ЖАҚСЫ ПЕРЗЕНТ — ӨМИРИҢНИҢ ҚУЎАТЫ...

Бала десе ықлас неге артады? ­
Гейде урыссам, мухаббатым бар тағы.
Не дуўасы бар екенин билмедим,
Мәргиясы жүрегимди тартады.
   ***
Жигит болдым жаслайымнан үйленип,
Шад турмыста жасасам де сый көрип,
Жақсы уя салыўды да билмеппен,
Ең болмаса қурқылтайдан үйренип.
   ***
Улды- қызды мәпеледиң, тербеттиң,
Мине, бүгин үстиндесең ҳүрметтиң.
Қартайғанда қайта бала боларсаң,
Сонда есап, еркелетсе перзентиң.

   ***
Ул перзентиң ­ қүўанышлы тойханаң,
Қыз перзентиң ­ барып келер бай қалаң.
Жақсы перзент ­ өмириңниң қуўаты,
Қартайғанда жасартады қайтадан.
   ***
Уясынан қус та сезим алады,
Ҳәр бир нәрсе негизине барады.
Атасына усамайды десең де,
Ең болмаса бир белгиси қалады.
   ***
Ҳәмме нәрсе бара-бара тозады,
Ой тоқыйды қыялымның қозағы.
Тозбақ емес бала ушын муҳаббат,
Барған сайын аўырлатар азабы.

 

ТАТЫЎ ТУРМЫС ЕЛГЕ АБАТ КЕЛТИРЕР...

Алаберсең аз болмайды салмағы,
Бергенниң де болмай қалмас алмағы.
Қолдан келсе жақсылық ет адамға,
Ол өзиңниң қуўанышың алдағы.
   ***
Бир-биреўге жүзлериңди қубартып,
Отырасыз, урыспаққа қумартып.
Мың қубылып, жанды отқа жаққаннан,
Хош кеўилли, татлы сәўбет мың артық.
   ***
Баз биреўлер жигитликти қыймайды,
Жас өтсе де қайқылығын қоймайды.
Жанын қыйнар еки жаққа жалтақлап,
Еки ғарбыз бир қолтыққа сыймайды.
   ***
—Беў қызым-аў, жуўмапсаң ғой шамасы,
Асқан гөшиңниң жоқ ҳеш бир мазасы?!
Тап сабынлап жуўдым апа! ­ дегенде,
Жамбасына бир-ақ урды анасы..
   ***
Биреў нан ийискепти, ишип арақты,
Сада кемпир аң-таң болып қарапты: -
­ Қурттай ишип, аўзын таппай алжасты,
Көрдиң бе? -­ деп келинин түртип сорапты.
   ***
Гөззаллар бар жигит кеўилин тастырған,
Мақсетиңди билип иске астырған.
Ерге қуўат, үй-ишине берекет,
Ол бар жерде тасқынлаған дастурхан. 
   ***
Ери сөгип, ҳаял қатты сасыпты:
­ Тап моллаға айтаман! ­ деп асықты.
Барса, молла сабап атыр елтисин,
Көриўден бул тапырақлап қашыпты. 
   ***
Жақсының үйинде ­ тойдай тамаша,
Ақмақтың үйинде ­ “ўай-ўай”, араша.
Басылмайды былағайлы шаўқымы,
Асық ушын өкпелескен балаша.
   ***
Жақсы ҳаял, ерин “жаман” демейди,
Әлпешлейди, айға, күнге теңейди.
Жаман ҳаял сәл нәрсеге бултыйып,
Жүрегиңди тили менен егейди.
   ***
Ириккениңди қыздың өзи жақтырмас,
Пискен мийўе шақасында көп турмас.
Теңи келсе, тегин берсең болмай ма,
Қалың алып, ҳеш ким байлық арттырмас.
   ***
Қут-берекет татыўлықтан туўады,
Жақсы жупты бир-бириниң қуўаты.
Мысал алың оң қол менен сол қолдан,
Бирин-бири сыйпалайды жуўады.
   ***
Қоңсыларда қоңсы бар,
Душпаныңды дос еткен.
Қоңсыларда қоңсы бар,
Аўзы тынбас өсектен.
   ***
Мына үйге барыў қыйын, жасқанбай,
Барсаң гил ырылды, ийт таласқандай.
Менсинбейди бир-бириниң сөзлерин,
Ҳәр бириниң көкиреги аспандай.
   ***
Татыў турмыс елге абат келтирер,
Даў-тартыстың изи апат келтирер.
Жақсы жупты өмириңниң қуўаты,
Ақмақ тили менен сабап өлтирер.
   ***
Ҳаял болсаң, қабақ шытпа, ақыл бол,
Жарқын минез, жүреклерге жақын бол.
Ериң менен салғыласып, тиресип,
Жақтырмасаң, кет, басқаға қатын бол!
   ***
Ҳасыл гөззаллардың жолы сүттен ақ,
Татыў жасар қостарлыққа салмай дақ.
Ер көңлинде умытылмас дық қалар,
Жалғыз рет жолды бузса шалжақлап.

 

ОТ ЫШҚЫҢДА ЖАНЫП-КҮЙДИМ ШОҚ БОЛЫП...

Биреў айтты: ­ Қуяш сулыў, нур сулыў,
Деди биреў: ­ Бағда гүллер шын сулыў.
Биреў айтты: ­ Бети сепкил болса да,
Ҳәр адамға сүйген яры дым сулыў!
   ***
Гей сулыўлар ерке өсер үйинде,
Зорды берип ғайыр нағыс кийимге.
Өкинишли, иплас қолға тап болып,
Жүрмей қалса жалтылдаған күйинде.
   ***
Жипек самал желпир сениң демиңдей,
Булт гүркирер ашыўыңдай, кегиңдей.
Булақты да салыстырып күлкиңе,
Сыңқылдысын байқап турман еринбей.
   ***
Көзди тартар сулыўлардың жамалы,
Қыйнаса да муҳаббаттың самалы,
Адам ушын муҳаббатсыз өмирдиң,
Марҳумлықтан айырмасы шамалы. 
   ***
Мөлдиршиндей сулыў тартып мыйығын,
Бетин басты, салып көздиң қыйығын...
Ынтықса да жигитине айтпады,
Қара, “сүйдим” деўдиң сонша қыйынын!
   ***
Менде де бар басқалардай күш-билек,
Қарыўымнан муҳаббатым күшлирек.
Жақсы жанды сүйиўиме келгенде,
Тең келмейди анаў-мынаў үш жүрек.
   ***
Муҳаббат қарамас үлкенге, жасқа,
Бирақ, ҳәр мәўсимниң самалы басқа.
Муҳаббат қәдирин билмеўши де бар,
Маңлайы “дик” етип тийгенше тасқа.

   ***
От ышқыңда жанып күйдим шоқ болып!..
Бул дүньядан кетсем де мен жоқ болып,
Муҳаббаттың күйигинен аўырсаң,
Шығар едим саған дәри шөп болып.
   ***
Сулыўды да қәдирлесең күн етип,
Ықласыңды тасқын селдей үдетип.
Гей биреўи жүзин бурып жылт етсе,
Унтар сени жигериңди қум етип.
   ***
Сулыў көрдим лала гүлдей балқыған,
Сын-сымбатын қаплағандай алтыннан.
Ҳүр перидей не гөззаллар шықпаған,
Шын хоширей қарақалпақ халқымнан.
   ***
Узақ балалыққа кетти қыялым,
Жаслығымды еске салды шырайың.
Ең дәслепки сезимлердиң селтеңи,      
Қатар етип қарылмаған ылайым ...

 

АРЫСЛАН ЖАТЫР ҲӘР ЖҮРЕКТИҢ ИШИНДЕ

Баяғыда қара күнлер туўыпты,
Ескен даўыл сындырыпты уўықты,
Қорған бузып, ел зарлатқан “батыр”дың,
Ақырында дийўанасы шығыпты.

Биреў ойлар, гәўҳар бар деп түсинде,
Биреў ойлар, полат бар деп күшинде.
Өзин қоян санайтуғын адам жоқ,
Арыслан жатыр ҳәр жүректиң ишинде.
   ***
Бираз таўық жүрип еди жап-жақсы,
Есерленип еки қораз айқасты.
Күни менен қан сорғалап, жулқысып,
Екеўи де сатып алды наўқасты.
   ***
Биреў ­патша, көптиң қолы жетпеген,
Биреў турмыс кеширип жүр еп пенен.
Көк гүмбезли бул аспанның астында,
Ҳеш ким де жоқ дым мүсийбет шекпеген.
   ***
Биреў аўыр айтты, биреў атты тез,
Атқаны сол, қатты сөзге қатты сөз.
Биреўлерге тилиң менен оқ атып,
Сен олардан күтип жүрме татлы сөз.
   ***
Биреўлер бар, ҳәўлиреди далбайға,
Бийиклесең, асылады шалғайға.
Ийтлер үрген менен кәрўан көшеди,
Ҳәр заманның ақмақлары болмай ма?!
   ***
Бул дүньяда қайғы-шадлық бар екен,
Әўелинде егиз болып дөреген.
Бир ўақытта жапа шегип отырсам,
Бир жағынан қуўанышты көремен.
   ***
Бул дүньяның атқан жақты таңы да,
Бағынышлы тәбияттың заңына.
Ҳәмме нәрсе жуп-жуп болып жаралған,
Түн артынан күн келеди тағы да.
   ***
Болса ҳақлық ҳәм наҳақлық тарысы,
Пинҳан болар әдилсиздиң ҳәр иси.
Ишкирнелик өз алдына аўырыў,
Ҳақыйқатлық ­ емлейтуғын дәриси.
   ***
Гөнермейди елге еткен жақсылық,
Қартайғанда  еркелетер  жас қылып.
Шеңгел болып кесе турар алдыңнан,
Болса сенде ҳийле, тәсил, пәс қылық.
   ***
Дүнья иши ­ таўсылмастай ўақыя,
Дана сөзи ­ көзимизге тотыя.
Ҳеш илимпаз қалтасынан алған жоқ,
Өмириңниң өзи ­ философия.
   ***
Дүнья жүгин арқасына тийеген,
Инсан деген уллы атқа ийемен.
Базыбиреўлер адамлықты умытып,
Ҳайўан исин ислегенге күйемен.
    ***
Даңқ деген де даўыллардың қуйыны,
Өрлейберсең жыйналады жыйыны.
Мүлгип жатсаң, сениң менен иси жоқ,
Сондай оның сақлаўының қыйыны.
   ***
Егин тәрбиясы бастан болады,
Адамға тәрбия жастан қонады.
Қараўсыз егиннен ҳеш ҳасыл күтпе,
Тәрбиясыз бала душпан болады.
   ***
Жалтақ сөзи ­ жылтыраған шытақтай,
Ақмақ сөзи тикенекли путақтай.
Көпти көрген қарияларды тыңласаң,
Оқылмаған таң-тамаша китаптай.
   ***
Жақсыға жазықсыз жаманлық етсең,
Жуўабын күте бер, болмай арқайын.
Атызыңа қандай дақылды ексең,
Туқымына қарап питер ҳәр дайым.
   ***
Жалатайдан сақ бол, мәрт болсаң егер,
Ақмаққа жантассаң, абыройды төгер.
Жаманға жақсылық ­ басыңа бәле,
Ешеклер семирсе, ийесин тебер.
   ***
Жақсылар көп дүньяда,
Мәңги сүйип жатқандай.
Жаманлар бар дүньяда,
Дозақ болса атқандай.
   ***
Жет соңынан жақсы исти басла да,
Ақымақ душпан жаман десе, таслама.
Геўдесиндей мойны жуўан болған соң,
Жулдыз бәрҳа көринбейди шошқаға.
   ***
Көрип едим, Дәўлет аға ызалы,
­ Әттең, қалды жаслығым! ­ деп қызады.
Ғаррылық та жараспай ма өзинше,
Ҳәр бир мәўсим тәбияттың нызамы.
   ***
Күнниң нуры жерге ашық пәрмана,
Баўырына байлық толған Жер-Ана.
Екеўиниң ышқысынан дөреген,
Ғәзийнелер адам ушын ардана.
   ***
Көп налыма, шуғыл сырттан сөккенге,
Сен мәрт болсаң, кек сақлама өкпеңде.
Сен тастырсаң абыройдың булағын,
Түўесилмес аўзы менен төккенге.
   ***
Қабақ үйип бултаңлайсаң, басқарма,
Жүрегиңде ериместей тас бар ма?!
Сен олардың ким боларын билмессең,
Көз алартып, ҳәкиреңлеме жасларға!
   ***
Қанша бәрҳа жеңилликке шабарсаң,
Рәҳәти бар, қол еңбекте қабарса.
Ашшы мийнет көрмей татлы өмир жоқ,
Түнсиз күнди қай жақлардан табарсаң?!
   ***
Қай адамлар қәтелесип сүринсе,
Қала бермес қәтелескен түринше.
Билгенлер де, билмеслер де гәп табар,
Билимпаздың бир қәтеси билинсе.
   ***
Қуяш сени балалықтан үлкейтер,
Қуўат берип, сымбатыңды көркейтер.
Әттең, бирақ, қайта сорып денеңди,
Бара-бара таяқ берип еңкейтер.

 

 ДҮНЬЯ БАСТА ҲӘММЕ УШЫН ҚУРЫЛДЫ

Болдым жаста мен анамның жалғызы,
Жетпис жаста ким болмайды шал киси.
Жуўығарада қартайтпайды деген бар,
Болса елдиң шын жүректен алғысы.
   ***
Гүл солса да, тухым қалар гүзинде,
Өмиримиздиң жалғасы бар бизиң де.
Гөззаллардың сулыўлығы жоғалмас,
Өлген күни перзент қалса изинде.
   ***
Дүнья баста ҳәмме ушын қурылды,
Жаслық тақтым қашықласа бурынғы.
Барлық жанның хуқықы тең биз бенен,
Келгенлерге босатамыз орынды.
   ***
Енди анық билдиң жаслық өтерин,
Қай ўақ бир ўақ әжелиң де жетерин.
Шамалы наўқасқа шарбаяланба,
Тәғдир ушыратпасын одан бетерин.   
   ***
Жигитликти мәртлик пенен таптың ба? ­
Бул ғарры да бөбек болған ўақтында.
Қарт алдында жаслығыңа мақтанбай,
Ойланып қой келешегиң ҳаққында.
   ***
Жылап туўдың бул дуньяға келерде,
Қайғы ортақ, адам болсаң егерде.
Ҳешбир қайғы шекпесең де дүньядан,
Ең болмаса бир жыларсаң өлерде.
   ***
Жаса өмир, жаса өмир, өрле жас,
Сексеннен өт, тоқсаннан өт, жүзден ас.
Қартайсам да, мәпилик шал болсам да,
Өмир ушын муҳаббатым қартаймас.
   ***
Көздиң нуры жерим менен аспаным,
Елде жүрсем, асқар таўдан асқаным,
Қәстеликте бахыт болып көринди,
Қара жерди қайра-қайра басқаным.
   ***
Ким қартайса өриси тар, дым қатты,
Жыл өзгертер сықыл менен сымбатты.
Үлкенди де, кишини де көргенмен,
Ҳәр биреўге өз қатары қымбатлы.
   ***
Қартлық дәўран “кел!” деп қолын былғайды,
Қара шаштың ағы жеңип улғайды,
Ўақыт деген бара-бара билдирмей,
Шырайыңның сулыўлығын урлайды.
   ***
“Қартлық ­ атаў, айналасы жар екен” ­
Деп нақылды билип айтқан қарекең.
Жаңа түскен келиншектей сынаўлы,
Сөйлер сөзи, барар жери тар екен.
   ***
Қапалықта өткердим мен жаслықты,
Күншиллерден көрдим талай қаслықты,
Жас өткенде күним туўып оңынан,
Ысқырысқан қысым кетип, жаз шықты.

Нийетим көп еле иске аспаған,
Баз биреўлер сырттан атар, тас маған.
Қарсыласқан душпанымнан қорықпадым,
Қәўиплиси еки жүзли дос жаман.
   ***
Саў болғайман дөҳметшилер даўынан,
Сап денемниң сырқас деген жаўынан,
Қәстеликте болдым солғын жапырақ,
Ден саўлықта жердиң бийик таўыман.
   ***
Талай патша, мен болдым деп бахытлы,
Туў көтерип дабылларын қағыпты.
Баяғыдан жасап келген бири жоқ,
Ҳеш ким иркип туралмайды ўақытты.
   ***
Ўақыт өтип атыр суўдай ағылып,
Дослар кетип атыр, себеп табылып.
Қартайғанда еки көзиң төрт болып,
Отырарсаң кеткенлерди сағынып.
   ***
Үзилсе гүл қалар, сарғайып солып,
Мейли сен арықсаң, мейли сен толық.
Мейли сен патша бол, мейли сен гедей,
Өлсең теңлесерсең, топырақ болып.
   ***
«Хош келдиң» деп қол былғайды ғаррылық,
(Меннен қашық әкем көрген жарлылық).
Гүл жаслықтың билмес адам қәдирин,
Кеткенинше ойын-күлки тарылып.

 

ЕҢБЕК ПЕНЕН ТУРМЫСЫҢДЫ ҲӘСЕМЛЕ

Алжасса мойынлаў ақыл қаймағы,
Ким қәтеңди көзге айтса, пайдалы.
Бетке түскен дақты, қараны-ақты,
Көрсетиўши достым дейбер, айнаны.
  ***
Абырой жыйнаў усайды,
Ийне қудық қазғанға.
Ыдысың қалмай босайды,
Жөнсиз жерде қызғанда.
  ***
Артықмаш ердиң ақылы ­
Әлеўметти басқарған.
Бурынғының нақылы:
Ақылсыз ғайрат бас жарған.
  ***
Аўырлықты көрмеген,
Қәдирин билмес мазаның,
Бахытқа мәни бермеген,
Турмыстың шегер азабын.
  ***
Баласы жүр бир жерлерде «суў» ишип,
Ана отыр уйқыламастан уў ишип.
Жигит келип көрсеткен соң «концертин»,
Жүрек қалды муздай болып суўысып.
  ***
Базы биреўлер айтқан тилди алмайды,
Ҳақ адамды көз-көреки алдайды.
Оған питкен минез ана сүтинен,
Аўырыў қалса да,  әдет қалмайды.
  ***
Болсаң егер ақыллы ҳәм билимли,
Үзип қойма абырой деген гүлиңди.
Көпшиликте пәтиўасыз көпирип,
Бузып алма, беглигиңди, сыныңды.
  ***
Биреўлерге ҳеш бир адам жақпайды,
Туў сыртынан жаманлайды, датлайды.
Өлгеннен соң гөрге жалғыз көмилер,
Ол жақтан да жақсыларды таппайды.
  ***
Биреўлердиң ислериниң бәри еп,
Тек алдаўдан басқа сирә кәри жоқ.
Үйренискен әдет сирә қала ма,
Ақмақлықты емлейтуғын дәри жоқ.
  ***
Жазда еткен мийнетиң,
Қырманыңды көркейтер.
Жаста еткен хызметиң,
Мәртебеңди үлкейтер.
  ***
Жасларда да жаслар бар,
Ҳадал туўған халқынан.
Қәлбинде бийик асқарлар,
Қыялы көкке талпынған.
  ***
Журттан жақсы гәп күтесең еле сен,
Басқаларға неге азар бересең?!
Ҳеш биреўди тилиң менен тырнама,
Егер өзиң жақсы сөзди қәлесең.
  ***
Ишки сырды аңламайды ҳәр киси,
Бала ушын зарлар ана байғусы.
Бийбисәнем жалтылдаған гүл еди,
Тезден қартайтыпты перзент қайғысы.
  ***
Инге қолын апарған,
Зәҳәр шеккен жыланнан.
Ылас балшық қопарған,
Патаслыққа былғанған.
  ***
Көп симирсе арақ- шарап, коньяктан,
Қарғаны да бүлбүл етип сайратқан.
Биразларды ес-ақылдан айырып,
Қылмыс жүклеп милицияға айдатқан.
  ***
Кишкентайсаң  ­ десе ширкей көнбепти,
­Ушсам бойым терек пенен тең,  ­ депти.
Гешше шымшық аяқ созып -шәлтийип,
­ Аспан, жерди тиреп турман мен, ­ депти.
  ***
Кең минезли не бир дана адам бар,
Инсан көрсе, бәри оның дослары.
Текеминез, келте пикир наданлар,
Жатырқайды урыўынан басқаны.
   ***
Нәпси қулы, әй бийдәўлет қарағым,
Жүз граммға қызарса да қулағың.
Ҳал кеткенше күни-түни симирип,
Қуртпақпысаң магазинниң арағын?!
   ***
Нағыз ақмақ дым турмайды ақылға,
Оны сирә тәўир иске шақырма!
Айтқан менен сөзиң зая кетеди.
Жарық ушын шам жаққандай соқырға.
   ***
Сен жетимсең көпшиликтен шетлесең,
Олай жүрип көргенсизлик етпе сен!
Бул дүньяда жасаўыңнан не пайда,
Ҳеш биреўге меҳрибанлық етпесең?!
   ***
Тасып турса басыңдағы ақыл қап,
Айнаны көр, үстиңдеги шаңды қақ,
Басқалардың жамаўына жабыспай,
Сен өзиңниң жыртығыңның үстин жап.
   ***
Түйе көрмес арқасында өркешин,
Ақмақ билмес ақылының келтесин.
Көрингенниң жағасына жармасып,
Ҳәлин билмей аўырлатар еңсесин.
   ***
Турақсызлар ўәдесинен таяды,
Ел ишине жаман атын жаяды.
Егер оған айтағойсаң пайдасын,
Қайта саған ҳәкис айтып қояды.
   ***
Ҳәлиң нешик, ҳәй ишеўик, қалайсаң,
Өз үйиңе салдың талай ылайсаң,
Тирисинде ана қәдирин билмедиң,
Өлгеннен соң сен несине жылайсаң.
   ***
Ҳеш  аяў жоқ қылмыс қылсаң билқастан,
Жигит деген қайтпаў керек таў-тастан.
Еңбек пенен турмысыңды ҳәсемле,
Аман болсаң жаў жаманы ­ наўқастан.
   ***
Ҳүждансызлар ушырамаса бәлеге,
Жуўғарада келмес сирә келеге,
Айыбына қысынбаған найсаплар,
Қәтеликти ислей берер еле де.
   ***
Ҳеш ким қалмас қартлық деген гезектен,
Алжаспайды ойласықлы ис еткен.
Ар-намыслы жақсы адам сол болар,
Қәтелессе тез уялып дүзеткен.
   ***
Ҳеш биреўди менсинбедиң тағып мин,
Сен болмасаң кетермеди ағып күн.
Сеннен басқа дана бар ма дүньяда,
Тилиң менен айтып көрши, тағы ким?
   ***
Ыласласаң изиңди,
Сеннен адам қашқаны.
Айыплай бер өзиңди,
Гүналама басқаны.
 

НАҒЫЗ ШАЙЫР КЕМ БОЛМАЙДЫ ПАТШАДАН

Аса бийик шайырлықтың таўы дым,
Соған шығып бурқытабер даўылын.
Досларыңды сөзиң менен қуўантып,
Туўын қулат әдилликтиң жаўының.
   ***
Аббаз шайыр кетер еди йошып дым,
Жапакеши шайыршылық кәсиптиң.
Саз даўыслы бүлбил еди сайраған,
Деген сөзди талайлардан еситтим.
   ***
“Ақылыма достым бағын” деп,
Өзимди дана демеспен,
Мениң де қәте жағым көп,
Қашпайман қутлы кеңестен.
   ***
Ақылы кем, шала десе, шаламан,
Ақылы зор, дана десе, данаман,
Не десе де ықтыяры өзинде,
Әйтеўир мен халқым айтса нанаман.
   ***
Әдебият сабақларын байқаған ­ ,
Сезип атыр, ҳақыйқатын айтаман,
Сайызлатқан муғаллимлер биразы,
Қәйтер еди оқытылса қайтадан?!
   ***
Баспалатар ақымақ сөзин жөн десек,
Мен ҳаққымда таратыпты он өсек,
Қарғалардай ғарқылдаса жөнелди,
Он өсекке атып едим бир кесек.
   ***
Басты ийип алайын мен қолыңнан,
Ҳақ сөйлесең жалбақлаған қулыңман.
Сындыраман бирақ азыў тисиңди,
Бурмақ болсаң ҳақыйқатлық жолымнан.
   ***
Биреў алым дейди, биреў надан деп,
Биреў жақсы дейди, биреў жаман деп.
Бәринен де, ең жоқарғы дәреже,
Айтса болар, ақ көңилли адам,  деп.
   ***
Биреў гүл ­ деп жазғанына исенсек,
Гүл дегени ­ мал жейтуғын пишен шөп,
Узақ жыллар шайырлыққа талабан,
Еңбек сиңген атағы бар - “күшеншек”.
   ***
Биреўлер бар, тикенекти “гүл” дейди,
Пилди ­ шаян, қумырсқаны ­ пил дейди.
“Сыншыман ” ­ дер, иштен болған соқырдай,
Ақ-қараны дурысырақ билмейди.
   ***
Бир жыллары талантлыны талатқан,
Илҳам деген қуўат алар қанаттан.
Сулыўлықты, шайырлықты әзелден,
Тәбияттың өзи бөлек жаратқан.
   ***
Гейбир түнде ағарғанша узақ таң,
Мыңсан қыял бирин-бири узатқан.
Гейде мени қанатына мингизип,
Айналады қус жетпеген узақтан.
   ***
Дәпингендей сениң қандай күшиң бар,
Шуғыл жора, талантлыға ишиң тар.
Оған тийсең мың жудырық гезеўли,
Ҳәл сынассаң, жапырақтай мушың бар.
   ***
Досларың жүр емин-еркин дем алып,
Шайыр достым, ҳәр адымың жаңалық.
Шашыңды тез қыраў шалып қалыпты,
Болыў ушын мийнетиңе гүўалық.
   ***
Жаслайымнан әдебият ермегим,
Қысылсам да, арды қолдан бермедим,
Базбиреўлер ҳәмел менен урса да,
Ҳақыйқатлық жолдан тайып көрмедим.
   **
Жаман сыншы нағыз қыйсық айнадай,
Сулыўлықты жасырады қайнақай.
Шеңгелди ол көрсетеди гүл етип,
Қумырсқаны қомпайтады пил етип.
   ***
Инсапсыздың қәсийети аз болар,
Өмир мудам өзгеристе қозғалар.
Лепсиқаўдың жыйғанлары жоғалып,
Жақсылардан тозбайтуғын сөз қалар.
   ***
Ким қашады абырай менен атақтан,
Гейбир залым талант көрсе, отатқан.
Илҳам гүли жайнап өсер жанланып,
Тамырлары тазаланса отақтан.
   ***
Қайда қалды көркем сының-сыяғың,
Сырттан көрип, тап анаңдай аядым.
Әлем гезген “Спутник”тей шарықлап,
Күни-түни тынным таппас қыялың.
   ***
Қосық деген жүреклерди қозғасын,
Мен билмеймен сөзим тозар-тозбасын.
Соңғылыққа мийрас болып қалар деп,
Билгенимди шыжбайлайман өз басым.
   ***
Мен билмедим бул дүньяның сырларын,
Аспан, жерде неше түрли сыр барын,
Бирақ, сени космонавт дер едим,
Ел ишинде шарықласа жырларың.
   ***
Нағыз шайыр кем болмайды патшадан,
Гәп қозғамаң абырай менен ақшадан.
Қартайғанша қәлемлери шынықпай,
«Жас шайыр» деп таңылыўшы ат жаман.
   ***
Сен ҳақ болсаң, мен ҳақ болғым келеди,
Түлки болсаң, мен сақ болғым келеди,
Байрон болсаң қутлықлайын өзиңди,
Мен тек мәзи Бердақ болғым келеди.
   ***
Сайраса да сөзге жетик ҳақ киси,
Ақмаққа тәсирсиз гәптиң жақсысы.
Соқыр адам күнниң нурын не билсин,
Оған бирдей қараңғысы, жақтысы.
   ***
Тәғдир маған қаратқанда қырын дым,
Талай сапар ҳақлығымнан сүриндим.
Тап усындай дәрежеге жетемен,
Дегенди ҳеш ойламаппан бурын дым.
   ***
Талант тилеп алмақ қыйын достан да,
Олсыз сөзиң жүкпирлеспес жазсаң да.
Неге керек, ушқыр сөзди жүректе,
Балалатып ушырмасаң аспанға.
   ***
Ушқыр ақыл керек, алғыр сөз керек,
Болсын даўыс бир-биринен өзгерек.
Ешек ушын ақырғанның бәри сес,
Адам ушын тил маржаны сөз керек.
   ***
Урдым достым, критика таяғын,
Урып болып тап анаңдай аядым.
Жығыў емес, сәтехорлық кеселин ,
Қырқып таслап сақыт етиў қыялым.
   ***
Ҳәр бир шайыр тоқыр жырдың кестесин,
Биреў ҳәсем десин, биреў пәс десин.
Қолдан шыққан өнериңди баҳалап,
Журт биледи атың өшер-өшпесин.
   ***
Ҳәлиң белли, сыншыман деп қақсама,
Тәсилиңди өткерерсең басқаға.
Ҳақ адамдай кимлерге сын тағасаң,
Ҳүждан кетип, “баҳа” сатып ақшаға.
   ***
Шығармамның жүрегиме сыйғаны,
Халқым ушын жаратылған сый бәри.
Шайырлықтың қанатына күш берген,
Заман көрки, досларымның дийдары.
   ***
Шайырлықтың көк мөресин кетирген,
Шығып талай кепек шашты эфирден,
Сәймәмбетлер талантпыз деп қақалап,
Ғаўашаның саясында көпирген.

   ***
Шайыр болмас жалынлатпай талантты,
Ислеў керек қолдан келген талапты.
Ҳәрбир қустың өз бойында болмаса,
Ҳешким бермес ушатуғын қанатты.