УШЫРАСЫЎ

        (Баллада)

Күлимлеп көзин қадады врач,
Келиншек түри еле де жап-жас,
Гәўҳардай ысық көринди сонша,
Жүректи шырмап, толқытты ықлас.

Мынаў бир сөзге болдым мен ҳайран:
­"Кого я вижу, келдиңиз қайдан?!" - ­
Деди де сулыў, таңланып турып,
Қағазды алды, алдына қойған.

Ойым сол: “Бүгин келдим ғой, Қырым,
Көрмеген едим жериңди бурын.
Гүлиңдей көркем гөззалың мынаў,
Алып тур неге жүректен орын?

Усайды өзи бир жақын жанға,
Ырас-ақ оны танымайман ба?
Ямаса сол ма қутқарған мени,
Боялған шақта қып-қызыл қанға?...”

Ядыма түсти сонда бир аўҳал,
Шырамыттым да, таныдым дәрҳал.
Өмирдиң аўыр өткелин шолып,
Бир ҳәдийсеге тоқтады қыял.

   ***
Қақсады суўық, үргинлер борап
Жулқындық талай илгери қарап,
Жүректе жигер, жеңисте көңил,
Бизлерге жолдас қурал ҳәм жарақ.

Жар, сайды алып бекинди душпан,
Айырылдық достан оқларға ушқан.
Шегиртке яңлы ғаўлады жаўлар,
Қоршамақ болып жылжып тум-тустан.

Геўдени қаплап жалынлы қәўип,
Бурқыды оқлар жамғырдай жаўып,
Көтерип басты бурылыў қыйын,
Буршақтай оқтан мүмкинлик таўып.

Атамыз топты нәзерлеп жаўды,
Оң жақтан жаўдың нәзери аўды.
(Сеземиз оны атылған оқтан),
Бекиндик тағы паналап таўды.

Даўамы мине, бесинши күни,
Дүрсә-дүрс саўаш күни ҳәм түни,
Атыўы жаўдың пәсеңлегенде,
Қадалып бир оқ, аўнатты мени!

Бирден-ақ шоршып, жығылдым қулап,
Беденим қызып, жаңлады қулақ.
Өлимниң қәўипи сап ете қалды,
Оннан соң исти сезбедим, бирақ.

Мийиме толық жыйналмас ойым,
Көз алдым гүңгирт, жыбырлап бойым,
Бир нәрсе мени тартады неге,
Солқылдар денем қозғалған сайын.

Уйқылы қыял созылды көп ўақ,
Көргенниң бәри болып тур жумбақ.
Ҳаўлыққан сезим бийледи бойды,
Ойым сол: “өлим, алдың ба шырмап?!”

Көмиўге алып баратыр мени,
“Қалмасын ашық қәдирли тәни, ­
Дейсиз ғой, көмбең, тиримен еле!” ­
Демекпен, ҳәл жоқ айтыўға соны.

Көзимниң алды думанлы сағым,
Бирақта, кем-кемнен дүзелди аңым,
Сездим мен енди, көзимди ашсам,
Қарларды бояп келмекте қаным.

Шалқама мени ийнине салып,
Арқалап биреў киятыр алып.
Сол ўақта ғана ядыма түсти,
Бағана оқтан қалғаным талып.

Айнала тоғай, келемиз ойдан,
Ойдың да иши кеңислеў майдан.
Ҳеш қандай оқ жоқ, тынышлық жерге,
Әкелген ким бул, гезлести қайдан?

Тоқтады енди әстелеў ғана,
Тайын тур екен төсекли шана,
Апарып соған жатқызды мени,
Сезилди аўыр бойдағы жара.

Шанада ҳәлсиз жатсам да көлбеп,
Ғамхорым ким бул, қарадым серлеп.
Жиңишке ғана, суңғақлаў бойлы,
Қыз екен сулыў, қалыпты терлеп.

Жанымнан бетер аядым оны,
Буўыпты белин, үстинде тоны,
Тыпырлап жатып, тырнағым тийип,
Бийшара қыздың қанапты қолы.

Көп алғыс айттым, келген соң тилге,
Шын дослық пенен сөйлестим бирге,
Күлимлеп ғана айтқаны маған:
­ Жаўлардан кекти алармыз еле!

Жүриппиз биз де ишинде оттың,
Ким аяр жанын мәпи ушын көптиң.
Студенти едим урыстан бурын,
Медициналық институттың.

Ҳеш қапаланба, жазылар жараң,
Жата тур енди болмастан алаң,
Әскерлер ҳәзир душпанды қуўды! ­
Деп қуўат сөзлер айтады маған.

Бир дәри салып, тыйылтты қанды,
Сөйлесип турып, жарамды таңды.
Өлимнен мени қутқарды бул қыз,
Ким сүймес сирә усындай жанды?!

Салмақлы жара, болса да қатты,
Өмирге енди исеним артты.
Алдыма түсип, санитарка қыз,
Аўылға қарай шананы тартты.

Қуўантса мени Оксана сөзи,
Күнниң де ҳәзир ашылды көзи.
Аяныш пенен кеўилимди аўлап,
Киятыр батыр украин қызы.

­ Ишинен мени жайнаған оқтың,
Батырлық пенен қутқарып шықтың.
Ендиги өмирим миннетдар саған,
Ўатанның қызы, өшпесин бахтың! ­

Дедим де тағы, етпедим тақат,
Бар еди менде бир алтын саат,
Саў қолым менен усынсам қызға,
Шайқады басын, күлимлеп қарап.

­ Қарсылық етпе, ал соны, жаным,
Сыйлығым болсын, қолдағы барым.
Сениң тап усы мәртлигиң ушын,
Аяғым келмес, дүньямның бәрин!

­ Қызбаймыз, аға, дүньяға-малға,
Ондайды ҳасла кеўилиңе алма!
Ўатанды жаўдан тазалап болсақ,
Талай бир саат тағармыз қолға.

Өзиңде турсын, кеўилиңди билдим,
Шын дослық пенен барыңды бердиң.
Сааты емес, мәртлиги қымбат,
Ҳақ адам ушын сениңдей ердиң.

Каховка еди туўылған қалам,
Жаўлардан кеше тазарды тамам,
Украин жерин қорғаған батыр,
Өңириңде орден, рахмет саған!..

Ядымда еди сол айтқан сөзи,
Тап мынаў врач ­ сол қыздың өзи.
Көп жылдан кейин гезлестим ҳәзир,
Сондағы батыр украин қызы!

Жазылып қайта жаўларды айдап,
Берлинге барып қададық байрақ.
Жеңиске қосқан үлеси ушын,
Қосықлар жаздым қызларға арнап.

Талай бир қызлар еристи даңққа,
Умытып болмас оны ҳеш ўақта.
Солардың бири ­ Оксана сулыў,
Жаярман атын қарақалпаққа.

Танымай қалдым бирден мен неге? ­
Өзгерген екен толысып дене.
Ағарып жүзи, көркейсе өзи,
Әлбетте, кийим басқаша және.

­ Ўақтыңыз хош па, саламатсыз ба,
Шайырым саған жүрегим ырза.
Жазыпсаң қосық, сақладым оны,
“Арнадым, ­ депсиз, ­ украин қызға”.

ҚОСТАРЛАР

Әй жасларым-жасларым,
Жақсы болса қостарың,
Қәдирлейди танысты,
Жақын етер алысты.

Мийманларға “келиң” деп,
Жүзи күндей күлимлеп,
Жилўа шеккен мәҳәли, ­
Өмириңниң бәҳәри.

Сөзи палдай мазалы,
Қурысыңды жазады,
Көкирегиң жай болар,
Кеўлиң шалқып, бай болар.

Манат етер тийинды,
Базар қылар үйиңди,
Аўырлықты қолдасқаң,
Әрмансызсаң жолдастан.

Шаршап келсең жумыстан,
Оның жүзи гүлистан,
Пәйик болып күтеди,
Шаршағаның кетеди.

Ырқың ерксиз бағынып,
Узақ кетсең сағынып,
Мәргиясы тартады,
Муҳаббатың артады.

Оның айтқан ақылы,
Жүрегиңниң жақыны,
Сондай болса қостарың,
Көбейеди досларың.

Жарасықлы арыўы ­
Ердиң қуўат-қарыўы,
Қалмас зәрре әрманың
Шадлы болар дәўраның.

  ***
Жаман болса қостарың,
Сийреклейди досларың,
Бездиреди жақынды,
Сындырады сағыңды.

Арламайды арыңды,
Бүлдиреди барыңды,
Бар нәрсеңди жасырар,
Берекетин қашырар.

Салып сени сүргинге,
Бәрҳа шабар төркинге.
Сени салып қорлыққа,
Үйренисер урлыққа.

Абыройыңды түсирип,
Қонақ барда есирип,
Менсинбейди сөзиңди,
Жалалайды өзиңди.

Есигиңе қулп болып,
Түнереди булт болып.
Ашылмайды қабағы,
Асылмайды тамағы.

Жақыныңды жаманлап,
Ерегисер табанлап.
Тоңқылдайды өзинше,
Мийманлардың көзинше.

Уялып сөз айталмай,
Шыбынлаған байталдай,
Тыпыршылап ишиңнен,
Айбынасаң “күшинен”.

Шаршап келип жумыстан,
Мийиң қайнар урыстан,
“Таярлықлы жаў” менен,
Күниң өтер даў менен.

Мийман барда баланы,
Шырқыратып салады.
Әдепли болсаң, “аўан” дер,
Қабақ үйсең, “жаман” дер.

Алдайтуғын бала емес,
Сататуғын мал емес.
Перзентиңди сыйлайсаң,
Жетимликке қыймайсаң.

Соған пәми жетпейди,
Қара басын күтпейди,
Айырмайды киринен,
Жеркенесең түринен.

Жумыс десең қашады,
Кейисип маўқын басады.
Қызықпайды билимге,
Барлық бәле тилинде.

Қоңсыны да қас етер,
Жүрегиңди тас етер.
Арыңа дақ келтирер,
Әрман менен өлтирер.

***
Әлпайым Қаракең,
Зор опалы яр екен.
Айымгүлдур жубайы,
Палдан татыў удайы.

Отыз-қырықта жаслары,
Айдай арыў қостары,
Турмыслары өрнекли,
Ерегисип көрмепти.

Бирин-бири сыйлайды,
Аўыр гәпке қыймайды.
Болған емес сөгиспе,
Айтысады дегишпе.

Жәнжелге жигер сарп етпей,
Оларға ўақыт парқ етпей,
Сақлаўлы тур күшлери,
Жасындағы түслери.

Былай болды бир күни,
Досларының дүркини.
Болғанлықтан мийманы,
Иззет етип сыйлады.

Түрли тамақ тайын гил,
Асқа шебер Айымгүл,
Дастүрханы бай болды,
Мийман кеўли жай болды.

Тағамлары мазалы,
Және писер қазаны.
Әңгиме-сөз қозғапты,
Биреў былай сөз қатты:

­ Болып жүрмиз қонақта,
Жуптың менен бирақ та,
Он жети жыл турысып,
Көрдиң бе бир урысып! ­

Деген гәпти Қарабай,
Ескермеген баладай,
Айымгүлин шақырып,
Ис буйырды ақырын.

­ Қаўын сақлап ҳәр дайым,
Күтип алдық март айын.
Мийманлардың  пайынан,
Бирин әкел Айымжан!

Деди күлип Қаракең,
Айтқанындай, бар екен.
Алып келди Айымгүл:
­ Айтқаныңыз тайын бул!

­ Мазасыз бул қаўынның,
Қаўынымның тәўирин,
Сайландысын инәм ет,
Мынаўыңды алып кет! ­

Деген шақта күйеўи,
Айым басын ийеди.
Тағы келди биреўи,
Әўелгидей гүләби.

­ Буннан гөре жумсағы, ­
Деп қайтадан жумсады,
Айым ҳеш гәп айтпады,
Бес мәртебе қатнады.

Тағы келди биреўи,
Әдепкидей гүләби.
­ Әне буның жарайды, ­
Деп Айымға қарайды.

Қаўынды бул биледи,
Дастурханда тиледи.
Болып шықты дым татлы,
Ҳәмме мийман дәм татты.

­ Усы мениң талайым,
Қайтарылмас ырайым,
Он жети жыл жасастым,
Урысыўға жоқ әсас дым.

Жуўымайман обалға,
Жуўабым сол саўалға:
Айымгүлим төзимли,
Қайтармайды сөзимди.

Ҳеш сезбедим өкпени,
Абыройымды төкпеди:
Бар еди бир тақ қаўын,
Көрдиңлер ғой қатнаўын!

 

ШЫМБАЙЛЫ ҚЫЗ

                              Ең дәслепки сезимлердиң селтеңи

(Баллада)

Шикасландым салқыннан,
Ләрзем берди алқымнан,
Даўалады доктор қыз,
Қуралайдай талпынған.

Жүзи ысық, таныстай,
Үлкен менен жарыспай,
Сөз рети келгенде,
Дәлиллесер қалыспай.

Киши менен кишидей,
Үлкен менен үлкендей.
Ашқан аппақ жүрегин,
Тәсил-пәсил бүркемей.

Қарапайым жайдары ...
(Адамға дәри пайдалы),
Дәриден де жағымлы ­
Шийрин сөзи, дийдары.

Жасырмайын сырымды,
Қыялым изге бурылды.
Түсип кетти есиме,
Бир ўақыя бурынғы.
                    ***
Жас өспирим баламыз..
Шомылып шаўқым саламыз.
Үйректей көкке секирип,
Таласып қалақ аламыз.

Тарастық жүзип жан-жаққа,
Бир қыз келди ар жаққа.
Кегейлиден суў алар,
Көрермен оны ҳәр ўақта.

Таныдым сол қыз екенин,
Жағаға қойып шекерин.
Шәўгим менен суў қуйды.
Сезип турман кетерин.

Белгиси жаслық қырсықтың ­
Суў астында туншықтым,
Сүңгип өтип ар жаққа,
Қыз қасынан бир шықтым?

Шоршып түсип силкинди..
Өрре турып иркилди.
Қолындағы шәңгили,
Қолдан ушып, бир күлди.

Байқамай пайда-зыянын,
Ойнаў еди қыялым.
Шәңгил ығып кеткен соң,
Өзим зәрре уялдым.

Сөз келмеўди мәп көрдим,
Шәңгилге қарай тәп бердим.
Өрге жүзип ҳаплығып,
Қолына қайта әпердим.

Жүрегим соқты дүрсилдеп,
­ Ойының сениң қурсын,­ деп,
Көзин маған қадады:
­ Рахмет саған, қыршын,­ деп.

Соңынан оған таныстым, ­
Қасында үйи жағыстың,
Ғаз мақпал тақыя басында,
Пәриндей дөнген таўыстың.

Оқыўшы едим сол шақта,
Бир күни барсам аўлақта,
Солғынлаў отыр салланып,
­ Келиң, ­ деп күлди бирақта.

Бурымлары тоқпақтай,
Бет ажары ­ аппақ ай.
Көзи жалт-жулт етеди,
Жарқылдаған шақмақтай.

Тиклениңкиреп қарасаң,
Бийҳуш болып қаласаң.
Сулыўлығы шыдатпай,
Көзди тартып аласаң.

Жарқын гүлдей түр-түси,
Жарасып тур дүр тиси,
Жанға ләззет береди,
Сыңқылдаған күлкиси.

Кестелеген жегдеси,
Түймели шытақ геўдеси,
Ҳалқалы сырға, әребек,
Жаўдыраған ҳәммеси.

Көк саўыр геўиш қасында,
Шашақлы түрме басында,
Бир сөз бенен айтқанда,
Бөленипти ҳасылға.

Ҳәйкели, өңир моншағы,
Билезик, жүзик бар тағы,
Бир өзиниң сәпсети,
Бир өзиниң партағы.

Емес, бирақ, бай қызы,
Қарақалпақтың жай қызы.
Биреўдиң ерке жулдызы,
Қәдирли қызы, ай қызы.

Үй қасында өрмеги,
Кесте тигиў ­ ермеги.
Анасы ­ кесте, өрмектиң,
Шебери ол жердеги.

Ақ пейил еди анасы,
Төрткүлде жалғыз баласы,
Оқып атқан қусайды,
Еки жыл болған шамасы.

Мени жақсы көреди,
Бары болса береди.
Ҳәр ўақыт тайын ақ саўлақ,
Қақ салған сөги, шөреги.

Мен қызды жандай көремен,
Ойлайман да жүремен.
Неге олай, сол жерин,
Түсинбедим еле мен.

Қыз неге отыр салланып? ­
Қарайман сонша таңланып.
Шыңқобызын шыңғыртып,
Оған да кетти алданып.

“Ноғай бүлик”, “Аққуў”ды,
“Шыңыраў”ды, “Қыз сыңсыў”ды,
“Нар ийдирген”, “Жетим қыз”,
Шерткен сайын гүй туўды.

Берип жүрек сезимин,
Қыялының гезиўин.
Не болса да сыры бар,
Шерткен қыздың өзиниң.

Я жүреги тасыған,
Ямаса жаны ашыған.
Сағынған ба биреўди,
Кеўли сүйген жасынан.

Бар сондай ойдың толқыны,
Узақлап кеттим сол күни,
Отыз бес жыл көрмедим,
Қайда өзи, төркини?

Барғанымда Шымбайға,
Көз саламан сол жайға,
Үй орнында магазин,
Баяғы сулыў қыз қайда?

Алысқа кетип қалды ма,
Шашларын қыраў шалды ма?
Оның гөззал жаслығы,
Елеслейди алдыма.

  ***
Шырамыттым көзинен,
Сорастырсам изинен,
Доктор ­ соның қызы екен,
Айнымапты өзинен.

Тартып әжел арбасы,
Мийрас қалған Алмашы.
Перзент екен адамның,
Өмириниң жалғасы.
                               1968-жыл

 

ОТЫРЫСПА

(Халық жыршысы Аббаз Дабыловты еслеп)

Баллада

Бул не деген аўыр матам,
Жүрегимди қысып кетти.
Аббаз аға - уллы адам,
Келмес жайға түсип кетти.
Бел қайысқан қайғы усы,
Өмиримниң келип қысы.
Ўатанымның бүлбил қусы,
Арамыздан ушып кетти.

Шад заманның күлкисинде,
Нуры ойнап түр-түсинде.
Тынбай сайрап ел ишинде,
Ай-ҳай шайыр йошып кетти.

Жылағаным болмас айып,
Қаршығадай қанат жайып,
Қәпелимде болып ғайып,
Өмир гүлин үзип кетти.

Матам шәҳәр, аўыл-аймақ,
Тили шийрин пал ҳәм қаймақ,
Узақ жыллар сайрап-сайрап,
Сөз маржанын дизип кетти.

Өлди деўге жүрек қыймас,
Үлкен-киши жасын тыймас,
Тозбайтуғын ҳасыл мийрас,
Халқы ушын дүзип кетти.

Даңқы өшпес шешен ердиң,
Мийрасхоры Алишердиң,
Қушағына қара жердиң,
Қайран ағам түсип кетти.

  ***

-Не көрмеген дүньяның жер-аспаны,
Деп қария әңгимесин баслады,-
Айт десеңиз соны айтып берейин,
Бир ўақыя еске түсти жастағы.

Булур таўдың бийигинен жаралып,
Бурымлары әтирапқа таралып,
Төсегинде төңбекшиген сулыўдай,
Мынаў Жәйҳун көлбеп жатқан, буралып.

Киши сала Қартабайдың өзеги,
Еки бойы –егиншилик боз еди.
Дақыл орып, жаңалықтан дәм татып,
Қызған мәҳәл отырыспаның гезеги.

Журт дағысып, түн жарпынан асқанда,
Жалпы халық татлы уйқыға қашқанда,
Бир отаўдың жалт-жулт еткен отлары,
Ай қалқып тур жақты сеўип аспанда.

Билесиз ғой, қарақалпақ дәстүрин,
Қыз-жигитлер жыйналысар кешқурын.
Бәйит, жуўап, ойын-күлки, бәз-байрам,
Пәренжисин көрген емес ескиниң.

Қыссаханлар оқымақта қыссаны,
Жасырыныў дәстүриниң душпаны.
Ер-ҳаялды бир-биринен бөлиўге,
Дәстүринен ҳәлсиз шыққан исламы.

Адам улын өзине жат санамас,
Қул да болса отырады аралас,
Мейли төре, мейли жарлы, мейли бай,
Ҳеш бириниң дәрежесин сорамас.

Алды менен қәдирлейди ағаны,
Мейли, оның жыртық болсын шапаны.
Жасы киши отырады сүўреттей,
Рухсатсыз қыймылдамай табаны.

Қонақ келсе есапланар уллырақ,
Мейли төре, мейли болсын қул, бирақ,
Иззет пенен орын берер төринен,
Хызметинде пәйик болар қулдырап.

Қыз-жигитлер отырыпты сап тартып,
Жеңгелери жигитлерге шәрт айтып,
Жилўа менен пинҳаны сөз қозғайды,
Ишки сырын ҳәзил менен ақтарып.

Сөз таппаса, қозғастырып қыйнайды,
Ҳәлин билсе, масқараға қыймайды,
Шырп еттирип шығып кетсе бийўаж гәп,
Отырыспаның қәдесине сыймайды.

Жигитлери ғаздай қатар дизилип,
Қызлар отыр қаршығадай сызылып,
Түргеп келип кесе берсе арыўлар,
Мийман кеўили көтерилер қызығып.

Ишип қонақ көтермекте кесесин,
Күлим қағып, еплеп басып өкшесин,
Гөззал алып кейин қарап жылыслап,
Тик қадалып келтирмекте нәшесин.

Салтанатлы дәстүрине жараса,
Қызды сондай ойын-күлки, тамаша.
Қыз –келиншек, жас жигитлер қосылып,
Ел жатқан соң болды жүдә оңаша.

Сөз айтылмас берилгенше гезеги,
(Гей жасларды дүзейтуғын тез еди).
Қуўқыл сөзли, өр минезли тентекти,
Дәлкек күлки балғасында езеди.

Адамшылық ушын кетти жарыспақ,
Үлкен айып-ерегиспек, тарыспақ,
Отырыспа ҳәр биреўдиң минезин,
Өлшеп қояр бармақ пенен қарыслап.

Ала басқур, ҳәсем бай-шуў, үзикли,
Жүз бас үйде отырыспаны дүзипти.
Узын бойлы жас өспирим жигитке,
-Гәп қозға,-деп бир жас үлкен қызықты.

-Бул баланы дилўар жигит деседи,
Болса керек узақ жақтың шешени,-
Деп биреўлер сыбыр-сыбыр гәплести,
Қонақ жигит қолға алды кесени.

Ушқыр қомы жаздырылмай қанаттың,
Тыпыршылап отыр екен қонақ дым,
Боз жорғадай зырғып ала жөнелди,
Қоңыраўын сыңғырлатып тамақтың.

Ол заманда дәстүр емес шапалақ,
Ҳәр ким отыр жүрегинен баҳалап,
Ақдәрьяның ийириминдей таўланып,
Сөз артынан сөзлер шықты шақалап.

Ой-қыялы уқсап аққан булаққа,
Туўлап тасып, енип атыр қулаққа,
Сап-салмақлы түн ҳаўасы жаңғырып,
Жипек сестин созып кетти узаққа.

Сезди жүйрик шаршамастай шамасын,
Мәзи, гейде қарап қояр қағазын.
Сулыўлардың жүреклерин еритти,
Ырғап-ырғап жибергенде намасын.

Бир намадан онсан толғаў туўады,
Жаздырылды қабат-қабат буўаты,
Өршелетти өр толқындай шабытын,
От жүрекли жаслығының қуўаты.

Ҳәмме басқа ҳәрекетти умытқан…
Еситкенлер келип алыс-жуўықтан,
Адам қаплап айналасын отаўдың,
Жабық түрип анталасты уўықтан.

Күш жигери қайнап тасқан денеде,
Пәтли жүйрик шаршар емес еле де.
Қулақларын түрип өтер таңланып,
Жолаўшылар ыққа жүзген кемеде.

Ҳәмме жанды силтидейин тындырды,
Қәпелимде болды, бирақ, сыңғырлы,
Көрмек ушын умтылысқан адамлар,
Байқаўсызда бес уўықты сындырды.

Жуўдырласып шашбаў менен шашақлар,
Сылдырласып ҳәйкел менен моншақлар,
Албырақлап өрре турған қыз-жигит,
Абайламай бирин-бири қушақлар.

Шаңарағы қайысқан соң шартылдап,
Бай ҳаялы шыға келди барқылдап,
Болмағанда тап усындай патырат,
Сөз булағы емес еди сарқылмақ.

Биреўлер жүр, - ийтердиң,-деп кейисип,
Бирақ тезден жым-жырт болды, келисип.
Мирәт пенен шайыр берип жуўапты,
Қалды үлкен абырайға ерисип.

Айтып шийрин қосықлардың нешесин,
Саз даўысқа келистирип нәшесин,
Ынтықтырып таң-тамаша өткерди,
Таң атқанша әдебият кешесин.

Баба сөзин өркенлеткен қосып тың,
Даўыллардай бурқып еди йошып дым.
Қыз-жигиттиң жүреклерин бәнт еткен,
Сонда көрдим кәраматын қосықтың.

Сен ийеси болмасаң да ҳаўаздың,.
Жаслайыңнан шайыршылық сөз жаздың.
Жақсылардан тәлим алған өкинбес,
Ең опалы шәкирти бол Аббаздың!-

Деди ғарры айтып бизге көп гәпти,
Сөз түйинин бул жерде бир тоқтатты.
«Жақсылардың аты өшпес» деген бар,
Көрген жанлар өмиринше мақтапты.

Зияратлап барған екен Ғәрипти,
Аға сөзи мумиядай еритти.
- Заман келди, узаққа шап, иним деп-
Ҳақ нийетли пәтиясын берипти.

Дәстүрине кәмил болып ҳәр жақтан,
Күши тасып муза менен әрўақтан,
Қара қала, Таллық бойын аралап,
Журтын көрген Әжинияз, Бердақтың.

Бир жайлаў бар Аққаланың қасында,
Аббаз шайыр бир жаз болып усында,
Жағымсызлаў хабар келип елинен,
Қәпелимде қайтып кеткен қысында.

Не жетеди жақсылардың дадына,
Ҳеш бир аўыл азаматтың жаты ма?
Сол ўақытта болып кеткен мәканы,
Аталыпты сол шайырдың атына.

Секирискен арғымақлар семиз дым,
Қыр жағында өркешленген егиз қум,
Суў жағынан өтер еди гүркиреп,
Әўдийискен пароходы теңиздиң.

Көллеринде көлбеп ушқан  қуў, ғаз көп,
Шарўаға бай, егиншилик дым аз тек,
Әсиресе балықшылар мәканы,-
Тап ҳәзир де аталады Аббаз деп.

Ийе болып «Баҳадыр»дай дәстанға,
Абыройы көтерили аспанға,
Қарақалпақ қәдирлеген ҳасылым,
Ғайып болды жетписинен асқанда.

Гейпаралар пикир айтар кесип дым,
«Жапакеши шайыршылық кәсиптиң,
Заманында бүлбил еди сайраған»-
Деген сөзди талайлардан еситтим.