КИЙИКТИҢ ЕКИ ЫЛАҒЫ


(Болған ўақыя)

                              Жәрдем етиң Жийеке,
                              Арбаны қосып түйеге,
                              Шықпағанда сол жерден,
                              Машина бизге тийеме.
                                        (Дәлкек)


                    I
Мунарланған шың бийик,
Шығыс шағы тумғуйық,
Кең Үстиртти жайлаған,
Неше талай мың кийик.

Қоя турсын басқасы,
Ушырап таўдың жасқасы,
Адасты бир ақ кийик,
Басында бар қасқасы.

Қасында еки ылағы,
Тикирейген қулағы,
Сай жағалай ойнақлап,
Үшеўи шыңнан қулады.

Келгендей-ақ қонаққа,
Гезлести бир булаққа,
Суўы шийрин, оты мол, 
Кийик пенен ылаққа.

Жай турады, жай жатып, 
Балаларын ойнатып,
Ҳәзлик қурды үшеўи,
Кеткенинше күн батып.

Кетпестен сонда күнелтти,
Арадан неше күн өтти,
Қәўипсиз жүрип жәниўар,
Тамашаны үдетти.

Көрмей ҳеш бир жәбирди,
Өткерди солай өмирди,
Үшеўи де кем-кемнен,
Тулыптай болып семирди.

Гезлеспес топар жақыны,
Не болар истиң ақыры,
«Бөлингенди бөри жер»,
Деген ҳалықтың нақылы.

«Бир таўдағы бир кийик»
Пәрўайсыз жүрип зиңкийип,
Патратқа дусласты,
Бул жүриске «көз тийип».

Талай қойды сулатқан,
Неше жанды жылатқан,
Қасқырдың көкжал сыртланы,
Суў ишип атыр булақтан.

Заңғардың мәлим талабы,
Кийикти көзи шалады,
«Қызыл көрген ғарғадай»,
Телмирип жаман қарады.

Келеди  кийик шапқылап,
Ол да көрди, сақ бирақ,
Қашыўға мейил бергенде,
Таңланып турды ақ ылақ,

Сезбеди душпан екен деп,
Қарайды қайта еркелеп,
Қыялы бузық сум қасқыр,
Қарсы жүрди ентелеп,

Кийик қашты ҳаплығып,
Өз демине мантығып,
Ермей еки ылағы,
Қысылды қатты жан шығып.

Изине қайта оралды,
Жән-жағына қаранды,
Қайтарыўға шама жоқ,
Мынаў көк жал ҳарамды.

Кирерине сай да жоқ,
Қашыўдан басқа пайда жоқ,
Мөлдир көзли жасларда,
Душпан деген ойда жоқ.

Қәсекең келер жалақлап,
Қызыл тили салақлап,
Ойнақшыйды көзлери,
Ылақларға қарап тап.

Минекей жаўдың жаманы,
Ананың қурып ҳамалы,
Бирим - бирим ылақты,
Қымтып қашты шамалы.

Ылақлар сонда зып берди,
Қасқырда сондла тәп берди,
Қалпаллаў қаўып санынан,
Кийикке тисин өткерди.

Кийик бирден туўлады,
Тула бойы жулады,
Анасы қайым келген соң,
Ылақты қасқыр қуўмады.

Сол ўақта туяқ сарт етти,
Жаўыздың көзи жарқ етти,
Баланың, жанның ашыўы,
Кийикти де мәрт етти.

Қасқырдың шығып бир көзи ,
Қаңсылап қалды бир өзи...
Усының менен тоқтады,
Аңшының айтқан бул сөзи.

                    II
Екинши сөзи тағы бар.
(Аңшыдан гәп табылар)
Желдей зытқып жаўынан,
Қутылды үш жәниўар.

Жаман жери бирақта,
Шығынды тағы узаққа,
Барыў енди қәўипли,
Үйренискен булаққа.

Келген жери жай емес,
От-шөпке де бай емес,
Адам бағар дейтуғын,
Ешки емес, қой емес.

Суўы да жүдә там-тарыс,
Өрис қалды ап-алыс,
Ушырайма деп те қорқады,
Я қасқыр, я жолбарыс.

Сөйтсе де душпан дарымай,
Аўқатқа, суўға жарымай,
Қаңғалақлап жүргенде,
Тағы да өтти ярым ай.

Шөп көринсе жеп болып,
Бул жүрис те көп болып,
Аўырып кийик бийшара,
Азып қалды шөп болып.

Болмады ҳеш бир тақаты.
Жүриўге келмей шақаты,
Көзинен жасы мөлтилдеп,
Моншақланып ағады.

Жеткенинше шамасы,
Ойы тек еки баласы,
Гүптей болып асқынған,
Қасқырдың қапқан жарасы.

Телмирди еки ылағы,
Жаўдыр көзлер қырағы,
Ҳәлсиреген анасы,
Ет-бетинен қулады.

Манаўрады, алқынды,
Әри-бери талпынды,
Сөйтип тәғдир кийиктиң,
Кең дүньясын тар қылды.

Сылқ етип басы жығылды,
Көзи де әттең жумылды.
Сонда да барып ылақлар,
Анасына тығылды.

Кетиўге көзлер қыймады,
Емди, әсте тырнады,
Не ҳәрекет етсе де,
Бийшара ана турмады.

Мойнынан, бастан жалайды,
Сезилип тур бир қайғы,
Жетим қалған ылақлар,
Бир-бирине қарайды,

Анасын қатты аяды,
Қылдырықтай аяғы,
Созып соны қапталлап,
Анаға жақын қояды.

Түнерип күн асты,
Ҳаўаны кем-кем булт басты,
Дүбелейли жаўында,
Баяғы қасқыр ушырасты!

Соқыр көз түспей өлиге,
Ылақты қуўды желиге,
Жетимлерге көп болды,
Анаға жақын жери де.

Я қутылып кетти ме,
Я душпаны жетти ме,
Мәлимсиз болды ақыры,
Зым –зыя болып кетти де.

Ызылдады жер қатты,
Қаранғы түсти, күн батты,
Гүлдирмама гүлдиреп,
Көшкен бултты узатты.

Еки жетим ылақтың,
Тәғдири нешик узақ түн?
Я қасқырға жем болды,
Я ишинде азаптың...

                    III
Булдырайды шың басы,
Атылады жорғасы,
Епкини менен желкилдер,
Басындағы қурашы.

Аўылдан шыққан жақында,
Сайран етип тақырда,
Бир азырақ тоқтайын,
Розым атам хаққында,

Бәҳәрдиң айы. Күн ашық,
Кетти бир аз қыр асып,
Астындағы жүйриги,
Ескен жел менен таласып,

Түрли ой өтти басынан,
Не көрмеген жасынан,
Ҳәм шабандоз, ҳәм сейис,
Өнерди журттан асырған.

Талай атты ойнатқан,
Шағласа тилин сайратқан,
Ҳош ҳаўаз еди және де,
Мықлы болды ғайраттан.

Жигит еди соныңдай,
Шағлап өтти жалындай,
Ерегискен  душпаны~
Кеткен емес бағынбай.

Мине, ҳәзир жас басты,
Жүзге жақын жас асты,
Сонда да ол пай бермей,
Ғаррылық пенен айқасты.

Қалмаған соң майырылып,
Кеткен жоқ ғайрат арылып,
Жас жигиттей қуўатлы,
Жеңбеди оны ғаррылық.

Усы атлы сол атам,
Күш-қуўатқа мол адам ,
Келип еди қыдырып,
Нөкистей пайтахт қаладан.

Ҳәр шәҳәрден қолы бар,
Бул жерде туңғыш улы бар,
Ақлықларын сағынып,
Ҳәр ўақта келип жолығар.

Баласы жай хызметкер,
Мақтайды оны көргенлер:
-Атқа сейис өзиңдей,
Аңшылыққа дым шебер...

Аўылдағы ер-қатын,
Тәрийплеп оның ғайратын,
Қоса мақтар улының,
Астына минген көк атын.

Мақтайды бузаў-баспағын,
Кийиктен туўған қоспағын,
Ешкиден кийик өршитип,
Фермаға барып қосқанын.

Жаңа усыл тапқанын,
Муқыятлы қурған қақпанын,
Қойға шапқан қасқырды,
Мылтық пенен атқанын...

Еситип  ғарры шад болды,
Қумары көк ат болды,
-«Минип көрсем»-деп ойлап,
Бир қыялға тап болды.

Атқа өзи ер салып,
Қамшыны қолға алып,
Ғарғып минип жорғаға,
Сүрип кетти ырғалып.

Билмедим қайда барады,
Көзиде еле қырағы,
Көринген бир қараға,
Нәзер етип қарады.

Кийиктен туўған сур ылақ,
Жалғыз жүрген бир ылақ,
Шоқырақлап қашып баратыр,
Шамалы ақсап, қырынлап.

Көп жүрсе керек таслақтан,
Аяғын мәгар тас қаққан,
Сонда да оның қашыўы,
Жылдырымдай шап-шаққан.

Аянышлы көринген,
Үйирден неге бөлинген?
Басқасы ушырап апатқа,
Қалған ба аман өлимнен?!

-«Қаңғып кетип қарабас,
Жалғыз жүрген жарамас,
Үйири де жоқ екен,
Гезетуғын аралас.

Қәнекей түссе қолыма,
Берер едим улыма,
Ақлығым мениң Жамийет,
Бағар еди буныда.

Қор болмас еди бул жетим,
Қабыл болғай нийетим,
Мақсетим сол, жемеймен,
Кийик түўе қой етин.".-.

Деп ғарры дәрҳал қуўады,
Жел жағына шығады,
Жуўғарада жуўытпай,
Зырғыды кийик ылағы.

Шоршып кетти ол пақыр,
(Бурынғылар ядта тур).
Қирерине қуўыс жоқ,
Айналасы тап-тақыр.

Аяғы мийтин қайыңдай,
Көк тулпар ушар қуйындай,
Қызған сайын мәсирди,
Шабысы сирә тыйылмай.

Омыраўы аршадай,
Ғарры да келер шаршамай,
Қанша жүйрик болса да,
Әззиледи ылақ қаршадай.

Кем-кем қатты ақсаған,
Секириў қыйын жасқадан,
Енди гәпти қозғайық,
Буннан емес, басқадан.

                 IV

Үй қасында шарбақта,
Кийиклер бар ҳәр ўақта,
Оқыўшылар қызығып,
Тамашаға бармақта…

Үлгили шарўа үйи екен,
Келтирген бәрин Жийекең,
Түсип атыр от-шөплер,
Арба менен түйеден.

Ҳәр сапар дем алыста,
Кетеди ол алысқа,
Ҳеш биреў буған шақ келмес,
Аңшылықтағы жарыста.

Баласы оның Жәмийет,
Оқыўшы жүдә ҳақ нийет,
Зоотехник болыў қыялы,
Ҳәзирде бар ҳәрекет.

Тилеўбийке шешеси,
Оның да жақсы пешеси,
Кийик пенен ылақтың,
Бағылды бунда нешшеси.

Фермаға кетти биразы,
Сонлықтан ҳәмме ыразы,
Тағы да толып қалыпты,
Жийекеңниң қорасы.

Шақыртып алып далада,
Жиекең айтты балаға:
-Қайда көк бедеў,
Көринбейди қорада?

-Керек еди маған да,
Атам минип азанда,
Кетип еди минекей,
Он саат болды оған да.

Айтпады қайда барарын,
Билмей турмыс хабарын,
Той, садақа жоқ бүгин,
Елинде бул жағаның...

Ойланып қалды Жиекең:
«Япырмай қайда жүр екен?
Асаў ат минген жүз жаста,
Шыныда ағам ер екен».-

Деди де басын шайқады,
Басқаша не айтады,
Атасының қыялын,
Ишинен өзи байқады.

Сезиўши еди ҳәр ўақта,
Қарады енди жән-жаққа,
Сур қасқырдың териси,
Илиўли тур шарбақта.

Талай қойды сулатқан,
Неше жанды жылатқан,
Баяғы көкжал қасқырды,
Мылтық пенен бул атқан.

Усыны ойлап барады,
Байқады барып қораны,
Кийиклер жүр шад болып,
Тамашалап қарады.

Ишинде бир ылақ тур,
Сам-саз болып қарап тур,
Еки көзи гиртийип,
Жас сорғалап жылап тур.

Жан көринсе үркеди,
Кетсем деп жерди түртеди,
(Баяғы егиз ылақтың,
Усланып келген еркеги).

Биресе шабар айналып,
Жәмийет оған қыйланып,
Не қыларын биле алмай,
Қысылып тур ойланып.

-Жуўысам зытқып жөнейди,
От-жем берсем жемейди,
Аўырып турма бийшара,
Ендиги еми не?-дейди.

-Асықпа балам, асықпа,
Түсиниў қыйын жаслықта,
Меҳрибан болып күте бер,
Үйренер ол да дослыққа,-

Деп Жийекең күледи,
Ғарры да жетип келеди,
Алып келген сыйлығын,
Баласына береди.

-Рахмет Сизге, жан ата,-
Деп, Жәмийет қораға,
Жиберип келди ылақты,
Қарап тур ҳәмме далада.

Еки ылақ оңаша,
Жылмыңласты балаша,
Бирин-бири ийискеп,
Бола қалды тамаша.

Тигилисип қарайды,
Бирин-бири жалайды,
Қуў сүйеги қалса да,
Көзлери жүдә шырайлы.

-Минекей, буған қарап қой,
Екеўи егиз ылақ ғой,
Нешеў болды кийигиң?
Алжаспай балам санап қой.

Семирсин еки ылағың,
Жақсылап бақ шырағым,-
Деп атасы ийнинен,
Қағып қойды баланың.

Сөйтип олар күлисти,
Мақулласты бул исти,
Анасы өлген қос ылақ,
Баққыға келип қуўысты.

Өткерди жаңа өмирди,
Жем жеди, пәлле кемирди.
Кем-кемнен қолға үйренип,
Тулыптай болып семирди.

Өткен соң үш ай арадан,
Шығып кетип қорадан,
Орнына тағы келеди,
Отлап қайтып даладан.

                    Декабрь,1957-ж.

 

ҚӘСИЙЕТЛИ ГӘЎҲАР ТАС

(Халық ертегинен)

Қыял қусы шарықласа қыяда,
Жуйрикликке ҳәр нәрседен зияда,
Оның жеткен бир секундлық жолына,
Ҳеш бир жуйрик жетип болмас дуньяда.

Кеўил шарлап дуньяның жер-аспанын,
Халық дөреткен нешше ертек, дәстанын,
Сол арқалы әрман еткен ойлардың,
Көрдик бугин ис жузине асқанын.
                    I
Ерте әййемги заманда,
Арқадан шығыс таманда,
Өмир сурди бир ғарры шал,
Падашы болды, бақты мал,
Баққаны байлардың малы,
Жақсырмай турмыс-аўҳалы,
Тек күнелтип журген еди,
Кемтарлықты көрген еди,
Үшеў оның балалары,
Тәртипсизлеў болды бәри,
Жасынан-ақ қыйқаң еди,
Журген жери ойқан еди,
Өзли-өзи мүшласады,
Жағаласып усласады,
Қағысады,сөгиседи
Мудамы ерегиседи,
Көрингенге кесек атып,
Қашар еди секек атып,
Тыңламайды ата сөзин,
Ҳәр-бири билгиш дер өзин,
Биразлардан жеди таяқ,
Салып кетер аямай-ақ,
Атасы тәрбия етти,
Кем-кемнен қыңырлық етти,

                    II
Қалың тоғай арасында,
Бир өзектиң жағасында,
Жур еди ғарры мал бағып,
Қашты маллары ылағып,
Бир нәрседен сетем алды,
- Бул неси? –деп ҳайран қалды,
Жыйнаўға ҳәрекет етти,
Бир ҳайўан ақыра кетти,
Қараса үлкен жолбарыс,
Омыраўы кең неше қарыс,
Шоршып кетти оны көрип,
Умтылды буған тап берип,
Ғаррыда ғайрат мол еди,-
Бирақ қолдан не келеди?
Мынаў жудә күшли бәле,
Аўзын ашып шапты келе,
Турды ғарры тайсалмастан,
Жолбарыс секирди бастан,
Мойны кетти бастан асып,
Алмақ болды тарпа басып,
Артқы аяқ алға кетти,
Ғарры қушақлады белди,
Оң ийнинде еки аяқ,
Тислемекши тумсық таяп,
Қайрап тисин сықырлатты,
Төрт айағын тыпырлатты,
- Келтирмексең маған өлим,-
Деди ғарры қысты белин,
Жолбарс иләж етпеди,
Жерге аяғы жетпеди,
Жете ғойса аяқ үшы,
Жолбарстың тасар күши,
Ғаррыны аспанға атар,
Пыт-шыт етип шайнап жатар!
Сум әжелдиң қәўпи туўды,
Көздиң жасы бетин жуўды,
Бара-бара қолы талды,-
Ғарры күш ҳәлсирей қалды,
Жан ушын гуресип бақты,
Беденинен терлер ақты,
Тиришилик өшер болды,
Татлы жаннан кешер болды…
Ойда жоқта бир жас бала,
Ат ойнатып келе-сала,
Жолбарыстың басын атты,
Мылтық көшти,сестей қатты,
- Енди Сизге болмас қөўип,
Деди бала кетти шаўып,
Басқа нәрсе сорамады,
Қайтып артқа қарамады,
Ким екенин билмей қалды,
Узап кетти көрмей қалды,
Жолбарысты атып урды,
Үстинде дем алып турды,
- Япырмай бүгин не болдым,
Өлмедим оссаннан қалдым,
Атқан бала қандай бала,
Азат етти келе сала!
Айналайын журегиңен,
Өлгенше тилегиңдемен!-
Деди сырттан алғыс айтты,
Аман-саў үйине қайтты.

                    III
Бир күн мал бағып жур еди
Әжайып гәўҳәр көреди,
Таўлардан таўып алыпты,
Көрипти ҳайран қалыпты,
Тас екен зор караматлы,
Бәнти бар алты қабатлы,
Бир бәнтин ашып көреди,
Дуньяға жақты береди,
Сәўлеси узаққа кетти,
Шуғласы аспанға жетти,
Екиншисин ашып көрди,
Жыллы-ыссы белги берди,
Жанына жақсы жағады,
Ғарры рәҳәт табады,
Үшинши бәнтте жайы бар,
Неше турли сарайы бар,
Мийўалы тереклери көп,
Басқада кереклери көп,
Ашқанда төртинши қатты,
Көрди ылғый ҳасыл затты,
Алтын-зер, ақшасы да көп,
Кийим ҳәм басқасы да көп,
Тамашаны көре берди,
Алға қарай журе берди.
Ашылды бесинши қабат,
Көринди жуз турли аўқат,
Турли-турли мийўасы бар,
Көрмеген талай асы бар,
Дәстурханы жайыўлы тур,
Аўқат жасап қойыўлы тур,
Енди алтыншы қабаты,
Бир зат қуйындай шабады,
Гуўилдейди-дуўылдайды,
Айланады зуўылдайды,
Адам ондай зат көрмеген,
Сонлықтан ғарры билмеген,
-Мумкин,миниўге жарайды,-
Дейди, таңланып қарайды,
Бирақ ҳеш заттан алмады,
Усламады қол салмады,
«Буның бәри қандай болды»,
Деп ол буған ҳайран болды,
«Ҳәй әттең өз затым емес,
Аўқат өз аўқатым емес,
Көргеним тусим боларма,
Қыялый исим боларма»,-
Деп ғарры ойланып турды,
Ҳәр затқа айланып турды,
Баққан малы тарап кетти,
Алды бир өзектен отты,
- Көргенимнен бар ма пайда,
Жарлыға бул затлар қайда?
Хандики,байдики шығар,
Алмайын бәлеси жуғар,-
Деди де кетпекши болды,
Малларға жетпекши болды,
Сол ўақ бир сес келип жетти,
Ғарры сескенип те кетти,
Кеўлин басып тыңлай қалды,
Мынаў гәпти аңлай қалды:
-Әй ғаррым жанды қыйнадың,
Бақтың малларды, айдадың,
Байлардан пайда таппадың,
Қанша иследиң жақпадың,
Залым байда қанаат жоқ,
Өзлери мәс тамағы тоқ,
Жанын сирә қыйнамайды,
Жарлыларды ойламайды,
Жақсы адам мийнет қуўған,
Гәўҳәрман мийнеттен туўған.
Мен жаттым тас арасында,
Жети қабат жер астында,
Бир алымнан сорап билип ,
Шерип деген жигит келип,
Маңлайынан ағызып тер,
Жигирма бес жыл қазды жер…
Таўдың тасларын қопарды,
Маған шелли қазып барды,
Енди таўып алар болды,
Тек бир күнлик жумыс қалды,
Сол күни жаў шаўып елин,
Шерипке келтирди өлим,
Мақсетине жетпей кетти,
Залым патша ўайран етти.
Әттең жигит еди Шерип,
Мийнет еткен ықлас берип!
Өлтирипти муғыл ханы,
Муғыллардың шуғыл ханы…
Бир күн жыртқыш ҳайўан келди,
Мени көрип ийеледи,
Келгенлердиң алды жанын,
Не ерлердиң шашты қанын,
Жыртқыштың патшасы дейди,
Талабы сол, адам жейди,
Тусин қарасаң жолбарыс,
Омыраўы кең неше қарыс,
Адамды қуртаман деген,-
Ол ҳайўанды өлтирдиң сен,
Сениң сол мийнетиң ушын,
Мен турман ҳүрметиң ушын,
Дуньядағы ҳасыл таспан,
Жалқаўларға жуўымаспан,
Мың турли илим менде бар,
Өнер ҳәм билим менде бар,
Ҳәзир сеники боламан,
Өлсең изиңде қаламан,
Алып мениң рәҳәтим көр,
Я қәлесең биреўге бер:
Үлкен болсын,бала болсын,
Ким алса да дана болсын,
Айрықша ақылы болсын,
Мийнеттиң жақыны болсын,
Бирликли журиўши болсын,
Әдиллик суйиўши болсын,
Халқына берилген болсын,
Хызмети көринген болсын,
Өзинде батырлық болсын,
Алса сондай адам алсын!
Ҳәзир де қыйнала көрме,
Ҳеш нәрсе ойлана көрме,
Аўқатымнан жеп, тойып ал,
Соның соңынан көре қал.
Мынаў зуўылдаған жуйрик,
Кутип турған сеннен буйрық,
Қуўсаң қашқанға жетесең,
Қашсаң қутылып кетесең,
Барасаң тилеген жерге,
Тап өзиң қәлеген жерге…
-Жақсы!-деди ўәде етти,
Даўыс тынды сөзи питти,
Аўқаттан жеп тойып алды,
Мазасы шийрин, таң қалды,
Алдына жүйрик келеди,
Ғарры үстине минеди,
Зуўылдап жүрип баратыр
Ылғалды урып баратыр,
Ғаррының ойын табады,
Малларға қарай шабады,
Аз ўақыт өтпей-ақ қалды,
Баққан малын жыйнап алды,
Кешқурын уйине келди,
Қуўанды, суйине келди,
Тамашаны көре берди,
Тилегени келе берди,
Турмысы рәҳәт болды,
Бай торынан азат болды,

                    IV
Күн артынан күнлер өтти,
Бир неше жыл өтип кетти,
Баланың алды ер жетти,
Ғаррыдан кем-кем ҳал кетти,
Узақ жас салмағы қатты
Басқандай жанына батты,
Шақырады үш баласын,
Бул ушын ең данасын,
Оларды сынап көрмекши,
Гәўҳәрын енди бермекши,
Бираз ойланып турады,
Балаларына қарады,
-Әй қәдирли балаларым,
Өссин ақыл-саналарың,
Өмиринше жан қыйнадық,
Биз он жети мал жыйнадық,
Сол он жети малымыз бар,
Барлы-жоқлы ҳалымыз бар,
Бәлки мен өлип кетемен,
Малларды бөлип кетемен,
Бар малды еки бөлиңиз,
Бирин үлкениң алыңыз,
Жасы он сегизге жетти,
Көмек берди, мийнет етти,
Бар малды үшке бөлиңиз,
Бирин ортаншың алыңыз,
Жасы он алтыға жетти,
Шамалы хызмет көрсетти,
Бар малды тоғызға бөлиң,
Бирин кишиңизге бериң,
Жасы он екиден өтти,
Ер жетсе етер хизметти,
Сизлер солайша бөлиңиз,
Бөлгеннен кейин келиңиз,
Айтатуғын шәртимиз сол,-
Сатыўға берилмесин жол,
Сойыўға сирә болмайды,
Бөлсеңиз кесир қалмайды,
Бирақ кесирли бөлмеңиз,
Соны питкермей келмеңиз!...
- Жақсы деп балалар кетти,
Кетти де малларға жетти,
Бирақ дурыс бөлмек қайда,
Бөлиў қолдан келмек қайда;
Он жети екиге, үшке,
Тоғызға бөлинбес ҳеш те,
Бөлсе кесир қала берди,
Изи шатақ бола берди,
Төбелес болды мүшласты.
Жаға жыртысты, усласты,
- Аўысқанын мен аламан,
- Мен алмай қалай қаламан,
Деп тартыс күшейип кетти,
Арадан еки күн өтти,
Сонда бири деди былай:
- Мен бир ақыл таптым қолай,
Бизлер қазыға барайық,
Соған бөлгизип қарайық,
Ол бир жақсы бийлик берер,
Малларды шатақсыз бөлер…
Бул сөзге барлығы турды,
Қазының үстине кирди,
Оннан бир ақыл сорады,
Бирақ ол ҳақы сорады:
Бир малды қазы алады,
Сонда он алты қалады,
Сонны екиге бөлемиз,
Сегиз малды бир беремиз,
Және бирин қазы алады,
Ортақ сан он бес болады,
Он бести үшке бөлемиз,
Бесеўин тағы беремиз,
Енди еки мал қалады,
Биреўин қазы алады,
Кишиңизге бири жетер,
Соның менен тартыс питер,-
Деп қазы бирден үш малды ,
Алыў ушын тәсил салды.
Балалар оған көнбеди,
Қазыға нәрсе бермеди.
-Болмайды деп шығып кетти,
Гөрқаў қазы қуды жетти.
-Мен сизлерге ақыл айттым,
Таўып айттым, мақул айттым,
Неге ҳақымды бермейсиз,
Жай адам қурлы көрмейсиз!
Мен киммен, билесизлер ме,
Яменнен өлесизлер ме!
Ақмақлар жеңил ойлайсыз,
Сизлер ким менен ойнайсыз!-
Деп қазы бирден бақырды,
Қәҳәрге минип ақырды,
Көрген адамлар қарады,
Биразы жуўырып барады,
Гей биреўге ермек керек,
Бул не тартыс, көрмек керек,
Биреўлер жур тамашалап,
Биреўлер жур арашалап,
Қазыға ҳеш ерк бермеди,
Балаларды жибермеди.
- Бул не тартыс? - деп сорады,
Қазы бадабат урады.
Қопаллығын ҳәмме көрди,
Балалар айтып та берди,
Тум-тустан ҳәрким сөз айтты,
Тартысты қайта молайтты.
Биреў қазыны қоллады,
Жарамсақланып алдады.
Гей биреўлер қарсы турды,
- Қазымыз неге қутырды?
Бугин бир бәле тапқан ба,
Я болмаса жин қаққан ба?
- Бурыннан-ақ еди солай,
Көрип журмиз талай-талай,
-Бул ақмақты қудай атты,-
Деп ҳәр жақтан сөйлеп жатты,
Сонда биреў былай деди:
-Бир кеңес бар қолай енди,
Бағ ийеси сары бала,
Бийлик берер шебер ғана,
Ол соныңдай ақылға бай,
Сынап көргенбиз бир талай,
Сөзи адамға жағады,
Ақыл тапса сол табады.
-Баяғы Ақылбек бала,
Аўа ол соныңдай дана…
-Усы пикир жүда мақул,
Рас, бул табылған ақыл,
-Ҳәзир шақыртып алайық,-
Деди турған бар халайық,
Бир адам соған кетеди,
Бала да келип жетеди.
Турды көпшиликти көрип,
Ҳүрмет етти сәлем берип,
Истиң мән-жайын сорады,
Ҳәмме оған жалт қарады,
Тартыс не, айтылды бастан:
-Деген сөз бар «ақыл жастан,»
Жас бала бийлик береғой,
Билсең малларды бөле ғой,
Деп биреў ақыл сорады,
Қазы және бурқырады,
Оның ашыўы кернеди,
Көпирди қолын сермеди:
-Көпшилик адастыңлар ма,
Меннен ақыллы жан бар ма,
Деген ўақта сөйлеп бала,
Былай деди нықлап ғана:
-Мал ийелери келиңиз,
Айтайын сизлер бөлиңиз,
Он жети барлық малыңыз
Мен бир мал бердим алыңыз,
Мейли сыйыр,мейли өгиз,
Ҳәммеси болды он сегиз.
Он сегизди еки бөлиң-
Тоғызын үлкениң алың,
Он сегизди үшке бөлиң-
Ортаншың алтаўын алың,
Он сегизди тоғыз бөлиң
Ең кишиң екеўин алың.-
Бөлдик биз он жети малды,
Өз малым аўысып қалды!-
Деди де сөзин питкерди,
Ақылын журттан өткерди.
Ғарры-кемпир, жигит жаслар,
Келиншек, қыз, қарындаслар,
Ҳәммеси тыңлап тур еди,
Бәри қазыға күледи,
Жас балаға ҳайран қалды,
Ақыл тапты, алғыс алды.
Жақтырмаған қазы болды,
Бир өзи наразы болды,
Адамлар тарасып кетти,
Балалардың кеўли питти,
Атасына қайтып барды,
Көргенлерин айтып барды,
Оның өзи билген екен,
Гаўҳар менен көрген екен.
Балалардың тыңлап сөзин,
Тиклеп отырады өзин,
-Ақылбектиң сөзи дурыс,
Қазының тилеги урыс,
Айтқанының мақулы жоқ.
Бала ғурлым ақылы жоқ.
Бәрҳа параны сүйеди ,
Сол ушын жаны күйеди,
Өзи алғанын ойлайды,
Жаман әдетин қоймайды.
Жақсы ислепсиз, бермепсиз,
Тәсил сөзине ермепсиз,
Сизлер де надан болмаңыз,
Қазыдай жаман болмаңыз,
Болсаңыз данадай болың,
Ақылбек баладай болың,-
Деп ғарры нәсият етти,
Улларынан соны күтти.

                     V
Екинши сынап көреди
Былай деп буйрық береди:
-Далаға барып келиңлер,
Жүз шыбық алып келиңлер…
Уллары барып келеди,
Айтқанын алып келеди.
-Улларым тағы айтайын,
Күшлериңизди байқайын,
Жүз шыбықты буўып көриң,
Буўың-да сындырып бериң.
Бул сөзимниң дереги бар
Маған сондай кереги бар.-
Деп буйырды ғарры және,
Улларынан етип дәме.
Балалар буўып қарады,
Басты, таўлады, бурады,-
Қанша күшлерин салады,
Шаршап қоллары талады.
-Бизиң күшимиз жетпеди,
Шыбық сирә шырт етпеди.
Шаршадық қолымыз талды,-
Деп олар мойнына алды.
Атасы да көрди-билди,
Улларының сөзин бөлди:
-Биримлеп сындырып көриң,
Мәниси не айтып бериң,-.
-Деп тағы буйрық береди,
Олар сындырып көреди,
Шыбықлардың бәри сынды,
Балалардың көңли тынды.
Бирақ мәнисин билмеди,
Дурысын айтып бермеди,
Сөйлеп аўзына келгенин,
Айтты ҳәр бири билгенин,
Биреўи айтты ол былай:
-Шыбық жағыўға қоп-қолай,
Биреўи айтты:-олай емес,
Сындырмаса қолай емес,
- Мәниси былай болады
Буўмасаң оңай болады…
Атасы ҳеш үндемеди,
Бул сөзлерди жөн демеди.
Балалар шығып кетеди,
Барып моллаға жетеди.
Оннан мәнисин сорады,
Молла гәрдийип қарады:,
-Өзлериңиз билсең даны,
Шыбық бирлә ур баланы,
Яшыдан көзин ойыңыз,
Демакдур билип қойыңыз,
Шәриятның буйрығы бул,
Атаңыздың ойлашы шу,
Ҳәр ўақыт маған келиңиз,
Қайыр садақа бериңиз,-
Деди буларға жақпады,
Молладан пайда таппады.
Бәри кеўилсиз тыңлады,
Қәте екенин аңлады,
Атасына қайтып келди,
Не болса да айтып келди.
-Ондайларға ере көрмең,
Аса кеўил бере көрмең.
Түсип қаларсыз дозаққа,
Шатылып жүрмең азапқа...
Атасы солайша деди,
Одан кейин үндемеди.
Уллары да билиседи,
Сыртқа шығып күлиседи.
Енди ойласық қурады,
-Не ислеймиз?-деп турады,
-Қайда сол Ақылбек бала,
Сол бала ақылға дана.
Оны тез таўып алайық,
Тап соннан ақыл сорайық,-
Деп булар излеп кетеди,
Еки күн ўақыт өтеди.
Жүрип жол бойы сорады,
Бир егисликке барады.
Биреўлер егин египти,
Қос айдап, өгиз жегипти,
Жеринде бир кесеги жоқ,
Я боян, я пәшеги жоқ,
Ислеўи жүдә жетипти.
Жақсы тәрбия етипти,
Атқан кесек сиңер жерге
Қарап турсаң егинлерге:
Уллы мийўалы бағы бар,
Баў бағшалары тағы бар.
Қаўынлар жүдә өсипти,
Алды сарғайып писипти,
Алмасы ғарбыздай екен,
Ғарбызы үйлердей нәҳән,
Балалар жаўқылдасып жүр,
Биреўлери суў ашып жүр,
Биреўлер қағып береди,
Биреўлер мийўа тереди,
Кими тасып үйип атыр,
Кими жыйнап қойып атыр,
Қарап турған биреўи жоқ,
Жалқаўлықтың дереги жоқ,
Шад балалар еринбейди,
Үлкен адам көринбейди.
Булар да барып турады,
Бир баладан сөз сорады:
- Сизлер жас дийхан балалар,
Биз келген мийман балалар,
Сораспақлық жөн болады,
Бунда басшы ким болады…
Турған мийманларды көрди,
Сораўына жуўап берди:
- Басшымыз да биздей бала,
Қатарынан асқан дана.
Ҳәмме соған бағынамыз,
Көрмей жүрсек сағынамыз.
Барлығымыз бас ийемиз,
Басшыны жандай сүйемиз.
Исленген ис толып атыр,
Енди қала салып атыр,
Ақылгөйи жалғыз ана,
Содан кеңес алар бала.
Ахбаратын билдирдим тек,
Атын айтайын Ақылбек.
Шақыртсаңыз болар тайын,
Ямаса ертип барайын?
-Сөйлестириң соған бизди,
Айтайық жумысымызды.
- Жақсы,-деди, ертип жүрди,
Бир бағдың ишине кирди,
Отырғызды ҳүрмет етти,
Бираз бала хызмет етти.
Ақылбек те келе қалды,
Мийманларды көре қалды;
Ҳүрметпенен қол алысты,
Саўлық сорасты, танысты,
Көп жалтақлап қарамады,
Оны-буны сорамады,
Мийўа, қаўын келе берди,
Түрли аўқат бере берди.
Азлы-көпли ўақыт өтти.
Мийманларды жақсы күтти,
Шад етип кеўлин хошлады,
Мийманлар гүрриң баслады:
- Атамыз жүз шыбық берди,
Буўғызды сындырып көрди,
Оған күшимиз жетпеди,
Сынбақ түўе шырт етпеди,
Биримлесек дара-дара,
Сынды шыбық парра-парра.
- Мен не ойладым, бил-деди,
Қолларымыздан келмеди.
Атамның ойын билмедик,
Ақыл сорап келип едик.-
Деди Ақылбек тыңлады.-
Истиң мәнисин аңлады,
Еситкен соң бастан-аяқ,
Сөйледи көп иркилмей-ақ:
-Атаңыздың ақылы дана,
Болмаў керек аўзы ала,
Көрсетип берген мысалын,
Сизлер соннан үлги алың.
Дос адам дара болмасын
Аўзы ҳеш ала болмасын.
Буўған шыбық қандай екен?
Бирликли күш оннан беккем,
Тақ шыбықтай болсақ дара,
Ҳәлсиреймиз бара-бара.
Мийнет керек бирлик пенен,
Ақыл дәркар ерлик пенен.
Сонда биз жаўды жеңемиз,
Тарысты, даўды жеңемиз.
"Ала болсаң қазы да жаў,
Көпек те жаў, тазы да жаў".
Бирлик - муратқа жеткерер,
Мақсетти тезден питкерер.
Татыўлықтың рәҳәти мол,
Атаңыздың күткени сол,
- Деди булар таң қалады,
Жумбағын шешип алады.

                   VI
Аўлына қайтып келди,
Атасына айтып берди,
Ким шешкенин билген екен,
Гаўҳар менен көрген екен,
Атасы басын шайқады,
Және былай деп айтады:
-Бала билгир бала екен,
Жасынан-ақ дана екен,
Өзим сөйлесип көрейин,
Көз алдымда сын берейин,-
Деп оны шақыртып алды,
Ақылбек те жетип барды.
-Айналайын қай баласаң,
Кимлерден ақыл аласаң
Не көрдиң, не билдиң жастан,
Көргениңди айтқыл бастан.
Ҳадал бийликти билесең,
Жақсы бирликти билесең,
Жастан-ақ мийнет етипсиз,
Барғанға ҳүрмет етипсиз.
Кимлер бар сиз турған жайда
Атаңыз – анаңыз қайда…
- Ата оны айтсам бастан,
Қыйыншылық көрдик жастан
Мен он жети жасымдаман.
Өз анамның қасындаман.
Бес жыл бурын атам өлди,
Әжели душпаннан келди,
Ол ўақта бизлер жас едик,
Исти көп аңламас едик.
Шерип дегенниң улы едим,
Еркелик пенен жүр едим,
Мынадай болды бир сапар ,
Жетпис, сексендей бала бар,
Аўылымыздан қашық кеттик,
Бир тоғайдан асып кеттик,
Парўайсыз тамаша қурдық,
Күн узақ сол жақта жүрдик,
Кешқурын аўылға келдик,
Бир жаман ҳәдийсе көрдик.
Халықтың ғапылын таўыпты,
Елимизди жаў шаўыпты
Бүлик салғаи Муғыл ханы,
Муғыллардың шуғыл ханы.
Малларды талап алыпты,
Адамға ўайран салыпты,
Қул етип алып кетипти,
Биразды шалып кетипти.

Өлип қалған неше батыр,
Мылтық жарақлары жатыр.
Бир орыннан қозғалмастан,
Кими аяқ, кими бастан,
Жаралылар көп жатырған,
Жаны қыйналып атырған,
Бузаў баспақлар да қалған.
Биз сыяқлы жетим болған,
Аўҳалды көрдик жыластық,
Бәримиз бирден шуўластық.
Жан атам өлип қалыпты,
Залым жаў найза салыпты,
Ғәрип жанға қайғы өтти,
Күн еди, түн болып кетти,
Жаттым атамның басында,
Көп өликлердиң қасында.
Балалар бәри жыйналды
Ҳәр ким өзинше қыйналды.
Аҳ урды, жылады, жаты,
Кирпик қақпастан таң атты.
Жылаўдан пайда таппадық,
Енди биз қарап жатпадық,
Балалар ойласық қурдық,
Ҳәмме бир пикирде турдық.
Бәри иске бел байлады,
Мени басшыға сайлады,
Қыйынлықты бирге көрдик,
Жер қаздық өликти көмдик,
Жаралыларды жыйнадық,
Жарасын таңып байладық,
Шертек соқтық басларына,
Суў жеткердик қасларына.
Мен анамды көп ойладым,
Өлген шығар деп ойладым,
Онда табылмады тәни,
Бул ис ҳайран етти мени!
Қалқан жарақты топладық,
Бир неше мылтық оқладық,
Узақтан қара көринди,
Көп емес дара көринди,
Келди, төрт-бес адам екен,
Соның бири анам екен,
Жаўдан жырылып қашыпты,
Шаршап өкпеси өшипти,
Оларды душпан қамаған
Азаплап урған, сабаған,
Зорға келди жығылмастан,
Үсти –басы қып-қызыл қан,
Не болса да ғайрат салған,
Көби жолда өлип қалған.
Булар келди де жығылды,
Көзден жаслары ағылды.
Барлығымыз бара қалдық,
Анталасып тура қалдық,
Көрип анам қушақ ашты,
Мен бардым баўырына басты,
Барлығы да еңиреп жылап,
Сулық болып жатты қулап.

Олардың аўҳалын көрдик,
Ишер деп суўсын жеткердик,
Көпшилиги ишпей қалды,
Көзлерин-де ашпай қалды,
Екинши күн бәри өлди,
Жалғыз анам тири қалды.

           VII

Он-онбес атлы көринди,
Жүриси қатты көринди,
Кем-кем анық көре қалдық,
Жаў екенин билип алдық,
Кыятыр тынбастан шаўып,
Қашқынлардың изин қуўып,
Елди бүлдирген сум жаўды,
Мақсет еттик аямаўды,
Жүректи ашыў кернеди,
Намыс қызды, ерик бермеди,
Соққы биреўге оқталдық,
Жолларында жата қалдық,
Бираз бала тайын болды,
Бир терең сай қайым болды,
Көзледик мылтық көширдик,
Жаўдың үнлерин өширдик,
Оқтан барлығы сулады,         
Жығылды аттан қулады.

           VIII
Анам-да есин жыйнады,
Балалар оны сыйлады,
Ол бизлерге ақыл берди,
Бәримизди бирдей көрди,
Бираз арба қалған екен,
Жаў керегин алған екен,
Атларды арбаға жектик,
Ол әтираптан көшип кеттик,
Бузаў баспақты жыйнадық,
Көш пенен бирге айдадық,
Минип жүрдим мен бир атты,
Жолда ҳәмме келе жатты,
Тоғайлардан жүрип өтип,
Бир жерлерге келдик жетип,
Сести шықты жолбарыстың,
Үстинен өттик тартыстың,
Ядыңызда болса керек,
Ис еттиңиз елден ерек
Узағырақ жерден көрип,
Барып кеттим жәрдем берип,
Ғайратыңызға таң қалдым,
Асығыслаў кетип қалдым.
Жолбарыс қалғанда жайрап,
Кетип едик көшти айдап,
Сол күни тоғайдан өттик,
Қоныс таўып мәкан еттик,
Қарап жатыў болмас дедик,
Тиришиликтиң ғамын жедик,
Ол жерден еткен соң мәкан,
Қурдық әўел уста дүкан,
Канал қаздық,суў келтирдик,
Жерден зүрәәт өндирдик,
Бузаў-баспақ өгиз болды,
Сыйыр  болды, семиз болды.
Жаралыларды бағамыз,
Олар ҳүрметли ағамыз,
Керегиниң бәри тайын.
Хызмет етемиз күн сайын,
Әскерлик ойын ойнаймыз,
Жаўдан өш алмай қоймаймыз,
Бирликтен күшти үйрендик.
Турмыстан исти үйрендик,
Анадан ақыл үйрендик,
Бирликсизликтен жийрендик,
Көп тағлыймат берген анам,
Ол бир оқымыслы адам.
                    IX
Ғаррының кеўли толады,
Баланы сүйип алады,
Улынан артық көреди,
Гаўҳарын соған береди:.
- Бирликлиниң күши артсын,
Душпанның танабын тартсын
Улларым сизлер-де ериң,
Ақылбектен үлги көриң-
Деп, ғарры буйрық береди,
Уллары оған ереди.
Гәўҳарды ол алып кетти,
Өз анасына  көрсетти,
Анасы былай деп айтты:
-Атаңның еңбеги қайтты
Шырағым Ақылбек жаным,
Таптың гаўҳарын атаңның,
Соның ушын атаң Шерип,
Күш жумсады ықлас берип.
Бир неше жыл мийнет етти,
Алмастан-ақ өлип кетти.
Ал, енди сизлер алыпсыз,
Жүдә бахытлы болыпсыз
Сыйла тапқан ғаррыны сен,
Көп жақсылық еткен екен.
Өз атаңнан кем санама,
Кетпесин мийнет далаға,-
Деп, ана нәсият берди,
Бала жүдә мақул көрди,
Ғаррыға ҳүрмет етипти,
Биригип хызмет етипти,
Қосылыпты сан мың бала.
Басшысы Ақылбек дана.
Бәри де жигит болыпты,
Душпаннан арын алыпты,
Жаўлары жеңилип қалды
Тутқынлар азатлық алды,
Жан-жақтан алым алдырды,
Елине мектеп салдырды,
Ислер ҳәмме ықлас берип,
Табысына бәри шерик.
Гәўҳардың бетлерин ашты,
Гүлленген турмыс нур шашты ,
Егиншилик раўаж алды.
Гәўҳар уллы қурал болды
Түнде қалаға сән берди,
Күндиз қуўат дәрман берди,
Оның менен төгин төкти,
Жерди сүрди егин екти.
Суўғарды жерди баплады,
Писсе, егинди топлады,
Минсе, жүйрик шаўып кетер,
Тезлиги даўылдан бетер,
Аўқатты өзи писирер,
Асты таярлап түсирер.
Гаўҳар соныңдай зат болды
Адам ушын рәҳәт болды.
Аш-жалаңашлық жоқ болды,
Халқы ғурғынлы тоқ болды,
Ҳәр жерге сақшы қойылды,
Уры-қарақшы жойылды,
Гүлленген тумыс кең мәкан,
Рәҳәтте болды ҳәр заман.

                     Нөкис 1950-жыл.