АДАМ КЕЛЕР - КЕТЕР ДҮРКИН ҲӘМ ДҮРКИН

Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин,
Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин.
Улықмандай мың жыл өмир сүрсең де,
Соның аржағында бар тағы бир күн.
   ***
Адам бойы аласа деп тарыспа,
Пил де оннан артып түспес алысқа.
Кип-кишкене баланың да қыялы,
Айдан өтип, барып қайтар Марсқа.
   ***
Ақмақ бәрҳа ақыллыны күйдирер,
Пышық болып тырнақларын тийдирер.
Оның ушын өкпелеўге орын жоқ,
Жақсыға да, жаманға да ийт үрер.
   ***  
Аўыздан сөз шықпақ керек байқалып,
Гәп мәнисин илип алар жай халық.
Абайсызда айтқан айып сөзиңди,
Атлы қуўып алалмассаң қайтарып.
   ***
Атақ-абырой ­ даўыллардың қуйыны,
Өрлейберсең жыйналады жыйыны.
Мүлгип жатсаң көрсетпейди қарасын,
Сондай оның сақлаўының қыйыны.
   ***
Айтып берген алжасықты, мақулды,
Көрип турған жырақ пенен жақынды,
Данышпанлар ғәзийнесин сақлаған,
Жан сырласым ­ китап деген ақыллы.
   ***
Алым болмақ мәртебе,
Тегин адам жарай ма,
Адам болмақ бир төбе,
Алымлықтан оңай ма?!

 

АДАМШЫЛЫҚ АҚЛАНБАЙДЫ ОҢАЙДА

Маржанның да арасынан тас шығар,
Жай адамнан он есе пәс басшы бар.
Өзим көрдим соның биреў-екеўин,
Мүмкин, бирақ, арамызда аз шығар.
   ***
Мал емеспиз өрип жүрген тоғайда,
Адамшылық ақланбайды оңайда.
Журт алдында абыройың төгилсе,
Мал дүньяңның көплигинен не пайда?!
   ***
Мен биреўден көрдим нағыз шеп қылық,
Ҳеш бир жанға рейҳимсиз ҳөккилик.
Пышық болып оған қанат питкенде,
Қустың бәрин қуртар еди жоқ қылып.
   ***
Нийети ­ түлкилик пейили жаманның,
Баҳасын не билсин жақсы адамның.
Дүздеги бийлиги дузсыз сорпадай,
Үйине бийлиги жетпеген жанның. 
   ***
Өмир жолы белес-белес аспа қум,
Ҳәрбир күниң ­ кешегиден басқа күн.
Қалған жағы және жайсаң нуў теңиз,
Десеңдағы, таттым өмир қаспағын!

 

САБЫРЛЫЛЫҚ — ЖАҚСЫЛЫҚТЫҢ НЫШАНЫ

Сәл нәрседен қорқып болмаң, ғәрип ҳал,
Соқпағыңды дурыс жолға жарып сал.
Алдаў, ҳийле соқпақлары туңғыйық,
Тәсил, ептиң алды булдыр, бийик жар.
   ***
Сөз қалыпты Жийреншедей шешеннен,
«Мийўе питсе, дарақ басы төселген».
Жанды қыйнап, тырыстырған тамырды,
Сақлағайсаң менменшилик кеселден.
   ***
Сабырлылық ­ жақсылықтың нышаны,
Ашыў ­ душпан, ақмақлықтың пышағы.
Өз еркиңди ашыўыңа жеңдирсең,
Ақыл сеннен тапырақлап қашады.
   ***
Сынап көрдим жақсы менен жаманды,
Жаманлардан ашып жүрдим арамды.
Ҳәр бириниң ой-қыялы бир жәҳән,
Биреўлери жарық, бири қараңғы.
   ***
Сый көрерсең, сыйлай билсең егер сен,
Қопал болсаң, абырайыңды төгерсең.
Қатты сөзден ҳеш биреўге пайда жоқ,
Ерегиспей, татлы сөзден жеңерсең.
   ***
Суўғарылып сансыз китап ­ қуралдан,
Шәҳәр гезип, архивлерден сыр алған,
Қол қабарып, мийи шаршап, көз талып,
Алымлық та жүрек қаннан жаралған.


ЖАРАТЫЛЫЎ СЫРЫ ЖУМБАҚ СОНДА ДА 

Таң қаларлық қыял жетпес кәрамат,
Кең аспанның жайнап турған ақ күни.
Онда болмас теңсизлик, я алағат,
Жер жәҳанге бирдей сепкен жақтыны.
   ***
Түске мегзес бийик дәўран басланды,
Көкке ушып, әлемге көз тасланды.
Жаратылыў сыры жумбақ сонда да,
Ким көрипти алыстағы аспанды.
   ***
Таптырмайды ақыл менен жеңгенлик,
Ол да ақыл ­ нәсиятқа көнгенлик.
Бир бәлеге шатпай қоймас адамды,
Басқа түссе аўыр кесел ­ менменлик.
   ***
Тек сулыўлық ­ мәзи беттиң бояўы,
Бара-бара ол да түсин жояды.
Ең гөззаллық, ақыл менен мийнетте,
Солар ғана атағыңды жаяды.
   ***
Урлық әўел басланады түйнектен,
Бара-бара жийилесер сийректен.
Ҳеш бир адам уры болып туўылмас,
Уры болса, соны биреў үйреткен.
   ***
Үлкем шадлы, жасыл бағдай көркейди,
Баз биреўлер кемшиликти бүркейди.
Бир түп тикен гүлдиң сәнин кетирер,
Бир ушқын да талай жайды өртейди.
   ***
Ҳәмме бирден топылғанда дөгерек,
Қыйқаңлардың қыйсықлығын жеңерек.
Бес бармақтың бәри бирдей болғанда,
Адам ушын суд, прокурор не керек!
   ***
Ҳәр ким ағлалықтан болар сый киси,
Жақсы жанды келмес адам, қыйғысы.
Қолдан келсе бол елиңе сүйкимли,
Сулыў бетти келер ҳәр ким сүйгиси.
   ***
Ҳәр данасы жалғыз ғана шырпының,
Өзим көрдим бир аўылды қуртыўын.
Залымлық ­ бир шырпы, әдиллик ­ дарақ,
Жақсы болсаң, дарағысаң журтыңның.
   ***
Шынлық ­ алтын, жайнап турар нур болып,
Ҳарамылық жасырынар кир толып.
Тәрезиниң өлшеўине келгенде,
Жалатайлар ушып кетер күл болып.
   ***
Шөбин шапқан алаңлықта гүл өсер,
Сонлықтан журт отақ пенен гүресер,
Адам қуртса адамдағы шеңгелди,
Сонда ғана ғалаўытты түўесер.

 

ЕҢБЕК ПЕНЕН ТУРМЫСЫҢДЫ ҲӘСЕМЛЕ

Алжасса мойынлаў ақыл қаймағы,
Ким қәтеңди көзге айтса, пайдалы.
Бетке түскен дақты, қараны-ақты,
Көрсетиўши достым дейбер, айнаны.
  ***
Абырой жыйнаў усайды,
Ийне қудық қазғанға.
Ыдысың қалмай босайды,
Жөнсиз жерде қызғанда.
  ***
Артықмаш ердиң ақылы ­
Әлеўметти басқарған.
Бурынғының нақылы:
Ақылсыз ғайрат бас жарған.
  ***
Аўырлықты көрмеген,
Қәдирин билмес мазаның,
Бахытқа мәни бермеген,
Турмыстың шегер азабын.
  ***
Баласы жүр бир жерлерде «суў» ишип,
Ана отыр уйқыламастан уў ишип.
Жигит келип көрсеткен соң «концертин»,
Жүрек қалды муздай болып суўысып.
  ***
Базы биреўлер айтқан тилди алмайды,
Ҳақ адамды көз-көреки алдайды.
Оған питкен минез ана сүтинен,
Аўырыў қалса да,  әдет қалмайды.
  ***
Болсаң егер ақыллы ҳәм билимли,
Үзип қойма абырой деген гүлиңди.
Көпшиликте пәтиўасыз көпирип,
Бузып алма, беглигиңди, сыныңды.
  ***
Биреўлерге ҳеш бир адам жақпайды,
Туў сыртынан жаманлайды, датлайды.
Өлгеннен соң гөрге жалғыз көмилер,
Ол жақтан да жақсыларды таппайды.
  ***
Биреўлердиң ислериниң бәри еп,
Тек алдаўдан басқа сирә кәри жоқ.
Үйренискен әдет сирә қала ма,
Ақмақлықты емлейтуғын дәри жоқ.
  ***
Жазда еткен мийнетиң,
Қырманыңды көркейтер.
Жаста еткен хызметиң,
Мәртебеңди үлкейтер.
  ***
Жасларда да жаслар бар,
Ҳадал туўған халқынан.
Қәлбинде бийик асқарлар,
Қыялы көкке талпынған.
  ***
Журттан жақсы гәп күтесең еле сен,
Басқаларға неге азар бересең?!
Ҳеш биреўди тилиң менен тырнама,
Егер өзиң жақсы сөзди қәлесең.
  ***
Ишки сырды аңламайды ҳәр киси,
Бала ушын зарлар ана байғусы.
Бийбисәнем жалтылдаған гүл еди,
Тезден қартайтыпты перзент қайғысы.
  ***
Инге қолын апарған,
Зәҳәр шеккен жыланнан.
Ылас балшық қопарған,
Патаслыққа былғанған.
  ***
Көп симирсе арақ- шарап, коньяктан,
Қарғаны да бүлбүл етип сайратқан.
Биразларды ес-ақылдан айырып,
Қылмыс жүклеп милицияға айдатқан.
  ***
Кишкентайсаң  ­ десе ширкей көнбепти,
­ Ушсам бойым терек пенен тең,  ­ депти.
Гешше шымшық аяқ созып -шәлтийип,
­ Аспан, жерди тиреп турман мен, ­ депти.
  ***
Кең минезли не бир дана адам бар,
Инсан көрсе, бәри оның дослары.
Текеминез, келте пикир наданлар,
Жатырқайды урыўынан басқаны.
   ***
Нәпси қулы, әй бийдәўлет қарағым,
Жүз граммға қызарса да қулағың.
Ҳал кеткенше күни-түни симирип,
Қуртпақпысаң магазинниң арағын?!
   ***
Нағыз ақмақ дым турмайды ақылға,
Оны сирә тәўир иске шақырма!
Айтқан менен сөзиң зая кетеди.
Жарық ушын шам жаққандай соқырға.
   ***
Сен жетимсең көпшиликтен шетлесең,
Олай жүрип көргенсизлик өтпе сен!
Бул дүньяда жасаўыңнан не пайда,
Ҳеш биреўге меҳрибанлық етпесең?!
   ***
Тасып турса басыңдағы ақыл қап,
Айнаны көр, үстиңдеги шаңды қақ,
Басқалардың жамаўына жабыспай,
Сен өзиңниң жыртығыңның үстин жап.
   ***
Түйе көрмес арқасында өркешин,
Ақмақ билмес ақылының келтесин.
Көрингенниң жағасына жармасып,
Ҳәлин билмей аўырлатар еңсесин.
   ***
Турақсызлар ўәдесинен таяды,
Ел ишине жаман атын жаяды.
Егер оған айтағойсаң пайдасын,
Қайта саған ҳәкис айтып қояды.
   ***
Ҳәлиң нешик, ҳәй ишеўик, қалайсаң,
Өз үйиңе салдың талай ылайсаң,
Тирисинде ана қәдирин билмедиң,
Өлгеннен соң сен несине жылайсаң.
   ***
Ҳеш  аяў жоқ қылмыс қылсаң билқастан,
Жигит деген қайтпаў керек таў-тастан.
Еңбек пенен турмысыңды ҳәсемле,
Аман болсаң жаў жаманы ­ наўқастан.
   ***
Ҳүждансызлар ушырамаса бәлеге,
Жуўғарада келмес сирә келеге,
Айыбына қысынбаған найсаплар,
Қәтеликти ислей берер еле де.
   ***
Ҳеш ким қалмас қартлық деген гезектен,
Алжаспайды ойласықлы ис еткен.
Ар-намыслы жақсы адам сол болар,
Қәтелессе тез уялып дүзеткен.
   ***
Ҳеш биреўди менсинбедиң тағып мин,
Сен болмасаң кетермеди ағып күн.
Сеннен басқа дана бар ма дүньяда,
Тилиң менен айтып көрши, тағы ким?
   ***
Ыласласаң изиңди,
Сеннен адам қашқаны.
Айыплай бер өзиңди,
Гүналама басқаны.

 

  ***
Саўлық қәдирин билмеген, ­ 
Жалпайғанда өкинген,
Жаслық қәдирин билмеген, ­
Қартайғанда өкинген.

Ас қәдирин билмеген, ­
Тарыққанда өкинген.
Дос қәдирин билмеген, ­
Талыққанда өкинген.

Ақыллының сөзлери, ­
Таң-тамаша китаптай.
Ақылсыздың гәплери, ­
Тикенекли путақтай.

“Сөйлер сөзди бил” ­ деген, ­
Бир ағласы тилектиң.
Адам ушын тил деген,
Хабаршысы жүректиң.

Дослардың кеўилин қуўантсаң,
Бахтың таймас басыңнан.
Тилиң менен оқ атсаң,
Адам қашар қасыңнан.

Тазасы ағла кийимниң,
Дәстүрин сақла жаслықтың.
Жаңасы жақсы кийимниң,
Гөнеси жақсы дослықтың.

  ***
Бала қартқа еликлесе,
Ағалықтың нышаны.
Көп еситип, көп үйренсе, ­
Ағлалықтың нышаны.

“Болар бала бес жасынан,
белли”  деген мақал бар,
Он бесинде аға болса, ­
Даналықтың нышаны.

Жалған сөзлик, тәсилхорлық,
Қаралықтың нышаны.
Исте қартқа еликлесе, ­
Шалалықтың нышаны.

Ўәжсиз жерде басын былғап,
Ләпси ушын шапқылап,
Ғарры жасқа еликлесе,
Балалықтың нышаны.

  ***
Минекей дәўран, халайық,
Қәдирлеймен бахытты.
Әрмансыз ләззет алайық,
Бос өткермей ўақытты.

Өмиримниң ҳәр түни,
Сатылмайды айлыққа.
Өмиримниң ҳәр күни,
Табылмайды байлыққа.

Айтайын ҳадал сырымды,
Тыңласа дослар ескерип,
Жазылған ҳәмме жырымды,
Етпекпен елге естелик.  
  ***

Аңқаў десем, ақылдан
Асқан шықса қәйтермен,
Мениң доспан дегеним,
Душпан шықса қәйтермен.

Мениң салақ дегеним,
Уста шықса қәйтермен,
Мениң алтын дегеним,
Басқа шықса қәйтермен.

Жүдә жақсы дегеним,
Жаман шықса қәйтермен,
Зор билимпаз дегеним,
Надан шықса қәйтермен.

Шамалаған өз ойым,
Жалған шықса қәйтермен,
Мениң ләмсер дегеним,
Палўан шықса қәйтермен.

Күш өлшеўи билекте,
Ҳадал нийет тилекте,
Мен бир ўәлий емеспен,
Жасырынған жүрекке!

 

ҲАҚ СӨЗ АЙТСАҢ ҲЕШ АБЫРАЙ ТҮСПЕЙДИ

Адам ушын ең сулыўлық жүректе,
Гөзаллық аз, мийўе питпес теректе.
Дүньядағы көркемликке түс берген,
Ең сулыўлық еңбек сүйген билекте.
   ***
Адамдағы түрли-түрли сыр қандай,
Биреўлер зор, биреў қудай урғандай,
Миллет етер турса кирттәй ҳәмелге,
Ҳүкиметти жалғыз өзи қурғандай.
   ***
Ақмақлар да ҳәмел ушын қумар дым,
Алма болмас ағашынан шынардың.
Ешек қалар бәрҳа ешек жайында,
Төбесине көтерсең де минардың.
   ***
Әдетиң ­ шуғыллық, талабың ғыжақ,
Биреўге ­ биз бердиң, биреўге - пышақ.
Жаслар жүрегине ғалаўыт салдың,
Қырық шәҳәрди бузған әззазүл усап!
   ***
Әне, жарамсақтың ҳәдден асқаны,
Тек ҳамаллы оның күни, аспаны.
Басқаларды шыбын шелли көрмейди,
Ийт танымас ийесинен басқаны.
   ***
Базы биреўлер байлық жыйнар, өлместей,
Асқынады минез-қулқы жөнлеспей.
Көз-көреки, жанған отқа урынар,
Узағырақ жасағысы келместей.
   ***
Бергенлер де, билгенлер де жийренген,
Ҳәр ким оған нәлет айтар күйгеннен.
Парахорлық өз алдына бир кесел,
Дийўанадай қолын жайып үйренген.
   ***
Биреў шалжақлады байлық тапқанға,
Арсынбады ҳарам деген аттан да,
“Урлық түби ­ хорлық” деген мақалдай,
Бир күнлери шарта түсти қақпанға.
   ***
Биразлардан жасың үлкен ағасаң,
Ким жантасса, соған айып тағасаң.
Тириликте жақтырмасаң ҳеш кимди,
Өлгеннен соң қайдан жақсы табасаң?!
   ***
Бир нәқуста зәрре бийик өтипти,
“Айыўман” деп талтаң-талтаң етипти.
Қопаллықтан жығып алып столын,
“Пешка”лары “ферзь” болып кетипти.
   ***
Гей биреўлер ар, уятын таўысқан,
Адамлықтан ҳайўанлыққа аўысқан.
Үйди тонап, жанды қыйнап алғаны,
Артық емес ҳүждан менен намыстан.
   ***
Елден ерек сонша дүнья жыйнадың,
Беттен кетип намыс деген ийманың.
Өзиң ҳәзир туңғыйықта жатырсаң,
Буйырмады журтты талап жыйғаның.
   ***
Егер анық билгиң келсе жаманды,
Шамалы күн тапсырып көр ҳамалды.
Укол салып емлемесең жазылмас,
Мурныңдағы сегиз батпан самалды.
   ***
Жақсыға ҳамал ырыстай,
Арды қолдан бермейди.
Ақмаққа ҳамал қылыштай,
Алапаға сермейди.
  ***
Жанған оттай жайнап турса гүл деген,
Ким бар соның сулыўлығын билмеген.
Көзиң менен, көңлиң менен өлшенер,
Ҳәмеллини мақтамай-ақ тил менен.
   ***
Жасыл мийўа тилиң менен егилмес,
Мениң анық достым болсаң көңиллес.
Айтпай көрсет ўападарлық белгиңди,
Ҳеш биреў де қуры суўға семирмес.
   ***
Жақсылық қылсаң ­ ескерткиш,
Сақлаўлы олжа тапқаның.
Жаманлығың ­ сескенткиш,
Өзиңниң түсер қақпаның.
   ***
Жақсы-жақсы тил қатсаң,
Шийрин жуўап аларсаң.
Тилиң менен оқ атсаң,
Машақатқа қаларсаң.
   ***
Өзиң емес, журт өлшейди баҳаңды,
Билгиң келсе жақсы менен жаманды,
Мәрт майданда белли, деген нақыл бар,
Шамалы күн болып көрсин ҳамаллы.
   ***
Күншил жора, ишиң жаман тарылып,
Айықпадың, бул аўырыўдан арылып.
Күншиллик те, аўыр кесел, абайла,
Өкпең тығып, өлип қалма жарылып!
   ***
Күшлимен деп, жазықсызға тас аттың,
Шамалы күн қапалықта жасаттың.
Атқан тасың қайта тийип өзиңе,
Аўырлығын өзиң тарттың азаптың.
   ***
Мейрими күшли ағаны,
Көзлеринен танырсаң.
Ақылы артық дананы,
Сөзлеринен танырсаң.
   ***
Түби шийки көп олжаны қәлеме,
Бир қуныққан келмес қайтып келеге.
Парахорлық, өзимшиллик, бузықлық,
Ақырында шатпай қоймас бәлеге.
   ***
Уры емес, билмей алып төлеген,
Ғамхоршылық бурынғыдан жол екен.
Жерменди ким билетура қорғаса,
Жалатайдың ең шойдығы сол екен.
   ***
Өзгелерди күнлеп күйип-писерсең,
Жазықсызды қулатпақты күсерсең.
Умыттың ба бурынғының нақылын,
Биреўге гөр қазсаң, өзиң түсерсең.
   ***
Шуғыл ағаң аўзы-басы жыбырлап,
Көкирегиңе жел бүркипти сыбырлап,
Көпшиликте сен бәлеге шатылдың,
Ағаң пақыр кете берди қырынлап.
   ***
Ҳақ сөз айтсаң ҳеш абырай түспейди,
Жалатайлар тәсилинен “тис жейди”.
Базбиреўлер көрингенге сын тағып,
Аўлағында ҳәр бәлени ислейди.
   ***
Ҳәмел барда жарамсақлар тыйылмай,
Көзге мақтар сататуғын сыйырдай.
Мақтаў бирақ, жыйнап қояр зат емес,
Аўнап түссе, қалып қояр буйырмай.
   ***
Ҳәр кимниң де келер дүнья жыйғысы,
Ақшаны да келмес адам қыйғысы.
Бирақ, биреў ҳақ мийнетсиз байыса,
Қорқыныштан түўелленбес уйқысы.
   ***
Ҳәмел барда аталды ол данышпан,
Ҳәмел кетти, артық көрмес аўыштан.
Ҳәмел барда жалпылдаған түлкилер,
Жүзин бурып тура қашар алыстан.
   ***
Ҳәмел менен жазықсызды тырнайсаң,
Сестиң бәлент, ишиң геўек сырнайсаң.
Жарамсақлар жалған мақтар көзиңше,
Шынын айтсам, бес тийинға турмайсаң!
   ****
Ҳәмел үлкен қурал, жалтақлар ҳәр ким,
Сүринсең билерсең дос, душпан парқын.
Өзим Шәрьярман, деп шаўқымды салма,
Төбеңнен көз тигип сынап тур халқың.