СРАЖАТДИН АХМЕТОВ
Филология илимлери докторы, профессор

ХАЛЫҚТЫҢ СYЙИЎШИЛИГИНЕ БѲЛЕНГЕН ШАЙЫР

Тилеỹберген шайыр өзиниң дөретиỹшилик өмиринде халқының ҳүрмети менен иззетине бөленди, Республиканың барлық түпкирлеринде оны билмейтуғын адам аз еди. Ѳбекстан, Қазақстан, Түркменстанда ол шайырлардың жарасықлы жолдасы болды, өз оқыỹшыларын тапты. Қулласы, елимизде Тилеỹберген кең танылған, ҳүрметленген шайырлардың бири болды.Ол Қарақалпақстанның ири тулғасы еди.
Тилеỹберген Жумамуратовтың елиỹ жыллық юбилейине арнап «Совет Қарақалпақстаны» газетасында  «Бахыттың бағында шағлаған шайыр» (25-март, 1967- жыл), алпыс жыллық юбилейине арнап «Сүйикли шайыр» (9-апрель, 1976), жетпис жыллығына бағышлап, «Халық шайыры ҳаққында сөз» (31-декабрь 1985-жыл) деген атамалар менен оған арнаỹлы бетлер шөлкемлестирди. Бундай арнаỹлы бет, жыллы пикирлер басқа да басылымларда жәрияланды.  Шайырдың дөретпелери мектеплеримизде, жоқары оқыỹ орынларында оқытылып келмекте. Ол ҳаққында әдебият тарийхында кең мағлыỹмат бериледи. Қәлимбет Султанов  арнаỹлы монография жазды.
Булардың  бәри Тилеỹберген Жумамуратовты таныстырыỹда әҳмийетли орын ийелейтуғыны белгили.
Тилеỹберген  Жумамуратовтың барлық дөретпелерин көзден өткереди екенбиз, биз оның халықлар дослығын нағысына келтирип, тарийх пенен байланыстырып жырлаған шайыр болғанлығына көзимиз жетеди. Бундай темадағы шығармаларды оның еткен саяхатларының нәтийжеси сыпатында терең билгирлик пенен жырланды. Оның талантының усы сыпатын Сәбит Муханов, Ғафур Ғуламлар жоқары баҳалағанлығын билемиз.
Тилеỹберген Жумамуратов толық мәнисиндеги халық шайыры еди. Елиỹинши, тоқсаныншы жыллардың аралығындағы қарақалпақ поэзиясын оның шығармаларысыз көз алдыңа келтире алмайсаң. Лириканың көп түрлери, юмор менен сатира, реалистлик поэма-ертеклер шайыр дөретиỹшилигиниң негизин қурайды. Мәмлекетлик театр сахнасында еки пьесасы табыслы қойылды ҳәм көрерменлердиң дийдинен шыққан дөретпе болды. 
Деген менен биз бул шайырдан ири сүйекли шығармаларды да күткенимизди жасыра алмаймыз. Аббаздың «Баҳадыр», Садықтың «Қаналаслар» ы сыяқлы үлкен дөретпелер, әлбетте, Тилеỹберген шайырдың да кеỹилин тербеткен болыỹы сөзсиз. Тилегимиз ақланып, жетписинши жыллардың басларында  «Макарьясулыỹ» деп аталған ири шығармасын усынды. «Макарьясулыỹ» буннан мың жылдай бурынғы тарийхый өтмиштиң қыян-кески ỹақыяларының,  рәỹият аңызларының бүгинги халық шайырларының көз қарасынан дөреген үлкен поэтикалық естелиги болып табылады.
Шығарма көп мыңлық нусқада рус тилинде де баспадан шықты. Бул шығарманың әҳмийети ҳаққында ҳәзирше Қабыл Мақсетовтың ҳәм мениң мақалам бар. «Макарья сулыỹ»дың жанрлық сыпаты туỹралы ҳәр түрли пикирлердиң болыỹы булл әжайып дөретпениң қунлылығына ҳеш қандай нуқсан келтирмейди (қысса, роман, эпикалық поэма). Бирақта, мениң ойымша, «Макарья сулыỹ» кең қулашлы эпикалық поэманың романтикалық стильде жазылған үлгиси.
Ол халық дәстанларының барлық қурылысын өзбойына сиңдирген дөретпе сыпатында қаралыỹы мүмкин деп ойлайман. Ал, «роман» деген уғымға келетуғын болсақ, кең эпикалық поэмаларды усылайынша атаỹ бурыннан да болғанғой. Сонлықтан, қандай атама менен берилсе де, «Макарья сулыỹ» бизиң дәỹиримиздеги қарақалпақ әдебиятының үлкен естелиги. Ол шығарманың мазмунын қураған дослық темасы мәңги.
Тилеỹберген Жумамуратовты толық мәнисинде халық шайыры дегенде, тағы да мынадай жағдайларға дыққат аỹдарғым келеди. Шайырдың поэзиялық шығармаларының ең жақсыларын жоқары көркемлик, тәбийғый уйқас, орынлы үйлесим, қосық қатарларындағы логикалық ойдың тереңлиги, халықшыллығы, ойда сақланарлық әпиỹайы ықшамлық бар. Ол халықтың тил байлығын жетик билетуғын, ойында тоқығаны көп, билимдан шайыр. Мине, оның усы тәрепи көпшиликти таң қалдыратуғын еди.
Соңғы жыллар оның усынысы менен жазыỹшылар аỹқамының арнаỹлы пленумы өткерилип, бунда шайырдың өзи қарақалпақ тили мәселеси, айрықша көркем шығарманың тили ҳаққында оғадамазмунлы баянат жасады. Мысаллар келтире отырып, бизиң бир қатар жазыỹшыларымыздың анна тилин шала билетуғынлығына жаны ашығанлығын жасырмай айтты. Сонда биз булл шайырдың усынған ақылының дурыслығына көзимиз жеткен.
Тилеỹберген Жумамуратов Аббаз бенен Садықты устаз тутты. Ал, шығыстың лассиклериниң қосықларынан ядқа үзиндилер айтатуғын қәсийети, аỹдармалары өз алдына.
Ол шығармаларын жазған қағазына қарап оқығанын мен өзим көргеним жоқ. Ал, усы қәсийетиниң өзи оған бир жарасықлы көринетуғын еди. Ол трибунаға шығып үлгермей-ақ, гүỹилдеген шапалақ залдың ишин жаңғыртып, шайырдың арқасын қоздыратуғынын биз неше мәртебе көргенбиз. Бизде Тилеỹберген Жумамуратовты  «Төкпешайыр», «Ақпашайыр», «Суỹырып салма шайыр» деп атаỹ орыналғанда, булл жоқарыдағы оның ядтан төкпелетип шығарғанлығына (импровизациясына) қарап айтылғанын билемиз. Буларға мен  «арқалышайыр» дегенди қосқым келеди. Көпшиликтиң алдында оның делебеси қозып, өзин тоқтата алмай жырлайтуғын жағдайлары болатуғын еди. Бул арқалы шайырлардың өзиншелик бир белгиси.
Мен Алматыда, Қызылордада болған сапарларымда қазақ шайырларынан бизиң Тилеỹберген шайыр ҳаққында көп жақсы лебизлер еситкенмен.  «Сизлерде керемет ақын бар ғой, аманба?» дегенди мен  ушыратқанларымның көпшилигинен еситтим. Қалтай Муҳаммеджанов Қызылордада бирге болғанымызда, Тилеỹберген ағаға көз алдымда:
‒ Сизге усаған   «төкпе ақын» бизде сийрек. Сиз биздеги Асеке менен (АсқарТоқмағамбетовтыайтады) бирдей көринесиз. Ол кисиде де тийген жерин оңдырмай соғатын қәсийет бар. Юмор менен сатирасы мирдиң оғындай,- деген еди.
«Мирдиң оғындай» дегеннен шығады-аỹ, елиỹинши-алпысыншы жылларындадөреген «Мәспамбеттиң түси», «Тәпберди», «Тон менен төбелес», «Зыпперди»лер, «Қосық ҳаққында қосық» тағы басқа шығармалары белгили дәỹирдеги этаплы қосықлар болды, буларды көпшилик ядқа алып жүрди. Ѳзбек шайыры Шуҳраттың «Лебинен от ескен шайыр» дегени усыған байланыслы болса керек. («Совет Қарақалпақстаны», 25-март, 1967-жыл)
Тилеỹберген Жумамуратов,  мейилинше ҳәзилкеш, ойын-дәлкекти жақсы унататуғын шайыр еди.
Оның менен жолдас болыỹ өз алдына бир ғәниймет. Әсиресе, өзиниң юмор-сатиралық қосықларын ядтан айтып бериỹге ҳәỹеслик күшли болатуғын еди. 
Тилеỹберген Жумамуратов поэзиямыз ҳаққында бирқатар сын мақалалар жазды.  Соның бири - «Сынға шымшымайлық жараспайды» («Совет Қарақалпақстаны», 26-июнь, 1966-жыл).
Бул үлкен ғәзеп пенен жазылған мақаланың жүзег екелиỹ тарийхы мағантаныс. Алпысыншы жыллардың басында гейпара сын мақалаларға, рецензияларға кеỹили толмайтуғынын, ҳәтте оларда надурыспикирлер бар екенлигин Тилеỹберген аға жазыỹшылар аỹқамында бир неше рет айтқанын еситкенмен. Надурыс  сын пикирлер ҳаққында өзиниң жуỹап жазыỹға таярланып жүргенин де айтқан. Әбдирейим Насурыллаев, Турдыбай Мәмбетниязовтың бир ỹақытлары жазылған мақалаларында Тилеỹберген ағаның бир қанша шығармалары сынға алынған еди. Сыншылар шайырдың айырым қатарларында  «идеясызлықты» көрди, «надурыс теңеỹлерди» көрсеткен болды, оны  «турмыстан артта қалған» шайырлардың қатарына қосты.
Әлбетте, әдил айтылмаған үстиртин пикирлер шайырдың намысына тийгенлигин түсиниỹкерек. Сонлықтан да, жоқарыда айтылғандай, ашыỹлы сөзлердиң де мақаладан орын алғанлығын жасырыỹға болмайды. Мақала әдебий сынның сапасы ҳаққындағы пикирлер менен әҳмийетке ийе, оның әдебий процесске қозғаỹ салғанлығын мойынлаỹ керек. Мақалада автор сол жыллары орынлы көтерилген  «Сынға да сын керек» (Б.Исмайылов) деген пикирлерге қосыла отырып, «Сыншыға да сын керек. Себеби, басқа жанрлар талқыланады да, аỹдарма менен критика ҳеш додаланбастан кете береди» деп дурыскөрсеткен. Әлбетте, шайырдың бул пикирлери оғада дурыс деп табылып, соңғы жыллары жазыỹшылар Аỹқамында сын бойынша арнаỹлы пленумлар шақырылды.
Сыншылардың топламлары баспадан шығатуғын дәрежеге жеттик. Солай етип, шайыр ағамыздың дуỹалы аỹызынан шыққан бир-еки сөзи әдебий сынның тәғдирине әдеỹир өзгерис киргизди.
Жоқарыда айтқандай, бизиң мәдений жәмийетшилигимиз шайырдың елиỹ жыллық мерекесин үлкен көтериңкилик пенен белгилеп өткен еди. Газетада оның «Ѳмиримниң лирикасынан» деп аталған шығармасы да дағазаланды. Оның жуỹмақлаỹшықатарында:
Елиỹ жаста шаршадымба, талдым ба?
Бир жүз жыллық өмири бар талдың да.
Жаслығымның сарқындысы кеткен жоқ,
Талай-талай дүбирим бар алдымда,- деген шайырлық программа бар.
Бул жыллар Тилеỹберген Жумамуратовтың оқыỹшыларға әдеỹир танылған ỹақытларыеди. Бирақ, ҳеш шайыр өзиниң халыққа бергенине қанаатланып қалмаған, олар «жақсы шығармалар еле де жазылады» дейди. Дурысында да,  Тилеỹберген Жумамуратовтың көлемли дөретпелери соң дөреди, талантының шарықлаған жағына шықты. «Макарья сулыỹ»  баспадан шыққанда оның қуỹанышында шек болған жоқ. «Бул мениң үлкен дөретпем» дегенинбиз жийи-жийи еситкенбиз, баспадан кеткен қәтеликлерине күйип-жанып жүргени, оны өз қолы менен дүзетип шыққаны да белгили.
Көркем сөздиң асқан шебери, әжайып талант ийеси Тилеỹберген Жумамуратов өз артына өлмес мийрас қалдырды, өмирди үлкен йош пенен жырлап өтти, умытылмас образлар дөретти. Өзиниң әдебият тарийхындағы орнын ең жақсы шығармалары менен белгилеп кетти. Сонлықтан, ол шығармалары менен халықтың ядында мәңги сақланады.
                                                              1992-жыл. 

   

ҚӘЛЛИБЕК КАМАЛОВ -
Мийнет Қаҳарманы, ел ақсақалы 
ӨШПЕС ЖУЛДЫЗ


1.Сөз зергери Тилеỹберген…
Тәғдирдиң буйрығы менен шерек әсир ел ағасы болып, халқымның хызметин атқардым. Туỹылған үлкемниң топырағы, ҳәр бир мүйеши, миллий менталитетиниң нәзик қашырымлары, ҳәр елатының жетискенликлери, әжайып перзентлери жүрегимде умытылмас из қалдырған. Асқар таỹлар алыслаған сайын көркемирек көринеди, дейди, ỹақыт илгерилеген сайын, өмирден кеткен қайталанбас талант ийелери мийрасларының ҳасыллығы адамды көбирек өзине тартады.
Мен поэзиямыздың өшпес жулдызы Тилеỹберген Қуппатулла улы Жумамуратовтың шығармаларын тәкирар-тәкирар көзден кеширип, усындай ойларға келемен.
Кешегидей ядымда, 1949-жылы республикамыздың жаслар шөлкеминиң басшысы болып ислеп жүрип, хызмет бабында Мойнақта болғанымда, шайыр менен таныстым. Биринши тәсир адамның ойында мөрленип қалады, сол сапары, елимиздиң белгили ғайраткери, соңырақ, Мойнақ районының басшысы болған Тилеỹмурат Қаниязов екеỹимиз Тилеỹберген аға менен бир дастурханда жүзбе-жүз отырып, дуз-дәмек болып, қосықларын тыңладық, сонда оның көркем сөз устасы, әжайып инсан екенлигине тәсийн қалғанман.
Сол ушырасыỹдан кейин Тилеỹберген Жумамуратовтың дөретиỹшилигине қызығыỹшылығым артты, баспасөзде шыққан қосықларына үлкен итибар берип оқыйтуғын болдым. Оның қосықлары газета бетлеринде жәрияланыỹдан халық ядлап алып, той-мерекелерде, мийнет майданларында айтып жүретуғын еди. 1950-1955-жыллары шайырдың «Көрген исти еттик баян», «Тон менен төбелес», «Мәспамбеттиң түси» сыяқлы шеберлик пенен жазылған поэзиялық фельетонлары баспасөзимизде бурын болмаған қубылыс ретинде ҳәммениң дыққатын аỹдарды.
«Зыпберди» фельетонында шайыр өзи ислеп атырған мәкемедеги бюрократ басшылардың ҳәр қыйлы сылтаỹлар менен хызметкерлердиң айлықларын бермей қашқалақлап жүргенлерин сынға алады.
Тарийх бойынша қәниге, сол ỹақытлары республикалық китапханада ислеп атырған зайыбым Любовь Семеновна: «Бүгин де қайнағаның қосықларын, әсиресе, «Тәпберди», «Зыпбердилер»ди сораỹшылар көп болды»,- деп келетуғын еди. (Мениң Тилеỹберген ағаны жақын ағамдай көргенимнен, Люба халқымыздың дәстүрин тутып, ол кисини «қайнаға» дейтуғын еди.)
Тилеỹберген Қуппатулла улы – қатықулақ, тақыỹа, үлкен сөз зергери, суỹырма шайыр еди. Ол жай сөйлесип отырғанда да ойланып турмастан қосықты төкпелетеди, ҳайран қалатуғын едик. Және оның бир таптырмайтуғын қәсийети – шығарған қосықларын ядтан айтады.
-Ҳаỹ, Тилеỹберген аға, Сиз қалай ҳәмме шығармаларыңызды ядтан айта аласыз?- деп саỹал берсек, ол тек күлимсиреп қояберер еди. Бул Аллатааланың шайырға берген үлкен байлығы, алтын ғәзийнеси екен.
Мен Тилеўберген Жумамуратов поэзиясындағы айрықша таланты, күшли импровизацияны қүдиретли вулканға усатар едим. Кең даланы қақ бөлип, жерден бурқырап, пуў көтериледи, жалынлы еритпе пайда болып, тасқынлап, ҳаўаға атыла баслайды, лавалар селине айланады. Тез арада недәўир бийикликтеги конус, тик жарлары, қуламалары бар бийиклик, бәлент таў жүзеге келеди.
1970-жыллардың ақырына келип бизиң үлкемизде пахташылықта үлкен табысларға ерисилди. Республикамызда жаңадан салыгершилик тараỹы раỹажланып, шарỹашылық, палыз, бағ-бақша өнимлерин де молдан жетистире басладық.
Халқымыздың дәраматы көбейип, жылдан-жылға турмысы жақсыланды. Тахта поллы турақ жайлар, заманагөй мектеплер, емлеỹханалар сыяқлы көплеген қурылыс объектлери изли-изинен бой тикледи, газ, электр қуỹатынан пайдаланыỹ мәселелери жолға қойылды.
Республикамызда 250 километрден аслам темир жол, 2000 километрден аслам асфальт жоллар қурылды, жерлер өзлестирилди, каналлар, коллекторлар қазылды. Қала, районлар, әсиресе, Нөкис шәҳәри абаданластырылды. Қарақалпақ университети ашылды, жигирма бестей техникумлар дүзилди.
Бул жетискенликлердиң бәри де халқымыздың қаҳарманлық мийнетлери арқасында әмелге асырылды. Мийнет жеңислеринде, әлбетте, елимиздиң патриотлары болған жазыỹшы, шайырларымыздың да үлкен үлеси бар. Бул ҳақыйқатлық.
Республика белсендилери ҳәр жылы егис ҳәм тәрбия мапазында азанғы саат 5 тен турып, кешки саат 9 ға шекем атызларды аралап, ким алда, ким қалақ, кимниң атызын жабайы шөп басқан, суỹдан қалған, тәрбиясы жетиспейди, мине, усыларды орынларда белгилеп, бет-жүзи деместен «телпек дирилдеспе» қурып, ҳәр бир кемшиликти сапластырыỹға мәттал кирисилер еди. Тексериỹ нәтийжелери районда болған үлкен жыйналысларда бригада, бөлим ҳәмде хожалық басшылары, ел ағаларының қатнасыỹында талқыланып, бундай мәжилислерге шайырлар да шақырылып, мийнет зәбердеслерин руỹҳландырып, кемшиликлерди қосық пенен сынға алыỹды да үрдис еткенбиз. Себеби, халықтың поэзияға ҳүрмети бәлент. Шайырдың қутлықлап жазған қосығы ҳүкимет сыйлығынан кем болмайды, зүрәәт байрамларында Аббаз, Садық, Тилеỹберген шайырлар телевизордан қосық оқыйды, деп халық күтип жүретуғын еди.
Шайырдың күнниң талабындағы мәселелерге арналып, тез жазылған қосықлары да маржан сөзлерге, тың теңеỹлерге қурылып, қарақалпақ тилиниң бай, шырайлы, ширели екенлигин көрсетип турады. Сонлықтан да, елеге шекем әҳмийетин жоғалтпай ел аўзында киятыр. Гейпара, шопағының дәни жоқ, тыңласаң, оның өз сөзи менен айтқанда, «кепек шайнағандай» болатуғын, шақырық тәризиндеги, «ондай болың, мундай болың» деген мапазлық қосықлардағы гедир-будырлар онда болмас еди.
Ол шарỹалардың қуралтайында «Шайырдан хат» деген үндеỹин оқығаны есимде. Ондағы,
Мийирманлық – адамлықтың белгиси,
Ҳәррениң де келмес сирә өлгиси.
Гүлди сорып, бал жаратар өмирге,
Солардың да атқарғаны ел иси,-дегендей қатарлар, қай заманда да инсан жүрегинде мийрим, ҳадал мийнетке ықлас сезимлерин оятады.
«Ҳәр азамат, намыс ушын атлансын, Перзент болса Қарақалпақстанға!», «Пидәкерлик истен туỹар көп дәстан…», «Ҳәр аўылдың өзгерисин көргенде, Мийнеткешке таяр бәрҳа алғысым!»-деп, жақсылықты ен жайдырып, ел ҳүрметине миясар инсанларды улығлап, унамлы образлар дөретти. Олардың ҳәммеси елимиз тарийхына бир штрихлар.
Бизлер, ел азаматлары, Қарақалпақстанның барлық мүйешин аралап, Тилеỹберген аға менен де көп жолдас болдық. Қосық жазыỹына бай материаллар берер едик, өз гезегинде оның әңгимелерин, қосықларын тыңлап, жол-жөнекей шаршағанымызды да умытып кетемиз.
Оның ҳәмме көрген-билгенлери уйқасқа түседи, сапарымызда ушырасқан ỹақыяларға сол мәҳәлде, жай сөйлесип атырғандай, уйқас қатарларын төкпелетип жибере берер еди. Бир совхозға барғанымызда атызды жабайы шөп басып кеткенин көрдик. Арамызда бир жаслаỹ жигит «Мынаỹ не өсимлик екен, түри басқа ғой» деп жөнсиз таңланғанында, Тилеỹберген аға ойланып турмастан, күлимсиреп:
Буның аты – партылдаỹық,
Қойған екен атын таỹып.
Тәрбиясы болмаған соң,
Жабайыға кеткен аỹып,- деп дәрҳал жуỹап бергени көпшиликке таралып кетти.
Халқымыз «өлимнен уят күшли» дейтуғын намыслы халық. Егер қалақ бригадирге ямаса хожалық баслығына «Тилеỹберген ағаға айтып беремиз, жумысларыңызды көрип, қосық шығарады»,-десең, тазға пәки көрсеткеннен де тәсирли, «ỹай-ỹай, аға, 5-10 күн мәỹлет бериң, дүзетемен, масқара етпең, қосық шығартпаң»-деп жалынады. Енди ойлап қарасам, бул көркем сөздиң күши. Халық хожалығын раỹажландырыỹда, елди илгерилетиỹде бул усыл – шайырлар, жазыỹшыларымыздың шығармалары бизлерге үлкен көмек берди, соның ушын да ол дәстүрге айланды.
Соның менен бирге, ол жаман иллетлерди, зыянлы кемшиликлерди әшкаралап сапластырыўда да, елдиң бир азаматындай ат салысты. Сатира-юмор саласында өткир ҳәм күшли шайыр екенлигин билдирди Бюрократлардың, қопаллардың тақымын тартып, қандай лаỹазымдағы адамның да жөнсизлиги болса, жалтақламай сынға алар еди. Бул кемнен-кем ушырасатуғын қәсийет.
Бул кисиниң баспасөзде жәрияланбаған кеỹил кеширмелеринен де хабарым бар.
1966-жылы 5-февраль күни қолыма оның бир қосығы келип түсти. «Бөри қойды алқымласа ҳәр қашан, Шопанының мийнетинен не пайда» деп Наỹайының сөзлеринен эпиграф келтирген бул қосықта ол халықтың сөйлер тили - баспасөзди тек өз мәпине пайдаланғысы келген, менмен ҳәмелпаразды сынға алған еди.
Күни-түни қабақ қатып,
Бәржай еттим халық исин,
Сермеп жибер жаỹқылдатып,
Тасты кесер подписиң.
Барағойсам түсип исим,
Тергеỹшидей тергедиң.
Жүрегимниң өндирисин,
Топан шелли көрмедиң…
Қосық жөнинде сол ỹақыттағы ҳүкимет хызметкерлери Марат Нурмухаммедов, Әбдикерим Υркинбаев, Жумамурат Жийемуратов, бюро ағзалары Дәỹлет Ешимбетов, Ережеп Айтмуратов, Қутлымурат Сейтмуратов, газетаның редакторы Әжибай Муртазаев, бөлим баслығы Бабаш Исмайловлар биргеликте пикирлескенимизде аты айтылмаса да, қосықтың қаҳарманы белгили болды, әдиллик қарар тапты.
Усындай қосықлардың және бириниң дөрелиỹ тарийхы сол, шайыр, лаỹазымдағы бир жасы үлкенниң адамларға орынсыз азап бергенине гүўа болып, арашалаған екен. Буған жаңағы яшуллының ашыỹы келип, шайырдың да изине түсип алады. Сонда Тилеỹберген аға тартынбастан сынға алып қосық жазған:
Жоқарыға жалтақладың қояндай,
Өз халқыңды тепкиледиң бояндай,
Өзиңди зор, басқаны кем санайсаң,
Өңирдеги ўәкалаттан уялмай.
…Урт көмпейтип өкпелескен балаша,
Шайырды да санай берме аласа.
Көрсетеди бақадан да пәслигин,
Ҳәр ким өзин елден бийик санаса.
…«Ағам ғой» - деп кетип еди ықласым,
Нақ түсиндим, сыйлаỹдан түк шықпасын.
Аỹыр екен менменшилик кеселиң,
Қасыңдағы жас жигитке жуқпасын.
Қосыққа Наỹайының: «Айтыỹына қарай бүлгенлигин бил, толқыỹына қарай күйгенлигин бил» деген қатарларынан эпиграф қойып жазған. Бул да, турпайы ҳәрекетлер шайырды жүдә тәсирлендиргенин билдиреди. «Ҳақ сөз айтсаң, ҳеш абырай түспейди, жағымпазлар тәсилинен «тис жейди», дейтуғын еди ол. Сонлықтан да, шайырды халық жақсы көрди, қопал бюракратлар сергекленди.
Тилеўберген аға, мине, усындай, ҳәр қандай қубылысты баҳалаўда қалыс пикирли, сөзи менен де, турыс-турмысы менен де адамды әдилликке, адамгершиликке бағдарлайтуғын, жағымлы қосықлары менен өмирди қәдирлеỹди нәсиятлайтуғын инсан еди.
2. Уллы устазлардан нәр алған
Буннан бираз жыллар бурын Алматыға барғанда үлкен әдебий байрамда шайыр қосықларын йош пенен үсти-үстине дөндирип, төкпе усылда оқып турғанында, қазақтың уллы жазыỹшысы, бизиң заманласымыз Сәбит Муқанов: -Япырмай, Тилеỹберген, бала, ағып турған дәрья ғой,- деп таң қалған. Ағып турған дәрья! Буннан үлкен баҳа болыỹы мүмкин бе?!
Алпысыншы жылларда Қызылорда ỹәлаяты сол дәỹирдеги ең үлкен мәмлекетлик орден менен сыйлықланған еди. Орден тапсырыỹға байланыслы салтанатлы мәжилиске бизден де адамлар шақырылып, делегация қурамы - Әбдикарим Υркинбаев, Қурбанбай Әбдиров, Алымбай Примов ҳәм Тилеỹберген Жумамуратовлар арнаỹлы самолетта Қызылордаға ушты. Бул сапардан алдын мен Тилеỹберген ағаны шақырып гүрриңлестим.
-Аға, қоңсы ағайын елге баратырсыз, өзиңиздиң кәраматыңызды бир көрсетиң, елди танытың, Қарақалпақстанда қандай жетик шайырлар бар екенлигин билдириң,-деп өтиниш еттим. Сол салтанатлы мәжилисте шайыр ағамыз минберге шығып:
-Бир ағаштың шақасындай урпақпыз,
Қайғыға да, шадлыққа да ортақпыз.
«Кең даланың жыршысы» деп бизлерди,
Ўәлийханов айтқан қарақалпақбыз,-деп қосығын төкпелеткенинде, пүткил зал орнынан турып, гүрилдескен қол шаппатлаỹлар менен қарсы алған екен.
Сол ỹақытлары Қызылорданың абыройын астырып, дәỹлетин тастырып атырған, еки мәрте Мийнет Қаҳарманы болған Ыбырай Жақаевтың ислеген салыгершилик хожалығында 16 мийнет қаҳарманы бар еди, олар шалының ҳәр гектарынан 60-70 центнерден өним жетистирген. Бундай нәтийжелер шайырдың итибарынан шетте қала ма, сол ỹақытта уйқасқа илинеди:
Таỹдай бийик үй, ылғый, есик алды,
Көрингендей келешек, несип алды.
Бир аỹылдан он алты герой көрдим,
Барлық қазақ герой болмай неси қалды?!
Усындай төкпе шайырлық даңқы Қазақстанда да кең таралды. Мысалы, Алматыда 2002-жылы Қазақстанның белгили тулғасы, Республикалық көлемдеги басшы хызметкер Исатай Әбдикаримовтың үлгили өмирине арналған, Қазий Данабаевтың авторлығындағы «Дүниеден ғажайып бир жан өтти» деген китабында Тилеỹберген аға жөнинде жақсы мағлыỹматлар бар. Онда Қызылорда естеликлери, сол сапардағы ỹақыялар сөз болған. Тилеỹберген Жумамуратовтың қосық оқығанында «бүкил зал орнынан турып қол соққанлығы» (150-б.) ҳаққында айтылған. Бир мақалада шайырдың қосықларынан он куплети мысал ушын алынған. Онда қарақалпақ, қазақ халықларының дослығы ҳаққында: «Қарақалпақ журты менен тонның ишки баỹындай араласып кетип едик» (14-б.) -деп жазылған. Тилеỹберген ағаның усы сапары қазақ аудиториясына соншелли тәсир жасағының және бир дәлийли, сол жыллары Москваға сессияға барғанымда Қызылорданың басшысы Хасан Шаяхмедович Бектурғанов мени көрип: -Ай, Қалеке, сизден келетин Тилеỹберген ақын керемет-қой. Ол қазақтың Абайы, Жамбылы секилди ақын ғой дейим,-деп шайырымыздың талантына үлкен баҳа берди. Хасан Шаяхмет улы Бектурғанов Қазақстанда белгили ел ағасы болған, ỹақтында Ақтөбе, Қызылорда, Жамбыл ўәлаятларын биринши басшы лаỹазымында басқарған азамат. Ол Барвиха санаториясында Л.И.Брежнев пенен домино ойнап, Леонид Ильичти талай утып жүрген киси. Бундай көпти көрген, ел басқарған адамлардың ықлас пенен айтқан баҳаларын ешейин нәрсе деп қараỹға болмайды. Бул тиллерде дәстан болып жүрген шайырдың бир кешедеги қалдырған тәсири. Ал, ондай кешелер саны жүдә көп болған. Өзбек халқының белгили шайыры Шуҳрат оны «Лебинен от ескен шайыр» деп баҳалайды. Тилеỹберген ағаны қайта-қайта сахнаға шақырған тыңлаỹшы залдың ықласына таңланады, бул шайырдың бахыты деп есаплайды. Ғафур Ғулам «Тилеўберген мениң шәкиртим» деген.
Тилеỹберген Жумамуратов түркий халықлардың тарийхый тийкарлары ҳәм ондағы қарақалпақлардың орны, қарақалпақ әдебияты, тили, халық шайырлары шығармаларының қолжазба текстлери ҳаққында өзиниң көп ғана илимий пикирлерин Қарақалпақстан, Қазақстан, Өзбекстан, Башқуртстан, Россия баспасөзлеринде жәриялады. Көпшилик илим излениỹшилердиң әдебият, тил, тарийх мәселелеринде таптырмайтуғын мәсләҳәтшилери болғанлығы анық. Көркем сөз устасының халық фольклорынан нәр алған термелери, лирикалық кеширмелери, философиялық ойлары, дидактикалық поэзиясы - халық рәỹаятларына сүйенген тәрбиялық характердеги әпсаналары, балаларға арналған ертеклери, пъесалары, прозасы, публицистикалық мақалалары оның жүдә бай мийрас қалдырғанлығын билдиреди. Ол қарақалпақ халқының фольклорына усас терме-қосық жазыỹға да уста еди. Терме қосықлары ҳәм уйқас, ҳәм мәни жағынан жетик, ỹәжи басым, мәниси терең, уйқасығы келисикли, оқысаң зериктирмейтуғын, маржандай дизилген гәỹҳар сөзлери адамды өзине тарта береди. Лирикалық, философиялық поэзиясы күшли болды. Қосық пенен лирикалық роман жазған ҳәмде оны ядынан оқый билген шайыр ҳәмме халықта ушыраса бермейди.
-Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин,
Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин.
Улықмандай мың жыл өмир сүрсең де,
Соның аржағында бар және бир күн…
Дүньяда ким мәңгиликке жасайды,
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреỹ келип, биреỹ кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды.
Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып,
Бәҳәр келер, қыс өмирин таỹысып.
Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар,
Өмир ушын ҳеш бир күн жоқ аỹысық,- деген сыяқлы философиялық толғаныслары мәнили.
Омар Ҳайямның «Жәҳән иши әлỹан-әлỹан көринди, Дүнья зуỹлап, көшер кәрỹан көринди (Тилеỹберген шайырдың аỹдармасы) деген пикирлерине, ямаса, түркменниң философ шайыры Мақтымқулының:
-Қой көңил, дүньяға әйлеме ҳәỹес,
Пәнийдур, ҳеш кимге паяны болмас.
Жан қусы бүлбилдур, тәниң бир қәпес,
Бир күн ушар кетер, турағы болмас,
-деген киби қатарларына үнлес келеди.
Шайырдың сонетлериндеги:
-Ушқыр екен адамзаттың қыялы,
Қанатына пүткил дүнья сыяды.
Жаслық дәỹран – жалынланар мәҳәлиң,
Қартайғанда қайта келмес бәҳәриң,-деген қанатлы сөзлери, ямаса:
-Егиз туỹған қуỹаныш ҳәм қапалық,
Күн артынан күнлер келер тақалып.
Ҳәр батқан күн жулқып алып кетип тур,
Өмиримниң бир гербишин қопарып.
«Өмирдиң де болар мәỹсим, мәҳәли,
Жарқын жаслық-гүл өмирдиң бәҳәри.
Бәҳәринде таярлансаң гүзине,
Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри,-
деген төртликлери өмирдиң қәдири, мәңгилик дүньяның аманатлығы сыяқлы қарама-қарсылыққа толы өмир философиясын алдымызға жайып салады.
Ҳеш билимпаз қалтасынан алған жоқ,
өмириңниң өзи философия»-деп өзиниң жазғанындай, қосықларынан, шығармаларының ҳәр бир куплетлеринен даналық, философиялық жуỹмақлар шыға береди. Ол, шығыстың үлкен философ шайыры Омар Ҳайямның шығармаларынан қарақалпақшаға өзинше, еркин, шеберлик пенен аỹдарма жасаған:
-Дүньяның мақсетли гәỹҳар тасымыз,
Ақылдың көзиниң ақ-қарасымыз.
Жәҳәнди дөңгелек сақыйна десек,
Әне соның жалт-жулт еткен қасы – биз.
Бизлерден бурын да күн-түн бар болған,
Пүтин шарқы пәлек, жулдызлар жанған.
Астыңдағы топырақты аңлап бас,
Ол топырақ та гөззал түсли яр болған.
Омар Ҳайямдай философ шайырдың дөретпелерин қабыллаỹ, жақсы түсиниỹ, халыққа унамлы тәризде жаңлата билиỹ анаỹ-мынаỹ адамның қолынан келебермейди.
Философиялық пикирлеỹ Тилеўберген ағаның стилинде бар. Оның төртликлери жүдә тәсирли, халықтың тилинде нақылдай айтылып жүреди.
Кирип ақыл ордасына,
Ердим илим жолдасыма,
Жүзип билим дәрьясына,
Көргиш болды көзим мениң,
-деп өзи жазғанындай, дәслеп Тилеўберген аға муғаллимлер курсын питкергеннен соң, Ташкенттеги Орта Азия Мәмлекетлик университетинде үлкен қәнигелерден тәлим алған. Ол еки жыл Ташкенттеги сиясий мектепте оқыған. Ол дәỹирлерде, (1945-1948-ж.ж.) бул абыройлы оқыỹ орнын тамамлағанлар аз ушырасар еди.
Шайырға «Ҳүрмет белгиси», «Халықлар дослығы» орденлери берилди. Қарақалпақстанның қоңсылас өзбек, қазақ, түркмен, қырғыз, башқурт, орыс, украин ҳәм тағы басқа халықлар менен дослық әдебий ушырасыỹларының барлығында да Тилеỹберген аға қатнасты, ол халықлардың дөретиỹшилик ỹәкиллери менен жақын байланыста болды. Қәлемлеслери Асқар Тоқмағамбетов, Сәбит Муханов, Ғафур Ғуламларға арнап жақсы қосықлар жазды. Мениңше, бул сөз шеберлериниң де бизиң шайырымызға деген жыллы лебизлери болған шығар, баспасөзлеринде пикирлер айтылған шығар, оларды изертлеп үйрениỹ илимпазлардың ỹазыйпасы.
Булардың бәри шайырды үлкен сөз шеберлери қатарына теңлестиреди, Қарақалпақстан тарийхындағы орнын белгилеỹге алып келди.
Егер Тилеỹберген Қуппатулла улының әдебиятымыздағы тутқан орнын кемситпей, асыра силтемей, ҳақыйқат баҳасын берер болсақ, бизиң пикиримизше, ол импровизатор, лирик, философ, сатирик ҳәм юморист, драматург, публицист, дилмаш, илимпаз, яғный, сегиз қырлы шайыр деп баҳалаỹ дурыс болады. Оның шығармалары халқымыздың тарийхы, руỹҳый дүньясы менен шатысып кеткен. Алтынды тат баспайды дегендей, бул қосықлар қайсы дәỹирде де әҳмийетин жоғалтпайды, ҳәмме ỹақыт өшпес жулдыздай жарқырап тура береди, халқымыздың ой-пикир сандығының төринде қәстерлеп сақланады.
Шайырдың елиỹ, алпыс жыллық юбилейлери республикалық көлемде үлкен салтанатлы байрамлар тәризинде, сырттан көп мийманлар шақырылып өткерилди. Оған изли-изинен Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан халық шайыры, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты атақлары, өз дәỹириндеги үлкен көлемдеги абыройлы орденлери, медальлар, Ҳүрмет Жарлықлары берилди.
Соңғы сөз орнына.
Тилеỹберген Жумамуратовтың үлкен талантының тийкарлары ҳаққында көп ойландым. Қаназат тулпар тегинде болмаса, бәйгиде жарыстың алдында болалмайды, шайырлық гени, мүмкин арасында үзилиске түсиỹи, бирақ, жети атаға шекем болады деген де гәплер бар. Дөретиỹшиниң ата-тегинде дилỹар, улама адамлар болған шығар, оларды сорастырыỹ, излестириỹ керек, шайырдың әдебий орталығын анықлаỹ лазым, деген ойлар да маған тынышлық бермес еди. Бул ҳаққында оның перзентлерине пикирлеримди айттым. Шайырдың баласы Мурат ҳәм қызлары мениң, атасын көрген ақсақалдың, нәсиятын тыңлап, бабаларын сорастырды ҳәм бир талай мағлыỹматларды жыйнады.
Ол исенимли дереклерде айтылыỹынша, Тилеỹберген шайырдың ата-тегинде, тәрбияланған орталығында үлкен уламалар, билимли адамлар өткен екен. Бул мәселелер келешекте айдынластырыла берер, мениң болса, дереклесиỹ ҳаққындағы нәсиятымды бәржай етип, шайырдың автобиографиясын толықтырыỹға қәдем таслаған перзентлерге кеỹлим толды. Тилеỹберген ағаның шебер, тили ширели шайыр болғанын тилге ала отырып, қарақалпақ поэзиясында усындай үлкен тулғалардың болғанлығынан қуўанамыз.
Күнлер өтер, жыллар өтер, Тилеỹберген Қуппатулла улының қосықлары барған сайын өзиниң баҳасын арттырып, әỹладлардың ең сүйип оқыйтуғын шығармаларына айналып, халқымыздың жүрек төринен орын алатуғыны сөзсиз. Ўақыт келеди, бул уллы шайырдың өмир жоллары ҳәмде мийрасы еле де үйрениледи, илимий изертленеди, оның философиялық пикирлерине баҳа бериледи.
Мен тек кеỹилимде барын, Тилеỹберген ағаға терең ҳүрметимди, муҳаббатымды аямай жаздым.
---------
Қәллибек ҳажы Камалов. «Еркин Қарақалпакстан» газетасы, 13-15 март, 2003-жыл. №36(17782), 337(17783).

 

ҲАЛИ ТАЛАЙ УЗОҚЛАРГА САФАРИМ…


      Тизил сӯзларим юлдуздек,
      Ялтиллаб турсин қундуздек,
      Сӯз соллансин сулув қиздек,
      Севсин шодли элим менинг.

   Тарих сардафтари битикларида вақт қудрати, ҳает  маъсумлиги ва диловарлиги, абадият нафаси мухрланади.      Ҳамма гап уларни илғашда, идрок этишда.
    Ӯзбекистон ва Қорақалпоғистон халқ, шоири Тлеуберген Жумамуратов (1915-1990) Қорақолпоғистоннинг Муйноқ тумани Оқдарё овулида таваллуд топган. Эски мактабда савод чиқарган.
    Булажак ижодкор 1937-1942 йилларда ӯз овулида ӯқитувчилик қилди. 1945 йилгача Муйноқ тумани газетасида муҳаррир бӯлди. Аввал Тӯрткӯлдаги ӯқитувчилар тайерлаш курсида ӯқиб сӯнг 1948 йили Ӯрта Осиё давлат (ҳозирги Мирзо Улуғбек номидаги Миллий) университетини тамомлаган. 1945-1949 йили Мӯйноқ тумани партия қӯмитасида  1951 йилгача Қорақалпоғистон нашриётида, 1959 йилгача Қорақалпоғистон радио қӯмитасида, 1963 йилгача Қорақалпоғистон Ёзувчилар уюшмасида масъул лавозимларда фаолият кӯрсатди.
     Шоир бутун умр ижоддан тӯхтамади. Унинг шеърий тӯпламлари нафақат қорақолпоқ, балки,  турли  миллатлар ва элатлар китобхонлари қӯлига етиб бориб, уларнинг ҳам кӯнгил мулкидан ӯз ӯрнини эгаллади.           
    Тлеуберген Жумамуратов Купбатулла ӯғли китоблари ӯзбек, рус, қозоқ, бошқирд, татар тилларида алоҳида нашр этилган.
      Юксак иқтидор соҳиби Алишер Навоий, Умар Хайем, Махтумқули, А.С.Пушкин, М.Ю.Лермонтов, Абдулла Туқай, Тӯқтағул Сатилғанов, Муса Жалил, Анна Ахматова, С.Шчипачев, Пимен Панченко,  Вадим Шефнер, Степан Олейник, Чёт Енчинов асарларини қорақалпоқ тилига таржима қилган.
     Кучли импровизаторлик қорақалпоқ адабиётида шоир ижодининг ӯзига хос етакчи хусусиятидир. Ёш Тлеуберген 15 ёшлариданоқ миллий шоирлик мусобақаси – айтишув («айтис»)-ларда енгилмаслиги билан танилган. Бадиий тӯкис шеърларини қоғозга туширмасдан бирданига оғзаки тӯқиб кетавериши билан донг таратган. Шунинг учун қозоқ халқининг катта шоири Умбетали Қарибаев ёш Тлеӯбергенни излаб келади ва ёш иқтидор эгасига тан беради…
       Тлеӯберген Жумамуратов ӯзбек адиблари билан ниҳоятда қадрдон эди. Унинг «Тошкент», «Ӯзбек шоири Ғафур Ғуломга», «Ҳалима Носировага» каби шеърларини кексаларимиз яхши билишади. Камина 1973 йили шоирнинг қорақалпоқ тилида биринчи бӯлиб яратган «Макария сулув» шеърий романини катта қизиқиш билан мутолаа қилган эдим.
   …Шу йил 19 июнь куни Ӯзбекистон Ёзувчилар уюшмасида улуғ шоир таваллудиннинг 103  йиллиги муносабати билан адабий-мусиқий тадбир бӯлиб ӯтди. Тадбирни Ӯзбекистон Ёзувчилар уюшмаси раисининг биринчи  ӯринбосари Минҳожиддин Мирзо олиб борди.
      Қорақалпоғистондан келган опера хонандалари, халқ шоири Кенгесбай Каримов. филология фанлари доктори, профессор Баҳодир Каримов, таржимон Рустам Мусурмон ва бошқалар шоир шеърларининг инсон тарбиясидаги ӯрни ва аҳамияти, миллий хусусиятлари таърифида сӯз юритдилар.
        Шоирнинг фарзанди, Қорақалпоқ давлат университети доценти, шоира  Малика Жумамуратова байрам ташкилотчилари ва иштирокчиларига миннатдорчилик билдирди.

Юрагимнинг ичларида ғазалим,
Инсон учун яратилса асарим,
Эл олқиши менинг учкур қанотим ,
Ҳали талай узоқларга сафарим….

                                                                                                      О. Хотамов. -

                                                                                      Ӯзбекистон Ёзувчилар уюшмаси аъзоси.
                                                                   «Кармана овози» газетаси, 2019-йил, 28-июнь, №26 (8124).