ЗАМАНЛАСЛАРЫ ШАЙЫР ҲАҚҚЫНДА

          Тилеўберген шайырға Аллаҳ Таала илҳам берген.
Миртемир.Ташкент

          Тилеўберген Жумамуратов ­ уллы шайыр.
Ғафур  Ғулам. Ташкент

          Тилеўберген Жумамуратов ­ ләбинен от ескен шайыр.
Шухрат. Ташкент

          Япырмай, Тилеўберген, бала, ағып турған дәрья ғой!
С.Муханов. Алматы.

          Жүзден жүйрик шайыр едиң сен сондай...
          …Көплер қосық жазады, ал, ол шайыр болды.
И.Юсупов

          - Сиз өзиңиздиң шығармаларыңызда туўған халқыңыздың қаҳарманлық ислерин шебер жырлайсыз, сатираның оты менен талай-талай унамсыз қаҳарманларды өртейсиз. Өмириңиз узақ болғай!
Украина Жазыўшылар Аўқамының
президиумы

          Қарақалпақтың ири шайыры. Сиз өз үлкеңизде қазақ әдебиятының да үгит-нәсиятлаўшысы болып табыласыз.  Дийдарыңыз да, отлы қосықларыңыз да кең даламызға, кең пейилли халқымызға жүдә таныс, қымбатлы!
Қазақстан Жазыўшылар Аўқамы

          Қарақалпақ шайырларының ағласы ­ Тилеўберген Жумамуратов.
Азербайжан жазыўшылары

          Қарақалпақстанда шайыр Тилеўберген Жумамуратовтың қосықлары кеңнен таралған, оның өзи барлық жерде сүйиспеншилик пенен күтип алынады. Бул өз үлкесиниң, жерлеслериниң өмирин ҳәм қарақалпақ халқының тарийхын терең билетуғын жазыўшы. Оның поэзиясы туўылған топырақ, миллий фольклор менен тамырласып кеткен. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры атақларын алыў тегинликте болмайды.
Юрий Карасев. Москва. “Огонёк” журналынан

          Белгили халық шайыры, шайыр-философ, шайыр-азамат, шайыр-инсан, халықлар дослығының ҳәм туўысқанлығының әжайып жыршысы, тәбийғый таланты, ҳасыл дөретпелери Ўатанға хызмет етиўдиң жарқын үлгиси болған халқының атақлы перзенти, ақсақалларының бири, бизиң садық достымыз ­Тилеўберген аға Жумамуратовқа.
Ең жақсы тилеклер ҳәм ҳүрмет пенен Челн жазыўшылары

          Рәңбәрең дөретпелери менен бизиң мәмлекетимиздиң барлық халықларының эстетикалық ғәзийнесин байытыўға үлес қосқан қарақалпақ халқының дана ҳәм уллы перзенти, шығыстың сүйикли шайырларының бири, аса ҳүрметли ақсақал ­ Тилеўберген Жумамуратов.
Атахан Сейфуллаев. Душанбе

          Баянлаўдың жағымлылығы, динамикалылығына бола, “Макарья сулыў”  көлемли шығарма болыўына қарамастан бир дем менен оқып шығылады.
И.Михайлова. “Литературное обозрение” журналынан  

          Тилеўберген өзиниң туўылып өскен жерлери ­ Арал теңизи жағаларында тап сол жерде туўылып, өмир сүрген устаз-шайыр бабалары ­ Бердақ, Күнхожа, Әжинияз бенен Аяпбергенниң ҳасыл сөз маржанларын көкирегине тоқып, солардан шайырлық өнерин үйренди. Бул жағынан қарағанда Тилеўберген, сондай-ақ Аббаз аға менен Садық ағаларды, тап сол уллы классик шайырлардың творчествосын даўам еттириўши нызамлы мийрасхорлары деўгеболады.
И. Сағыйтов

          Дөретиўшилигиниң характери жағынан Тилеўберген халық шайырлары болған Аяпберген шайыр, Аббаз шайыр, Садық шайырларға жүдә жақын турады. ... шебер шайыр Тилеўберген Жумамуратовтың ҳәзирги заман халық шайырлары А. Муўса улы, Аббаз шайыр Дабыл улы ҳәм Садық шайырларға қарағанда, әлбетте, оның творчествосында көп ғана өзгешеликлер бар, ҳәттеки поэтикалық техникалық жақтан олардан алда турады. Сонлықтан да, халық шайыры Аббаз шайыр бир сөзинде “ҳақыйқый шайыр деп Тилеўбергенди айтыўға болады” деген еди.
Ә. Пахратдинов

          Мениң алдымда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың жаңа “Макарья сулыў” китабы. Автор бунда әдиллик ҳәм гуманизм идеяларын жырлаўшы “Қырық қыз” киби әжайып қаҳарманлық дәстанды дөреткен халық дәстүрлерине садық қалған.
Джеймс Паттерсон ­ америкалы.

“Московский литератор” газетасынан

          Ҳүжжетлерди ҳәм бай фольклорлық мийрасты изертлеў Т. Жумамуратовқа романда узақ дәўирдиң психологиялық айқын атмосферасын тиклеў имкәниятын берген.
Өткен әсирлердеги  көркем сөз усталарына қуры еликлеў емес, ал, олардың көркем полотноларды дүзиўдеги көп планлы ҳәм қурамалы дәстүрлерин даўам етиў ҳәм раўажландырыў шайырдың “Макарья сулыў” шығармасын айрықшалап турыпты.

Людмила Кислова “Смена” журналынан

          Ҳақыйқый шайыр деп Тилеўбергенди айтыўға болады.
А. Дабылов

Қәдирлеген қәлем жанын,
Ишкен сөздиң зәм-зәм палын,
Шеберликтиң сәранжамын,
Уққан шайыр Тилеўберген.

С.Нурымбетов

          Тилден пайдаланыўды еле жақсы билмейтуғын көплеген жас авторларға мен халық тилиниң таптырмайтуғын шеберлери Қ. Айымбетовтан, Т. Жумамуратовтан, С. Нурымбетовтан үйрениңиз дер едим.
М. Нурмухаммедов

          Өзиниң барлық характери менен Тилеўберген Жумамуратовтың таланты сийрек ушырасатуғын талант. Ал, талант ­ халық ғәзийнеси.
С. Ахметов

          Шайыр музасы, шайыр жүреги “Дослық, дослық, дослық” деп соғады.
Қ. Мақсетов

          Бир илимпаз, бир тилши, әдебиятшы қарақалпақ тилин қанша дәрежеде терең билемен десе де, Т. Жумамуратовтай билиўи мүмкин емес. Буны айрықша белгилеп өтиў керек.
Қ. Султанов

Қосық болып атылғанда,
Албырады батырлар да...   

К. Рахманов

Минберге шықсаңыз гүўлер шапалақ,
Көркем сөз тиреги өсер шақалап,
Жийендей сөзиңди елиң баҳалап,
Кимсең Тилеўберген болып турыпсаң.

Т. Мәтмуратов

Йошар Омар Ҳайям болып,
Сөз зергери Тилеўберген.

К. Мәмбетов

          “Макарья сулыў” қосық романында жарқын образлылық, афоризмлилик, асығыс диалоглар, юморға толы халық тили қарақалпақлар турмысын кең түрде анық, исенимли көрсетиўге мүмкиншилик берген.
Анатолий Щербаков.
Ташкент, “Звезда Востока” журналынан