ӘБИЎ ӘПСАНАСЫ

(Халық раўаятынан)

  I
Бурын-бурын-бурында,
Бир белгили орында,
Ўәйсилқара таўында,
Бурын деген аўылда,
Таўдың қубла ойында.,
Жәйҳун дәрья бойында,
Қарақалпақ елинде,
Ақша деген көлинде,
Шыққан екен сояқтан,
Түп негизи қыяттан-
Әбиў деген баланы,
Ҳәмме тилге алады.

Жастан шаққан болыпты,
Таң қалдырған халықты,
Билим алып улықтан,
Қаршадайдан қуныққан.
Китап қоймай ақтарған,
Журт аўзында мақталған.
Билгенин естен қалдырмас,
Оқығанын жаздырмас.
Қулақ екеў, тили тақ,
Аз сөйлейди көп тыңлап.

Сөзи өткир жасылдай,
Ақ шахмақтың тасындай.
Көп оқыды, көп билди,
Үйренипти көп тилди.
Сөзге қулақ салады,
Бирден билип алады.
Ҳеш жалған гәп айтпайды,
Айтқанынан қайтпайды.
Жигит болып данышпан,
Даңқы шықты алыстан,
Жақлайды тек шынлықты,
Шын мәрт болып шынықты.

Дым айрықша сыр-сыны,
Сол жас жигит бир күни,
Қолын жуўды салмаға,
Көзи түсти алмаға.
Суўда ығып барады,
Қызыл алма балқыған,
Дәми жупар аңқыған.
- Қандай жақсы,- деп қойды,
Қызыққаннан жеп қойды,
Жеп болды да ойланды,
Жегенине қыйланды:

«Қәпелимде не қылдым?
Қарап турым жаңылдым.
Ақылымнан сасқаным,
Бул-алмасы басқаның.
Ийесинен алманың,
Неге сатып алмадым,
Мийнетим бастым аяққа,
Ҳақыйқатлық қаяқта,
Еңбек сиңбей жеген ас,
Ҳеш адамды оңдырмас.

Ҳақын жеме адамның...»-
Нәсияты атамның,-
Деп тоқтамай тағы да
Кирди дийхан бағына,
Таўып алды бағманды,
Ол да буған таңланды.
Көрисип қол алысты,
Сорастырды танысты,
- Көзим түсти алмаға,
Түскен екен салмаға.
Жек көремен жалғанды,
Жеп қойдым сол алмаңды.

Киси ҳақын тегин дым,
Жегениме өкиндим.
Айтатуғын арызым,
Әне сизден қарызым.
Ҳақыңызды төлейин,
Не десеңиз көнейин,
Кеўлиңизге жетейин,
Ырза қылып кетейин,-

Десе, бағман күледи,
Мәрт екенин биледи.
Жигит қатты унайды,
Және оны сынайды`
- Жеген болсмаң алманы,-
Нағыз урлық болғаны.
Ҳақ болғанда жермедиң.
Неге әкеп бермедиң?
Неге сорап алмадың.
Урысысаң алманың.

Бирақ, гәп жоқ алмада,
Еркиң де бар алмаға.
Еки аяқлы мақлуқта,
Гәптиң түби ҳақлықта,
Сөзим емес қайраған,
Ири туўар майдадан.
Ким урласа шөжени,
Соң ириге көшеди.

Ким урласа түйнекти,
Бара-бара үйректи,
Соңын ала мал урлар,
Бара-бара бала урлар,
Сатар оны пул етип,
Өмир бойы қул етип,
Қорлап адам баласын,
Бузып меҳир-санасын,
Гәззап болар ақыры,
Қалмас мийде ақылы.
Адамлықтан өшеди,
Ҳайўанлыққа көшеди.

Бирақ соны билгенсең,
Ҳақлық ушын келгенсең.
«Ҳақыңызды төлейин,
Не десеңиз көнейин»,-
Деген сөзде тур, балам,
Ўәде болсын бир балам.
Деп қарт нықлап айтыпты,
Оған жуўап қайтыпты:
Айтқаныңыз дуп-дурыс,
Сөзлериңиз унамлы,
Кешириңиз гунамды.

Нәсият - өмир сабағы,
Тутқанлар кемал табады.
Үйренемиз кеңестен,
Еки жүзли емеспен,
Айтылған сөз-атқан оқ,
Сизден үлкен патша жоқ,
Қайтармастан ырайын.
Буйрық етиң, турайын...

- Турсаң балам сөзиңде,
Ықтыярың өзиңде.
Райханым - бир қызым,
Маңнайдағы жулдызым.
Өзи майып бирақта,
Еситпейди қулақ та.
Тили сақаў сөзге де,
Кемиси көп өзге де.
Көзи ләкет көриўге,
Аяғы ләң жүриўге.
Сондай оның айыбы,
Үйдиң ерке майыбы.
Сол қызымды аласаң,
Күйеў балам боласаң.
Болсаң нағыз шын адам,
Сақыт болдың гүнадан.

Жақтырмасаң кетебер,
Урлығыңды етебер,-
Деди ғарры тайсалмай,
Исеними жайсаңдай.
Жигит қатты ойланды,
Бирден шоршып қыйналды.
Жыламады, күлмеди,
Не қыларын билмеди,
Не болса да утылды,
Өз сөзине тутылды.
«Айтылған сөз-атқан оқ»
Қайтарыўға илаж жоқ.
-Сондай болса талайым,
Яқшы, қайыл болайын,-
Деп, бул басын ийеди,
Бирақ қатты тийеди.


  II

Мақсетти иске астырар,-
Күйеўлеў деген дәстүр бар.
Қыз ҳәм жигит көриспекши,
Тилегине ериспекши.
Қалың мал жоқ, я пара жоқ,
Тәғдийри қосса шара жоқ.
Тәўекелге бел байлады,
Көрисиўге ыңғайлады.
Жигит бул жерге келеди,
Сыбайлас қонған ел еди.

Сол ҳаққындағын айтайын,
Минекей бүгин жай тайын.
Қыздың үйиниң қасында,
Бир бай теректиң астында,
Үлкен ақ отаў тигилген,
Әтирапқа гүллер егилген.
Күйеў бар үйдиң ишинде,
Өзи әдепли пишинде.
Қапталында бар дослары,
Бирге өскен қурдаслары.

Сол ақ отаўда оңаша,
Болыпты қызық-тамаша.
Қыз-келиншеклер жыйналады,
Түрли ойынлар, ойналады.
Көримликлери соралады,
Алғаннан кейин таралады,
Қыз-келинлер шығып тысқа,
Кетип қалды тумлы-тусқа.
Питкен соң қызық-тамаша,
Жигит қалыпты оңаша.
Тек жалғыз өзин қалдырған.
Соннан соң қызды алдырған.

Қапталында бир жеңгеси,
Жоқ оннан басқа өңгеси.
Қыз үйге кирип келипти,
Ийилип сәлем берипти.
Бир-бирине қарасады,
Қарасқаны жарасады.
Жигит дым көркем ер еди,
Қыз бирден жақсы көреди.
Хоширейликти өткерген,
Муртлары жаңа тап берген,
Келискен сыны-сынбаты,
Жалтылдап тур перийзаты.

Жигит ынтығып қарады,
Лекин ол ҳайран қалады:
«Елдиң гөззал ботакөзи,
Келип қалыпты, ким өзи?» -
-Деп, бул бирден таңланыпты,
Ҳасыллығы  нланыпты:
Аўзы суп-сулыў, оймақтай,
Ерни сүйкимли, қаймақтай.
Шашлары қалың-қундыздай,
Көзлери өткир, жулдыздай.
Жарасып турған күлкиси,
Әне гөззаллық үлгиси.
Дийдары-дәрттиң дәрманы,
Сүйгенниң жоқ дур әрманы.

Жигит:
   - Келиң-келиң, -деди,
Қыз оған тек күлимледи.
Әсте-әсте аманласты,
Телмиристи көздиң асты.
Тамақлардан дәм татысты,
Бара бара сөз қатысты:
-Сиз ким боласыз, қыз?- деди.
-Билмедиңизбе сиз, Сиз? -деди.
-Билмей турман атыңызды,
Айтың ҳаслы затыңызды.

-Еситтиргенбиз елди биз,
Билмей қалайша келдиңиз?
Әкемниң атын Зал дейди,
Лақабын бағман шал дейди.
Әне мениң ҳаслы-затым,
Зал қызы Райхан атым.-
Деп қыз гәпти туўарыпты,
Жигит буған қуўаныпты.
Турып тағы ойланыпты,
Бир жағынан қыйналыпты:
-Әй, сәўгили перийзатым,
Маған белли сениң атың.
Ўәде бундай емес бирақ,
Сөз болып тур алжасырақ.

Айтқан өз атаңыз еди,
Сиз ҳаққында былай деди:
-Еситпейди сөзлериңди,
Көрмес деди көзлериңди.
Көбирек айтты миниңди,
Гүң-сақаў деди тилиңди.
Аяғы мешел ләң деди.
Оған да қайыл болғанман,
Айтылған екен жалғаннан.
Өтирик айтып байғус әкең,
Мени дым алдаған екен.

Хабарландырып елди де,
Ермек еткиси келди ме?!
Пәнт бергени шықпас естен,
Жалғаншыда үйленбеспен!-
Деп изге қарамай ҳаслан,
Үйден шықты тоқтамастан.
Сол кеткенинен кетипти,
Бағманға хабар жетипти.
Әбиўди қайта шақырды,
Айтыпты оған ақылды:
- Жолатқым келмес жалғанды,
Айттым турмыста болғанды:

Қызымды майып деп едим,
Еситпейтуғын дегеним,-
Өсек, ғыйбатты тыңламас,
Қопал сөзлерди аңламас,
Биреў жазықсыз сөксе де,
Кек сақлап көрмес өкпеде.
-Және гүңелек деп едим,
Индемес, сақаў дегеним,-
Ҳеш бир жалған гәп айтпайды,
Айтқан гәпинен қайтпайды.
Жас үлкенлердиң көзинше,
Үн қатпайды ол өзинше.
Сөйлемес мийди қатырып,
Гәп айтпайды ҳеш батырып.

Тағы мынадай деп едим:
Көзлери ләкет дегеним,-
Көргенге бирден қызбайды,
Сыпайылықты бузбайды,
Тек китап оқыў талабы,
Тынбастан билим алады.
Көзлерин соған жумсайды.
Алым болыўды аңсайды.
Және мынадай деп едим:
Аяғы майып дегеним,-
Орынсыз адым атпайды,
Қыдырыўды унатпайды.
Көринген жанға жантасып,
Ҳәр биреўге сөзлер тасып,
Қоңысыма-қоңысы қыдырып,
Гезип жүрмейди жуўырып.
Шақырмағанға бармайды,
Орынлы жерден қалмайды.

Жүрмеңлер балам, муңайып,
Бириң-бириңе ылайық.
Айналайын перзентлерим,
Зор бахытты бирге көриң.
Түрли-түрли бул адамлар,
Жақсылар көп, бар жаманлар.
Базы жаслар бар, бузық дым,
Тазалығыңа қызықтым.
Халықтың айтқан нақыллары,-
Жаслар ушын ақыл бәри.

Ел ишинде даналар көп,
Пикир айтар мынадай деп:
Болмасын ерде пәс қылық,
Ҳақлық жеткерер жақсылық.
Айтқан ўәдеңди етесең,
Мақсет-муратқа жетесең,-
Деген екен сол бағман шал,
Жүректе қалмай қыйлы қал.
Жигит гәплерди жаратты,
Ҳәтте кеширим сорапты.
Сондай көңиллер питипти,
Не тилегине жетипти.

Олар да өткен дүньядан,
Ҳақлық қәдирин билмес надан,
Беруний - Уллы бабамыз,
Илимнен түпки сағамыз,
Сақлаған ол халық арын,
Әбиў, Райхан атларын,
Бир-бирине жалғастырған,
Сөйтип Уллы лақап қурған.
Еки жақсы бас қосыпты.
Жасларына жас қосыпты.
Көңилли турмыс қурыпты,
Тап палдай татыў турыпты.

  III
Буны жаздым өрнек ушын,
Адамларға бермек ушын,
Иси үлги данышпанның,
Бәрине мәлим жәҳәнниң,

Қулақ салың дос яранлар,
Терең ойланып қараңлар,
Төрт қәсийет адамзатта,
Ол жоқ басқа мақлуқатта,

Мийирманлық - соның бири,
Көмек көрсетпек - бир түри.
Қәсийеттиң бири - уят,
Кетпеў керек ҳәдден зият,

Қанаатдур-төртиншиси,
Соларда мәртликтиң күши,
«Қанаат қарын тойдырар,
Қанаатсыз мал сойдырар» -

Деген де мақал бар екен,
Барлығын айтқан қәрекең.
Айрылсаң төрт қәсийеттен -
Инсапсызлық аса кеткен.

Халықлар умытты ашлықты,
Әптада, жалаңашлықты.
Қурғын, шадлы заманымыз,
Бийик дәўран адамымыз.

Бахтымыз зият бәршеден,
Тарықпаймыз ҳеш нәрседен.
Тапқаның ырысқыңа жетер,
Турмысыңды өркенлетер.

Еңбек етип алған айлық,-
Адам ушын кәлан байлық.
Күлип жүрсе бала-шағаң,
Кәтте бахыт, әне саған!

Буған ҳәм қанаат етпей,
Ҳеш нәрсеге ақылы жетпей,
Ҳүкиметтиң берген еркин,
Өзинше бурмалап ҳәр ким.

Бузған екен асқынғанлар,
Дуўрылықты бассынғанлар.
Беттен кеткен ар-уяты,
Менменсинип жыртыяды.

Ойлағаны қара басы,
Ҳадал емес жеген асы.
Шықты сондай томпақ байлар,
Тоймайтуғын қомақайлар.

Байлық ушын жанды қыйнап,
Базы биреўлер алтын жыйнап,
Ҳамалы бар гей ант атқан,
Подписин ақшаға сатқан.

Базы биреўлер мийнет етпей,
Ҳалқына ҳүрмет көрсетпей,
Диянат белги қалмаған,
Мәмлекетти алдаған.

Аз-нәрсени көпке жазған,
Өзине-өзи гөр қазған.
Еситилди түрли хабар,
Ҳәр ким өз пейилинен табар.

Базы биреўлер алып пара,
Болыпты журтқа масқара.
Кисесинде ҳүжжет турып,
Саррас жолды шепке бурып,
Алғанлықтан журттан пара,
Көрилмекте үлкен шара.

Хан санап өзин басқадан,
Тәкаббирликтен ақсаған,
Жарамаслар жазаланды,
Халық жақлады таза заңды!
Биразы қалды майырылып,
Ҳәмеллеринен айырылып.

Биразы кетти қамалып,
Түрли өсеклер жамалып.
Биреўлер қатты шатылып,
Биреўлер кетти атылып.
Бир мәрте берилген өмир,
Өкинишке толы не бир…

Олар асқынбаса бастан,
Бундай болмас еди ҳаслан.
Ким мийнетсиз байлық тапса,
Қутыртады ҳарам ақша.
«Урлық түби - хорлық»-депти,
Тегин айтпаған бул гәпти.

Биле турып ҳарам жесең,
Жүрмен демең аман-есен.
Урлық басланар түйнектен,
Биреўлер оны үйреткен.
Мазалы, дәмин тапқанға,
Сөйтип түседи қақпанға.

Шайпалмас бурын толыңыз,
Дослар, инсаплы болыңыз.
Қайым келип тур маған деп,
Алжасып қалмаң ҳарам жеп.
Ҳеш ким жалған гәп айтпасын,
Берген ўәдеден қайтпасын.

Ҳәмеллимен мен демесин,
Кисиниң ҳақын жемесин.
Бәрҳа әдиллик сақласын,
Мийнетсиз пайда таппасын.
Аяқ, қол саған берилген,
Бахыт тап маңлай териңнен.

Адамзат болсаң ҳақ болың.
Түрли бәледен сақ болың.
Инсан болсаң пәк нийетли,
Жоғалтпаң төрт қәсийетти!
Жаманлыққа қарсы турмақ,
Барлық исти қайта қурмақ.

Елимиздиң сиясаты,
Тезлетилсин истиң пәти.
Барлық жүрек тазалансын,
Бәрше қылмыс жазалансын.
Гәп басланды бир алмадан,
Айтылмай нақыл қалмаған.
Бәрше адам емес бирдей,
Айырмасы аспан-жердей.

Ҳақ болсам жоқдур әрманым,
Питти дәстаны алманың.
Мине, усындай әпсәнә,
Ел арасында көп және.
   1986-жыл, октябрь.
 

ШЕРНИЯЗДЫҢ ДУЎАСЫ

(Қарақалпақ халық аңызы)

Шопан жигит бар екен
Көрип жүрген Шерекең.
Келиншеги тентеклеў,
Қасарысқыш өр екен.

Айша менен Оразбай,
Ата душпан араздай.
Күнде қыйқыў үйинде,
Тәпинскен қораздай.

Көпке сыры билинди,
Гәпке, сөзге илинди.
Қайта-қайта араша,
Қоңсылары бүлинди.

Айша қатты зорықты,
Ишине дәрт толыпты,
Муңын айтып шағынып,
Шерниязға жолықты: 

­ Ерим мени урады,
Қулағымды бурады,
Күнде жәнжел, күнде даў,
Болады да турады.

Қарасам да айнаға,
Мени кем деп ойлама.
Дүзегендей еримди,
Бир дуўа бер, қайнаға! ­

Деп жалынды жас келин,
Өр көкирек мәс  келин.
Шерекең бирден сезип тур,
Келин кеўли өскенин.

“Билмесем де дуўаны,
Даўдан шатақ туўады.
Егер дуўа бермесем,
Ериң сени қуўады.

Болсаң да сен ерикли,
Миллет етпе көрикти” ­
Соны жазып үш бүклеп,
Дуўа етип берипти.

­ Айналайын келиним,
Ашыўы келсе ериңниң
Қағазды беккем тислеп тур,
Бүлк етпесин ериниң! ­

Деп ақын оны сынапты,
Өткерипти сынақты.
Соннан баслап күйеўи,
Келиншегин унатты.

Ашшы тиллик ­ келинде,
Гәп жоқ екен еринде.
Жантаспапты ҳеш шаўқым,
Бүлк етпеген еринге.

Татыў турмыс қурыпты,
Палдан татлы турыпты.
Ақынның сол дуўасы,
Даў-жәнжелден қурытты.

Бир сөзден қалсаң “ҳаў!” деме,
Сәл нәрсени даў деме.
Өз үйиңниң адамын,
Питиспестей жаў деме!

                              1962-жыл

СУЎҒА КЕТКЕН АДАМ

(Халық аңызы)

Қасына қойып қурықты,
Астына төсеп урықты,
Жулқынып аққан дәрьяға,
Жылқыман қарап турыпты.

Батып-шөмип қалықлап,
Деми қысып ҳалықлап,
Ҳәлсиреген биреўди,
Көрип қалды анықлап..

Зуўлатып ағыс жүйриги,
Тартып Әмиў ийрими,
Мантыққан сол сорлыға,
Келди буның мийрими.

Қурал етип қурықты,
Суўға қулаш урыпты.
Қурықты белден илдирип.
Қырға қарай бурыпты.

Ҳәпзаматта қутқарды,
Дизеге бүкке жатқарды.
Арқасынан дүмпишлеп,
Иштеги суўын ақтарды.

Танаўынан суў атты,
Сулық болып көп жатты.
Белгили  ақыт өткен соң,
Есин жыйнап тил қатты:

­ Шикарға шығып елимнен,
Зорға қалдым өлимнен
Дәрья менен тартыстың,
Қурық салып белимнен.

Мақтансын елиң, аймағың,
Әйгили ханы Хийўаның.
Әсфендияр тап өзим,
Ийеси барлық дүньяның.

Аярым жоқ жанымнан.
Келеди бәри ҳалымнан.
Керегиңше алабер,
Ғәзийнемнен, малымнан.

Изиме ҳәзир ересең,
Үлкен бахыт көресең.
Бүгинен баслап Хийўаға,
Сен де үлкен төресең! ­

Деп, ол өзин танытқан,
Дурыс, мине, анық хан.
Жылқышы буның атағын,
Еситип жүрген халықтан.

Жылқыман да жигерли,
Қуўанбады, түнерди.
Булттай болып минезин,
Өзгертти де жиберди.

­ Байлыққа жоқ жарысым,
Ҳамалға болмас тарысым.
Қутқарыў ­ иси ҳәммениң,
Адамшылық ар ушын.

Ергим келмес қумартып,
Мийнетте қол қабартып,
Халық пенен дәўран сүргеним ­
Ханлығыңнан мың артық.

Қызбайман дүнья алғанға,
Тилим бармас жалғанға,
Қандай бахыт табылар,
Сарайыңа барғанда?!

Қылт-қылт етип қысылмай,
Ҳеш кимге жәбир усынбай,
Өзиме өзим хан болып,
Жүргеним мақул усындай ­

Деген ўақта бул киси,
­Надансаң сен, жылқышы, ­
Деп сықақлап сөз айтып,
Ханның келди күлкиси.

­Надан десең, наданман,
Бирақ, мен де адамман.
Сениң менен дос болсам,
Ҳәмме ушын жаманман:

Елге қәдириң қалмаған,
Ханлық бахыт болмаған.
­Қутқарды ­ деп тил қатпа,
Үлкен сыйлық ­ сол маған. ­

Деди нықлап жылқышы, ­
Мине, мәртлик үлгиси!
­Себеп, халықтан қорқаман, ­
Деп те қойды бул киси.

Қурал етип ҳамалды,
Белгилеме шамаңды.
Халық ­ тәрези, өлшеп тур,
Жақсы менен жаманды.

ТӘШИМНИҢ ТАЛАБЫ

(Сатиралық рәўаят)

Қарақалпақ, қазақларда,
Айтысады Тәшимди.
Даңқы тарап узақларға,
Болды дейди тәсилли.

Бир есаптан надан дейди,
Шәҳәр, аўыл-аймақта.
Мәлим болған адам дейди,
Қоңырат, Таллық, Мойнаққа.

Үйдиң есер қонағындай,
Бийзар еткен халықты.
“Тап Тәшимниң талабындай” ­
Деген нақыл қалыпты.

Он сыйырға қызын сатып,
Алды дейди қалыңға.
Қыз өлипти сеспей қатып,
Иши толып жалынға.

Дәрья бурқып жығып өтип,
Шығыры да қалмаған.
Теңиз жаққа ығып кетип,
Барлығын суў жалмаған.

Нар түйени айыр етип,
Кеспек болған өркешин.
Жапырақтан қайық етип,
Жүўенлепти серкесин.

“Өзиме көз өтпесин” деп,
От тутатқан пахтаға.
“Муз жарылып кетпесин” деп,
Қағып қойған атлама.

“Ендиги жыл аларман” деп,
Қаршығасын көмипти.
“Бир жылдан соң саларман” деп,
Қазып алған өликти.

“Бул бир оңай ийесине,
Излемей-ақ табаман” ­
Деп, жайылған түйесине,
Қарақшыны қадаған.

Өртең көлге май салыпты,
“От тезирек өшсин” деп.
Қара жерге аў салыпты,
“Қудай берсе, түссин” деп.

Түйе минип, ылғал салып,
Қоңыратқа барыпты.
Базарлыққа тары алып,
Еки қапқа салыпты.

Еки қапшық дән тийепти,
Түйениң бир жағына.
Еки қапшық қум тийепти,
Теңлестирип тағы да.

“Аўмасын” деп ислегени,
Өз пикирин жөн етип.
Оған есап түспегени,
Еки жағын тең етип.

Өзи жаяў шаршап-талып,
Келеберди жетелеп.
Жолда биреў сезип қалып,
Айтты гәпти төтелеп:

­Қалай-қалай ермегиңиз,
Бир көриңиз ойлап та?
Қум топырақ дегениңиз,
Көп емес пе Мойнақта?!...

­Ақыл көп қой бул ағаңда,
Сени қудай ура ма,
Қумды теңлеп артпағанда,
Түйеде жүк тура ма?!...

­Тасласаңыз топырақты,
Оннан зыян тийе ме,
Дәни толы еки қапты.
Теңлеп артсаң түйеге?!...

­Ислеп көрши өзиң онда, ­
Тәшим буған көнипти.
Иле-сала жигит сонда,
Шөгирипти көликти.

Төгип таслап топырағын,
Теңлеп артты тарыны.
Бирдей етип еки жағын,
Мингизипти ғаррыны.

­ Отағасы, болды қолай,
Мине Сизге жаңалық!
Кетебериң әне солай,
Түйеңизде дем алып ­

Деди жигит, қалаберди,
Гәпти енди туўарып.
Тәшим алға бараберди,
Нәрестедей қуўанып.

Қәпелимде қарап турып,
Бир ой түсти қартыңа.
Түйесиниң басын бурып,
Қайта жүрди артына.

“Меннен де зор бул жақтағы,
Аса кеткен ақыллы” ­
Деп бул, кеткен узақтағы,
Жас жигитти шақырды.

­ Сениң менен таныспастан,
Уят екен кеткеним.
Ақылыңа жарыспаспан,
Кәраматың көп сениң.

Сендей перзент туўағоймас,
Жаман-жәўтик ғаррыдан.
Бундай ақыл шығағоймас,
Аш-жалаңаш жарлыдан.

Қыял менен илип турман,
Тап өзиңди шамалап.
Байлығыңды билип турман.
Ақылыңнан баҳалап.

Қайсы жердиң данасысаң,
Баян әйле елиңди?!
Қайсы байдың баласысаң?
Билдир маған жөниңди? ­

Деп Тәшекең гүрриңлесип,
Жас жигитти ардақлап,
Түйесинен қайта түсип,
Басын ийди жалбақлап.

Жигит турып мынаў сөзге,
Мыйық тартып бир күлди.
Көзи түсип қыран көзге,
Тәшим зәрре иркилди.

Жигит айтты: ­ Бай емеспиз,
Намыслымыз, арлымыз.
Төрт түлиги сай емеспиз,
Себеби, биз жарлымыз.

Үлкен байлық табыў ушын,
Бизде ондай ҳал да жоқ.
Ең болмаса саўыў ушын,
Жалғыз сыйыр мал да жоқ ­

Деген сөзге Тәшим бирден,
Аң-таң болып сасыпты.
Тез арада усы жерден,
Кетиў ушын асықты.

­ Тап усындай ақыл менен,
Жүрген болсаң байымай,
Өзимдики мақул екен,
Жибере бер жайыма.

Ҳешбир қәте етпедим мен,
Болдым сөйтип Тәшим бай.
Сонда неге кетпедиң сен,
Жүклериме асылмай?!

Қайық соққан жапырақтан,
Ақылымды артық көр.
Түсирилген топырақты,
Өзиң қайта артып бер! ­

Дегеннен соң оның қайта,
Орынлапты мақулын.
Жигит жүрди айта-айта,
Тәшимниң сол “ақылын”.

Бир жағына қумды артты,
Бир жағына тарыны.
Түйе жетеп, жаяў қайтты,
Местей болып қарыны.

Көп болған соң өзиниң де,
Малы, қойы, жылқысы.
Иси менен сөзиниң де,
Билинбепти олқысы.

Айдай арыў қостары да,
Гәп айтпапты бетине.
Бир аўыз сөз қосқанында,
Таяқ тийген етине.

Тәшимниң көп мини ушын,
Ҳешким қарсы келмеген.
Жарлы малай күни ушын,
Оның сөзин жөнлеген.

Ҳәтте Тәшим аталыпты,
“Аплатундай дана” деп.
Соған өзи мақтаныпты,
“Меннен ақыл сора” ­ деп.

Бул заманда қалған емес,
Бурынғының Тәшими.
Қалды десек жалған емес.
Бирли-жарым тәсили.

Бул дәўирде бурынғыдай,
Жарлы да жоқ, бай да жоқ.
Тек Тәшимниң қылығындай,
“Бир мен” деўден пайда жоқ.
                               1953-жыл, март