СОНЕТЛЕР


                              I
Ақшамында ойлап айды, жулдызды,
Гейде бираз кирпик қақпай жатаман.
Таң атқан соң көрип жақты күндизди,
Ара-тура мың қыялға батаман.

Мийриманлы жақсылардың жүрегин, ­
Бултсыз күнниң қуяшына теңедим.
Дүнья таныў ­ мақсет пенен тилегим,
Үйреткенге “мен билемен” демедим.

Көк гүмбезли кең жәҳәнниң ишинде,
Қыял мени алып ушар алысқа.
Уйқыласам, көргенлерим түсимде:
Қыдыраман Шолпан менен Марсқа.
Ушқыр екен ҳәр адамның қыялы,
Қанатына пүткил дүнья сыяды.
                              II
Ашыўланып ақырғанда арыслан,
Зор ҳайўанлар зып береди тум-тусқа,
Айыў, қасқыр қашып жүрер алыстан,
Арысланның қорқар жаўы ­ қумырсқа.
Пил сескенбес қанша жыртқыш душпаннан,
Дарақларды жапырады қаңбақтай.
Әттең бирақ, жаны қалмас тышқаннан,
Танаўына кирсе қоймас аўнатпай.

Күш жумсаса өңкей қуллар биригип,
Патшаларды атып урар тахтан да.
Күште емес, жақсылықта ­ ирилик,
Биреўлерди майырғанға мақтанба.
Жақсылықтың кәраматлы иси бар,
Әдилликтиң қүдиретли күши бар.
                              III
Атап қойған мақсымжанын жақтыртпай,
Бир қыз сүйген жигит пенен қашыпты.
Хийўа ханы қойған емес таптыртпай,
Әкелдирген еки гөззал ашықты.

­ “Алып қашып мәжбүр етти хорлыққа” ­
Десең, сулыў, қутыласаң өлимнен, ­
Деп залымлар салған менен зорлыққа,
­ Таңлап сүйген ярым, ­ деди, ­ елимнен.

Айтпады қыз усы гәптен басқаны,
Көрди қанша қорқытып ҳәм жалынып.
Екеўин де набыт етип таслады,
Қанхор жәллад пышағына шалынып.

Ар көрди қыз изде тири қалғанды,
Пәк муҳаббат айтқызбады жалғанды.
                              IV
­ Тилеўберген шайыр жора, ҳарма, ­ деп,
Гейбир дослар сорасады жағдайды.
­ Жаслықтағы муҳаббатың бар ма? ­ деп,
Ҳәзилкешлер тақылдатар таңлайды.

Жүрек деген денедеги гәўҳар тас.
Беден мысал гәўҳар салған ыдыстай.
Тән тозса да, гәўҳар жүрек қартаймас,
Ғыжлап турар қызғыны ҳеш суўыспай.

Көрсе қызар болмасақта, бирақ, биз,
Жақсыларды сүйер жүрек лаўлап дым.
Көп жаслардың муҳаббаты турақсыз,
Тез сөнеди қызғынындай қаңбақтың.

Гей жаслардың муҳаббаты қаңбақтай,
Гейбиреўдиң муҳаббаты қармақтай.
                              V
Өмирдиң де бәҳәр, жазы, қысы бар,
Бийпәрўалық жаман, адам аярлық.
Үргин урса, шийрин жаның қысылар,
Ерте бастан көрилмесе таярлық.

Ҳәр биреўдиң айы, жылы санаўлы,
Бирим-бирим қопарылар гербишиң.
Жақсылығың журт алдында сынаўлы,
Иззет пенен еңбек етсең ел ушын.

Жүрсең- жатсаң, ҳеш бир дәртке жарамай,
Қартайғанда көрмек қайда рәҳәт.
Қыс күнинде қуўанарсаң баладай,
Жаз күнинде таярласаң зүрәәт.

Жаслық дәўран-жалынланар мәҳәлиң,
Қартайған соң қайтып келмес бәҳәриң.
                              VI
Ақсақ кемпир, бүкшеңлеген ғарры шал,
Ҳәзиллести қыябанда гезлесип.
Бир мәс сулыў ерси көрип болды лал,
Илип өтти арасынан жол кесип.

Кемпир гөззал еди, ғарры мәрт еди,
Мерекелес болған талай жасынан.
Екеўин де ашық оты өртеди,
Әрман менен жаслық өткен басынан.

­ Алжығанлар не бар екен гәп таўып, ­
Деген сөзге кемпир пақыр егилди.
Жас келиншек тап сол күни муқ қаўып,
Ертеңине жер астына көмилди.

Қыйын емес екен гүлдиң солмағы,
Ақ денениң қара топырақ болмағы.

                              VII
­Тилеўберген, сулыў едиң жасыңда,
Неге сонша жоғалтыпсаң көркиңди? ­
Деп ҳәзилкеш ләң урады қасымда,
Тап пышықтай силкип ойнап бөркимди.

Бәҳәрде гүл жайнап турған отлы шоқ,
Гүз айында ҳәлсирейди сарғайып.
Удайына сулыў болған адам жоқ,
Оның ушын тағылмайды ҳеш айып.

Солған гүлдиң болмас бирақ, шығыны,
Бул гәплерди тымсал ушын айтаман.
Ҳәр жылында көбейеди туқымы,
Бәҳәр сайын көрк береди қайтадан.

Қыраў шалып сулыўлығым бузылған,
Аўыспайды улым менен қызымнан.