ЕЛГЕ БИР ҒӘЗИЙНЕ АРАЛ ТЕҢИЗИ

ТОЛҚЫНДА

Балалық өткен басымнан,
Уйқыда көрген түс болып.
Суўда да жүздим жасымнан,
Көкке де уштым қус болып.

Шағлаған шаңқай түслерде,
Теңизде жүзип балықтай,
Есирип жаслық күшлерге,
Ойнадық қалақ жалықпай...

Жылларды бүклеп жипектей,
Өткенбиз таслап талайын.
Ғаррылық алда түнектей,
Булдырайды қарайып.

Аралға келдим оралып,
Көзимнен ытқып жас шықты.
Назланды толқын буралып,
Салады еске жаслықты.

Тырнап та көрди тебендей,
Жеңдим мен оған бой таслап.
Баяғы бала, дегендей,
Ойнайды толқын ғоддаслап.

Теңселип теңиз булқынған
Созады көкке өр төсин.
Тигеди кесте толқыннан,
Жамылдым жасыл көрпесин.

Биледи толқын сүзиўди,
Ҳеш биреў оған үйретпей,
Қоймадым қарсы жүзиўди,
Қалықлаған үйректей.

Басыма моншақ шашады,
Қатар-қатар дизилген.
Толқынлар зырлап қашады,
Бир-бириниң изинен.

Алдына шығып қамалап,
Бирин-бири қуўады.
Қас қаққанша балалап,
Толқынан толқын туўады.

Домаланған аршадай,
Аўдаңласып келеди.
Талпыныўға шаршамай,
Сыңқылдасып күледи.

Өнерин ойнап туўлайды,
Мың тилде сөйлеп тамаша.
Самал да шертти сырнайды,
Концертин көрдик оңаша.

Тартынба, теңиз солқылда,
Ләззет алдым күшиңнен.
Туўылған жанман толқында,
Сүйсиндим қатты ишимнен-

Деп тағы айттым досларға:
-Жаслығым қайта оралды.
Шыққандай бәлент асқарға,
Тарқаттым сонша қумарды.

                              1965-жыл

 

М О Й Н А Қ Т А


Сақпан атып зорды берип ҳәлғаққа,
Қаўын қорып отырсақ та шартақта,
Қосық айтып жүрер едик еликлеп,
Аяпберген, Әжинияз, Бердаққа.

-Қай жақта?
-Ақдәрьяда, Бозатаўда, Мойнақта.

Туўылдым да, жастан сонда көп болдым,
Шадлы өсип, қурғын болдым, тоқ болдым. 
Ядтан шықпас шомылғаным, жүзгеним,
Айдынында мөлдир суўлы көк көлдиң.

-Қай жақта?
-Аққум, Майпоз, Тентек арна, Мойнақта.

Көл жағалай  мунарланған ақ қамыс,
Қызыл отаў, ақ жай толған көк жағыс.
Гейде мотор, гейде желқом зымыратып,
Сайран етер хош кеўилли жигит-қыз.

-Қай жақта?
-Қазақдәрья, Қара терең, Мойнақта.

Ериккенде ермек ушын қус атып,
Талай ғаздың май қармасын асадық.
Суўда сүўен, бекире, сазан, ақ марқа,
Қуў, ғаз, үйрек, қасқалдағын усладық.

-Қай жақта?
-Порхан атаў, Мәделиде, Мойнақта.

Көз жиберип қарап турсам оңаша,
Өзгертилген көринис бар жаңаша.
Гудоклары комбинаттың, заводтың,
Пароходқа сестин қосар тамаша.

-Қай жақта?
-Қазақдәрья, үшсай, үрге, Мойнақта.

Түнде- көкте, суўда- жулдыз, мың жулдыз,
Электрдей түнди еткен күп-күндиз.
Қаракөлдиң падасындай жайылып,
Бүлкилдесип гезип жүрген көп қундыз.

-Қай жақта?
-Қаражарда, Қаратерең, Мойнақта.

Сыйырлар бар геўмислердиң сейдини,
Сүйсиндирди жылқысының жүйриги.
Қаражардан қарап турып таң қалдым,
Салақулаш түлкисиниң қуйрығы.

-Қай жақта?
-Кең Аралдың әтирапында, Мойнақта.

Бийик жайлар бойын созған алыстан,
Поселкаға бурыннан-ақ таныспан.
Арқаў етип тас қарағай, бирақта,
Негизинде бинә болған қамыстан.

-Қай жақта?
-Қазақдәрья, үшсай, үрге, Мойнақта.

Тилим жетпес айтқан менен биримлеп,
Толқып ҳаллас урған менен дирилдеп,
Тоқтамайды пароход- мотор кәрўаны,
Ескен желге ерегискен гүрилдеп.

-Қай жақта?
-Асаў Арал айдынында, Мойнақта.

Қайсар мәртлер даўылыңа қарай ма?!-
Тасқын ғайрат бойсынбайды ырайға,
Мәтжан менен, Ҳикмет палуан ағайлар,
Үш жыллығын орынлапты бир айда.

-Қай жақта?
-Мениң өскен елатымда, Мойнақта.

Кем дегенде еки норма жай күни,
Бурқып тасып пәтли жарыс жәйҳуны.
Жеңис ҳүрметине мийнет жыллығын,
Орынлапты тоғызыншы май күни.

-Қай жақта?
- Марат атындағы аўыл, Мойнақта.

Бир сапары қоршап алды көп жеңге,
-Шайыр қәйним, еркектен мен кеммен бе?
Исимизди көрсетер деп ойлаймыз,
Дәмеленип елге шайыр келгенде..

-Қай жақта?
-Кең Аралдың әтирапында, Мойнақта.
Усындайды айтысады халайық,
Шайыр дослар, жүриң, бирге барайық.
Бағындырған толқын менен даўылды,
Батырлардың исин жазыў ылайық.

-Қай жақта?
-Кең  Аралдың әтирапында, Мойнақта.

                                                  1957-жыл.


ТЕҢИЗ ЖАҒАСЫНДА 

Күн ғыжлап балқыса қум менен тасы,
Суўдың ләм ҳәўири қайтарды таўын,
Узақтан көринген өрттиң шуғласы,
Аспан түслигине сызды бояўын.

Катер қасқалдақтай тық-тықлап әдеп,
Заводтың әтирапын кем-кем жаңлатты,
Комбинат үстинде бақырған гудок,
Аспан әлемине шуўдасын атты.

Нәзер етсем Арал теңиз жағына,
Жардай толқын шарпып урар жағасын.
Бойын жыйнап, гүрс етеди тағы да,
Жел сырнайы ызыңлатты намасын.

Көшкисинде ыбыр-жыбыр қайық бар,
Жерден аўлақ, бес-он метр қашықта.
(Қапталынан шапшып өтер балықлар)
Өртекедей ойнақлайды ашықта.

Қалақ ойнап қырдан суўға секирип,
Жаслар да жүр қызыққаннан жалықпай.
Асаў теңиз жулқынса да көпирип,
Булар оны мисе тутпас балықтай.

Көлде жүзген аққуўлардай сызылып,
Булдырайды балықшының желқомы.
Ықлас пенен қарап турсам қызығып,
Балдызымдай суў шашады толқыны.

Тал-тал келер бүлбиллердиң даўысы,
Жырлағандай мийнеткештиң жеңисин.
Бас шайқайды жекен, пишен, қамысы,
Қус концерти жаңғыртып тур көл ишин.

Гайыр нағыш көк пароход бир жақта,
Сапар шекпек болып берди хабарды.
Бәри қызық. Жалтақлайман жан-жаққа.
Көринис тап сахналардай жаңғарды.

Сүңгигирдей  мотоплюк айдаған,
Келди маған Гүлперийза қурдасым,
-Таў артында үш-төрт жылым майлаған,
Шайыр қурдас, айтпайсаң ба ҳармасын?

Барғың келсе моторыма мин,-деди.
Жүрексинип турдым бираз ойланып.
-Қоян жүрекписең, қурдас сен,-деди,
Уялғаннан зорға миндим қыйланып.

Мотор бирден зуўлап кетти қуйындай,
Ҳәрекетте Перийзаның билеги.
Толқын шапшып, қарпып алар жайындай,
Мен қорықсам, ол шақақ атып күледи.

                                        1959-жыл, июль.

БАЛЫҚШЫЛАР ҚОСЫҒЫ

Көк теңизде суўдың бетин жайнатып,
Толқынларды жарғанда көр тамаша,
«Мотор» деген арымақты ойнатып,
Тереңге аў салғнда көр тамаша.

Гүмистей ақ шабақ, сүўен ҳәм марқа,
Гүўенлеп қойғандай оралып торға,
Ҳәр бирин палўанлар көтерип зорға,
Суўдан сүйреп алғанда көр тамаша.

Сыла, сүўен түр-түр болып жалтырап,
Бекирениң қалашлары қалтырап,
Сары сазан сап алтындай жарқырап,
Қырман-қырман болғанда көр тамаша.

Бир жағына бөлек қойып тортаны,
Тағы да бар шамай менен шортаны,
Таў-таў етип үйип қойған ортаны,
«Приемщикке» барғанда көр тамаша.

Мойнақшылар қуўанышта масайрап,
Көллерди жаңлатып, бүлбилдей сайрап,
Шадлық пенен қосық айтар айқайлап,
Кеўилде йош толып атыр тамаша.

Бир жағында қулпы дөнген егиси,
Палызында қаўын, ғарбыз, жемиси.
Ҳәр күн сайын тасқынланып жеңиси,
Суўдан маржан терип атыр тамаша.

Жайлаўында жорға сүрген шарўасы,
Жапырақтай ғаўлап өскен мал басы.
Түўесилмей байлықлардың жалғасы,
Сонша доход алып атыр, тамаша.

Жылқылары киснеседи тулпардай,
Ҳәр бир сыйырлардың желини жардай.
Қой, ешкиниң даўыслары дуўтардай,
Ҳәр намаға салып атыр, тамаша.

Биреў айтар: — Бүгин қызық көрдим, — деп,
Биреў айтар: — Балықты көп бердим, — деп,
Биреў айтар: — Cен озсаң, мен ердим, — деп,
Жарыс ғаўлап қызанда көр, тамаша!

Ҳеш биреў де қалмақ емес жарыстан,
Бахыт келип кенелип тур табыстан,
Мийнет түби рәҳәт деп, алғыстан,
Қуўанышы тасып атыр тамаша.
                                        1936-жыл, апрель

 

БИЗГЕ КЕЛ

Көрсең кеўлиң питер аўыл-аймаққа,
Толып-тасып қушағын кең жаймақта.
Қазақ дәрья,Үрге, Шеге, Мойнаққа,
Мийман болыў мақул десең, бизге кел.

Жети түлик малы өскен жайлаўда,
“Суў тулпарлар” тайын турған байлаўда,
Теңиз майданында көкмар ойнаўға,
Пароход, я катер десең бизге кел.

Елге бир ғәзийне ­ Арал теңизи,
Алдыңа қойылар балық семизи.
Бәримиз де бир Ўатанның егизи,
Жүрегиме жақын десең бизге кел!

***
Жәйҳун дәрья толқынланып,
Атылады сағадан,
Жер тәбият суўға қанып,
Халқым буннан абадан.

Үлкемиздиң ойы-қыры,
Жасыл дөнген ҳәр қыйлы.
Гүмис сәўле қуяш нуры,
Төбемизде балқыйды.

Пәк мийнеттен рәҳәт туўған,
Мол дастурхан нанымыз,
Атыз, ҳаўа, ағын суўдан,
Жаратылған қанымыз.

Ески дәрья көрген бастан,
Миллион жылдың ай, күнин,
Ағыслары тоқталмастан,
Ҳағлайбергей Жәйҳүним!

Елимиздиң ой-қырында,
Суў шалқысын ҳәр ўақыт,
Жарқыраған күн нурында,
Бәрҳа болғай ҳүр бахыт!

 

ТЕҢИЗ БЕНЕН КӨП ОЙНАМАҢ

(Гейпара басшыларға)

Әўез неге жүрмей қалдың? —
Кемшиликти көрмей қалдың.
Ҳәзир ҳәмме алға кетти,
Сен оларға ермей қалдың.

Толмай қалды балық, майың,
Жүдә төмен өткен айың,
Айыбыңды айтпайын мен,
Тезден жақсырт истиң жайын.

Васильчуктен турман суўып,
Болмадың бир иске жуўық,
Әўез бенен Жумабайдың,
Кетип турсаң жолын қуўып.

Көринбедиң, Байшек ҳарма!
Еткен исиң қарма-жарма,
Қоңыратқа көп барасаң,
Базарда да балық бар ма?

Ўәде берген Шора батыр,
Мергеншилик етип атыр,
Балық пенен жумысы жоқ,
Аў-дузағы қырда жатыр.

Жүрдиң Сәрсен талтаң-талтаң,
Қолдан түспей көкнар қалтаң,
Сайытты да үйреттиң бе?-
Болып тур ғой саған жалтаң.

Кейип етипсең көкнар, шайды,
Орынламай өткен айды,
Неге тезден оятпайсыз,
Уйықлап жатқан Николайды?!

Балықлар жүр аўзын ашып,
Сизлер жүрсиз одан қашып,
Районға келген ўақта,
Тоқтап қалмаң басты қасып.

Ойламайсыз, қалармыз, деп,
Бир масқара болармыз деп,
Балықларды қырға таслап,
Ендиги жыл алармыз деп.

Махамбет-те қалды жатып,
Әжим кетти үйрек атып,
Қоңсылары алып атыр,
Шабақларды тыпырлатып.

Олардың ҳеш хабары жоқ,
Бул жүристен табары жоқ,
Майлы үйрек жеген менен,
Планына тамары жоқ.

Нәтийже жоқ Тәжибайдан,
Проценти өссин қайдан?!
Көлге бармай айланшықлап,
Шықпастан жүр базар жайдан.

Жүрген жерде арақ тайын,
Ондай иске жүдә қайым,
Басы қызып таппай жүрме,
Салатуғын жылым жайын!

Жақсы демең бул барысты,
Нәпси ушын атланысты,
Теңиз бенен көп ойнамаң,
Қойдым мен басқа тарысты.

                    1947-жыл, апрель.

 

БАЛЫҚШЫҒА

Тәрийпиңди толық жаза алмаспан,
Ислеген исиңе тиллерим жетип.
Бир жүзип келгениң әжеп бир дәстан,
Таўдай толқынларды жапырып өтип.

Сениң қурғын турмысыңнан көринген,
Арал теңизине төгилген териң ...
Кеўлимде муҳаббат шыннан берилген,
Ким сүймейди халықтың сыналған ерин!

Елдиң муҳаббаты жаяр атыңды,
Көрип тур, билип тур Ўатанның халқы.
Алға достым, қайтарма ҳеш пәтиңди,
Адамның мийнеттен шығады даңқы.

Ийем деп танып тур теңиз өзиңди,
Алтын гербиш қалаўшының бирисең.
Толқынды қақ жарып өткен изиңди,
Таўап етсем деген жаўынгеримсең.

Көк теңиз, көк мотор, гүмис балықлар,
Сениң ҳүкимиңде, ықтыярыңда.
Әсир азаматы деген даңқың бар,
Мәртлик пенен атқан ҳәр бир таңыңда.

Пидәкерлик истен туўар көп дәстан,
Қәлеми қут неше шайыр жазады.
Ҳадал мийнет, ерлик пенен жеген нан,
Билгенлерге ҳәр нәрседен мазалы.

Өткен жылғы сениң пәтли жарысың,
Тарийх дәптеринен алып тур орын.
Тағы быйылғы жыл жақсы табысың,
Жеңистиң шыңына жетиссин қолың!
                                        1950-жыл, Мойнақ.
 

КӨРГЕН ИСТИ ЕТТИК БАЯН

                                                   Еки ярым миллион манат,
                                                   Бир сапары болған зыян!

(Машанкөлде  болып өткен бир ўақыя туўралы фельетон)

Бир жорғаны минип алып,
Көл жағалай ылғал салып,
Киятырсам, суў түбинен
Шыға келди сансыз балық.

Жарқыраған сары сазан,
Ҳәр бирине толар қазан.
Зарын айтып шуўласып жүр,
Көлдиң иши азан-ғазан:

­ Бизлер бир көп балық едик,
Ағын суўға толып едик,
“Машан” менен “Хожа көл”де,
Былтыр қыслап қалып едик.

Колхозшылар жылым салды,
Қысы-жазы аўлап алды.
Аўлаўының кемиси жоқ,
Бирақ, көби дүзде қалды.

Бираз колхоз табыс тапты,
Абырой ушын дабыл қақты.
Бунда балық заводлары,
Жарысыўға жарамапты.

Трест басқармасы қайда? ­
Бир көрмедик неше айда.
Бирақ, сырттан еситемиз,
Қашады деп усындайда.

Сегиз мың центнер балық,
“Машан”, “Хожа көл”де қалып,
Ширип кетти көрмеген соң,
“Балық трест” хабар алып!

Жуўап бермей барғанларға,
Ең болмаса Қаражарға,
Тасытпады ақырында,
Рәҳәтын көрди ғарға.

Ҳәзир көрсең таў-таў екен,
Мәлин, сағаллар жаў екен.
Қайта-қайта жеп кетеди.
Тоймайтуғын гөрқаў екен.

Көмилгенниң көпдур саны,
Ашымаған ҳеш бир жаны.
Арзымызды айтар едик,
Көреғойсақ басқарманы.

Ең басшысы Шапочников,
Арақ ишип, бекире жеп,
Жүргенине мәсирипти,
“Больше дела не знаю” деп.

Көрген исти еттик баян,
Көпшиликке болды аян.
Еки ярым миллион манат ­
Бир сапарғы болған зыян!

Нағыз туўған ўақта қәўип,
Қыйланғансып, “дәлийл” таўып,
Апалақлап жүрсе керек,
Ҳәр кимге бир жала жаўып.

Тилин төсеп, қасын керип,
Жынаятқа болмай шерик,
Өзи “аппақ” адам болған,
Биреўлерди услап берип.

Бас гүнәкар нағыз өзи,
Мойнақшылар көрди көзи.
Арқайынлық туўдырып жүр,
Соның айтқан жалған сөзи.

Қоблановтың көзи көрген,
Қатарлықты қыймай жүрген.
­ Сөгис саған жетеди, ­ деп,
Сылап-сыйпап қояберген.

Горяев бар, орынбасар,
Балық көрсе ол да қашар.
Билгишсинип сөйлесе де,
Сөзге шешен, иске нашар.

Қасында бир келип-кетти.
Машинада зуўлап өтти.
­Көп балықты алмаймыз,­ деп,
Бизди жаман өкпелетти.

“Приемшиги” бар қасында,
Тәрезиси арқасында,
Ақшалары толы екен,
Портфель менен қалтасында.

Айналар, деп күттик қарап,
Жолаўшыдан жүрдик сорап.
Көп күн жатып, қайтып кеткен,
Қоңыраттан ишип арақ.

Ғани, Оспан, Шаҳимардан,
Келип Үрге, Қаражардан,
Нешшелерин жерге көмди,
Аўлап берген балықлардан ...

                                        1950-жыл

 

АРАЛЫМ

Жериң ҳасыл, суўың ҳинжи, бай бостан,
Көкирегиң ашық жатыр, Аралым.
Палўанларың толқын менен айқасқан,
Ерназардай елиң батыр, Аралым.

Азамат мәртлериң исиңе жетик,
Тосқынлықты жеңип, бәйгиден өтип,
Барлық ўазыйпасын тең бәржай етип,
Қуўанышта шалқып өтти, Аралым.

Көл ишинде жалтылдасқан қундызлар,
Мәканында даңқ көтерген ул-қызлар.
Әбдикерим баслап кеткен жулдызлар,
Қыздырған жарыстың  пәтин, Аралым.

Бир-бирине сыйласықлы аўылы,
Жайлаўыңда толы сыйыр-саўыны.
Питик өскен мийўа жемис, қаўыны,
Мәканыңда түрли дақыл, Аралым.

“Бул районның еки жерден қолы бар,
Дийханға жер, балықшыға көли бар” ­
Аяпберген шайыр айтқан жөни бар,
Елге ырыс берген сақый Аралым.

Адамзатқа тийген бәрҳа пайдасы,
Бул үлкеде табылмаған тайласы.
Орта Азияда жердиң айнасы,
Жулдыздың сәўлеси жарқын, Аралым.

Жәниўарлар шабысады тер қатпай,
Көллери бар алтын түсли зәрбаптай.
Әжинияз, Аяпберген, Бердақтай,
Адамларың дана-ақыл, Аралым.

Мақтанғанман абыройыңа, даңқыңа,
Толқыныңды туўлата бер сарқыма,
Дүнья көмек сорап жазған халқыңа,
Әлемди тойдырған едиң, Аралым.

Аспан ашық, қуяш нурын шашып тур,
Мениң кеўлим сынық, табым қашып тур.
Бүгин суўың емес, дәртиң тасып тур,
Сән-саўлатың ­ тәшиўиш болған Аралым.

Еле ақланған жоқ татқан дузларым,
Гүллердей хоширей жигит-қызларың.
Айна көллер, қуўың, өрдек, ғазларың,
Мениң жүрегимде жатыр, Аралым.

Ядтан шықпас ойнағаным, күлгеним,
Жүрегимнен орын алған бул мениң.
Жаслығымда қәдириңди билмедим,
Гөдекликтен болдым ғапыл, Аралым.

Ҳәр қыйлы заманға жетип нәўбетиң,
Толқынларың “шалған сазы-сәўбетин”.
Тилегим, тасқынлап, асқай дәўлетиң,
Ел саўлаты, муҳаббатым, Аралым.

Берекет дарыған аўыл-аймаққа,
Шөлистан зәҳәрли қәўип салмақта.
Қазақдәрья,Үшсай, Шеге, Мойнаққа,
Келсем зил кетемен иштен, Аралым.

Жети түлик малы өскен жайлаўда,
Суў тулпарлар тайын турған байлаўда,
Теңиз майданында көкпар ойнаўға,
Сазланған теплоход қайда, Аралым?!

Зийўарың хошласқан қәдириңди билип,
Көзини яшартып, бағрыны тилип,
Ҳажынияз ҳал сораса бир келип,
Кеўли дағда  кетермеди, Аралым..

Перзентиңмен балалықта ойнаған
Қыйсық Порхан, Бозатаўды жайлаған,
Сени көрсем кеўлим нурдай жайнаған,
Йош ендирген қуўат едиң, Аралым.

Қутлы мәкан болған әзийз туўымсаң,
Дәртке даўа айдыныңда жуўынсам,
Әмиў ­ Арал, абы-кәўсар суўымсаң,
Журтқа белли шарапатың, Аралым.

Кәраматың шексиз еди өскен жер.
Мийнет пенен шыныққан жер, пискен жер.
Дуз тапланып, өңешимди тескен жел,
Толқынларың жуўып кеткей, Аралым!
                                  1978-жыл, 9-октябрь