А Н А
(Музыкасын жазған - Танзип Есиркепов)

Сеннен қымбат не бар маған дүньяда?!
Сен болмасаң келмек қайда дүньяға!

   Нақыраты:

О ана, мен билемен, о анажаным
                              тилегимдесең.
Сен мудамы мениң
                              жүрегимдесең!

Жаным пидә ҳәр бир айтқан сөзиңе,
«Баỹырым» деген сөзиң қуỹат өзиме.

   Нақыраты:

О ана, мен билемен, о анажаным
                              тилегимдесең.
Сен мудамы мениң
                               жүрегимдесең!

Өмириңниң неше-неше жылларын,
Пидә еттиң, ержетсин деп балларым.

   Нақыраты:

О ана, мен билемен, о анажаным
                              тилегимдесең.
Сен мудамы мениң
                              жүрегимдесең!


Сәҳәр турып, пал бер, десең, берейин,
Қайда жумсасаң да барып келейин.

   Нақыраты:

О ана, мен билемен, о анажаным
                              тилегимдесең.
Сен мудамы мениң
                              жүрегимдесең!


ЕЛГЕ ҚУЎАТ, БАҚ ДӘРЬЯ
(Халықтың “Ақ қыйра” намасына айтым)

Әмиўдәрья-Ақдәрья,
Қанатыңды қақ дәрья.
Қуўатың бар қуяштан,
Елге дәўлет, бақ дәрья.

Тарийхы терең дәрьясаң,
Бабамды көрген қариясаң.
Мың-мың жыллар адамзатқа,
Ырысқал берген дәрьясаң.

Шалқый бер дәрья, теңизим,
Әмиў, Арал — егизим.
Топырақ, ҳаўа, суўыңнан,
Жаратылған негизим.

Берект келсе сағадан,
Халқым болар абадан.
Мунарланған теңизден,
Ырысқал тапқан жағадан.

Дәрьяда суў көп болғай,
Елим абад, тоқ болғай.
Урыс-қағыс, ғалаўыт,
Ўатанымда жоқ болғай!


ДИЙДАРЫҢ СЕНИҢ
(Мойнақшылардың “Қырмызы” намасына айтым)

Сапар шегип саҳра-шөлден ассам да,
Көз алдымнан кетпес дийдарың сениң.
Қыран қустай әл-ҳаўаға ушсам да,
Көз алдымнан кетпес дийдарың сениң.

Сенсиз сайран етип бағдың ишинде,
Делбе болдым ашықлықтың күшинде.
Жүрсем қыялымда, жатсам түсимде,
Көз алдымнан кетпес дийдарың сениң.

Татлы ойым дәрман берди, шаршасам,
Ләйли болсаң, Мәжнүниңмен ҳәр қашан.
Узақ жолдан жүрегимди тартасаң,
Көз алдымнан кетпес дийдарың сениң.

Әскерликте қарызымды өтермен, ­
Аман болсам бес айдан соң жетермен.
Қосылмасам әрман менен өтермен,
Көз алдымнан кетпес дийдарың сениң.

ҚЫЗ-ЖИГИТЛЕР АЙТЫСЫ

Ж и г и т л е р :
Гѳззал қызлар, ӽүр қызлар,
Гил сайланды жулдызлар,-
Бәриңиз де ылғаллы,
Әттең жалқаӯ бир кыз бар.
   (Жигитлер күлиседи).
Қ ы з л а р :
Кѳтермелеп қыз мақтап,
Неге жүрсиз қыйпақлап,
Бизде ондай жалқаӯ жоқ,
Күле бермең жыртақлап?
Ж и г и т л е р :
Мәлеллеспең, тарыспаң,
Бизлер күшли арыслан.
Нәзик сулыӯ жананлар,
Қалып қоймаң жарыстан.

Қ ы з л а р :
Дәӯ болса да денеңиз,
Жарыссаңыз, жеңемиз,
Гибиртиклеп арқада,
Қалған жоқбыз еле биз.

Биз тәрбия беремиз,
Бизлер пахта теремиз,
Тәлли-пәлли тәсилди,
Жигитлерден кѳремиз.

Ж и г и т л е р :
Сизде де бар ериншек,
Назым деген келиншек,
Зып берип жүр жалт етип,
Уялады кѳринсек.

Қ ы з л а р :
Гүрилдейди трактор,
Нурлан пыян қарап жүр,
- Жалқаӯға қор болдым, -деп,
Тракторы  жылап тур.

Ол араққа тоймайды,
Қыз трактор айдайды,
Ондай менен иси жоқ,
Тек жумысты ойлайды.


Ж и г и т л е р :
Назым жеңгей ыңқылдап,
Жатыр екен тың-тыңлап,
Шақырғанда докторды,
Тура қашты тоңқылдап.

Қ ы з л а р :
Болмасаңыз алдақшы,
Сын айтысыӯ жәп-жақсы,
Гей жигитлер ғаррыдай,-
Я табельщик, я сақшы.

Аӯыр хызмет жақпаған,
Ѳзин-ѳзи мақтаған,
Арысландай жигитлер,
Қаша кѳрмең пахтдан

Ж и г и т л е р :
Даңқ кѳтердик қазыӯда,
Ғайрат еттик жазында,
Бундай сѳзди айтыныз,
Бизге емес, Назымға.

Қ ы з л а р :
Биз қоймаймыз дүземей,
Ис жанланбас тежемей,
Сизлер неге жүрипсиз,
Шубырысқан шѳжедей?!
  (Қызлар күлиседи).
Ж и г и т л е р :
Қызлар сѳзден жеңдиңиз,
Ӽәӯижлендик енди биз,
Бирге ғайрат салайық,
Қутлы болып келди гүз.

Ӽ ә м м е с и :
Истиң пәти қызғанда,
Даңқ, жарыста озғанға,
Ӽеш қошжақпас болмасын
Жигиттен де, қыздан да?

 

БИЗ ӮАТАННЫҢ  ЖАСЛАРЫМЫЗ

(намасын жазған – Абадан  Сапарова)

Биз Ӯатанның жасларымыз –
Жасларымыз жайнаған.
Уллы бахыт қушағында –
Қушағында ойнаған.

Халқым шадлы, рәӽәтли –
Рәӽәтли жерим бай.
Мен суйемен Ӯатанымды-
Ӯатанымды жанымдай.

Анаӯ мектеп, оқып билим –
Оқып билим аламыз.
Ким боламан десекте биз –
Десекте биз боламыз.

Бизге ашық ѳнердиң кең –
Ѳнердиң кең жоллары.
Қуӯанышлы елимниң кыз –
Елимниң қыз-уллары.

Шадлы ѳстик әлпешленип –
Әлпешленип жастан биз.
Батырлықты үйренгенбиз –
Үйренгенбиз бастан биз.

Күн нурынан бизге шадлық –
Бизге шадлық таралған.
Бабалардың мийнетинен–
Илиминен жаралған.
  1950-жыл.
 

 

ЕЛЛИК ҚАЛА

(Айтым)

Еллик қала ел екен,
Бурын-бурын бурында.
Дәстан болған жер екен,
Шайырлардың жырында.

Шыңғысханнан майырылып,
Ҳәлсиреген бирақта,
Жерден, суўдан айрылып,
Халқы көшкен жыраққа.

Көп әсирлер қаңырап,
Дилгир болған адамға.
Көтерилди шаңарақ,
Бизиң усы заманда.

Еллик қала, еллик қала,
Қаратаўдың гүлзары.
Жигитлери мәрт ҳәм дана,
Гүлдей көркем қызлары.

Саяхатқа барғанлар,
Қарап көрсе ескерип,
Қатар-қатар қорғанлар,
Бабалардан естелик.

Жер өзгерткен шырайын,
Шабандозлар жарысқан.
Гилең сулыў Гүлайым,
Гилең батыр Арыслан.

Ақша көлдей толысып,
“Ақ алтын”ның ордасы,
Бир жағында бағы бостан,
Бир жағында шарўасы.

Барып қара, барып қара,
“Мийўалы”ның бағына.
Еллик қала, Еллик қала,
Гүлленежақ тағы да!

 

ЕНДИ ҚАРАСАМ
(Бюрократтың истен босаўы)

Ҳамал барда буўрадай,
Талтаңладың, яр-яр,
Ҳамал кетип қояндай,
Жалтаңладың, яр-яр.

Ҳамал барда самалдай,
Есип едиң яр-яр.
Қулағымды дигирлеп,
Тесип едиң, яр-яр.

Ҳамал барда “ақылды”
Егип едиң яр-яр.
Ақыллыны “ақмақ” деп,
Сөгип едиң яр-яр.

Ҳамал сени ширентип,
Қысқан еди, яр-яр.
Менменлигиң өзиңе,
Душпан еди, яр-яр.

Ҳамалы зор биреўди,
Көптей көрдиң яр-яр,
Ҳамалы жоқ көпти сен,
Шөптей көрдиң, яр-яр.

Ҳамал кетип, самалың,
Тынып қалды яр-яр,
Өр минезиң шийшедей,
Сынып қалды, яр-яр.

Болып қалдың байлаўлы,
“Жетим ғарға” яр-яр,
Досларыңа қараўға,
Бетиң барма, яр-яр!
                              1964-жыл


ЕСКИ ДҮНЬЯ МУҢЛАРЫНАН
(«Тикленген туў» пьесасынан қосықлар. Музыкасын жазған - Сапарбай Палўанов)

СҮЙГЕН ЖИГИТИ МӘРДИКАРҒА КЕТИП,
БОЛЫС ҲАЯЛ ҮСТИНЕ АЛМАҚШЫ БОЛЫП,
ЗОРЛЫҚ КӨРГЕН ҚЫЗДЫҢ ЗАРЫ
Узақ кеттиң, тәғдир ашып араны
Есенликте көрискеймиз, сәўдигим.
Сағынышта жүрек жанып барады,
Есенликте көрискеймиз, сәўдигим!

Жастан мениң қыялымды тастырдың,
Сум айралық, қапалықтан састырдың.
Тырнағына илинбейин қасқырдың,
Есенликте көрискеймиз, сәўдигим!

Сен келгенше жанған отқа шыдайын,
Көз алдымда елеслейди шырайың.
Бахыт пенен қосылғаймыз илайым,
Есенликте көрискеймиз, сәўдигим!

 

МӘРДИКАРДАН ҚАЙТҚАН ЖИГИТТИҢ,
АТА-АНАСЫ АЙДАЛЫП КЕТКЕНИН
БИЛМЕЙ АЙТҚАН САҒЫНЫШ ЗАРЫ
Қысы-жазы нур қуяшлы, жақты аспаным бармысаң,
Хорезмли қарақалпақ, ата мәканым бармысаң,
Үлкен-киши, қатар-қурбы, туўысқаным бармысаң,
Ҳәзилкеш дайы-жийенли, жанажаным бармысаң,
Қублагаҳым ­ ата-анам, меҳрийбаным бармысаң?


Көзиме гәўҳар көринди ойнап-өскен жерлерим,
Бағы-бостанлы дала, егинли атыз, шөллерим,
Ядымнан шыққан емес сениң балалық күнлериң,
Қулағымнан кетпейди шүлдирлеген тиллериң,
Жастан еркелеп өстирген Райханым бармысаң.

“Шүй тастамақ”, “Бардымқаш” ойынларым бар еди,
Бирге өскен ҳәзиллесип, сүйискен дилбар еди,
Қосылмақ мақсетинде ўапалы ашық яр еди,
Жүрегимди бәнт еткен Мийирханым бармысаң?!
Ата-анам, Райханым, Мийирханым, бармысаң?!

                

   АНА
Жүзиңди көрмедим, сағындым,
Душпаның бас ийип бағынды,
Бармысаң дүньяның жүзинде,
Жоғалған перзентиң табылды.

          Нақыраты:
Жан-ана, жан ана, ана, жан-ана.
Жоғалған перзентиң табылды.

Не көрдиң перзенттен, баладан,
Душпаның ийт болып талаған,
Түстиң бе отларға, суўларға,
Ана жан ­ ана жан ­ анажан!

          Нақыраты:
Жан ­ ана, жан ана, ана ­ жан ана!
Не көрдиң перзенттен, баладан?

Қайғыдан күйдиң бе, пистиң бе,
Жалынлы отларға түстиңбе,
Излейин өмирди сарп етип,
Бар болсаң бул жердиң үстинде.

          Нақыраты:
Жан ­ ана, жан ана, ана, жан ­ ана.
Бар болсаң бул жердиң үстинде.

Өлдиң бе шыдамай күйикке,
Душпанлар өлтирди дейик пе,
Бар болсаң кел ана, көр ана,
Ығбалдың шыққанын бийикке.

          Нақыраты:
Жан ­ ана, жан ана, ана, жан ­ ана!
Ығбалдың шыққанын бийикке!

СҮРГИННЕН ҚАЙТҚАН
АНАНЫҢ СӨЗИ
Қайтып келдим жериме,
Топырағым қайдасаң,
Қосылғайман елиме,
Дәўлетим бағым қайдасаң.

Залым душпан қорлаған,
Жүрек жанып парлаған,
Кетеримде зарлаған,
Шамшырағым қайдасаң?

Ҳәлсиреди жулыным,
Желкилдетип тулымын,
Шырлап қалған шыбыным,
Қулыншағым қайдасаң?

Көрдим дозақ аўырын,
Аман болғай аўылым,
Еки бирдей баўырым,
Жапырағым қайдасаң?

Ерке болып өскеним,
Самал болып ескеним,
Келин болып түскеним,
Шаңарағым қайдасаң?


ҚАРЫНДАСТЫҢ ЗАРЫ
Рәҳимиң келсин маған, аға жан,
Мени өлтир, әжағамды өлтирме!
Жетим қалдым ата менен анадан,
Мени өлтир, әжағамды өлтирме!

Атыў екен ойласығың-жойбарың,
Жалынаман, аға жаным, қой бәрин,
Алдыменен бир көрейин дийдарын,
Мени өлтир, әжағамды өлтирме!

Жаста болсам, келип саған табындым,
Шоры етсең ҳүкимиңе бағындым,
Күни-түни жылаў менен  сағындым,
Мени өлтир, әжағамды өлтирме!


БАСПАШЫЛАРҒА ТУТҚЫН БОЛҒАН
ҚЫЗ-КЕЛИНШЕКЛЕРДИҢ ЗАРЫ
Басқа түсти жаўдың торы,
Усылайынша кетемиз бе,
Душпанларға болып шоры,
Жылаў менен өтемиз бе?!

Ҳәр биримиз едик ерке,
Жибермей тур тутам жерге.
Шығарар  деп бизди төрге,
Жаўдан үмит етемиз бе?!

Өскен мәкан узақ қалды,
Мойнымызға гүўен салды,
Жылай-жылай көзлер талды,
Бир илажын етемиз бе?!

Арқамыздан аяз қыспай,
Я күн қыздырмастан мыстай,
Бир талпынсақ ушқан қустай,
Елимизге жетемиз бе?!

ТУТҚЫНҒА ЖАҢА ТҮСКЕН
БИЙКЕШИНЕ ЖЕҢГЕСИНИҢ СӨЗИ
Жас басыңнан көрдиң қанлы думанды,
Аман-есен қутылғаймыз еркежан,
Бул қурсаўдан жаздырылмақ гүманлы,
Аман-есен қутылғаймыз, еркежан.

Қаршадайын ықбалың бир жанбады,
Ата-анаң қызығыңа қанбады,
Басқа түспей аўыр өлим салмағы,
Аман-есен қутылғаймыз, еркежан!

Қай жақлардан ата-ана табарсаң,
Шоры болсаң, жаўдың отын жағарсаң.
Тезек терип, қозыларын бағарсаң,
Аман-есен қутылғаймыз, еркежан!

Жалғыз ағаң шоққа күйип жүрмесин,
Тез көргейсең туўған үйдиң иргесин.
Залым жаўлар түсимизге кирмесин,
Аман-есен қутылғаймыз, еркежан!