ӨМИРИМНИҢ ЛИРИКАСЫНАН

Дүнья-муҳит, жүздим тасқын ағысын,
Ушыратпадым тоқтайтуғын жағысын.
Жол жөнекей сәлем берип өтсем деп,
Қағып кирдим ярым әсир қапысын.

Небир дослар әрман етти келиўди,
Шоғы сөнди, көрмей кетти елиўди.
Айға жеткен көз тоймастай заман бул,
Жүз жаста да ҳешким сүймес өлиўди.

Ҳәр бир күним-өмирдиң бир гербиши,
Ҳәр биреўдиң келер буны өргиси.
"Бир әсирдиң дәл ортасы усы” ­ деп,
Мине, мынаў өлшеп қойған белгиси.

Ҳәмме жүрип өтетуғын бир төбе,
Өмир барда бахыт пенен мәртебе.
Бүгин мине елиў менен хошласып,
Алпыс жаққа атланаман ертеге.

Егиз туўған қуўаныш ҳәм қапалық,
Күн артынан күнлер келер тақалып.
Ҳәр батқан күн жулқып алып кетип тур,
Өмиримниң бир гербишин қопарып.

Алдыма да нәзер таслап қарайман,
Барса келмес таў көринер қарайған.
Соған жеткен ғаррылықтың дәўранын,
Мениң өзим жигитликке санайман.

Балалықты ғаррылықтан жек көрдим,
Жек көрмедим, уўайымын жеп көрдим.
Жүз жастағы ғаррылықтың қайғысын,
Бес жастағы балалықта өткердим.

Жүрген изди қыялыңа аласаң,
Ядымда тур қайғы менен тамашам.
Сум мусаллат ала шаңғыт көринди,
Ғаз-ғаз турып кең дүньяға қарасам.

Буўындырып жуп жағадан асылған,
Әжел қәўпи кетпей турды қасымнан.
“Қылқ”  еттирип жутып қойды әкемди,
Жетим қалдым палапандай жасымнан.

Анам ғәрип зар еңирейди егилип,
Көзлеринен қанлы жасы төгилип.
Он алтыдан жалғыз қалған мен болдым,
Он бес жулдыз жер астына көмилип.
 
Қайғы оты туншықтырды анамды,
Қара үйди қаплады тас қараңғы.
Булағайлы қарлы боран түнлерде,
Зарланады  саў қойғай  деп баламды.

Кеткенлерге жаны оттай күйеди,
Мен аўырсам және оқтай тийеди.
Жаста емес,  ҳәзир ғана ойлайман,
Полат екен бийшараның сүйеги.

Мыйық тартсам, шадды-қоррам болады,
Қабақ шытсам, жасыл гүлдей солады.
Жан бар жерде қапалығын сездирмей,
Аўлағында өксип-өксип алады.

Сап жүреги өртенипти дүт болып,
Тири қалдым ақыр түби қут болып.
Қар үстинде қаңбақлардай жумалап,
От басында аяқларым шыт болып.

Ескен желдей өтеберди балалық,
Жигит болдым, келди кем-кем ағалық.
Әкем жүрген соқпақ пенен аяңлап,
Жетип келдим елиў жасқа тақалып.

Күнлер өтти көрген түстей белгисиз,
Күнлер өтти, қайтып оны көргисиз.
Турмысымда небир күнлер гезлести,
Өмиримниң ярымына бергисиз.

Ядымда тур, мен баяғы жетиммен,
Жетимлерден талай жайсаң жетилген.
Бул заманда сүйиўши көп баланы,
Анасындай шорпылдатып бетинен.

Журтым мени шайыр десе, шайырман,
Не десе де пәрманына қайылман.
Баўырманым мектеп пенен интернат,
Жетимлерди жетимликтен айырған.

Ел сүймесе мениң жайым төрмеди,
Бийик бахыт қыран қустай өрледи.
Бир әрманым ­ мәртебемнин асқанын,
Атам менен анам ғәрийп көрмеди.

Алғысым көп досларыма, халыққа.
Ҳеш ким сирә нәзерден тыс қалып па?!
Тири түўе, батыл болған Бердақты,
Бизиң заман алып шықты жарыққа.

Жүрегимниң түпкиринен шығарған,
Мәпи ушын жаратылса шығармам.
Ел алғысы  ­   мениң ушқыр қанатым, ­
Еле талай шарықлаўға шығарман.

Қуўдың көрки ­  көк шалғынлы көл менен,
Ердиң көрки адам менен, ел менен.
Дузын толық ақламадым журтымның,
Еле талай қарызым көп бермеген.

Қушағында ой -өрисим кеңейген,
Ел мийримин жан анама теңеймен.
Журт шадлығы жалғаныссын жүрекке,
Жалғыз өзим жүз жасайын демеймен.

Мен мың жасап қалғанда да қатардан,
Бул дүньяның не ләззетин татарман?
Заманластың ҳәммесинен айрылсам,
Тап өзим-ақ, гөрге барып жатарман!

Мен жасасам дослар менен жасайын,
Бала-шаға, қостар менен жасайын,
Үлкен-киши, қатар-қурбы, заманлас,
Қартлар менен, жаслар менен жасайын.

Елиў жаста шаршадым ба, талдым ба?
Бир жүз жыллық өмири бар талдың да!
Жаслығымның сарқындысы кеткен жоқ,
Еле талай  дүбирим бар алдымда.
                                                  1966-жыл

ӨМИР ЖЫРЫ

Күнлер өтти жүрегимди суўлатқан,
Күнлер өтти қайғы уўын қурғатқан.
Жүрип өткен жолларыма қарасам,
Теңиз яңлы толқынланып суў жатқан.

Еситкенде жыраўлардың термесин,
Сайратады қайғы-муңның пернесин.
Бабалардың бастан кешкен муң-зарын,
Енди қайтып урпақларым көрмесин.

Көп жүзсем де өмир деген кемеде,
Ҳеш ҳақым жоқ ғарры болдым демеге.
Бахыт пенен ойнап-күлип, шадлықта,
Шығып турман алпыс деген төбеге.

Қырықтан өтсең өмир жолы тез екен,
Ҳәзир мине, ойланаман, сеземен.
Улықлардың “узақ жаса!” ­ дегени,
“Қаррылыққа жетис” ­ деген сөз екен.

Жаслығымда кем болмадым көриктен,
Талайлардың жүрек- баўырын ериткен.
Бара-бара сулыўлықтың бояўын,
Қызым менен улларыма бериппен.

Дүньяда ким мәңгиликке жасайды,
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды.

Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып,
Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып.
Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар,
Өмир ушын ҳеш бир күн жоқ аўысық.

Адам болсаң, жәмийетке дерексең.
Қосылмасаң тамыры жоқ терексең.
Ойламасаң тек өзиңнен басқаны,
Айтшы, қәне, сен кимлерге керексең?

Өмирдиң де болар мәўсим- мәҳәли,
Жарқын жаслық ­ гүл өмирдиң бәҳәри.
Бәҳәринде таярлансаң гүзине,
Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри.

Қыяллардан қыял туўар шақалап.
Ели-журтым хызметимди баҳалап.
Қуўатыма қуўат қосып келмекте,
Қаршығадай гүрилдескен шапалақ.

Өрмеледим, миндим бийик асқарды,
Кеўилим бирақ қартаймады, жас барды..
Бахыт пенен ойнап-күлип келемен,
Мен өзиме қурдас етип жасларды.

Бул не өзи, өркенлеў ме, өскен бе? ­
Баратырман жетпис пенен сексенге.
Тилеўберген еки қайта туўылмас,
Жерди сүрип, туқым сеўип ексең де..

Шайыр санап байлық бермес қапшықтан,
Қәлем деген станоктан от шыққан.
Жүрегимниң түпкиринде завод бар, ­
Узағына тозбайтуғын зат шыққан.

Мийўе берди шабытымның жемиси,
Нағыз шыңға шыққан гезим ең усы.
Бахыт пенен тағы қырық жыл жасасам,
Болмас еди бир қәбирдиң кемиси.

Қалмасам мен бир жеримнен майырылып,
Қалмасам мен ес-ақылдан айырылып,
Ўатанымның, ел-халқымның мәпи деп,
Жүрегимде қайнап жатыр шайырлық.
                                                   1975-жыл

РАХМЕТ

Келип қалдым жетпис жасқа,
Ҳәр мәўсимниң орны басқа.
Бирақ, шөгип қалғаным жоқ,
Тайын болып пискен асқа.

Бастан кетти жаслық қусы,
Өмиримниң келди қысы,
Дым ҳәлсиреп қалмасам да,
Қартлық деген мине, усы.

Бирақ, налымайман буған,
Жаслай кетти ини-ағам..
Халқымызға мың рахмет,
Үлкен бахыт берди маған.

СЕЗБЕДИМ МЕН ЖҮРЕК ТИЛСИМИН

Билмедим мен жүрек сырыңды,
Гүлдей ысық көриндиң көзге.
Ләйлимисең өткен бурынғы,
Көз қарасың басқадан өзге.

Ышқы оты ­ шарапатлы шарап,
Қыйнады ма, ерке жаныңды?
Нур жүзиңе, айнадай, қарап,
Көрип кеттим уйқылағаныңды.

Сыр сандығы ашылмай қалды,
Сезбедим мен жүрек тилсимин.
Ойлай-ойлай қыялым талды,
Көз алдымда еле жүр сының.

  ***
Қозғалмай жатыр гүбелек,
Шамды сүйип келипти.
Бийшараға не ҳәлек,
Ашығынан өлипти.

Болса шамның санасы,
Өртемес еди ашығын.
Сен де байқап қарашы,
Муҳаббаттың басымын.

Маған басқа не керек? ­
Келдим сендей еркеме.
Сен ­ шам, мен бир гүбелек,
Ашығыңды өртеме?

БИР СУЛЫЎҒА

Нәргис көзли арыў едиң ­ үлпилдеген гүл,
Таўыстайын таранғанда, шоқтай жайнаған.
“Сулыўлығым ­ мақтанышым, мениң ушын бул!” ­
Деп салланып турдың бәлки, қарап айнадан.

Нарттай дөнген қанлы жүзиң ­ тасқын байлығың,
Бир ўақытта бийик туттым тап сол мүлкиңди.
Дәрья бойлап жүрген едим талай айлы түн,
Қызық көрип сыңқылдаған гүмис күлкиңди.

Тыңла гөззал, бир азырақ жас алмай көзге ...
Еле дәрья бойында тур бир жасыл дарақ, ­
Гезлесиўге орай болған сол еди бизге,
Жолым түссе еске алып өтемен қарап.

Сениң ушын жүрегимди еткенде қалқан,
Хошлағандай қасын қақты аспанда жулдыз.
Нур жамалың тутқын етти туўғанша шолпан,
­ Дүньядағы ең сүйиклим! ­ деп едиң, ҳүр қыз.

Қыян-кески ылақ ойын “Майпоз”  тойында,
Арғымағым омпа түсип, шарта қуладым.
Саған көкмар инам етиў мениң ойымда,
Ессиз қалдым, жаздырылмай қолдан ылағым ...

Жан қайғысы қашықлатты, сол болды гүнам.
Лекин, тилеп алғаным жоқ аўыр жапсақты.
Хат жаздым да, сени ойда сақладым мудам,
Әттең бирақ, жалт бергениң мени қақсатты.

Жуўап келмес, жазған хатым суўға батқандай,
Хабар келди, “яр тутты ­ деп ­ бир жас бақсыны”.
Аўыр қайғы жүрегимди қысты қақпандай,
Айра түсип, сен сүйген соң меннен жақсыны.

Ала жиптей үзилди де қашты үмитим,
Қанжар салып, муҳаббатты еттиң сен жара.
Қәпелимде жин көринип бақсы жигитиң,
Зыпберипсең, шыр-пыр болып қалды бийшара.

Өлмей қалдым, жеңди өмир, болдым мен келе,
Саўалдым да бойға жыйдым қайта қарыўды.
Өткен зерде жүрегимде бәнт еди еле,
Сизет пенен мен де сүйдим басқа арыўды.

“Сулыў иси елеспесиз, орны гиреўли” ­
Дегендей-ақ, жаңа ярға сырды аңлатпай,
Төртеўден соң жупты етип тағы биреўди,
Ақырында ярсыз қалдың жалғыз қаңбақтай.

Мысалы, сен жарасықлы өскен сәрўисең,
Келди гүзиң, солды гүлиң, болмастан мийўаң.
Ярдан жуда, перзент көрмей еле жүрмисең,
Ең болмаса маманлық жоқ, бойыңа жыйған.

Сулыўлық-та жарасықлы, сырттағы тери
Бирақ, жүрек сай келмесе, ким пайда табар?
Ақылсыздың сол болады, соғылар жери,
Соннан әжел тапқандайын қундыз ҳәм қамар.

Сылыныпсаң, бахыт таппай жүрген жолыңнан,
Үпелектей ушып кеткен гөззаллық бояў.
Қостар табыў, перзент бериў келмес қолымнан,
Бар жәрдемим “бийшара” деп сыртыңнан аяў.

Мен айтарман, “сулыў еди жүрген кеше” ­  деп,
Көп жылларды өткерсең де гезип саяқтай.
Қапталыңнан өткен бала айтса “шеше” ­ деп,
Ҳүрметли сөз, лекин, саған тийер таяқтай.

Әмиўдәрья қайта ақпас Памирге қарай,
Өткен ағыс қайырылмайды бир жүрген изге.
Қайда қалды дәўран жаслық, гүл жүзли шырай,
Көрген түстей елеслейди сиз бенен бизге...
                                                  1963- жыл, октябрь

АШЫЛМАҒАН ХАТЛАР

Қара булттай шашын бир силкип,
Тарап-тарап әтир суў бүркип,
Айнаға да бир нәзер салды,
Өз-өзинен қыйналып қалды.
Зор гүрсинип, дем алды қатты,
Қәпелимде қыялға батты.

Бир ўақытта атанған пери,
Тахтакөпир қыз болған жери.
Теңеп буны қуяшқа, айға
Ынтық болған жигитлер қайда?
Есер жаслық ­ өткинши даўыл,
Ақыл деген соған қараўыл.

Бийғам болсаң, шығаннан шығып,
Кетер даўыл үйиңди жығып.
Сонда болған зәрре қәтелик,
Жуўғарада кетпес өтелип.
Жүрсе де бул бойларын сыйпап,
Кемсалыйқа кеўлинде қыйпақ.

Сандық ашып, қолын узатты,
Тартып алды бир буўат хатты.
Конвертлерди ҳеш ким ашпаған,
Мәгәр болса басып тастаған.
Сыртқы мөрде жазылғаны бул:
“Мың тоғыз жүз алпысыншы жыл”.

Басылыпты почтаның мөри,
Оқылмаған келгеннен бери.
Ашпаса да бәрин тақлапты,
Пинҳан жайда беккем сақлапты.
Қағазлары қалмаған кирлеп,
Ҳәзир ғана ашып бир-бирлеп,
Ҳәмме жазыў көзлерден өтти,
Бир конверттен алды сүўретти.

Қайта-қайта оқып үңилип.
Сүўретке де турды тигилип.
Өткен күнлер алынып еске,
Баўырына басты да әсте,
Хаттың бәрин қапсыра услап,
Жатып алды басына дастап.

“Айырмаппан ақты қараны”  ­
Деп жүреги өртеп барады.
Өкиниш ойы кетти толқынлап,
Өксип-өксип жатыр солқылдап.
Бир мәҳәли орнынан турса,
Күйиниши берместен мурса,
Барлық хатты қолына алды,
Ашыў менен ошаққа салды.

Жақпақ ушын қағылды шырпы,
Ызғарланған хатлардың сырты.
Алыспады шырпының басы,
Жандырмады көзиниң жасы...
Хатларды ол қайтадан алып,
Сақлап қойды сандыққа салып.
Ҳәр нәрсени ойланса баста,
Шықпас еди көзлерден жас та!
                                        1971-жыл

СУЛЫЎЛЫҚ

Көрмеген жан ықлас пенен
Нәзер салып қарасын.
Еситкенлер исенбесе,
Билгенлерден сорасын.
Қуяшлы күн дөнип турған,
Қойыў бултқа мегзеттим,
Дийдарының ағы менен
Шашларының қарасын.
Қарлығаштың қос қанатын,
Жабыстырып қойғандай,

Жарқырап тур маңлайдағы,
Еки қастың арасы.
Егер бундай сулыўлықты,
Менсинбеген дос болса,
Өлшеп көрсин сол арыўдың
Ақыл менен санасын.
Тастай аўыр саўалларды,
Буршақ етип жаўдырсаң,
Терең ойы, шоқтай көрки,
Дәл өзине жарасық.

Ақыл деген аўыр жүк деп,
Оған месе тутпаса,
Тап сол гөззал аўлағында,
Сүмбил шашын тарасын.
Барғаныңды сезип қалып,
Мыйық тартып күлимлеп,
Уялғаннан ийбе етип,
Орамалын орасын.
Қаршығадай қыялланып,
Нәзик ерини бүлкилдеп,
Әдеп пенен “Келиңиз!” ­ деп,
Жаўдыр көзин қадасын.
Сол ўақытта муҳаббаттың,
Шоғы ғаўлап бойыңда,
Ким болсаң да қытықлайды,
Жүрегиңниң жарасын.
Жыллар өтип, жас үлкейип,
Тыншыр ўақыт жетсе де,

Мен өзим де бийҳуш болдым,
Жасырмайын ырасын.
Өткендеги Зилийҳа ма,
Шаҳсанем бе, Ләйли ме, ­
Жети ашық сулыўлықтан,
Қалдырғандай мийрасын.
Буның ушын сақыйлығын,
Аямаған тәбийғат,
Сонша көркем жаратыпты,
Адамзаттың баласын!
Ертектеги пери менен,
Периштедей сулыўлар,
Гөззаллыққа болмас деймен,
Буның менен таласы.
Гүл саўлатлар аз болмасын,
Арамызда көбейсин,
Перзент көрип, сулыўлығы,
Дуйым журтқа тарасын!
                    1968-жыл, март

БИР СУЛЫЎ

Жазыў маған жараспас деп жүр едим,
Шайырларда болмаса да көп шыдам.
Сулыўлықты сүйер бирақ, жүрегим,
Жас өтсе де елли деген шоққыдан.

Шайырлығым ләттеленип тозбаса,
Қәлемиңди нийетиңнен айырма.
Гөззал көрки йош-жигерди қозғаса,
Жыңқ етпестен қалған шайыр шайыр ма?!

Ел ишинде бурыннан-ақ билинген,
Берунийде талай-талай жулдызлар.
Мениң усы қосығыма илинген,
Гөззаллардан гөззал болған бир қыз бар.

Гезлестирдим үлкен тойдың төринде,
Ҳеш мини жоқ уста соққан ийиктей.
Билмедим мен қарындас па, келин бе,
Бота көзли, таўда өскен кийиктей.

Болса егер гөззаллықтың жарысы,
Жүрер еди ең биринши сый алып,
Ләйли менен Шахсәнемлер бәриси,
Қалар еди бул сулыўдан уялып.

Өмирдиң де бәҳәри бар, қысы бар,
Ойлап турсам, мине сонда әңгиме:
Нарттай дөнген көрки менен усылай,
Тура берсе қәйтер еди мәңгиге!

         ГҮЛ

Ҳүр тәбият сақыйдур ол,
Гүлде нағыш кестеси,
Достың кеўлин ашар мудам,
Дос берген гүл дәстеси.

Дәл ҳақыйқат жананларым,
Маған инам етсе гүл,
Төбемиз көклерге жетер,
Тасып жүрек шәшмеси.

Гөззаллықтың ҳүр сыпаты
Түрли-түсли гүлде көп,
Адамлықтың нур сыпаты,
Гүллерге шайда дилде көп,

Из түспеген жәзийраны
Шын гүлистан әйлеген,
Қоллары гүлдей дийханлар
Әне бизиң елде көп.

Саллана-долана өскен
Бәҳәрдиң нышаныдур,
Жаслық ҳәм бәҳәр гүлиндей
Өмирдиң гүлшаныдур.

Гүллерге не бар мегзес деп
Қыялым пәрўаз етсе,
Қарақалпақстандағы
Турмыстың рәўшаныдур.

ТАРИЙХ

Зуўлайды тарийх қуйындай,
Арқалап өмир жүклерин,
Бир секунд пәти тыйылмай,
Өтеди мың сан өткелин.

Көреди сансыз дәўирди,
Көреди сонша адамды.
Есапқа алып өмирди,
Байқайды, жақсы жаманды.

Дизеди мудам дәптерге,
Өзиниң билген, көргенин.
Салады қулақ гәплерге,
Жазады айтып бергенин.

Атланып алға тағы да,
Жеткерер соңғы халқына.
Талайдың қара-ағы да,
Түседи үлкен талқыға.

Келешек урпақ сынайды,
Өткенниң жақсы, жаманын,
Дәстан етип жырлайды,

Биреўлерден из қалмай,
Ушып кетер түтиндей.
Биреўлерден сөз қалмай,
Өшип қалар пүтинлей.

Биреўлер қурар естелик,
Ақыл менен, күш пенен,
Биреўлер өтер «бес» болып,
Биреўлер өтер «үш» пенен.
                              1968-жыл

АТЛАР

Кузовына ат тийелген машина,
Жол бойында гидирмекте, қараңлар! ­
Дегеннен соң мен де бардым қасына,
Аянышта ғаўырласты адамлар.

Бири бийе, биреўлери тай шығар,

Атты қанша қәдирлеген қаракең ...
Анаў бир, жылқының ақ боз реңи.
Түрли-түрли жайсаңлары бар екен,
Әне, Нурлыбайдың бала гүреңи?!

Ақ баслы ер, қос сийнебент тағынып,
Мәрт жигитлер отырғанда үстинде,
Ескен желдей кетер еди ағылып,
Айлық жолды асып түсип үш күнде.

Қызлар минип бөгенекли арбаға,
Гүмис яңлы сыңқылдасып күлискен.
Биреўлер мингесип сәмен жорғаға,
Ҳайтта, тойда сайран етип жүрискен.

Қас жүйриктиң тулпар деген аты бар,
Мерекеде үлкен топты айырған.
Жүйрик минип жаў қайтарған батырлар,
Дәстанларын көп оқыған шайырман.

Даўыл турып, булт жаңбырын ақтарды ...
Машинасы жүрип кетти селкилдеп.
Көп жаўратты кузовтағы атларды,
Жал қуйрықлар дирилдеди желкилдеп.

Бағып минсең, гөзлер еди Қырымды,
Бул әтирапта қызыққандай адам жоқ.
Ет комбинат дийўалына бурылды,
Машинаны қайтарыўға шамам жоқ.

Атлар түнде енип шықты түсиме ...
Биреўлери таўдан-таўға секирген.
Биреўлери жалбарынып кисиге,
Киснегени еситилди “эфирден”.

Биреўлери қашқан екен босанып,
Ушып барып ай төсине қоныпты.
Ат баққышын судқа берген Нысанов,
Жәбиргөйи прокурорға жолықты.

Ат дүбирин еситпекте қулағым,
Байшубарлар озып келген байрақтан,
Уйқысырап кроваттан қуладым,
Муңлы қыял жығырданды қайнатқан.

Бабаларым қанат етти атларды,
Ел қорғаўда алып берди жеңисин,
Мың-мың жыллар мәртлик хызмет атқарды,
Бүгин, мине, азық болды ел ушын ...
                                        1978-жыл,9-октябрь

ШАЙЫРЛЫҚ ШӘРТИ

Шайыр талай шәрт қояды өзине,
Шебер болсаң, халық қызықсын сөзиңе.
Жақсы ма ол, адам күлсе сыртыңнан,
“Мылжыңсаң!” деп айтпаса да жүзиңе.

Шайырлық ­ теңизде жүзген қайық ғой,
Қыялында ушан теңиз ақыл, ой.
Сондай бол да, тереңинен гәўҳар тап,
Шеттен бақа тосқын терсең, қоя ғой!

Қызығы не, сөзиң иске аспаса,
Баспасөзлер ықласланып баспаса.
Басқанда да оқыўшыдан уят-аў,
“Дәми жоқ!” деп ылақтырып тасласа.

Ҳәр қатардың көркемлигин, уйқасын,
Оқыўшылар “пах, шийрин!” деп байқасын.
Ойдан туўған лириканың тасқыны,
Адам жанын шымбырлатып шайқасын.

Тәсири кем уйқастан да пайда жоқ,
Дөрет жаңа образ, бурын ойда жоқ.
Мийнетиңе дос қуўансын, душпаның,
Маңлайынан қатты урсын, соқ-соқ-соқ!

Шайыр ким ол, ҳақыйқатлық жаршысы,
Ҳәр адамға өрнек оның ҳәр иси,
Гөне емес жаңалықты қоллайды,
Бәрҳә қолда әдилликтиң тартысы.

Зуўлап алға кетти бизиң жәмийет,
Ертеңгиге разведка жасап кет.
Талпынсаң да оған шамаң келмесе,
Изде қалып қойма, исле ҳәрекет.

Қәдирин билсең, өмир гөззал, тамаша,
Пикир келер ҳәр бир демде жаңаша.
Кемшиликлер бетке шарт-шурт айтылсын,
Ҳеш пайда жоқ көп сыбырдан оңаша.

Менменликтен урт көмпейип болма шер,
Қайта сондай минез болса ашып бер.
Елге сәйкес тартпақ болсаң сыйлықты,
Тынбай исле үзликсиз өс, сал жигер.

Ҳадал адам болсын сениң шын достың,
Халық масасы пикириңе ун қоссын.
Халтурщиктиң ҳийлелерин талқанла,
Иси менен көринбесе гүм болсын.

Мийге жыйнап сарқындысын ескиниң,
“Қалтам толып, өтсе болар бес күним” ­
Деп мардыйған ҳийлекерлер гезлессе,
Қалталарын пыт-шыт етип тес буның!

Ким болса да ырайына қарама,
Егер биреў қызып кетсе параға,
Шуғыл, күншил, менмен, жермен, ериншек,
Әшкарала, “право”сын сорама!

Дақ келтирип пухаралық атына, ­
Ҳақыйқатлық түспей қалса ядына,
Өршимесин ҳүждансызлық ушқыны,
Өрте сен де сатираның отына!

Бирақ, намысыңды қолдан берме сен,
Қушағыңды кеңнен-кеңнен серме сен.
Тәсил ойлап, сатыў ушын ақшаға,
Тақыр жерден шөп-шарларды терме сен!

Қыял қусың қанат қақсын шарықлап,
Өз сөзиңди қатаң сына анықлап.
Дәмсиз жазсаң “шайырман” деп гәрдийме,
Жумыс көп ғой, ең қолайын излеп тап.

Ўатан ушын жақсы хызмет жарасар,
Ҳадал мийнет ҳәр биреўге миясар,
Ең баҳалы шығармалар дөретсең,
Китабыңа оқыўшылар таласар.
                                                  1954-жыл

  ЖАС ШАЙЫРҒА

Келши жаным, сөйлесейик, ўақыт мол,
Жаслық ­ көздиң раўшаны, бахыт ол.
Зәң шалмасын жүректиң сап гәўҳарын,
Ишкернелик бәлесинен сақыт бол.

Бийик талант ушын сен бол шын ашық,
Билим ­ қанат, шарықлай бер, шыңға шық.
Из түспеген тыңнан маржан ақтарсаң,
Халқың сүйер лапызыңды тыңласып.

Алдыңда бар талай аға шайырым,
Табысына ынтық генжетайының.
Биреў түртсе, алапаға жуўырмай,
Шекер менен уўдың парқын айырың.

Барым болса, үйретейин тежемей,
Келебериң анталасып шөжедей.
Кемшиликти айтқан ўақта көзиңе,
Жүрсең болды жудырықты геземей.
                                                  1962-жыл

СЫР ТОЛҒАЎЫ


                    I
Мерекени ел қаплап,
Жыраўлар қобыз шағлатқан.
Толғаўларын ардақлап,
Бабалар шерин тарқатқан.

Нәсияттан сөз баслап,
Дәстан менен таң атқан.
Булдыраған асқар таў,
Ыйығына муз қатқан.

Сәўкеле ­ бийик шоққысы,
Басында жегде қар жатқан.
Ашық болып қуяшқа,
Гүрсинсе, даўыл зар қаққан.

Қара булт шашы желкилдеп,
Жамғырдан жасын боратқан.
Гүлдирмама дәп қағып,
Сулыўдың сырын аңлатқан.

Күн жүреги елжиреп,
Гөззалға кеўил қумартқан.
Ынтықлығын билдирип,
Аспаннан сәўле нур атқан.

Таў менен қуяш сүйискен,
Кәрамат пенен узақтан,
Ҳүрметине тәбият,
Гүллерден кесте торлатқан.

Қызыл-жасыл дарақлар,
Таңлантып жанды қаратқан.
Қосықшы етип бүлбилди,
Шарықлатып сайратқан,

Қара тасқа күш енип,
Пуўлатып қазан қайнатқан.
Сыңқылдасқан булақлар,
Ылдыйға қарай зымырасқан.

Гүмис ҳәйкел сыңғырлап,
Нәзик сазын жаңлатқан.
Ашықлардың ышқынан.
Тасқын дәрья суў аққан.

Биябан шөлди қақ жарып,
Қарсылықты қулатқан,
Уйқыда жатқан саҳраның,
Бүйирин түртип оятқан.

Мақпалдан ҳасыл кийдирип,
Дийдарын гүлгин жайнатқан.
Бинаят болып көл-теңиз,
Өртеке толқын ойнатқан.
                    II
Сөз маржаны жайылды,
Таў айбатлы таланттан.
Жүреги Жайҳун шайырды,
Ел жанындай унатқан.

Фийзулы, Ҳапыз,Пушкинлер,
Шайпалмас байлық жаратқан.
Айтылмай сөз қалмапты,
Мақтымқулы,Наўайы,
Ҳәжинияз, Бердақтан.

Ядгерлик қурған улықлар,
Алтынлы гәўҳар полаттан.
Досларын шадлы күлдирип,
Душпанларын жылатқан.

Әждарҳадай күшлерге,
Қәлеминен оқ атқан.
Әдиллик тилеп дүньядан,
Жылағанды жубатқан.

Масағын терген солардың,
Бир тамшы мен де әўладпан.
Жақында өткен Аббаздың,
Ҳаўазы кетпес қулақтан.

Тирисинде бас ийип,
Алдында өттим сынақтан.
Руўхым тасып дәўранға,
Бахытлы шадлық қуўантқан.

Өмиримниң жалғасы ­
Шәкиртлерге қуўатпан.
Көкирек қайтпай шалқысам,
Қайғы да көрдим тосаттан.

Ызыңлаған сонадай,
Күншиллик шықты бир жақтан.
Шайырлықтан бездирип,
Унтаў ушын буўнақтан.
                    III
Бурынғы ата дәстүри ­
Гедейди езип шырлатқан.
Ҳәзир де залым аз емес,
Ҳадаллыққа кир жаққан.

Душпаннан туўған шайтандай,
Жүрегинде уў жатқан.
Бетине нықап илдирип,
Тәсил менен пул тапқан.

Ығбалына берилсең,
Жаздырмайды қармақтан.
Қоқыйғаны қораздай,
Жуўҳалығы жүз батпан.

Шыға сала елинен,
Душпанлығын жаңыратқан.
Ақты көрсе, “қара” деп,
Журт қуйқасын жуўлатқан.

Пилди көрсе “пышық”  деп,
Аўзы тынбас ғыйбаттан.
Пушықты көрсе, “сулыў” деп,
Сулыўды көрсе сын таққан.

Дос таңлайды өзине,
Ийис билмес ақмақтан.
Шынын айтқан адамға,
Көпеклерин шуўлатқан.

Қолдан келсе жақсыны,
Әзәзүлге тырнатқан.
Күнниң нуры кемимес,
Ийт үрсе де бир жақтан.

Сақлық керек бирақ та,
Достан да шығар ант атқан.
Даналардың нақылы,
Илим менен қуўатлан.

Аман болсын әдиллик,
Сақлаған темир тырнақтан.
                    IV
Ҳәкке шоқып бүркитти,
Айыра алмас қанаттан.
Я кемшилик, я бахыт,
Өтирикке олақпан.

Ел сынаса, көзи көп,
Жүрегим таза мен ҳақпан.
Жаным саўда безбеспен,
Шайырлық муза ­ әрўақтан.

Жасымнан оқып үйрендим,
Турмыс деген сабақтан.
Керегимше қанғанман,
Ҳөнердиң кәни булақтан.

Ҳақыйқатлық илими ­
Жолымызға нур жаққан.
Қәлбимниң дәрья толқынын,
Арғымақтай туўлатқан.

Қалыспадым тартыста,
Дүлдүл менен пырақтан.
Мың жасаған адам жоқ,
Дүньяға мен де қонақпан.

Күн өткени ­ қурбан ҳайт,
Жай түргелип жай жатқан.
Алпыстың жеттим шыңына,
Ҳәзиринше қуўнақпан.

Патшалық емес ўазыйпам, ­
Күш пенен буйрық таратқан.
Қарапайым шайырман,
Сол журттан мениң айырмам.

Жақпаса сөзим журтларға,
Сөгисине қайылман.
Ҳеш кимге жоқ қарғысым,
Еңбеклерим ­ халық ушын.
Оқыған досқа тартаман,
Жүрегимниң алғысын!
                              1967-жыл

ГӘПЛЕСИЎ

Гәп табамыз дослар менен отырсақ,
Зыян емес сөйлесип, таң аттырсақ.
Ел дөреткен ғәзийнелер аз емес,
Өсек пенен өтириктен қутылсақ.

Ҳеш ўақытта күнлемеймен досларды,
Ушқыр болса, өрлей берсин асқарды.
Жаманласам ким инанар сөзиме,
Сырттан айтып қозы менен қошқарды.

Күнлемеймен, мейли мени күнлесин,
Көмек ушын шақырсын өз үнлесин.
Ҳеш биреўге қарызым жоқ таланттан,
Биреў билсин, мейли, биреў билмесин.

Жолдасларым қара шығар, ақ шығар,
Көтерилсе, дәўлет шығар, бақ шығар.
Шайырларды сырттан өлшеп отырған,
Ең ақыллы халық деген сақшы бар.
                                                  1968-жыл, май

ШАБЫТ

Қайда кеттиң, кәраматлы шайырлық,
Дым сүйкимли жолдас едиң жасымнан.
Келши шабыт өз орныңа қайырылып,
Не себептен алысладың қасымнан?!

Сениң ушын мениң кеўлим ашықдур,
Сағынаман көзлериме жас алып.
Сен кеткенсоң ериншеклик басып тур,
Сен бар болсаң, йошланаман жасарып.

Бас ийемен ҳәмириңе бағынып,
Үлкен күшсең қуўат берген тазадан.
Сен бар жерде алтын булақ ағылып,
Ағыл-тегил дәрья болып тасаман.

Сен болмасаң илинери тек масақ,
Тақыр жерден шөпшек етип теремен.
Сен бар болсаң тозбайтуғын зат жасап,
Ел-журтыма саўға етип беремен.
                                                            1982-жыл

ТҮП САҒА

Булур таўдың басында
Қардан ерип ҳаслында,
Булақ-шәшме жыйылар,
Сай-сайларға қуйылар.
Сылдырласып ағады,
Көп суў пайда болады.
Сөйтип дәрья болады,
Дәрьядан суў таралар,
Көплер аздан қуралар.
Аз жыйналса, топ болар,
Қосылысса көп болар.
Түп сағасы жоқ нәрсе,
Тарап-тарап жоқ болар.

                    ***

Мақталды да мақталды,
Мақтаншақ деген ат алды,
Толқынласқан мақтаўлар,
Суў серпкендей тоқталды.


 МАҚТАЎ

Сап жүрегим алтыннан ба, гүмистен бе, мыстан ба,
Өр минезим ҳадал дос па, я өзиме душпан ба?!
Суўдыраған өтириктиң қасқа келер маңлайы,
Мақтаў маған саўға емес, өкпелер деп қыстанба!
  
Мақтаў ­ самал, қолтығыңа шымбыр-шымбыр киреди.
Мақталыўшы найсаптың да берк болмаса жүреги.
Кийимлерин местей үрлеп, қомпылдатып үрпейтсе,
Менменликтиң кеселине шалығады жүреди.
  
Мақтаў деген шапан жабыў, мақтаншақлар сый алып, ­
“Алжасық” деп қайтып алса, пәнт жеп қалар уялып.
Алдымдағы гүңгирә печь сары десем ким инанар,
Ҳәр ким билер қара түске турғанлығын боялып.
  
Дәрья десем, ийрим тартып аққанымнан билерсең,
Егер анық уста болсам, соққанымнан билерсең.
Алжаспаўды, жүректеги адамшылық арымды,
Дос таңлаўдан, күнде жүрген соқпағымнан билерсең.
  
Шебер десем, жасап қойған сандығымнан сынарсаң,
Тап өзим де сүйсинемен сулыў етип шығарсам.
Анық маған шын дос болсаң, көпшигиңди көмпейтпе,
Абайсызда суўға батсам, сүйреп алып шығарсаң.

Түси мәлим, «мынаў-ақ» деп айтпасақ та пахтаға,
Мал емеспен, көтермелеп, қымбатырақ сатпаға.
Айна бол да, минди көрсет, дақ болмасын бетимде,
Жүзи жарқын болсын десең, көз алдымда мақтама!
  
Айтыўдың да, шертиўдиң де табылады түр-түри,
Сырттан датлаў, көрсе мақтаў, егиз туқым бир-бири.
Соққан мүлкиң өзиң жоқта баҳаланса- мәртебең,
Көз алдыңда жалған мақтаў ­ таяқлаўдың бир түри.

Сыншың нағыз ўәлий болса, алдағыңды болжаған,
Ерк өзиңде, семиребер мақтаў деген олжадан.
Көтермелеп пуў-пуўлаўдың сорпасына семирип,
Марапаттың тутқынында қалып қойсаң сол жаман!

Шын мақтаў да  салмақлы жүк, басар сени тап келе,
Ол мойныңа түскен қарыз, ҳәддиң болса, нақ төле.
Егер маған, “ақланды ма, мақталыўдың қарызы?” ­
Десе биреў, айтарым сол, “ақланбады, жақ еле!”
                                                                                1964-жыл

МАҚТАЛЫЎ

Күтип алды қонақты,
Гүлдәсте берип қолына.
Узатып қалды қонақты,
Жақсылық тилеп жолына.

Көзинше қанша мақтады,
“Айрықша туўған дана” деп,
Кеткеннен кейин жақпады,
“Ақмақлығын қара” ­ деп.

Берип түрли тамақты,
Сыйлаўдан әрман қалған жоқ.
Кеткен соң сөкти қонақты,
Жақсы атақ алған жоқ.

Ҳәмелиң барда мақталып,
Күншиллик жағы тағы бар.
Бәрин де билер ҳақ халық,
Қуласаң, жала жабылар.

УРПАҚЛАРЫМ ­ ҚАНАТЫМ

УРПАҒЫМ

Урпағымды сыйласаң,
Сыйлағаның өзимди.
Егер оны қыйнасаң,
Қыйнағаның өзимди.

Урпақларым ­ қанатым,
Жүрегимниң тамғасы.
Ҳәр биреўи қуўатым,
Өмиримниң жалғасы.

Бул дүньяға қонақсаң,
Шалқығаның болмаса,
Қуўрап қалар дарақсаң,
Сеннен туқым қалмаса.


ҮЙ ҚАСЫНДА САРЫ ТАЛ

Кип-кишкене Зухражан,
Таўып алып даладан,
Алып келди шыбықты,
Қуўанғаны қызықлы.

Томпаң-томпаң жүреди,
Оны қайдан биледи:
­ Папа, буны ек! ­ дейди,
Еркелейди, кетпейди.

Қарап-қарап жән-жаққа,
Қол силтейди шарбаққа.
­ Тоқта! ­ десем, қоймайды,
­ Жүр! ­ деп мени зорлайды.

Шыбық сары тал екен,
Тамыры да бар екен.
Мен жер қаздым, ол тикти.
Тал шығарды бүртикти.

Көрип турып күн сайын,
Суў қуйды ол ҳәр дайым.

...Төрт жыл өтти арадан.
Өткен-кеткен ҳәр адам,
Қарап өтер сол талды,
Жапырақ жайып ырғалды…

Өсти басқа дарақ та,
Тал айрықша, бирақта.
Бойын созды әлемге,
Тамыр жайды тереңге.

Көлеңкеси сарқылмай,
Дөнип турар алтындай.
Жаз күнине жарасты,
Ҳәзлик берди тал асты.

Зухра ҳәзир мектепте,
Төртиншиге өтпекте.
Муғаллими Сара да,
Қоңсы бизиң арада.

Шәкирт еккен дарақты,
Зейин салып қарапты.
Тикпек болсаң сары тал,
Шақасынан келип ал!
                              1959-жыл 10 - апрель

  ***
Бизиң бала Байрон болды,
Еситкенлер ҳайран болды.
Быламығын төгип алып,
Үсти-басы ойран болды.
                              1940-жыл, ноябрь


Қасымда шайым, наным,
Көп жазып алақаным,
Талыпты шаршап жаным.
­ Жатағой папа! ­ дейди,
Даўыслап баўырманым.
Байқасам, уйқыламастан,
Отырған Зухраханым.

  ***
Малика деген жақсы қыз,
Қосық айтқыш бақсы қыз.
Сөзиниң көп тайыны,
Қарақалпақстандағы ­
Қызлардың ең шайыры!
                              1956-жыл, август

МАЛИКА МЕНЕН МУРАТТЫҢ «АЙТЫСЫ»

­ Айналайын, Муратбай,
Ойнатаман жылатпай.
Мен қасыңа келгенде,
Маңырай берме ылақтай.

­ Мениң атым Муратбай,
Ойнатасаң жылатпай,
Бетимдеги қотырым,
Қышып атыр шыдатпай!
  ***
Малика:
­ Қызық екен “Балдырған”,
Оқыса, мийриң қандырған.
Папам маған жаздырып,
Алматыдан алдырған.
“Балдырған”ды оқыўды,
Еслериңнен қалдырмаң!

  ***

Ой, Диляра, Диляра,
Диляраға бир қара.
Малика, Мурат, Диляра,
Жылап болды масқара!

Аржағында Мурат отыр,
Диляраны ура алмай.
Бержағында Диляра тур,
Көздиң жасын тыялмай,

Малика апалақлап жүр,
Оларды айыралмай!

  ***

Буйым тозса, мийнет етип,
Таўып алар буйымды.
Кийим тозса, еңбек пенен,
Таўып алар кийимди.

Көз алдыңда күлип турған,
Баўырыңнан айырылсаң,
Әне, соның өмиринше,
Орны толмақ қыйынды.
                              1969-жыл, декабрь

КҮЙЕЎ ЕМЕС, УЛ ЕДИҢ

Дәўқараев Роллан Нажим улының естелигине

Күйеў емес ул едиң,
Алғыр қустай түледиң.
Лалазар бағдың ишинде,
Айрықша өскен гүл едиң.

Ақыллы едиң, мәрт едиң,
Келмеске кеттиң ерте дым.
Ойда жоқ гезде айырылып,
Жүрегимди өртедим.

Сүйкимли едиң көрикте,
Сынап та көрдим ҳәр исте.
Талайлардың ишинде,
Сен едиң нағыз периште.

Ҳешкимге қабақ үймедиң,
Бар шығар жанып-күймегим.
Өкинемен дүньяда,
Тириңде бир сүймедим.

Бахтымды қудай бурыпты,
Салыпты басқа қурықты,
Шымбай ­ Нөкис жолында,
Әзирейли таяр турыпты.

Уйқыдан қайтып тура алмай,
Мойныңды елге бура алмай.
Бәримиз де зарландық,
Жүзиңди қайтып көре алмай.

Жүрмисең даўыл өринде,
Көринбесең, көринбе.
Көрсеткей Алла Таала күн,
Жәннеттиң нағыз төринде.
                              29-октябрь, 1981-жыл
 
   ****
Жуптым мениң сазлайтуғын сейисим,
Еситпесем ҳеш биреўдиң кейисин.
Шад турмыста урпақларым саў турып,
Аман жүрсем, дүнья мениң бейишим.

ЕСКЕ АЛЫЎ

Жарасықлы гүл едиң,
Гүл ишинде ҳасылдай..
Каршығадай түледиң,
Дөнип турған жасылдай.

Көзиң еди қарамық,
Жүзиң қанлы, нурың көп.
Тоты қустай таранып,
Турар едиң күлимлеп.

Тасқан еди шайырлық,
Сениң менен көриссем.
Калғанымда майырылып,
Медет болған периштем.

Ерке бүлбил мен едим,
Сулыўлыққа бағындым.
Келмес жаққа жөнедиң,
Жан дилбарым, сағындым.

Атап едиң ер жүрек,
Көңил қостым жасымда.
Келип турман елжиреп,
Қәбириңниң басында.

Сөйлемейсең, күлмейсең,
Кайда қызық әңгиме?
Келгенимди билмейсең,
Уйқыдасаң мәңгиге.

Дүньядағы қымбатлым,
Саған ҳеш ким жетпейди,
Жалтылдаған сымбатың,
Көз алдымнан кетпейди.

Көп сарсылдым ойланып,
Өлим дәрти от екен.
Қәбириңди айналып,
Иштен жанып кетемен.
                              1985-жыл, февраль

АҚШАМҒЫ ОЙ

Жол жағалай әтирапты айналып,
Олай-булай гезип өттим көшени.
Түнниң иши, алағат булт, ай жарық,
Бетти желпип, салқын самал еседи.

Жас урпақлар ойнасып жүр шапқылап,
Ғаўқылдасып өте берди қасымнан.
Дәлкеклесер оннан-муннан гәп қурап,
Шаққанлықты бир-биринен асырған.

Мен де бир гез шаршамастай жас едим,
Өсип едим тәлим алып атадан.
Ҳәзир уям дастық пенен төсегим,
Көбинесе сулық болып жатаман.

Бүгин мине, жалғыз жүрип жалықтым,
Мениң ушын көринбеди тамаша.
Аяғыда семди енди халықтың,
Үйге келип отырыппан оңаша.

Меннен бөлек өз алдына турады,
Келин-кепшик балалардың бөлмеси.
Ғаўқылдасып олар шадлық қурады,
Жәмленисип қатар-қурбы ҳәммеси.

Өз бөлмемде меннен басқа адам жоқ,
Түрли ойлар қаплап тыным бермейди.
Тәғдиримниң тәдбийрине шамам жоқ,
Кеткен бенде енди қайтып келмейди.

Ашшы менен душшыларды татқанман,
Қуўантпайды тәғдир қайта жасартып.
Жалғыз жүрип қайғы-ҳәсирет тартқаннан,
Тыныш жатсам, уйқыдағы түс артық.
                                                             1985-жыл

   ***

Бөбек болдым, еңбекледим баўырлап,
Жигитликте шалқып өттим даўыллап.
Жетпис бесте салмақ түсер бойыма,
Ҳәр күнинде бир мысқылдан аўырлап.

Жаслық қусы қайтып қонбас жайына,
Қайта үмит күтиў келмес ойыма.
Қартайғанлық тәбийғаттың нызамы,
Узақ өмир тийсе болар пайыма.

   ***
Жырын мақтап айтты биреў көп гәпти.
Қуў ғарғаға: «Ең гөззал ким, тап!» депти.
Қарға сонда: «Дүньяның ең сулыўы»-,
Деп өзиниң палапанын апкепти.

Ана ушын жалғыз қара палапан,
Ҳәсем нәрсе бар ма сирә баладан?!-
Шамшырағым Шәмшияны қушақлап,
Сүйген сайын шадды қоррам боламан.

 

ЖАН АҒАМ КЕТТИҢ, КЕЛМЕДИҢ!...

Ел көнди жоқлыққа, ашқа,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.
“Түстим, ­ деп жаздың,
                                         саўашқа”
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Баян еттим ойда барын,
Зар еңирейди баўырларың,
Ғәрип анаң интизарың,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Ини, қарындас изиңде,
Көриндиң мәртлик дизимде,
Бармысаң дүнья жүзинде?
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Соғыс елди ўайран етти,
Жердиң жүзин титиретти,
Қайғы менен күнлер өтти,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Аласапыран болды заман,
Ҳеш ким де қалмады аман.
Қанлы қырғын болды тамам,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Ағла еди салтанатың,
Шапқылап жүр тулпар атың,
Күтип отыр перийзатың,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Көзлер қыймастай ер едиң,
Айрықша болып дөредиң,
Көп еди журтқа керегиң,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Ғазлар ушар қатар-қатар,
Көңилим түрли ойға батар,
Болмады ҳеш хабар-атар,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Айралықтың оты жаман,
Күни-түни сағынаман,
Болғайсаң өлимнен аман,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.

Ямаса болдың ба қурбан,
Тәғдириңди билмей турман,
Тилеўберген иниңдурман,
Жан ағам кеттиң, келмедиң.
                                        1946-жыл

ЫРЗАЛАСЫЎ СӨЗИ

Қартаймайтын, өлмейтуғын адам жоқ,
Өмир деген жанып турған қызыл шоқ.
Бир сөнген соң сирә қайтып жанбайды,
Жанады деп болып жүрмең кеўил тоқ ...

Ким болса да түссе әжел қақпаны,
Жанға жәрдем бермес олжа тапқаны,
Бул дүньяны көрип болдың деген сөз,
Ғылт еттирип табыт бетин жапқаны.

Ўәлийлик жоқ келешекти болжаған,
Әрмансызбан бахыт деген олжадан.
Бул дүньяда мың жасаған адам жоқ,
Жерлеп кетип, ел умытса, сол жаман.
                                                  1990-жыл, 2-апрель

ДИЗИЛ СӨЗЛЕРИМ ЖУЛДЫЗДАЙ

Көркем сөз бир қус еди,
Қолға қашан түседи, ­
Деп отырдым ойланып,
Қәлем услап ойланып.

Унатпадым сөзимди,
Уйқы басты көзимди.
Қәлем қалды қайрылып,
Қалыппан сөзден айырылып ...

ҚУЎАНЫШ ПЕНЕН УЎАЙЫМ

Таў бар жерде, булақ бар,
Бас бар жерде қулақ бар.
Қулақ бар жерде көз болар
Ел бар жерде сөз болар.

Пахта бар жерде шигит бар,
Қыз бар жерде жигит бар.
Көл бар жерде балық бар,
Суў бар жерде халық бар.

Күн бар жердиң түни бар,
Ел бар жердиң мини бар.
Суўығы болар ыссының,
Ойлап қараң қыс күнин.

Билгир бар жерде надан бар,
Жақсы бар жерде жаман бар.
Жорға бар жерде жортақ бар,
Батыр бар жерде қорқақ бар.

Қосшы бар жерде, басшы бар,
Душшы бар жерде ашшы бар.
Той бар жерде жыраў бар,
Өлим бар жерде жылаў бар.

Қылмыс бар жерде жаза бар,
Жан бар жерде қаза бар.

Қуўаныш пенен ўайым,
Егиз туўған ағайын.
                                        1968-жыл