Жумбақлар


Қармақтай еки аяғы,
Тумсығында таяғы,
Төбесинде гүли бар,
Алабажақ түри бар,
Көп жырлайды бәҳәрде,
Қосық айтқан мәҳәлде,
Жүзин төмен бурады,
Басын екшеп турады.
  ***
Аяқ-қолсыз домалақ,
Ылақтырсаң, жумалап,
Тамашаға батасаң,
Шаршағанша қуўалап.
Ол не өзи, айтып бер,
Услап ал да қайтып бер.
  ***
Бир ҳайўан бар есикте,
Қараўыллық кәсипте,
Танысларын қыйнамас,
Танымасын сыйламас,
Дәпинип аўзын ашады,
Қарсылассаң қашады,
Умтылар тағы бақырып,
Туқымласын шақырып,
Шуўласып дабыл қағады,
Далада мал да бағады,
Үйренискен адамы-
Оның досты мудамы.
Ҳадал хызмет етеди.
Кеўлиңе жетеди.
  ***
Аяғы қара, ғарғадай,
Басы қызыл-алмадай,
Мойны ала, төси ақ-
Айқышланған торқадай.
Шубар, жумсақ шапаны,
Көл менен теңиз мәканы,
Ғарқылдап жазда күледи,
Қыста узақ сапары.