ГЕНЖЕБАЙ БАҚСЫ ШЕРТКЕН НАМАЛАР ҲАҚҚЫНДА ТИЛЕЎБЕРГЕН ШАЙЫРДЫҢ АЙТҚАН МАҒЛЫЎМАТЛАРЫ

Тилеўберген:

- Генжебай бизиң менен аўыллас, Мойнақ районының  “Мәдели” аўылында туўылған. Генжебайды жасынан билемен. Бақсышылық оның ата кәсиби. Әкеси Тилеўмурат аға бақсы болды. Тилеўмурат ағаның үлкен баласы Қазақбай да жүдә сазенде еди, бирақ, қосық айтпайтуғын еди. Ол армияға кетип қайтып келмеди. Оннан соңғы Дәўлетбай деген қосық айтатуғын, саз шертетуғын жигит еди. Паршагүл деген апасы бар еди, қыздан болған сазендени сонда көрип едик. Генжебай сонда жас бала еди домаланып жүрген.
Бизиң елде сазенделер көп болды. Дәўлеталы, Сүннетулла, Қутлымурат солақай деген сазенделер болды. Соларды Генжебай көре қалды. Ҳәзир енди, Генжебайдың сазенделиги,  дүньяда, Қарақалпақстанда, Айтжан бақсы, Генжебай бақсы екеўинен асқан сазенде болған емес. Егер Генжебайлар болмағанда, бизиң қарақалпақтың сазы жоқ болып кетиў алдында турып еди. Ол радиокомитеттен, телевидениеден ансамбль дүзип, үйретип, өзиниң өнерин тарқатып атыр. Ҳәзир Генжебай “Попурри” деген намаға шертеди. “Попурри” ­ бул шадлық намасы. 
(Саз шертиледи)
­- Қарақалпақ халқы ең әййемги халық. Қарақалпақта, басқа туўысқан халықларға қарағанда, жыраўлық, бақсылық жүдә ерте заманларда пайда болған. Мәселен, “Нәжебулан” деген дәстанда бақсылық ҳаққында гәп етеди. Басқа ҳеш халықта жоқ, бақсылық ҳаққында гәп қылған, ерте заманларда.
          Мине, “Муҳаммес” деген нама бар. “Муқам” деген сөз.  Бул “Муҳаллес” емес, “мес” деп айтады түрки халқында, “мес” деген “бес” деген, “бес муқам” деген сөз. Буны бузып айтады, “Муҳаллес” деп. Бирақ, шыныда бул “Муҳаммес” ­ бес муқам, бес қайтарады.

Мәселен, Наўайыда бар:

Ышқы отыйдын жисмий зары, нәтаўаным өртедиң — бир,
Қайсы жисмий зарыйким, руўхы-рәўаным өртедиң — еки,
Пәрде араздын алып, жаны-жәҳәним өртедиң — үш,
Ўаҳы отлы дәрийшын, жаныманым өртедиң — төрт,
Әтәшин лалиңдин айтып, нүкте жаным өртедиң — бес,
Өртедиң, әй қәтирий, нәмәҳрийбаным өртедиң.

          Ал, енди бул “Муҳаммес” жүдә ески заманлардан, мың жыллар, еки мың жыллар бурын шыққан намасы деп айтыўға болады. Усы ўақытқа шекем сақланып келди. Бул бир нама емес. Буның өзи бир нешеге бөлинеди. Арзы бақсы айтқан екен, “Муҳаммес”тиң жети намасы бар” деп. “Муҳаммес” пенен “Бес перде”ни ким үйренсе, ол адам шын сазенде” деген екен. Сол “Муҳаммес”тиң намасының түрлерин Гежебай ҳәзир шертип береди.
(Саз шертиледи)
­- Ҳәзир қарақалпақтың “Жаманшығанақ” намасын шертеди, бул да арқа районларда тарқалған. Жыққынға күши жетпеген жағыс жаманшығанақ. Әмиўдәрьяның қатты ағыслары болатуғын еди, соннан түсип кетип, шыққан жигиттиң тәғдирин көрсетеди. Суўға батып-шүмип, ағыстан өтип, ағысты жеңип, былай жүрип, былай өтип, сол ағыста гүрескен өмирин, аман-есен дәрьядан шыққан көринислерди саздың тили баянлайды.
(Саз шертиледи).

­ Енди “Хожабағман” намасы.

- Қарақалпақ халқы ең әййемги халық, көптен азайған халық. Тарийхшылар айтады, қарақалпақ халқын ­ азар мәмлекети, печенег мәмлекети, алтын орда, сол заманларында үлкен халық болған. бара-бара азайған, азайса да 1722-жылғы документте, «Россия тарийхында мың-мыңлаған түйе айдаған қарақалпақтың кәрўанлары Россияға да келетуғын еди” деген. Демек, ол ўақытлары қарақалпақтың кәрўанлары басқа еллерге барып турған болыўы керек. Юнон, Грецияға да барып турған қарақалпақлардың кәрўанлары. Бирақ, сол заманда Россия менен қатнас жасағаны ушын Орта Азиядағы басқа ханлықлар қарақалпаққа топылыс жасады. Мәселен,  Жонғар ханлығы, Бухара ханлығы, Қоқан ханлығы, Хийўа ханлығы ҳәммеси де, сол, басқа халықлар менен қатнас жасағаны ушын бизиң халыққа топылыс жасады. Қырып таслаған ўақытлары да болды. Соның бири “Бозатаў” ўақыйғасы. Хийўа ханы барып, Бозатаўға Ираннан әскер алып келип, Мойнақтың қасындағы “Бозатаў”ға Молла пирим деген жигиттиң басшылығында қорған салғанда, соны қырып таслаған. Топылыс жасағанда ҳәмме ўақытта, қызларын-жигитлерин алып кететуғын еди. Алып кетип Аўғанстанға, Иранға, Иракқа апарып сатады. Сонда Әжинияз шайырдың жазғаны:

Қара көз, қыпша бел қыз билән жаўан,
Юзлари гүл киби, көзләри мәстан,
Ләйли, Злийхадай не гөззал жанан,
Йиғлап ат алдына түсти Бозатаў.

Сәҳәр ўақта қырлы дүпән атылды,
Бенде болып түстим қолым шатылды,
Перидек қыз шоры болып сатылды,
Кәнизлик басына түсти Бозатаў.

          Тарийхтағы усы қайғылы, муңлы ўақыяға, ҳәм қосығын жазған, ҳәм нама жазған Әжинияз шайырдың, ахунның өзи. Соңғы ўақытларда бул нама бираз өзгерислерге ушырады, қайта жазылды, бирақ, сол Әжинияз ахунның өзиниң шерткен намысын “Ески Бозатаў” дейди, соны Генжебай ҳәзир шертип береди.
(Саз шертиледи)
   
­- Қарақалпақлар ески заманнан шабандоз халық деп аталады. Баяғы әййем заманда Искендер Зулқарнай ­ Александр Македонский, бул журтқа келгенде, соның тарийхшысы айтқан екен, “усы елде Сыр бойынан келген бир халық бар, қалпақ кийеди, қалпақта бүркиттиң сүўрети бар екен, ондай шабандоз халықты көргенимиз жоқ, бул халықтың бәри шетинен батыр, шетинен ат ойнатқан шабандозлар екен” деп айтқан. Екинши, орыс тарийхшылары да айтқан, Мараттың да жазған китабында бар, басқа тарийхшыларда да бар, “орыс халқына ат миниўди үйреткен қарақалпақлар екен” деген документлер бар. Жаңағы Хорезм тарийхшысы соның жазғаны да бар, “печенеглер, қарақалпақтың бабалары ат минип ойнайтуғын еди, шабандоз еди, қызлар менен отырыспа жасайтуғын еди, басқа бир еллердиң жигитлерин аттың тақымына салып алып келетуғын еди. Қарақалпақ сондай атты жақсы көрип минетуғын. “Қара жорға” деген намасы бар қарақалпақтың. “Қарақалпақ”, “Қара үй”, “Қара жорға”, “Қара таў”, “Қарадәрья”, гилең сондай, қараны көп айтады-дә қарақалпақлар. Мине, жорғаны да қара дейди. “Қара” дегени бурынғы ўақытта “үстем”, “әскербасы” деген сөз екен. Мине, сол “Қара жорға” намасын шертеди, ҳәзир Генжебай, қалай болатуғынын өзлериңиз қарайсыз.

(Саз шертиледи)
  
­          Енди Қарадәли деген бир бақсы болған ерте заманларында. Қарапәрең жигит екен-дә. Дәли деген екен аты. Соның шерткен намасы бар екен. Қарақалпақтың ерте заманларында шерткен “Қарадәли”син шертеди ҳәзир.
(Саз шертиледи)
  
­- Енди “Илме султан” деген нама. Буны мен Қутлымурат солақай деген қыят кисиден еситетуғын едим. Таллық бойында, Мойнақта. Сол кисини қартайған ўағында көрип едим, сол “Илме султан”ды шертетуғын еди. Ол айтатуғын еди, “келиншектиң жигитти шақырғаны” деп. Оннан кейин бул наманы Қаражан бақсы шертти. “Қызлардың жигитлерди шақырғаны” деп шертетеуғын еди ол. Бул наманы Айтжан бақсы шертти. Айтжан аға да жүдә жақсы шертти, өзинше қайта ислеген. Ол енди қызлардың “кесте тиккен намасы” дейтуғын еди. Жалпы айтқанда, буны “қызлардың жигитлерди шақырған намасы” дейди, “кесте тиккен намасы” дейди, не болсада, әйтеўир, ол қызлар намасына шыққан. Мине, ҳәзир Генжебай соны шертеди, көремиз, қалай шертеди екен.
(Саз шертиледи)
­- Минекей, жақсы нама да бир. Шадлы. Шынында да шақырғаны болса керек, қол былғап. Сол, шақырғаны деген дурыс па деймен-ә?!
­Енди бир нама бар. Бул ески нама. Баяғы бир ўақытларында Түркстан қарақалпақлары шертеди екен буны. “Нар ийдирген” деген. Бул наманы ҳәр ким ҳәр түрли етип шертеди, Генжебай қалай шертеди екен, шертип көрсин, қәне. (Саз шертиледи)
­

- Әне, қолыңа гүл питсин!
­ Енди “Дәснама” деген бар.
“Дәс” деген сөз ­ бул китабый тилде “қол” деген сөз, “дәс” деген сөз “биринши” деген сөз, “дәс” деген сөз “қолға алған” деген сөз, “дәс” деген сөз ең биринши “аьло”, (ағла, айрықша) деген сөз, бирақ, ол наманы, қарақалпақ  намасының ишиндеги (тап мен өзим жүдә жақсы көремен усы наманы), сазлардың ишиндеги патшасы деп атаўға болады. Қәне, ҳәзир Генжебайдың шерткенине қараң. Шерте алар ма екен, билмедим. Егер шертсе, бул намадан артық нама жоқ! ( Саз шертиледи)
­- Адамның кеўилин оятар нама дә! Қайғы, қуўаныш. Ашықлардың кеўилин қозғайды. Қандай адамның кеўилин  еритип жиберетуғын нама-ә?!
­          Енди “Бес перде” деген нама бар. Бул “Бес перде”  “Муҳаммес” намасына жүдә жақын, бирге туўған нама ески заманда. Ҳәр ким “Бес перде” менен “Муҳаммес”ти шертсе, ол адам дуўтарды шерте алады деген сөз. “Бес перде” деген бул айтым қосығы. Сегиз буўынлы қосықты айтады. Мәселен, Бердақтың:

Китап көрдим Мүсәнниптен,
Сөз еситтим ондаликта.
Тилим сөзимди ҳалитдан,
Мәълим тамам қилған экан.
Не яхши жаманды көрдим,
Етти-саккиз ханды көрдим.
Үш түрли заманды көрдим,
Мүсишап айналған екен.
Әйне сексен яшта өзим,
Бир көзим бар, жоқ бир көзим.
Ўақтым өтип, кетти ҳәзим,
Гүл жапырағым солған екен.
Жүрегим дәрьялап тасты,
Дәрья шығымға жол ашты,
Өлим қәўипи жақынласты,
Тәдбир етпек жалған екен.

          Мине, усындай сегиз буўынлы айтылатуғын қосықтың намасы.
Сол наманы ҳәзир айтпайды-дә, бирақ, Генжебай  шертеди ҳәзир. Көрейик, қәне қалай шертеди? (Нама шалынады)

-Қалай, жарай ма намалар?
­ Ҳәзир Генжебай “Қырмызы” деген намаға шертеди. “Қырмызы” деген сөз биринши “қызыл” деген сөз. Екинши “алтын” деген сөз. үшинши “Қырмызы” деген бир қыздың исими болған. Сол қызға Әжинияз шайыр қосық жазған:

Бир қыз көрдим Ислам шахының елинде,
Бастан- аяқ шашбаўлары қырмызы.

          Және бир “Қырмызы” деген қосық, нама бар. Бирақ бул оннан өзгеше. Бул “Қырмызы” тек Мойнақта  ғана айтылатуғын еди. Арзы бақсының “Қырмызысы”. Арзы бақсы деген қатты саўатлы адам болған. Бухарада оқыған, Хийуада оқыған. Хийуа ханының тойларын атқарған. Түркменнен,  қарақалпақтан, өзбектен шәкиртлер шығарған. Бул ҳаққында көп сөзлер бар, ҳәзир ол ҳаққында айтпай-ақ қояйын. Сол “Қырмызы”ны Тилеўмурат аға жақсы атқаратуғын еди. Оны Бегим бақсы деген айтқан. Мине, Генжебай жас ўақтынан сақлап қалған. Бул жерде тарқалмаған “Қырмызы” намасы. Мине, Турғанбай да билмейтуғын шығар сол вариантты.
 

Турғанбай бақсы:
­- Яқ.
­

Тилеўберген:

- “Қырмызы” деген Мойнақта Арзы бақсының намасы. Мойнақта сақланып қалған. Сол наманы ҳәзир  Генжебай шертеди.
(Дуўтар шалынады)
­-  Әне, бул енди Арзы бақсының намасы екен. ­ Хийўа ханының тойларына Арзы бақсы шақырылған. Енди Арзы бақсының сазын, сөзин еситкенлер түни менен таңның атқанын билмей қалады екен. Таң атқанда ҳәмме намаз оқыйды. Арзы бақсы да қосылып намаз оқыйды. Хан айтады екен: - Сонша наманы билесең, бүлбил қондырасаң, Арзы бақсы қарақалпақ. Енди сениң қолыңа гүл түссин - депти.
Сонда ханның бир ўәзири айтыпты:
- Ҳәмме нәрсени, бүлбилдиң де сестин, торғайдың да сестин шертебересең. Ҳәмме нәрсени қудайтала берген екен. Енди ханның намаз оқыўға келетуғын жеринен бир шертпейсең бе? - ­ депти. Сонда Арзы бақсы “Хангелди” - хан келди деген наманы шерткен екен. “Хангелди” намасын хан жолда жүргенде, келгенде, жолға шыққанда шертеди екен. Таң атар гезде шығады екен хан. Сонлықтан таңатарда шертилген. Әне, сол наманы Генжебай шерте ала ма екен? (Дуўтар шертиледи)

­- Қандай жақсы-а. Әне, таң атып киятыр!
­ Енди “Ынжылма” деген нама бар. Бул да Арзы бақсының намасы.
Тилеўмурат аға айтатуғын еди, “Сонда Юсуп пенен Ахмет зинданға түсип қалғанында, ол журтларда қарақалпақтың бир қызы бурыннан түскен екен дә тутқын болып. Юсуп пенен Ахметти еситип, излеп келип, зинданға түсип жатқанда соларға тамақ берип турады екен-дә. Сонда қыз:
­ Мен нәйләйин Юсуп аға, бәлентдур таўларым мениң,
Қызыл басқа болып саўда, айрыдур қолларым мениң, ­ деп айтатуғын сөзи бар- дә, соны Тилеўмурат аға жақсы айтатуғын еди. Арзы бақсыдан алған нама екен. (Дуўтар шертиледи)
  
­- Атым Нияз, өзим қәсте, Бүлбилмен, сөзим қәпесте” дейди-аў, байбай: Бизиң қарақалпақ халқы саўатлы болған ғой. Медресе болған, ҳәр аўылда, мектеп болған. Китаплар деген көп еди. Китаплы ел болған. Өртегенин көрдик бизлер. Көп нәрсемизди жоқ етти ғой бизиң, зергерге дейин қамады.
Ал, енди бизде үш диалекти бар. Қыпшақ диалектинде “Шәрьяр”, “Шорабатыр”, “Едиге” дәстанлары мың жыл бурын жазылған болса да ҳәзир бизиң халқымызға түсиникли.
Екинши диалекти бул шағатай диалекти дейди, бул гилең қарақалпақтағы қыссалар. Оннан кейин Аяпбергенниң қосықлары. Мәселен, бир қызды мақтаған қосығын алайық. Аяпбергенниң:

Тәрип етсем бир ҳәсемди,
Бул жәҳәнге келилмишдур,
Атын сорасаң Гүлҳәсенди,
Халыққа парқы билинмишдур.

Кирпиги оқ, қашы каман,
Гүл юзинде маҳитабан.
Жүзлеринде ҳинжи маржан,
Қатар-қатар дизилмишдур.

Ҳилал айдек қәлем қашы,
Ийнин жабар  сүмбил шашы.
Шашбаўында гәўҳар ташы,
Үштен таллап өрилмишдур.

Жолға шықса беш-он қызлар,
Алмадайын қызыл жүзлер.
Айдың қашыда юлдузлар,
Тәнҳа өзи көринмишдур.

          Мине, сол Шағатай диалекти деп аталады.Оннан кейин “Ғәрип ашық”, “Шасәнем”, “Бедерген”, “Гөруғлы” ­ булар огуз диалекти деп аталады. Мәселен, бир алымның жазғанында бар, бурынғы Византия мәмлекети қулағаннан кейин еки мәмлекет пайда болды. Османый,  Данышманый деген. Сонда бизиң қыпшақлар,  қарақалпақлар Данышманый деген мәмлекеттиң қараўында болып, сонда оғыз диалектине жақын дәстанлар дөреген екен. Сол “Бездирген”, “Ғәрип ашық”, “Гөруғлы”, “Саятхан ҳәмра” сыяқлы дәстанлар. Бул үш диалекти.
          Ҳеш халықта жоқ бизиң халықтағыдай үш диалект. Бул бизиң қарақалпақтың саўатлы болғанын көрсетеди. Мине, соның биреўи “Адыңнан” деген. “Адыңнан” деген “атыңнан” деген сөз. Оғыз диалектисинде айтылған. Сондай жақсы көретуғын қызды, “сениң атыңның өзи маған қуўат” дегени. Сол қыздың атын айтыўдың өзи қуўаныш, “атыңнан айналайын” деген сөз ғой. Бул қарақалпақтың ески намаларынан бири. Соны Генжебай қалай атқарады екен, көремиз. (Нама шалынады)
­

- Рахмет. Енди не шертеди екенсең?  ­ Оннан кейин “Нәйле” деген қосықты айтатуғын еди. Бул да Арзы бақсының қосығы. Бул бирақ, нама емес, айтым қосығы. Сол Генжебай арқалы таралды бизиң Қарақалпақстанға. Енди бирақ, Генжебайға айт демеймен, ол адам биледи. Соның намасының сүлдерин көрсетип шертип көрсин. (Саз шертиледи)
­- Қандай жақсы ғайры нағыш нама! Буның ҳәммеси Арзы бақсының намалары. Соны Тилеўмурат аға атқаратуғын еди.
          Енди Инақ деген адам патшадан да зор болған екен. Жаңағы сарайға барғанда “Хангелди” деген наманы шертеди екен. Ол ўақытта Мухаммед Инақ ханның үлкен ўәзири еди. Оның Бердаққа айтқан сөзи бар:

Айтсам подшолардың ўәзийри замин,
Ол Инақ Мухаммад әмин
Омар киби әдалатлы.

Дослар гүнаҳын кеширди,
Шыманның отын өширди
Жәмшийдти көклерге көширди,
Жаңлай бер түркмени дәрбент.

Сонда:
­- Бир сый бермейсиз бе, Мухаммед Инаққа бир нама айтпайсызба? ­ дегенде, Арзы бақсы “Сыйперде” ­ сый перде ­ дуўтардың пердесинен, тарынан сыйлық деген наманы айтыпты сыйлық ушын. Мухаммед Әмин Инаққа сыйлыққа тартқан намасы екен Арзы бақсының. Енди ҳәзир Генжебай соны шерте ала ма екен, көрейик. (Дуўтар шалынады)

­- Енди қарақалпақтың бир жай намасы “Қызлар үйге кир” деген жигитлердиң ҳәзили ҳәм жарасықлы нама. (Саз шертиледи)
- Ҳәзир енди “Налыш” деген нама. “Налыш” деген сөз “муңлы” деген сөз. Ол енди “әрман етиў”, “қайғырыў” деген сөз. Мәселен, қарақалпақта Безерген деген дәстан бар. Ўақыйғасы, Безерген деген менен Гөруғлы дос болады. Гөруғлы жортаға дос болған екен, Безергенди өлтиреди. Соннан Айсултан қыз ағасын излеп келеди. Ағасының өлгенин билмей, “ағам қаяққа кетти” ­ деп қайғырып жүдә бир муңлы намада айтқаны сол “Налыш”ы. (Дуўтар бир-еки пердени басады)
­ Қарақалпақ халқының жақсы намасының бир самалы келди! (Саз шертиледи)
­ Әне усындай намалар бар қарақалпақта! Бул өз алдына сондай оригинал нама. Бул қазақтың да, өзбектиң де, түркменниң де намаларына усамайды. Ең әййемги қарақалпақлардың намалары мине усындай болып келеди.
      1989-жыл, Нөкис

(Магнитофоннан жазып алынды)


Академик Сабыр Камаловтың усы сәўбетти тыңлап жазғаны:

                    Пикир.
          Бул жүдә баҳалы материал. Қарақалпақ намаларына берилген бундай комментарийларды мен ҳеш бир қарақалпақстандағы музыковедлердиң мийнетинде көрмедим. Әттең китапта намаларды-да бериў қыйын да.           

                    1/XII 2004