Гулистан Даулетова

14 июля 2018 г.

ТИЛЕӮБЕРГЕН ҚӘДИРЛИ ТУӮЫЛҒАН ЖЕРГЕ


Жүзден жүйрик, мыӊнан шыққан тулпар ̶ ол,
Поэзия аспанында суӊқар ̶ ол.
Тилеӯберген ̶ бул дүньяға мәӊгилик,
Айдынына ғазлар қонған шалқар ̶ ол,
Арал, қарақалпақ бар болған жерде.


Жалқаӯ, нәкасларға бәрҳә қас болды,
Инсапсыз, нәмәҳремге кеӯли тас болды.
Көзин ашып, киндик қаны тамған жер,
Аралдыӊ дәртинен көзи жас болды,
Қайықлар қайырлап қырлаған жерде.


Дизилди қатарлар жулдыздай болып,
Арал түбиндеги қундыздай болып,
Булағынан елдиӊ шөлин қандырды,
Қосығы салланған бир қыздай болып,
Кеӯилди толқытты оқыған жерде.


Ақын Үмбеталы қазақ шайырды,
Бир сөз бенен Тилеӯберген "майырды",
«Шымылдықты алған өзлериӊиз» деп,
Қәрекеӊнен жаман атты айырды,
Кесип кетер еди сөз келген жерде.


̶ Ойпырмай, қүдирет ғой мына шайырыӊ,
̶ Дәрья ғой, қәйтерсеӊ сөздиӊ тайынын,
Таӯып айтқан сөзге бизде қолқа жоқ,
Жеӊермен, деп едим, таӯып қайымын,
Мен сөзден тарықтым, утылған жерде…


Таӊлайына берген екен қудайым,
Мен жеӊилдим, алдыӊызға қулайын,
Бала, деппен, сөзи - қызыл қылыш ғой,
Бундай шайыр мыӊ жасағай, илайым ,̶
Депти кирерге ин тар болған жерде.


Мәскүнем, парахор оған қас болды,
Нәкасларды көрсе, кеӯли тас болды,
Сайызлар қаймықты қыл қәлеминен,
Қосығын оқыса, халық мәс болды,
Мүшайра қазаны қайнаған жерде.


Умыт болмас сөзден маржан тергенлер,
Зер қәдирин билип атыр зергерлер,
Ийниӊизге ҳүрмет тоны жабылар,
Шәкиртлер көп, устаз тутып ергенлер,
Сөзден ғалы гилем тоқыған жерде.


Таӊға кирпик илмей илҳәмға ердим,
Аққумда Сиз бенен маржанлар тердим,
Туӯылған ел әдиӯлейди улындай,
Шайырдыӊ мыӊ жыллық қәдирин көрдим,
Айдары желбиреп жуӯырған жерде.


Алтынға бергисиз ул-қызлар менен,
Өмирдиӊ жалғасы ̶ жулдызлар менен,
Поэзия ̶ бир елтери тон болса,
Жағасына қояр қундызлар менен,
Сиз мәӊги жасайсыз туӯылған жерде!


ГУЛИСТАН ДӘӮЛЕТОВА.
19.06.2018. Ташкент.