Бизиң сайтымыз

16 январь 2015 жыл

 Биз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы Республикалық сыйлықтың лауреаты, «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орденлери, медальлар, ҳүрмет жарлықларына миясар болған, импровизатор, лирик, философ шайыр, сатира-юмордың шебери, тарийх, әдебият, тил тараўлары бойынша билимдан, дилмаш, көплеген прозалық, драматургиялық, публицистикалық шығармалардың авторы Тилеўберген Қуппатулла улы Жумамуратовқа арналған сайт аштық.

Ҳәзир сайт дүзилиў басқышында. Егер Сизде сайттың дүзилиси бойынша усыныслар, идеялар, ямаса темаға байланыслы материаллар болса dilyara62mail.ru почтасына жибериўиңизди соранамыз.

 Сизге сайт унайды ҳәм Сиз бизиң турақлы мийманымыз боласыз деген үмиттемиз. Сизиң мийман сыпатында сайтқа ҳәр-бир кириўиңизди ҳәм пикир-ойларыңызды қуўаныш пенен күтип аламыз.  Хош келипсиз!!!

          
          Ҳүрмет пенен,                                                                                                                                                                                Администрация         

 

Ҳүрметли поэзия шайдалары!

 

Ўақыттың өтиўи менен сайтта өзбек ҳәм англичан тилинде бетлер ашылады. Сондай-ақ,  шайыр Тлеўберген Жумамуратовтың казақ, татар,башкир, туркмен, азербайжан ҳәм басқа да тиллердеги, өзи тири ўақтында жарық көрген қосықлары жарияланады. Шайыр шығармаларының бул вариантлары да Сизде қызығыўшылық оятады деген үмиттемиз!

Сайттан пайдаланыўда ушырасатуғын ўақытша  қолайсызлықлар ушын Сизден кеширим сораймыз.


Ҳүрмет пенен,
Администрация