АҒАЙИНЛИ ЕКИ БАТЫР

(Халық аңызы)

Эй досларым, қырағы бол,
Ўатанның көз-қулағы бол,
Ел басына думан туўса,
Жақты бергиш шырағы бол.

„Үргин урса, қайтар желди,
Ким сүймейди туўған елди!“_
Деп, нәсият берген халық,
Бир ҳикаят ядқа келди.

          I

Қайсы ханның қоластында,
Қайсы дәрья арасында
Екени-де мәлим емес,
Бир ел болған ырасында,

Саҳра гезип жүрген ҳалық,
Қыпшақлы деп атақ алып,
Қайсы әсир екенлиги,
Бизлер ушын емес анық.

Бир күн душпан алды орап,
Ләшкерлери қардай борап,
Келген жаў-да мәлим емес,—
Әтирапқа кетти тарап.

Урыс болса төгилер қан,
Набыт болып қырылар жан,
Жанды қырмай, мал таламай
Кеткен емес келген душпан.

Жаўдан бийғам жүрген ҳалық,
Бул аўҳалға ҳайран қалып,
Таярлығын көрип атыр,
Асығыста жарақ алып,

Жас үлкенлер қурды кеңес:
—Жаўды қуўмақ аңсат емес,
Оған басты ийген менен,
Душпан „Биз бағындық“ демес.

—Мал талаўды үдетпекши,
Жанды шоры, қул етпекши,
Пыт-шыт етип өскен жердиң,
Жайын өртеп күл етпекши!...

—Елди қорғаў мәҳәл келди!—
Деп халық, қатты қәҳәрленди,
Сақ болмаса бүлинежақ,
Аўыл менен шәҳәр енди.

Бар екен сонда еки жас,
Болып жүрген жасларға бас,
Сурша, Атырақ - екеўиниң
Ерлигине болмай талас.

Жигитликтен жоқдур мини,
Бири—аға, бири—ини,
Көзлерине нур көринген,
Өз елиниң басқан қумы.

Бирақ жүдә жарлы еди,
Атасы-да ғарры еди,
Екеўи-де туўған елдиң,
Мәпи ушын арлы еди.

Қыпшақ дейди ата-тегин,
Алыў ушын жаўдан кегин,
Жастан олар нийет еткен.
Көргеймиз деп туўған елин.

Соны бурын ойлап жүрди,
Мне, душпан басып кирди!
Ҳалық қатары екеўи-де,
Келген жаўға қарсы турды.

Елден сайлап минди атты,
Саўаш қызып кетти қатты,
Асаў теңиз толқынындай,
Күшли айқас болып жатты.

Ақ найзалар сартылдады,
Садақ оғы жарқылдады,
Арысландай Атырақ батыр,
Көп душпаннан тартынбады.

Топылса-да ығын-жығын,
Көрсетти бул палўанлығын,
Бирақ мине, еки жақтың,
Нөкеринен болды шығын.

Қәҳәрленсе Сурша батыр,
Өзи нешше мәртке татыр,
Қандай палўан ушырасса-да,
Аттан аўнатып баратыр.

Жаңбырдай ыссы тер ақты,
Душпанлар урынып бақты,
Бурқыраған боранлардай,
Уйқы-туйқы болып жатты.

Таңланарлық ерлик етти,
Көп душпанлар өлип кетти.
Қатаң саўаш басланғалы
Арадан нешше күн өтти.

Жаўлар ҳәлсиреди сасып,
Басқы тапты тура қашып,
Атырақ батыр қуўып кетти,
Қашқан жаўдың изин басып.

Батырлығын ете берди,
Тулпар аты жете берди,
Кызық-кызық-кызық пенен,
Елден узақ кете берди.

Саўаш жүргизген тынбастан,
Үсти-басы қып-қызыл қан
Болған еди Сурша ердиң,
Жараланған соң жамбастан.

Жатқан екен естен танып,
Сол жатыста уйқы қанып,
Бир ўақта турып қараса,
Қалыпты урыс тоқталып.

Тарқалыпты қара думан,
Сыран басылған ҳәпзаман,
Ел жағынан күни туўып,
Орнап калған тыныш заман.

Ҳалық шадланып жүрген жайнап,
Қуўанышта күлип-ойнап,
Таў басында жарқырап тур,
Жеңис пенен тиккен байрақ»

Даласы турса-да жайнап,
Сурша батыр қалды ойлап,
Атырақты еске алды:
„Жаў алып кетти-ме байлап?

Я болмаса өлди-ме екен,
Жаўдан әжел келди-ме екен,
Тири болса мениң бундай
Аўҳалымды билди-ме екен?

Айналайын жаным, иним,
Баўырласым едиң мениң,
Ағаң менен ел-журтыңды
Таслап кеткениң-бе сениң?!“

Бир ис болғаны байқалды,
Саҳрада гүллер шайқалды,
Баўырласын излеп Сурша,
Атланды-да кетип қалды.

          II

Атырақ шет елдиң бағында,
Кап таўдан түслик жағында,
Кеўил хошлап жүрген еди
Отырып ханның тағында.

Душпанларын қуўып барған,
Барып сол журтқа болды хан,
Хабары жетти Суршаға,
Елди гезген бир адамнан.

Зары-гириян болды Сурша,
Инисин излеген қанша!
Енди хабарын билсе-де,
Оған қуўанбады онша.

Еситкеннен қабақ үйип,
Түнерип тур мушын түйип,
Ырас таслап кетти-ме?—деп,
Жалғыз иним мени қыйып?

Бир ўақта көтерди басын,
Шақырады жас жолдасын:
— Сен барып қайт Атырақка.
Туўысқанын умытпасын.

Таслап елин, туўысқанын,
Қара бастың ойлап ғамын,
Жүргени ҳеш жарамайды,
Абзал көрип ханның тағын.

Еске алсын емген сүтти,
Баўырманлық кайда кетти?!
Тезден қайтсын туўған елге!—
Деди батыр буйрық етти.

Ол жас жигит минди атқа
Жүйрик тулпар кетти хотқа,
Ескен желдей бурқып басып,
Жетип барды Атырақ жақка.

Ханның аппақ ордасында,
Тамашаның ортасында,
Отыр еди Атырақ батыр,
Ўәзир, төрелер қасында.

Жигит иркилместен кирди,
Taxт устинде ханды көрди,
Тағзым етип ағасының
Сәлемлерин айтып берди.

Атыраққа етти мәлим,
Қалдырмады сөздиң бәрин,
Бирақ елин жатырқапты,
Сатқандай-ақ намыс-арын,

Нәтийже шықпады сөзден,
Туўысқаннан гүдер үзген.
Мәслик пенен заўықланып
Қәдирли елинен безген.

Елши жигит кетти қайтып,
Көргенлерин берди айтып,
Мынаў хабар Сурша ерди,
Жиберди қатты муңайтып.

Қапаланып бираз жатты,
Суўық хабар жанға батты,
Булттай қабақларын уйип,
Инисине жазды хатты:

„Ер ҳәўес туўған жерине,”
Сен жүрсең тойған жериңде,
Жигит болсаң жаным, нним,
Қайт тезден өскен елиңе!

Атаң менен досларың бар,
Айдан арыў қостарың бар,
Келер-ме деп күтип жүрген,
Қатар өскен жасларың бар...“

Буны тыңламады Атырақ,
Тапқан жат елден даўлет, бақ,
Сурша тағы ызаланды,
Жуўабын еситиўден-ақ.

Ислерге ҳамалы қурып,
Және бираз ойлап турып,
Далаларды гезип жүрди,
Атқа минип ылғал урып.

Мунарлаған жазық дала,
Епкин самал есип ғана,
Жупар ийис бой балқытып,
Турды Сурша қумарлана.

Қандай рәҳәт өскен жери,
Тарқалғандай жүрек шери,
Жуўсан менен қызғалдақлы
Қызыл гүлдиң ийислери.

Көрип Сурша қызыл гүлди,
Ойына бир қыял келди,
«Жасында буны Атырақ
Жүдә жақсы суйер еди».

Бир жақсысын жулып көрди,
Усынды, биреўге берди,
Оған тулпар ат мингизип,
Дәрҳал Атыраққа жиберди.

Жетипти қасына ханның,
Шертип намасын саҳраның,
Шарықлап жигит жырлады,
Жолларын таўып наманың.

Дуўтарын қатты сазлаған,
Тартса ингендей бозлаған,
Сарнады ҳәр-түрли күйди,
Жүректиң дәртин қозғаған.

Отырғанлар жалт қарады,
Бәри таңланып турады,
Сазендениң намасына,
Жүрек елжиреп барады.

Хан отыр түнерип ғана,
Жақпай қалды-ма бул нама,
Не ойлағанын ким билсин,
Сорасыўға бар-ма шама?!

Бир мәҳәл елши оқталды,
Қолындағы гүлди алды,
Түнерип отырған ханның
Қапталына қоя салды.

Қолына алып жалма-жан,
Бир ийискеди Атырақ хан,
Сүйип маңлайға тийгизип,
Ийискей берди қайтадан.

Кең саҳраның гөззал гүли,
Еске тусти туўған ели,
Анасына еркелеўи,
Балалықтың шүлдир тили.

Хәзир ерип кеўил тасы,
Ағылды көзинен жасы,
Жүрек-баўрын елжиретти,
Гүл менен халық намасы.

—Қызықпайын алтын тахтқа,
Жат елдеги дәўлет-баққа,
Халқым шақыртты, кетемен,
Бейиш яңлы, саҳра жаққа.

Алтын тағы ғайры елдиң,
Елимдеги мына гүлдиң,
Биреўиндей ләззети жоқ,
Адасыппан, енди билдим!

„Басқа елде болғанша хан,
Өз елимде болып шопан",
Жүргеним мың есе артық,
Билген екен мениң ағам.

Жетейин оның қасына,—
Деп, түсти тахтан асыға,
Баўырына басып гүлин,
Кетти өскен даласына.

Қуўаныш бойды кернеди,
Жүрек соғып ерк бермеди,
Ат-көликке-де қарамай,
Жүгире адым сермеди.

Жанға жайлы таза ҳаўа,
Дәртине болғандай даўа,
Туўған елге жетип барды,
Жүгирип атлардай шаўа.

Халқы менен ушырасты,
Қуўанып толқыды, тасты,
Қатар-қурбыларын көрип,
Қушақласып маўқын басты.

Үйине-де келип жетти,
Ел-халқын шадыман етти,
Жериниң топырағын суйип,
Саҳраларын гезип кетти.

Өткен өмир елес-сағым,
Мынаў мениң айтажағым!
Сүйип алсам айып көрме,
Туўған жердиң топырағын.

Жәннет дунья Ўатаным бар,
Қулпы дөнген мәканым бар.
Бул жәҳәнниң көрки – адам,-
Деген уллы атағым бар.

Бул бир бахыт-ырысқалым,
Жүрегимде намыс-арым,
Дүньядағы бәрше халық,
Түп-дерекли туўысқаным.

Дослық терең тамыр жайған,
Дүнья жүзин етсем сайран.
Тынышлықтың ҳәр бир деми,
Аңлағанға – үлкен байрам!

Бири –ини, бири – ағам,
Көп қәдирдан бәри маған.
Бәрше халық ҳаўаз қосса,
Көркейеди бул Жер - мәкан.

Бирдей болды қысым-жазым,
Ел қәдирин билмек лазым,
Халық аўзынан еситемен,
Жүрегимниң қуштар сазын.

Өз анамдай тәрбиясы,
Тартар мени мәргиясы,
Көзге ысық мәканымның,
Жери туўе, ҳәр қыясы!
                              1950-жыл
 

ОКЕАН ОРТАСЫНДА

(Тәбият апатына ушырап, қырқ тоғыз
күннен кейин аман қутылған төрт қаҳарман
ҳаққында)

Жийегинде өскен қалың ағашы,
Минарланған Тыныш океан жағасы,
Еки баржа көшки де тур бултақлап,
Пароходты күтип турған шамасы.

Айтарлықтай даўыл да жоқ, күн тынық,
Епкин менен алға кейин умтылып,
Елпилдек жел ишин тартып ҳүўлесе,
Туўлап кетер асаў аттай жулқынып.

Жылжып ағар ийретилген ағысы,
Бир баржадан шықты гармонь даўысы,
Жас жигитлер қосық айтып шалқыған,
Шығармамның геройлары тап усы

Тек жигирма, жигирма бир жастағы,
Төртеў еди команданың составы,
Қандай қыйын тапсырмалар берсе де,
Бул жигитлер орынлады, саспады.

Ҳәзир мине дем алысып оңаша,
Палубада секиреди балаша,
Қосық айтып, рақс ойнап шадланып,
Өзлеринше ислеп атыр тамаша.

Ҳәзиллескен үлкен заўық қурғандай,
Жаслық жигер шаршағанды қуўғандай,
Ҳадал жүрек, дослық күши салмақлы,
Төртеўи де бир анадан туўғандай.

Сөйлер бири аға, бири иним деп,
Қызықсынсаң танысыңлар биримлеп,
Анаў Иван Амур бойын жайлаған,
Гармонь тартып отырыпты күлимлеп.

Ҳәзир шаққан матросы баржаның,
Қосық, гармонь ийелеген ҳәр жағын,
Рус жигит, толығырақ денели,
Белгили-ғой айтпасам да аржағын.

Бири Анатолий жигит салмақлы,
Дәлкеклессе қамтып алар жән-жақты,
Танцаға да айналады уршықтай,
Бул баржаның матросы ардақлы.

Филипп пенен Анатолий украин,
Туўған жерин айтысады ҳәр дайым,
Саўасында гүрриңлесип төртеўи,
Ўазыйпасын атқарып жүр күн сайын.

Енди Асқат ишиндеги татары,
Киши сержант шөлкем секретары,
Команданың капитаны болса да,
Жас биргелки ҳәммесиниң қатары.

Төртеўи де жигит еди сайланды,
Қәпелимде ис шатаққа айланды,
Уйқы-туйқы қатаң даўыл басланып,
Жер жәҳәнге салды үлкен ойранды.

Асаў толқын ақырады ешектей,
Қараңғылық аспан-жерди көрсетпей,
Есер самал буға болып өкирип,
Баржаларды ылақтырды кесектей.

Еки баржа шапшып атыр шабақтай,
Ишине де суў қуйылды табақтай,
Тиркеп қойған полат арқан үзилип,
Самал менен пыт-шыт болды сабақтай.

Ход берилди. Моторлары қызыўлы.
Күн райы барған сайын бузылды,
Көп күш пенен еки баржа тиркелсе,
Полат арқан тағы қайта үзилди

Қосылыўға даўыл ерк бермеди,
Командалар бирин-бири көрмеди,
Жүрип кетти Асқатлардың баржасы,
Қуўысына қарай қурғақ жердеги.

Шамалайды әтирапы қараңғы,
Сезбейди ҳеш алдындағы алаңды,
Радио байланысы үзилип,
Сөйлесиўге бузды және планды.

Иван отыр компас услап қолына,
Нәзер етип оңы менен солына,
Асқат турды штурвалды жаздырмай,
Нар тәўекел жүретуғын жолы да.

Толқын шапшып бетке урар тыйылмай,
Уйқы-туйқы болып кетти қуйындай,
Самал гейде сағал болып шуўласып,
Гейде нағыз мөңиреседи сыйырдай.

Филипп пенен Анатолий зор берип,
Машинаны айдамақта үлгерип,
Борт ишинен қорғасындай суўық суў.
Топ оғындай атылысып тур келип.

Асқат, Иван, кабинада дым бийик,
Отырса да, толқын шапшып суў қуйып,
Малпақ-салпақ болды барлық кийими,
Айналасы қап-қараңғы туңғыйық,

Ақырында мине енди жол шықты,
Сезди олар киретуғын қолтықты,
Бирақ, самал қыялатып ысырып,
Жүрер жолдан ийтермелеп толқытты.

Ол қуўыстың аўзы жүдә тар еди,
Айналасы белес-белес жар еди,
Ең жаманы Шайтан тас деп аталған,
Бийик шыңлы тас шоққысы бар еди.

Келди-ғой деп енди жолдың қайымы,
Ол шоққыны ойламаған-айыбы,
Байқап көрсе келип қалған тақалып,
Енди пыт-шыт болар болды қайығы.

-Мине, келди, енди баржа сынады,
Деди Иван, қорқып көзин жумады,
Айдарҳадай ысқырып тур самал да,
Биз қуртамыз дегендей-ақ қумары.

Ыңыранысқан толқын жарға урады,
Бирақ Асқат жигит нағыз қырағы,
Шайтан тасқа бес-он метр қалғанда,
Штурвалын сондай шаққан бурады.

Ўақыт күтпес олай-былай қараўды,
Ҳәр секундта еткен иси санаўлы,
Тәбийғатқа қарсы турған сом билек,
Тасқа салып таўлағандай бурады.

Бир бәледен булар кетти қутылып,
Сур тәбийғат қалған менен умтылып,
Түслик-шығыс жаққа қарай айдады,
Есер даўыл, көк толқынлар қутырып.

Қайсар мәртлер енди илаж таппады,
Моторы да жүрисинен тоқтады,
Қатаң даўыл жумалатып түсирген,
Жанармайлы бочканы да бактағы.

Көрсе суўды бочка да жоқ кемеде,
Музлы суўлар жабысып тур денеге,
Бир бөлек нан, еки шелек картошка,
Еки консерва-бар аўқаты жемеге.

Моторына жылтты әўел денени,
Бирнеше күн булар аўқат жемеди,
Океанның ортасына ысырып,
Самал айдап кетеберди кемени.

Енди қайтып келиў қыйын бержаққа,
Тиришилик көринбейди жән-жақта,
Океанның ортасында бәнт болмай,
Қыялымыз гезип қайтсын ел жаққа.

Қыз Нәсийма турды бүгин ертелеп,
Сәске болды. анасына еркелеп,
-Демалыс-ғой, бармақшыман базарға,
Деди, барар жерин айтпай төтелеп.

-Қарсылық жоқ оған барып қайтыўға,
Мейлиң жоқ-ғой тамақ пенен шай-суўға,-
Деп анасы айтса да қыз уялды,
Кеўлиндеги гүптикейин айтыўға.

Шашын сыйпап айнаға бир қарады,
Алтын шашқа қыстырылған тарағы,
Кийинди де шығып кетти үйинен,
Оған мәлим қай тәрепке барады.

Шымры аяз алма бетин тырнады,
Аўыл шети сықырлақ қар қырдағы,
Тақырланған муз даланың үстинен,
Ҳәр тәрепке машиналар зырлады.

Бирақ бул қыз машинаға минбеди,
Көрген түси қорқынышлы түндеги,
Сүйиклиси самолеттен қулаған,
Көп ойланып жүрер соңғы күнлери.

Жолдың шети қалың орман етеги,
Олай-былай жолаўшылар өтеди,
Қапталынан өткенди де байқамай,
Қыз өзинше бир қыялға кетеди.

Билинип тур қыял жеңип алғаны,
Жүрек-баўрын бир қапалық қозғады,
Оның жандай көрип жүрген жигити,
Елиў күннен бери қағаз жазбады.

Тоқтатпады почтаға бул барыўын,
Умытты ма жигит, сүйген арыўын,
Сағыныштың жалынына жанса да,
Сыр сандықта сақлады қыз бар уўын.

Ойланса да ой түбине жетпеди,
Қайда оның беккем ўәде еткени,
Соннан бурын төрт-бес күннен кешикпей,
Хаты келип турған еди кеткели.

Я болмаса сүйди ме ол басқаны,
Хат жазбаўдың болыў керек астары,
Мүмкин емес ўәдесинен таныўға,
Егер оның аман болса жас жаны.

Нәсийманың ой-әрманы сол еди,
Поезд зуўлап жүрип турған жол еди,
Жол шетиндеги қатарласқан аўылдың,
Ортасынан жаяў жүрип келеди.

Минарланған қалың орман айнала,
Бирақ елдиң шети жазық кең дала,
Ортасынан кесип өткен темир жол,
Станциялы елат еди Шентала.

Бурын бәрҳа уяламан десе де,
Илажсыздан барады қыз кеңсеге,
-Абзый бүгин өз үйинде,-деген соң,
Кетти тағы Қанат деген көшеге.

Изледи қыз Рахимжан ағаны,
Бурын сирә тиймеген үй табаны,
Ата менен анасынан сорайжақ,
Баласынан болды ма деп хабары.

Көп күн жүрди келиўге де уялып,
Жан қысылып өкпесине таялып,
Соңғы ўақта шыр-пыр болды перийзат,
Асқат ушын шырт уйқыдан оянып.

Ақырында салып бүгин қарыўды,
Мақсет етти усы үйге барыўды,
Бирақ, жеңил қыз екен деп жүрмеңиз,
Тынық минез Нәсиймадай арыўды.

Мине, енди үйге кирип барады,
Сәлемлесип жан-жағына қарады,
Жақсы хабар күтип жүрген гөззалдың,
Жүрек-баўры болды қайта жаралы.

Почтальон алып келип бир хатты,
Алыңыз деп Рахимжанға узатты,
Оқып көрсе бир ярым ай бурында,
Өз штабы жоғалтыпты Асқатты.

Биреў емес, төрт жаўынгер жоғалған,
Зор апатқа ушырапты самалдай,
Үмит күткен ата, ана, сулыў қыз,
Сам-саз болды мынаў жаман хабардан.

Турып қалды бир-бирине үн қатпай,
Почтальонның келгенин-де унатпай,
Көзлеринен мөлдиреген жас ақты,
Суўық хабар үшеўин-де шыдатпай.

Қоңсы-қоба жабырласып жыйналды,
Кеўил айтып барлығы да қыйналды,
Жигитлерден тағы хабар алайық,
Ыққан баржа қай тәрепке айналды.

Айналасы тастай тунек қараңғы,
Ийттей улып қутырып тур бораны,
Нар буўрадай өркешленген толқынлар,
Көкке шапшып,тағы төмен урады.

Айналада көринбейди ҳеш нәрсе,
Төртеўиниң бар дуньясы бес нәрсе,
Шелек, бочка, гармонь, қуты қалыпты,
Саўасында каютаны тексерсе.

Бул дубелей қояр емес тоңлатпай,
Сур табийғат қатаң сырын аңлатпай,
Минген баржа қараңғылық ишинде,
Жылыслайды жел айдаған қаңбақтай,

Илинди ме сум әжелдиң қармағы,
Баржаның да кетип тур ма салмағы,
Бийик шапшып тағы төмен жулқынып,
Бултақлайды жапырақтай жардағы.

Тоқтамастан қайда қарай ығады,
(Таўдай толқын урса, ерлер буғады),
Суў тубине енди сиңди дегенде,
Қоқаң етип барып зорға шығады.

Қалың шаңның тозаңындай қумдағы,
Бурқыраған қарлы ургин тынбады,
Шынжыр, темир бир-бирине соғысып,
Жигитлердиң қулақлары шыңлады.

Узиги жоқ даўыл менен қарының,
Көп пақсалы жайдай толқын жарының,
Шуўылдысы даўыс қосып ысқырды,
Ақтарғандай аспан жердиң қарының.

Мәрт жигитлер ойламады жатыўды,
Аўқат та жоқ нәр алғандай жартыўлы,
Сум тәбийғат қасқырлардай шуўласты,
Тилегендей усы баржа батыўды.

Кайсар туўған төрт қаҳарман жигитиң
Өмир ушын үзбеди ҳеш умитин,
Бир корабль ушыраспаспа жолдан деп,
Гезеклесип қарап турды күни-түн.

Күнлер өтти жылжып ыққан баржадай,
Қар тынса да, даўыл есер шаршамай,
Жайсаң китлер суў бетинде қалықлап,
Сағағынан түтин шашар моржадай.

Соқсаң егер аўдаражақ кемени 
Көрди тағы түрли-түрли бәлени,
Жутпақ болып анталасып ынтығып,
Акулалар термилисип келеди.

Тайнапыры бир келмеди, бес келди,
Азыўларын сықырлатқан сес келди,
Асқат батыр оннан бәгир шыққанда,
Қанша жыртқыш болса да ол сескенди.

Кирди Асқат кабинаның ишине,
Қарап қояр досларының тусине,
Не де болса күннен-күнге азғаны,
Билинип тур нәзер салған кисиге.

Дослары да қарап қояр Асқатқа,
Ушырағаннан берли усы апатқа,
Бир майданда азыңқырап баратыр,
Қарны қалқып бир тоймаған аўқатқа.

Бәриниң де мәрт жигери тең келип,
Ар-намысқа көкирегин кең керип,
Бир картошка, жалғыз қасық суўды да,
Тартып жүрди төрт қаҳарман тең бөлип.

Гейде ишин тартар океан даўылы,
Еске түсер туўысқаны-баўыры,
Адамзаттан бөлек кетти шығынып,
Қайда қалды уллы Ўатан, аўылы.

Турар еди бетлеринен қан тамып,
Көзлеринен жулдызлардай от жанып,
Күлим қағып нәзер етип қараса,
Қандай қызда турған талай жасқанып.

Мине енди тақалысып ийеги,
Татыў дослар бирин-бири суйеди,
Азып қалған, қанша беккем болса да,
Ети қашып, қалғандай қуў суйеги.

Сулыў туўе, көриў қыйын елди де,
Ели туўе, мәзи қурғақ жерди де,
Асқат соны ойлап турса, узақтан,
Қапталласты бир корабль келди де.

Қуўанғаннан шәўкилдеди журеги,
Қапталында Филипп досты тур еди,
Ўйқылап жатқан жолдасларын шақырып,
Төртеўи де қуўанысып келеди.

Алып олар етегинен шылғаўды,
Тоқтатпады жалаў етип былғаўды,
Бирақ толқын бул баржаны көрсетпей,
Қыйналдырды корабльдың турмаўы.

Демде көзден ғайып болды ақыры,
Жигитлердиң ҳайран болды ақылы,
Кабинаға кирип барып төртеўи,
Қапаланып жаўып қойды қапыны.

Күн артынан күнлер өтип аўысты,
Бир көрмеди қурғақ пенен жағысты,
Ашшы суўға былғарысын етиктиң,
Сорпа еткеннен басқа аўқат таўысты.

Ҳеш бир тамақ болмаса да жемеге,
Армия күн белгиленди кемеде,
Өзлеринше «байрамларын» өткерди,
Жигер-күшин жыйнағандай денеге.

Турли гәплер айтысады күн-туни,
Таўсылмайды қаҳарманлық гурриңи,
Бир сапары кабинада отырып,
Мынадай гәп айтысыпты бир күни.

-Япырмай-ақ өлемиз бе досларым,   
Билмедик-ғой ўақыяның астарын,
Деди Филипп аўыр ойға кетти де,
Не айтарын күткендей-ақ, басқаның.

-Олай деме руўхымыз туспесин,
Бир акула услап жесек кетпесин,
Қутылыўдың жолын сонда айтаман,
Олда тақап турған шығар еңсесин.

Деди Асқат аўырлықты билдирмей,
Турғандай-ақ ҳеш нәрседен мудирмей,
Ҳәзиллесер сондай қыйын күнде де,
Қояр емес бирин-бири кулдирмей.

Күнлер зуўлап өте берди тағы да,
Әжим енди жигитлердиң жағына,
Шарбы булыттай бир қызыллық қаплады,
Мөлдиреген қарашықтың ағына.

Қырық бес күннен асты ҳәзир ыққалы,
Бир пороход туўры келип шықпады,
Қапталласып өтип кетти биразы,
Аңламады туспеген соң соқпағы,

Барған сайын ҳәлсиреди, жалықты,
Қарай-қарай көзлери де талыпты,
Алма беттиң нуры қашып бозарып,
Жас жанлардың тек сулдери қалыпты.

Қутылмады толқын менен даўылдан,
Салмақ басып денелери аўырған,
Енди тағы бир азырақ тыңлаңыз,
Қандай хабар еситилди аўылдан.

Азаланып бир күн өтти арадан,
Қайғы оты денесине тараған,
Насима да хызметинен шыққан соң,
Жол жөнекей журип өтти даладан.

Усы дала нағыз егис даласы,
Жақын еди колхозлардың арасы,
Ең үлгили айдаўшы деп аталған,
Асқат еди Рахимжанның баласы.

Ишки сырын сездирмей ҳеш кисиге,
Өткен ўақты алады қыз есине,
Асқат пенен талай-талай қыдырып,
Келген еди бул атыздың ишине.

Көрмей журсе бирин-бири сағынып,
Дуўшарласар ўәдесинен табылып,
Жасыл гия ортасында гезлескен,
Жаз күнери айлы тунди жамылып.

Жигит бир күн Армияға алынды,
Бирге соғып еки журек жалынлы,
-Ўәдем-ўәде, қосыламыз күт мени,
Тәғдир аман қойса мениң жанымды,-

Деген еди сапар шегип кетерде,
Усы сөзи сирә ядтан кетерме,
«Бәлки өлип қалды ма ол япырмай,
Не болса да ушырады «қәўип-қәтерге»-

Деп қыз жаны қәпесине сыймады,
Өлди деўге тағы көзи қыймады,
Өтип атыр көз алдынан елеслеп,
Ыбыр- жыбыр гилең ойдың жыйнағы.

Бетин жуўып көзден аққан жасына,
Келип еди колхозының қасына,
Топарласып радио тыңлаған,
Адамларды көре қалды Насима.

Өткенликтен қызға қайғы салмағы,
Радиоға да ол нәзер салмады,
Бир ўақытта шалып кетти қулағын,
Бир әжайып қуўаныштың салмағы.

-Төрт жаўынгер қаҳарманлық қылыпты,
Баржа менен қырық тоғыз күн ығыпты,
Американ солдатлары ушырасып,
Ақырында бир қаладан шығыпты.

Капитаны Асқат екен баржаның,-
Деўден-ақ қыз тыңламастан аржағын,
Бир таксиге мине сала айдатты,
Төтелетип жолдың қыя тармағын.

Жетип барды Рахимжанның уйине,
Ата, ана отыр еле куйине,
-Асқат саў,- деп радионы ашты-да,
Күлим қағып турды гөззал суйине.

Қуўанышлы хабар тағы тийеди,
Анасының кемсең-кемсең ийеги,
Қуўанғаннан тула бойы елжиреп
Насиманың маңлайынан суйеди.

Көп узамай адамлар да жыйналды,
Қапалықтың изи тойға айналды,
Ығын-жығын машиналар дизилип,
Қутлықлаўға келгенлиги байқалды.

Ертеңине адамлар көп жыйылды,
Телеграмма да таўдай уйилди,
Газеталар қатар басқан сүўретин,
Төрт батырдың жеңип шыққан қыйынды.

Пүткил жәҳән дуў көтерди таң қалып,
Кең далаға топланысты сан халық,
Балалар да жуўырысып киятыр,
Бул әжайып жаңалықты аңғарып.

Митингте анаға сөз берилди,
(Насима да усы жерде көринди),
-Әлпешлеген перзентиме ырзаман,
Қәдирлесе Ўатанымды, елимди,-

Деп баслады журек тасып минберде,
Микрофоннан сөз таралды ҳәр жерге,
Суйсинбеген ҳеш бир адам қалмады,
Тәбийғатқа сыр бермеген ерлерге.-

Мениң балам төрт батырдың биреўи,
Ҳәммениң де Уллы Ўатан тиреги,
Қандай қыйын ҳәдийселер гезлессе,
Аўыз бирлик - жеңиўдиң ең гиреўи.

Жәрдем еткен американ солдаты,
Ойлап турсам татыўлықтың саўлаты,
Дунья халқын тынышлыққа шақырған,
Ўатанымның сиятсаты, ғайраты.

Жәҳән гезип Ўатан ушын, халық ушын,
Шаршамастан сарп етип жур бар күшин,
Тынышлықтың туўын бийик көтерген,
Басшыларға тайын бәрҳа алғысым!