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының он күнлиги өткерилип, оған Өзбекстанның  атақлы сөз шеберлери ­ Айбек, Ғафур Ғулам, Камил Яшин, Хамид “улам, Миртемир, Зульфия, Сабыр Абдулла, Александр Удалов, Қарақалпақстаннан Аббаз Дабылов ҳәм Тилеўберген Жумамуратовлар қатнасқан. Әдебиятшылар, көркем өнер ғайраткерлери, жәми жигирма беске шамалас адамнан ибарат делегация қурамы Ту ­ 104 самолетинде Ташкенттен Алматыға ушады. Тилеўберген шайырдың:

­- Ташкенттей шамшырақты көрип келдим,
Жүзимди Алматыға берип келдим.
Елиме барған қазақ алып кетип,
Жүрегимниң изинен ерип келдим.
Бабам пақыр түйеде аяңласа,
Мен аспанның ақ бултын жарып келдим!

­- деп жазғанының бирде-бир өтириги жоқ, ойлап тапқаны жоқ. Серли шайыр ушын өмирдиң өзи алып-қосары жоқ поэзия. Поэзияның жаны бар, поэзия ­ мәңгилик өмир, өлмейтуғын мийрас.
          Шайырдың “Қазақстан дәптери” қосықлар циклы да өмир изи, импровизация жемиси.
        Он күнлик басланып, Абай атындағы театрда  Қазақстан жазыўшылар союзының биринши хаткери Ғәбийт Мусрепов байрам салтанатын ашып, Өзбекстан делегациясының басшысы Камил Яшин халықлар дослығының терең тамырлары ҳаққында баянат жасайды. Өзбек шайыры Ғафур Ғулам ҳәзилкеш инсан, “Қазақ халқының уллы тойы” қосығында қәлемлес досы Сәбит Муқановты шайырлық жарысына шақырып, сөзлерин:

...Қорабайир елларини,
Пойгаларда тарайман.
Мақтанмайман чин айтганда,
Бир чамалаб қарайман,
Айтишувда Сабит билан,
Тортишувга ярайман,

- деп баслай береди. Дослық ушырасыўлар қуўанышлы байрамға айланған, байрам ҳәзил-дәлкексиз болмайды, арқалы талант күш сынасқанды тәўир көреди.Мушайра, аския, айтыс киби күнлеп созылған шешенлик дәсме-дәсинде жеңис пәллеси биресе ояққа, биресе буяққа аўып, ҳәўиж алып, Ғафур Ғулам “бул қазақ ақынларын бир жеңсе, бурыннан соңға айтыс өнеринде табысқа ерисип жүрген, қазақтың тилин де, жырын да жақсы түсинетуғын төкпе шайыр Тилеўбергенжан жеңер, ­ деп ойлайды. Бирақ, Тилеўбергенниң қазақ қәлемлеслери менен жақынлығын билгенликтен, шәкиртине сынай қарайды. Устазының тәбизин аңлаған Тилеўбергенниң ойды жалғап айтқаны:

Ассалаўма әлейкум, Ғафур аға,
Ташкентим Алматыдан жақын, аға.
Ара жақын болса да жас үлкенге,
Ийилип сәлем бериў мақул, аға.
Ғафур аға, аман ба бала-шаға,
Бәримиз қызығамыз тамашаға.
­Сәбит пенен айтыссам, деп едиңиз,
Түсип қалып жүрмейик арашаға!   

Тилеўбергенниң пәт алып, зытқыўға шәй турған тарландай, шабыты шыңланғанын сезген Ғафур Ғулам:
­ - Ал, Сәкеден мат болып қалмайық, көрсетиң өнериңизди, ­ деп басын ийзейди. Сонда Тилеўберген шайыр:

Қол қысып қутлықлаўға батыр елди,
Өз ағаң-өзбек шешен, ақын келди,
Айбек, Хамид, Яшин, Сабыр, Зульфия бар,
Сәбиттиң ҳәзиллеси Ғафур келди.

Журт айтады Ғафурды ­ Наўайы деп,
Ташкентли шайырлардың ағайы деп,
Мен де айттым Сәбитти заманында,
Шарықлаған дәўирдиң Абайы деп.

­-деп шешенлик жарысына пәт ендиреди. Қазақстанға келген дәслепки күннен-ақ, ҳәмме көрген-билгени төкпе шайырдың қыялында қосық болып, ийнениң көзиндей саңлақ тапса мөлдир шәшме киби аспанға шапшып атады.
          Сапардың екинши күнинде мийманлар минген “Волга” машинасы арқа шығысқа бет алған. Шайырдың өзи усы күнди былай еслеген екен:
          -­ Жайсаң таў аралығындағы суўы мөлдиреген, айналасын орманлық қаплаған көлге келдик. Бул Есик көл деп аталады. ...Есик көлдиң көркемлиги адамның ойынан шығарлық емес. Бул тәсир шайыр қыялында қосық қатарларына айланған:

­Күнди сүйип гүмбезленген булшық шың,
Өркеш-өркеш шоқмарындай уршықтың.
Ала таўдың бүркитиндей шарықлап,
Алма-атаның аспанына бир шықтым!

          Ертеңине делегация Ил-18 самолеты менен Қарағандыға ушады.
­          - Қарағандының соншелли сулыў шәҳәр екенин билмейди екенбиз, ­ деп белгилеген шайыр сол күнги әҳмийетли тәсирин. Ҳәм ойы поэзия тилинде жүзеге шыққан:

Әй, сулыўым, дийдарыңа нур толған,
Әй, жомартым, сыйлығыңа қыр толған.
Сениң жайсаң сыпатыңды көргенде,
Шайырлардың жүрегине жыр толған.

          Делегацияны жазыўшы Ғәбийт Мүсирепов ҳәм ҳүкимет адамынан Серикбай Дүйсенбаев басқарып жүрген. Қазақ жазыўшылары Ғаллий Орманов, Жубан Молдағалиевлар да бар, ҳәммеси бирге шахтадағы кәншилер арасында болады. Клубта шахтёрлар қутлықлаў сөзлерин айтып, мийманларға өзлериниң фонариги менен каскаларын сыйлыққа берген.
     Басларымызға кийип, фонарикти услағанымызда тап шахтёрларға усап қалдық. Олар жердиң тереңинен “қара алтын” ақтарса, бизлер жүрегимиздиң төринен солардай еңбек адамларын жазыў ушын тәсирли сөзлер табыўымыз керек деп ойладым. Қала орталығындағы кешки үлкен салтанатлы жыйналыста Ғафур Ғулам, Зульфия, Жубан, Ғафур ­ барлығымыз өз жырларымыз арқалы жүрек сезимлеримизди билдирдик, ­ деп жазған еди еди сонда шайыр, бул күнлерди еслеп. Ойы менен сөзи, ойлағаны менен орынлағаны бир, ўақыя тап сол қәлпинде қосыққа түседи:

Жер қатламын қақ жарып,
Түссең түби жап-жарық.
Жети қабат жер астын,
Көрип қайттым мен барып. («Шахтёрлар»)

          Делегация арнаўлы вагонға шығып, Қазақстанның ең сулыў жерлериниң бири Көкшетаўға бағдарланғанда, поэзия мушайрасы да пәт алып, Сәбит Муханов шабытты егеўлейди:
          ­- Өз елин қай шайыр да тәрийплейди. Әйдик шайыр болсаң, өзге журтты да тәрийплей ал, көргениң мен түйгениңди жырға сал деген, Қазақтың жериниң кеңлигин, елиниң кеңлигин тәрийплеңизши, естелик қалсын, - ­ деп идея таслайды.
Ғафур Ғулам:
­          -Тилеўбергенжан ҳәзирден-ақ, жыр булағын тастырады, ­ деп жуўап береди. Соң шәкиртине қарап: 
­ Көрген-түйгениңизди “анақаны көрдим, мынақаны көрдим” деп тәрийплей бериң, шайыр болсаңыз, алып кетесиз, ­ деп нәсиятлайды. Сондағы поезд қозғалыўдан Тилеўбергенниң поезды тәрийплей кеткени:

Секирмей, яки туўламай,
Демин шашты буўрадай.
Шапшыды көкке түтини,
Шыйратылып шуўдадай.

Жолбарыстай ақырды,
Барабандай тақылды.
Қақ жарып ҳаўа теңизин,
Қуйындай алға атылды!

          Буннан соң, ҳәттеки “поезд шаршап талса да, ентигип демин алса да”, “жер танабын қуўырып, жулқынып келсе де” таўсылмайтуғын, “қус қанатын талдырған” қазақ жериниң шексизлигин айтып адағына жете алмайды:

Таўдан өтсең тегислик,
Егистен өтсең, егислик,
Булттай дүркин мал көрсең,
Алдыңнан шығар жемислик.

...Топырағы алтын аймаққа,
Сүйсинип кеўлим тоймақта.
Бул не деген кең жәҳан,
Ой-ҳой!-шегарасы қай жақта?!

(«Бул не деген кең жәҳән»)


          “Қазақтың баў үстине көсилген таўларын”, “арқаның аты шуўлы кең даласын”, “гүл жайнаған бағларын”, “жер қатламын қақ жарып ислеп атырған шахтерларды, жер асты қазылма байлықларын”, “орманның еркин өскен еркелери ­ қулан, кийиклерин”,  “катер жүзген тербетиле” теңизин, дәрьясын, ертең үлкен келешек күтип турған Ақмола шәҳәриниң орыны (Ҳәзирги Астана) -­ бүгинше “тек торғай шырылдаған қулдыраған қула дүз”ине шекем қалдырмай, бәрине йошлы қосықларын қардай боратады. Тәрийплемеген нәрсеси қалмайды. Қәлемлеслерине де арнап қолма-қол қосықлар шығарады.
          22-май күни делегацияны Қазақстанның ел басшысы Динмухаммед Қонаев қабыллап, ҳүрмет-иззетин билдиреди. 23-24-майда еки халықтың биргеликтеги әдебият талқылаўында сол нәрсе мәлим болады, қазақ, өзбек шайырларының арасында тәсирлерден ең көп жыр булағын тастырған, поэзиялық қалқа айтыста дәрпенбеген шайыр Тилеўберген Жумамуратов екен! Сондағы оның поэтикалық  кәраматы еле тиллерде дәстан болып жүр.
          Бул сапар - ­ Миртемирдиң: “Тилеўберген шайырға Аллаҳ Тағала илҳам берген” деген, Ғафур Ғуламның:  “Тилеўберген Жумамуратов ­ уллы шайыр” деген  даңқлы баҳалары берилди. Қарақалпақтың төкпе шайырлығы ­делегация жәмәәтин, мийманларды да, мезбанларды да лал қалдырған екен.

ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ ҚАЗАҚ ШАЙЫРЫ
КЕНЕН ӘЗИРБАЕВ ПЕНЕН СӨЙЛЕСКЕНЛЕРИНЕН

          Делегация қурамындағы ­ Халийма Насырова, Клара Юсупова, Бәҳрам Мәўленов, Эргаш Юлдашев киби өзбек көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўлары ҳәммени таңландырады. Қазақ ақыны  Кенен Әзирбаев “бәрекелла” деп сүйсинип турып, Тилеўбергеннен:
­          - Бизиң көркем өнер шеберлеримиздиң атқарғанлары да Сизлерге унады ма? ­ деп сорайды.
Сонда Тилеўберген:

Кең сахнада көрип қазақ баўырды,
Тынышсызлық алды меннен сабырды.
Қарыйбулла, Розалар сайраса,
Ертеңине алақаным аўырды,

­ -деп иркилмей жуўап береди. Буннан соң Кенен Әзирбаев:
­          - Сизиң жақта бизлерди биле ме, өнеримиз халыққа таралған ба? ­ деп сорағанында Тилеўберген:

Ким билмейди қарт ақын Кененимди
Көп еситтим әниңди, өлеңиңди,
Нөкистиң радиосы жаңғыртып тур,
“Арам қатқыр көк шолақ” дегениңди.

Ғабиден ағамыздың сөзи қаймақ,
Қунықты шәрбетине аўыл-аймақ.
Абдулла, Тайыр, Ғалий китап жазса,
Оқыйды қарақалпақ алақайлап.

Еңбекте Қажымуқандай палўан қазақ,
Айқаста жаў жүрегин жарған қазақ,
Биржандай Көкшетаўда ән шырқаса,
Дабылы Байсын елге барған қазақ!

­- деп жуўап береди. Буннан соң ақын Кенен Әзирбаев шайырдан кеўили толып, оған былай жуўап қайтарған:

Тилеўберген балама,
Сениң асыл сөздериң,
Жүрегимнен қала ма? 
Бизиңдей қарт атаңды,
Сен де бөлек санама.
Ўатан шерик, жерим бир,
Келип турың араға.
Барсаң дуўай сәлем де,
Жийдели-Байсын жеринде,
Қоңыраттың елинде,
Аўылыңмен қалаға.

ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ СЫРБАЙ МӘЎЛЕНОВ ПЕНЕН ҲӘЗИЛЛЕСКЕНЛЕРИНЕН

- Қарақалпақ шайыры Тилеўберген,
Шеп аяғың оң аяққа тиреў берген,
Ақындыққа қалай сен буғаў салдың,
Өзиң бир тири жансың, жүдеў келген?!

- Ассалаўма әлейкум, Сырбай жора,
Өзиң бир жазыўшысаң дырдай, жора.
Шайырға турпат қосент, жүрек керек,
Сөз бенен өлтирилер, урмай жора!

- Аралға еки дәрья,
Бирге барып қуйғандай,
Мениң де досым геўдемде,
Еки жүрек турғандай.

- Қәлемлес бир жас шайыр Сырбай қурбым,
Көргенде кеўилиң толар дырдай турқын.
Сырекең осы егиз жүрек пенен,
Балалатар өлеңниң отыз-қырқын.

БҮРКИТ ИСҚАҚОВҚА ТИЛЕЎБЕРГЕННИҢ ЖУЎАБЫ

(Сораўлары сақланбаған)

- Сениң атың Бүркит пеЎ
Усайсаң шыннан бүркитке.
Бүркит болсаң, бүркит бол,
Адамларды үркитпе!

  ***
Кешир дослар, ҳәзилим болса қатты,
Дизгинсизлеў жиберсем асаў атты.
Ҳеш күштиң суўытыўға ҳәли келмес,
Жүректиң төриндеги муҳаббатты.

 

ҚАЗАҚ ШАЙЫРЛАРЫНЫҢ ӨЗБЕКСТАНЛЫ
МИЙМАНЛАРҒА ДОСЛЫҚ ҲӘЗИЛЛЕРИ

Айбекке

Айт мейлиңиз аспанда Ай деп,
Әзийз мийман Муўса Айбек.
Көктеги айдай күлим қаққан,
Романы көпке жаққан.

Хамид Ғуламға

Сахна толып кетти саўғаларға,
Китаптан артық сирә сыйлық бар ма?
Хамид ­Ғулам тапсырған бул китаплар,
Тоғанақ болар еди он бес нарға.

Тилеўбергенге

Төкпе жырдың жас бүлбили,
Лашындай ушып келген,
Қарақалпақтың қанатлы улы,
Ушқыр шайыр Тилеўберген!


          Тилеўберген шайырдың Қазақстандағы “шабыт егеўи” күшли болып, илҳам инерциясы тегинликте тоқтамайды, қайтарсын самолетта да даўам етеди:

Қараңғыда ушқанбыз, таң да атты,
Самолет бултты сүзип зуўлар қатты.
Көргеним Қазақстан жерлеринде,
Дизилип көз алдымнан өтип жатты.

...Тағыда мен ойладым Нөкисимди,
Кең, жайлаў “Ақ алтын”лы егисимди.
Әмиўдәрья бойында шешек атқан,
Шалғын жер, палдан татлы жемисимди. 

Самолет шәҳәриме жетип барды,
Әлбетте, мен емеспен достан жарлы,
Күтип алып, сүйисип, қушақласып,
Жаңбырдай жаўдырады сораўларды.

Айтары: ­ Сәбит саў ма, Ғабит саў ма?
­ Миндиң бе Есик көлде бийик таўға?
­ Туўысқан Қазақстан елатынан,
Әкелдиң бизиң жаққа қандай саўға?-

­ Алматыны Нөкиске келдим алып, ­
Деп басладым, сөзимди тыңлап халық ­
Егер де ол қайда деп айтса биреў,
Муҳаббат сандығына қойдым салып!
                              1962 жыл май, Нөкис – Ташкент - Алма-ата


ҚАЗАҚТЫҢ ҚАРТ  АҚЫНЫ САДЫҚ ҚАСЫМОВТЫҢ ТИЛЕЎБЕРГЕНГЕ АЙТҚАНЫ

(Тилеўбергенниң дилўарлық, шешенлик даңқын еситип күш сынасқысы келгенлер көп болған. Олардың хатлары, сөзлери бар)

-Айналайын баўырым,
Айтқаның қандай жыллы еди.
Жан тартқан инсан қаўымын,
Жағымлы неткен жыр еди.
Шын сүйген қазақ аўылын,
Ақпейил қандай сыр еди.
Қарақалпақ, қазақтың,
Әдети-ғурпы бир еди

Сыр менен Әмиў еки өзен,
Бир арқаның тини еди,
Бир қобыздың қылы еди,
Бир жеңде боп билеги
Бирге соқты журеги.

Айналайын баўырым,
Бир бийеде еки емшек,
Тел өсип бирге емискен,
Бир туйеде еки өркеш,
Жарысып жырдай келискен,
Асық ойнап аўылда,
Адырда жийдек терискен,
Жартыны жары аямай,
Жалғызы болса бөлискен.
Тосекте жаным бирге деп,
Бөлмедик енши өристен.
Берекет бирлик достықта,
Муратқа жеттик жеңиспен,
Бахытлы бағда бир өстик,
Бирге жеп жыр-жемистен.
Солардың бәрин сыйғызған,
Жақсы екен жырың келискен!
Айналайын баўырым.

Айналайын сөзиңнен,
Қарақалпақ аўылым,
Айналайын өзиңнен!
Айналайын қаўымым,
Райлас туўған көзиңнен,
Тилеўберген, қарағым,
Қутты болсын қадамың,
Ыстық екен қаламың,
Аман болсам осы жаз,
Аўылыңа издеп барамын.
«Ақ бийдайға» саламын.
Еки өзенниң арнасы,
Шалқайсын шалқар Аралым!
Қушағы қутты теңиздей,
Сен дегенде ағаның,
Аға жолы әр қашан,
Әрманын тапқан даланың.
Ағаңмын деген бир ақын,
Алматылық Барабин,
Ол да дейди: - «Барамын!»,
Әрине, ертип аламын.
Осы жазда барамын.
Өзим издеп табамын.
Барамын,
          Қәйтсем барамын!
                      Әзирше қош бол,
                                  Қарағым!

16-май, 1962-жыл, Алматы.
Дежнев 31, 1-үй