МАКАРЬЯ-СУЛЫЎ

                              Бул шығарманы мийирман анам,
                              туңғыш устазым болған
                              Ханымхан Төремурат қызына
                              естелик ушын арнайман.
                                                                      
Автор

        ПРОЛОГ

Қарасам мине тикжарда турып
Қыялды сонша тартады неге:
Жулқынар Жәйҳун ылғалды урып.
Қуйындай ыққа ағылар кеме.

Бириниң изин биреўи қуўған
Ойыншы қыздай таўланар ағыс.
Ағыстан мыңсан ийримлер туўған,
Доланар жасыл кийинген жағыс.

Белгили сүўрет: көк, жасыл, ағы,
Өзгертпес дәрья әзелги түрин.
Келемен қайта, қарайман тағы,
Көргенмен талай буннан ҳәм бурын.

Баяғы Жәйҳун, бурынғы ағыс,
Жүз жылдан кейин көрсең де солай.
Әйемги гия, әйемги жағыс,
Қәдимги дәрья, қәдимги тоғай.

Мың-мыңлап өткен әсирден бери,
Таўыспас ҳаслан толқыған күшин.
Талай бир жанның қараған жери,
Жоғалтпас дәрья бастағы түсин.

Шынында солай емес-аў бирақ,
Мәңгилик болып көринер көзге.
Байқасам егер анықлап қарап,
Қас қаққан сайын ағысы өзге.

Бир дене болып турса да туўлап,
Ағыстың орнын ағыслар басып,
Нәўбетин күтип келеди зуўлап,
Алдыңғы ағыс кетиўден асып.

Биреўи келип, биреўи кетип,
Ағылған ағым сездирмес өзин.
Издеги менен толады кетик,
Алдайды сөйтип адамның көзин.

Гия да гүзде қалады солып,
Жасыл шөп гүллеп, жайнайды бәҳәр,
Туқымнан өнип қайтадан толып,
Мысалы сондай аўыл ҳәм шәҳәр.

Өмир де ағыс булқынған мудам,
Баяғы келбет, баяғы көрки.
Көрсең де қашан түп-түўел адам,
Қайғылы жылаў, шадлықлы күлки.

Көринген қыймыл көңилге таныс,
Ағылған ағым қайтпайды өрге.
Жылжыған өмир мысалы ағыс,
Не ҳасыл дене қосылды жерге.

Биреўдиң орнын басады биреў,
Тоқтаўсыз ағым аспанның асты,
Туўылған бөпе-өмирге гиреў,
Ғаррылар кетсе, қалдырып жасты.

Нәўбетин өтеп кетеди тағы,
Шалқыған өмир - өткинши қуйын.
Күлсе де қарап дүньяның бағы,
Мийманның узақ турмағы қыйын.

Көшеди кәрўан тоқтаўсыз зуўлап,
Толады орны тартса да қурдым.
Қурдымға кетсе әдепки әўлад,
Кейинги кәрўан билдирмес орнын.

Толқынлар туўлар одан да бетер,
Бар еди атам, бар еди бабам.
Бабамның ойын әўлады өтер,
Гезегин берип кетипти маған.

Өзим дә гезек беремен жасқа,
(Көринер ҳеш ким кетпеген болып).
Бул дүнья солай дүзилген баста,
Жердеги адам дәрьядай толық.

Өр көңил патша, айбатлы батыр,
Бәрин де жулқып тартыпты қурдым.
Мыңлаған қала сүлдери жатыр,
Арасын қаплап Жәйхунның, Сырдың.

Тарийхы-теңиз Жәйхунның, Сырдың
Туран деп бурын атапты атын,
Туркистан екен бул ата журтым,
Жутыпты сансыз өмирдиң татын.

Көрипти қанша желиккен жаўды,
Жарқылдап найза, сартылдап қылыш,
Неше бир сапар жеңис те таўды,
Билекти бирақ талдырған урыс.

Аҳ урған талай, қоныстан тайып,
Қаңбақтай елди айдапты самал.
Әждәрҳә жаўлар зәҳәрин жайып,
Ақырып келип етипти қамал.

Залымлық сирә қурталмай елди,
Перзентлер өсти анадан дөреп,
Минекей жаңа дәўранға келди,
Сандығын сырдың ашпағым керек.

Әсирден-әсир Қызылқум шөлин,
Қақ жарып сансыз ағылған кәрўан
Өзиниң көрип, еситкенлерин,
Бирине-бири жеткерип барған.

Неше бир сөзлер тарады елге,
Аралдан ескен самалдай болып,
Өтипти сансыз ақыллы, ер де,
Сөзлери-тири, қалса да солып.

Қәстерлеп ядта сақладым бирин,
Жаныма азық сезилди маған.
Өрмегин тоқып әсирлер бурын,
Жүректиң сазын шертипти бабам.

 

                    I

                    «Арал әтирапындағы бул саҳра қәўимлериниң
                    бирлигинен қарақалпақлардың өз алдына толық
                    ҳалық болып қәлиплесиўи VIII - IX әсирлерде
                    басланды».

                                                                     Тарийх бетлеринен

Бағдат деген шәҳәр дейди, бирпара,
Сол қалаға ҳәким екен Дәўқара.
Ғәзийнеси тиллә менен зер дейди,
Малларына толы болған таў-дала.

Қызылқумда қойы менен түйеси,
Шапқыласқан жылқы менен бийеси,
Көл бойында қумырсқадай қара мал,
Бир Дәўқара-барлығының ийеси.

Шын, Йонан, Ҳиндстанда кәрўаны,
Жалтылдатып сүрген неше жорғаны,
Алақайыс, жипек жона, алтын ер,
Сулыў сүйип, шалқып өткен дәўраны.

Есигинде хызмет еткен мыңлап қул,
Булақ болып келип турған зырлап пул,
Кәрўан менен саяхатта ел гезип,
Ара-тура кеткен екен жыллап, бул.

Бир жағынан саўдасын да үлгерип,
Бир жағынан танысады ел көрип,
Жаслайынан шатыраш ойын үйренген,
Билгенлерге аянбастан пул берип.

Үйренген соң мине усы әдетти,
Ойын менен көңилин бәрҳә шад етти.
Шын, Йонан ҳәм Ҳиндстанның елинде,
Талайларды тапжылдырмай мат етти.

Ҳеш биреўди келтирместен қайымға,
Қайда жүрсе ынтық усы ойынға,
Буның менен ҳәл сынасар шықпапты,
Жәйхун, Сәйхун, Зерабшанның бойында.

Сынасқанды жеңип шығар, шар шықпас,
Байлығына ҳеш биреўиде пәр шықпас,
Дәўқараның бар тағы бир байлығы-
Мал-дүньяның барлығынан артықмаш.

Болса да ол перзенттен тек бир қызы,
Сол иргениң жарқыраған жулдызы,
Гүл көркине тең келмепти ҳеш бенде,
Буннан артпас бейиштиң де ҳүр қызы.

Байлық ушын жомәртлик те бир сынғой;
Туўылғанда берген екен қырық күн той.
Ат шаптырып, алтын губбақ аттырып,
Сарп етипти бир мың жылқы, бес мың қой.

Ҳәмме ҳалыққа палаў тартып, мал сойған,
Ғәрип-қәсер мәпленипти сол тойдан,
Жасы үлкен уламалар жыйналып,
Перзентине Макарья деп ат қойған.

Өсе келе журт таңланды сыртынан,
Дара шықты ели менен журтынан,
Болар бала-бес жасынан белгили.
Мин табылмас шырай менен қулқынан.

Төрт жасында үйренипти ҳәрипти,
Бес жасында китап оқып берипти.
Алты жаста мәни берип Нәҳиўге,
Шәкирт болып улықларға ерипти.

Алымларды алдырыпты алыстан,
Араб, парсы, қытай, йонан,орыстан.
Он муғаллим оқытыпты бир қызды,
Ҳәр бир устаз өз пәнине жарысқан.

Қыздың зейни таң қалдырды халықты:
Жети журттың тилин билип алыпты
Жетер жерде китап қоймай ақтарып,
Илим менен көрген екен жарықты.

Оқып Жәбир, Пәләкият сабақты,
Билим менен өсирипти қанатты.
Қалийланы, Шаҳнаманы,Қабусты
Оқыйғойса, кирпик қақпай таң атты.

Юсуп пенен Зилийханың дәстаны,
Ләйли Мәжнун киби талай қыссаны,
Оқығанда ой толқыны шарықлап,
Жердиң жүзин гезип жүрди жас жаны.

Жүрек нуры сәўлеленди бийик дым.
Минсиз соққан тутқасындай ийиктиң,
Еки көзи жарқылдаған от болып,
Лаўлап турар жанарындай кийиктиң.

Бурымлары таўдың қара жарындай,
Ақ денеси қыстың таза қарындай,
Узын бойы дийдарына қонымлы,
Ҳүр, Қырымның өскен сәрўи талындай.

Мыйық тартса жалт-жулт етип дүр тиси,
Шырайына-шырай қосар күлкиси,
Күн нурындай уялтады көзлерин,
Тикке турып қарай ғойса бир киси.

Тәбияттан келтирилген сый анық,
Ҳәмме сулыў келтирилсе жыйналып,
Ләйли менен Злийхалар болса да,
Турар еди Макарьядан уялып.

Байлық қызды есиртпеди, билим көп,
-Кел қурдаслар қыдырайық, жүриң - деп,
Ҳеш жарлының қызын төмен санамай,
Тең көреди қушақ ашып, күлимлеп.

Жәмленисип, барар гейде бағына,
Шомылады, терең ҳаўыз жағына,
Көлде жүзген ақ қуўлардай таранып,
Гүл ишинде сайран етер тағы да.

Өзи сондай, көркем өскен гүл еди,
Даңқын жастан, пүткил Туран биледи.
Мыңсан жигит сырттан ашық болса да,
Айттырыўға, даўамады жүреги.

Кийнгени-ылғый ҳасыл мапарман,
Бул гөззалды яр тутқанға не әрман
Бай бир күни мың түйеге жүк артып,
Макарьяны қалдырмапты сапардан.

Көрер көзим, мәпеледим, тербеттим,
Дәмин таттың илим деген шербеттиң.
Мениң менен қыдырып қайт, ел көрип,
Он жетиге жасың келип ержеттиң,-

Деп қыялын айтып берди биримлеп,
-Жақсы қурдас болса ертип жүриң,-деп,
Қуп орнына, алтын сырға жың етип,
Әдеп пенен жалт қарады күлимлеп.

                    ***
Таң сәҳәрден ел қоразы шақырды,
Мәзинлерде азан айтып бақырды.
Қызыл нарға бөгенекше орнатып,
Төбесине қурды ала шатырды.

Жыйналғандай гүздиң алтын қырманы,
Жаңландырып сырнай менен нуғраны
Жоллық берип қуўанышлы тилекте,
Ҳақ жол ушын узатылмақ кәрўаны.

Сыңғырласқан тиллә ҳәйкел, өңирмоншақ ,
Жылтыр шытақ, алтын шашбаў, зер шашақ
Ҳалқа сырға, әребекли қызлар жүр,
Көк саўырлы жез өкшелер жер қашап.

Булттай дөнип арқасында бурымы,
Теңге шашпақ жеңгелердиң ырымы.
Секирип жүр желкилдескен айдарлар,
Өспиримлер жаўдырасқан тулымы.

Кемпирлер жүр: -Алып кет,-деп,-дуўамды,
Макарья қыз сапарына қуўанды.
Ериккенде ермек ушын минер деп,
Нар қасына алды жорға ғунанды.

Кәрўанлардың қоңыраўы қағылды,
Нарлар алға жылыслады, ағылды.
Теңиз бойлап Қара таўды жағалап,
Қуяс пенен қуўалады сағымды.

Кәрўан басы жер төтесин қолайлар,
Елде қалды тилек айтып талайлар.
Бара-бара жасырды өз бойларын,
Шәҳәрдеги мунар, мешит, сарайлар.

                    ***
Қуйын уйтқып ҳәм жыланға уқсап тап,
Шыйратылып озып өтер қустан да.
Жалтылдаған күн сәўлесин қушақлап,
Жердиң шаңын ала қашар аспанға.

Шапшып ойнап ақбас толқын ишинде,
Жалтырап тур теңиз арқа-батыстан.
Шаңқылдасқан шағалалар үстинде,
Үйрек ғазлар ғаңқылдасар алыстан.

Бежирейген бирғазанлар дизилип,
Әўдийисер ығып жүрген атаўдай.
Бир-бирине басын қағар сүзилип,
Толқынларды ескермеген аңқаўдай.

Аппақ қуўлар қанат қағар сыңқылдап,
Шынқобызға қызлар шерткен намаша.
Өпепеклер басын ийзеп мыңқылдап,
Көклем көрки-өз алдына тамаша.

Төбешикке жылыслады бийиклеп,
Үңгирлер тур аўзын ашып жайыпдай
Дүркирескен қулан менен кийик көп,
Дәўқараның өрис толы қойындай.

Дизбекленген нар түйелер сабылып,
Бийшаралар қалды қанша азапқа.
Неше күнлер, неше түнлер жамылып
Жүкли кәрўан сапар тартты узаққа.

                    II

          Қарақалпақлардың рузгершилигинде саўда зор
          әҳимийетке ийе еди..
          Қарақалпақлар мыңлаған түйелерге жүк артылған
          кәрўанларын Россияға да жөнелтип турды.

                                                              Тарийх бетлеринен.

Еменли қайың ырғалып өскен,
Қарағай бийик бултларды тескен,
Сирескен қалың орманлы тоғай,
Гей жери-шәҳәр, орнасқан сыбай.

Қаладан өтсең, тағы да орман,
Гей жери-аўыл, гей жери - қорған,
Шалқыған дәрья, бурқыған ағып,
Туўлайды Едил дабылын қағып.

Тамырдай тарап ытқыған сала,
Дәрбентте бәлент бир уллы қала.
Дәрьяда гирес ағылған қайық,
Көлдеги қуўдай қанатын жайып.

Жел менен ойнар желбиреп желқом,
Зуўлаған ағыс соғысқан толқын,
Сермейди ескек биреўлер ыққа,
Жүклерге толы кемелер лыққа.

Биреўлер кетер өр жаққа қарай,
Салдаўлар тартып отыз-қырық малай,
Шомылып жазда моншақтай терге,
Ушанлар сүйреп жылысар өрге.

Бир жери-көпир, бир жери-дарға,
Жолларда зырғып телеген арба,
Булқынған бедеў шапқылап басып,
Басларын нуқып баратыр асып.

Қайнаған өмир, быжнаған адам,
Дәрьядай тасқын ҳәрекет мудам,
Шәҳәрдиң иши созылған көше,
Биреўи - туўры, биреўи кесе.

Төсепти шебер шағырлы тасты,
Айнала гилең орманның асты,
Көшелер шети жап-жасыл дарақ,
Макарья турар ынтығып, қарап.

Шәҳәрдиң турқы шоққыдай бийик,
Мунарлар турған қуяшты сүйип,
Алтынлы гүмбез, жарқырап сарай,
Бойларын созған аспанға қарай.

Сап тартып турған тиллалы жайлар,
Жармөнке толы дүканлы байлар,
Қамасар көзлер мың түрли затқа,
Саўдалар гүжип кетип тур қотқа.

Арзамас дейди шәҳәрдиң атын,
Дәўқара байдың апарған затын:
Қаракөл, жипек, гүриш, қуў пәрин,
Ғалы, жүн, тери-қалдырмай бәрин,

Көриўден жылдам жыйналып халық,
Азайтты кем-кем таласып алып,
Қайырлы саўда шалқытты байды,
Қонақ үй еткен бир ҳәсем жайды,

Қызына унап орыстың жери,
Үйренип қалды келгеннен бери,
Унатты бунда елиниң салтын,
Жат көрмес жанды орыстың халқы.

Макарья қыз да келбетли тулға,
Қулаққа таққан ҳалқалы сырға,
Алтынлы шытақ жарасқан жасқа,
Сәўкеле-маржан жалтырап баста.

Шығады гейде салтанат дүзип,
Дәрьядай таза ҳаўасын жүзип,
Дослары менен етеди сайран,
Көргенлер сырттан болады ҳайран.

Бир күни турса сол қонақ жайда,
Бир орыс қызы болыпты пайда,
Узатқан екен йонанлы қызды,
Макарья менен татысты дүзды.

Бирине бири көринди ысық,
Алысты әлпи қолларын қысып,
Отырды бираз булғарша сөйлеп,
Саўғаға берди шатыраш көйлек:

Тоқылған қоса жипек ҳәм пахта,
Түр-түси мысал шатыраш тахта.
-Усындай таўар шығады қайдан?
-Людмила қарап болды да ҳайран.

Иркилип турды уялып алмай,
Жалынды бул да, изинен қалмай,
-«Подарок мой», орысша айтты,
Сонлықтан ол да пикирден қайтты.

Шатыраш көйлек оған да унап,
Кийгизди досты беллерин қынап,
Бириниң бири жүрегин билип,
Дәлкек те айтып, сөйлести күлип,

Макарья жаста алғанда билим,
Үйренген еди орыстың тилин,
Жатлығып кем-кем болыпты қанық,
Пикирин толық билдирди анық.

Ҳәр бири билген гәплерин айтып,
Людмила үйге кетсе де қайтып.
Келип те турды қурдасын қыймай,
Өзи де саўға әкелди сыйлай.

Қатнасып жүрди еки-үш күнде,
Гей-гейде қонып жатады түнде,
Бир күни келди телеген алып,
Шомылып қайтты дәрьяға барып.

Людмила билди Макарья жайын,
Айтпады өзи жарлысын, байын,
Макарья оның турмысын сорап,
Миясар көрмес бериўге сорақ.

- Бул жерден, зәрре тек узағырақ,
Үйиме мийман болыңыз бирақ.
Таныссын Сизге, бизиң де ирге,
Қәнекей атаң да барғанда бирге!-

Деп, мират етти достына талай,
Макарья бирақ узаққа қарай,
Кетпеди өзи, рухсат алмай,
Көрермиз бенен жүр еди бармай.

Людмила бирде айтыпты буған:
-Парамон деген бар жалғыз ағам,
Асты тек быйыл жигирма жастан,
Көңили дәрья, жигери аспан.

Кишиге - үлги, үлкенге - шырақ,
Жақынын мақтаў - айыплаў бирақ.
Илимге қанып теңизин жүзген,
Мақтайды ҳәмме, басқа да бизден.

Ойнаса егер шатырыш ойын,
Қалдырмай утар Едилдиң бойын,
Талай бир жанды жеңгенде утып,
Қуўандық бизлер мақтаныш тутып.

Таңлантты оны, Сиз, берген көйлек,
Былай деп айтты таңланып сөйлеп:
-Тоқыған буны қайсындай шебер,
Шеп болмас еди көриссем егер.

Ериси-жипек, арқаўы - пахта,
Нағысы нағыз - шатыраш тахта,
Билгенге қымбат - көйлектиң қуны,
Шеберлик пенен тоқыған буны.

Шатыраш шайы - келискен сәни,
Сызығын қара, бар үлкен мәни,-
Деп оның сонша ықласы кетти,
Саўғаңыз мени абырайлы етти!

Анам да көрди таңланып қарап,
Сизди де сырттан қояды сорап,
Айтып бер достым, көйлектиң сырын,
Сизлерде шатыраш болған ба бурын?

Деп бираз сөйлеп, берипти сорақ,
Күткендей жуўап тигилип қарап,
Қундыздай дөнип жүзиктей қасы,
Жел менен ойнап алтындай шашы.

Ақтарды солай иштеги сырды,
Макарья бираз ойланып турды.
Анардай дөнип қубылды түси,
Сәдептей аппақ жарқырап тиси.

Екеўиниң де жүзлери жайнап,
Көзлери турды күлимлеп ойнап.
Уялып зәрре турды да тоқтап:
- Саўғаны бийик асырдың мақтап.

Үлкейттиң достым асықтай затты,
Турмайды сирә, мақтаўға қатты.
Сиз айтқан сөзге уялып турман,
Сизлердей досқа, жаным да қурбан.

Үйренген едим ананың жолын,
Тоқылған шатыраш - өзимниң қолым.
Кийеди бизде шатыраш көйлек,
Атын да оның атайды сөй деп.

Улықлар ойнар шатыраш ойын,
Естелик болсын деп еди ойым,
Сүйкимли саўға, еткенмен досқа,
Мәни жоқ онда усыннан басқа, -

Деди де достын қушақлап сүйди.
- Ал, енди оны қояйық,- дейди.
Жетиклеў билсе орыстың тилин,-
Өзине үлкен санады билим.
Ҳәр күни гилең сөзликлер жазып,
Жыйнады кем-кем билимге азық.

                    III

Гәпти енди шубалтпайық алысқа,
Оңашада ушырап қалған еки жас,
Түн ортасы, жарқырап тур паныс та,
Қыз ҳәм жигит ойнап отыр шатыраш.

Жақын жайда гүбирлескен даўыслар,
Буған келип ҳеш бир селтең берилмес,
Ойында да ышқы менен намыс бар,
Қолдан келсе ҳеш бир адам жеңилмес.

Айдай ашық терезениң ишинде,
Жипек самал желпип өтер бетлерден,
Шешек атып жазғы түнниң кешинде,
Жупар гүлдиң, сап ҳаўасын жеткерген.

Қыз жигитке көз астынан қарайды,
Қаршығадай қыялланған, наз бенен,
Уўылжыған полат дене, шырайлы,
Таў бүркиттей жигит отыр қыз бенен.

Бир-бирине мыйық тартып күлимлеп,
Уялшақлаў қыямайлап қарасқан,
Ара-тура:- Ал енди сиз жүриң- деп,
Әлипайым сөзлери де жарасқан.

Қалайынша гезлести бул, еки жас,
Орыс жигит, Азияның дилбары,
Екеўи де жарасықлы қәлем қас,
Бир-бирине көзлериниң қумары.

                              ***
Әўелден жигит баслап шатырашты,-
Жүристиң нөкер менен алдын ашты,
Биреўин қыз да, қарсы айдағанда,
Кейинги алдыңғының изин басты.

Зымырап аға әскер, алға асты,
Душпанның нөкерине араласты,
Қыздың аты қыялап секиргенде,
Жигиттиң сәркардасы тура қашты…..

Солайша кете берди гүрес қызып,
Жорықтың биреўинен бири қызық,
Ат, топ ҳәм аламанға, лыққа толы,
Саўашқа майдан болған, ала сызық.

Қозғайын, енди гәпти сөз басынан,
(Оқыдым бурынғының жазбасынан)
Бул жерде, Макарьяны көрип турсыз,
Қәпелимде биреўлер жеңеди деп.

Бай жүрген ойыншы-тек «мен еди» - деп,
(Өзиниң де тилеклес көмеги көп),
Ойлаған емес еди ҳеш ўақытта,
Қалай шатыраш ойнады қыз басынан?

Өз елинде мақтасар бул жетикти,
Хан менен беклерге де үйретипти,
Ойнаўға ҳеш бир жүрек даўамастан,
Дәўқараның алдында ийбетипти.

Қызып кетсе ойынға өли қумар,
Мардыйып отырады тасып димар,
Әўелден, өз-өзине исенгендей,
Ойынның, ақырында жеңип шығар.

Келген соң да Арзамас қаласына,
Ўақыт таўып, саўданың арасында,
Талай менен шайқасып, күш көрсетип,
Тамаша таң қалдырды ырасында.

Сонлықтан, өз көңилин әйледи шад,
«Шатырашқа жетик» - деп көтерди ат.
Әттең бирақ жас ғана орыс жигит,
Буны бир күн сулқыйтып, етипти мат.

Қайталаса - тағы да утты, саспай,
Бул намыс, Дәўқараға тийди тастай,
Жаўқылдап жүретуғын ашық минез-
Булт болып түнертипти, қабақ ашпай.

Уқсайды шаршап-талып, болдырғанға,
Аўырыў-уўыз-уйын талдырғанға,
Өзине бундай тәсир етпес еди,
Урыға, алтын-зерин алдырғанда.

Гезлестирди усындай патыратты,
Дуз-дәм татпай еки күн үйде жатты,
Макарья айтпаса да билген екен,
Атаның мийзамынан оқып хатты.

Әлпинен-ақ, бул истиң бәрин сезген,
Соңынан, сорастырып билди тезден,
Қолына китап алып оқып берди,
Бүрынлары жазылған нақыл сөзден:

«Жеңилмес адамман деў - мақул болмас»
«Утылса, өзин хорлаў - ақыл болмас».
«Адам гейде жеңеди, жеңиледи.
Дүньяда оқ өтпестей, батыр болмас»…

Тымсаллап, китап сөзин билдирипти,
«Шаҳнамадан» мысаллар келтирипти,
Еркелик назы менен, сөзи менен,
Атасын, шақақ атып, күлдирипти.

- Яқшы, мен арсынғанды қойдым,-дейди,
Жүрегиме, дәридей тийдиң,-дейди,
Шынында, сонша неге ойландым, - деп,
Дүр силкинип, түргелип, кийим кийди.

Сонлықтан, қыз қуўанды, алақайлап,
Соңынан, былай деди бир ис ойлап:
- Қәйтеди, сизди утқан киси менен,
Сынассам, бир сапарға өзим ойнап?-

Деген сөзге атасы болды ҳайран:
«Үйренди шатырашты қызым қайдан?»
«Ақыл жастан жыйналар» - деген сөз бар,
Бурынғылар билген аў, усындайдан.

Я бир, турмыс теңизин жүзген емес,
Бурыннан ҳеш бир елди гезген емес,
Үлкен менен шатыраш ойнағанын,
Ҳеш ўақытта, жүрегим сезген емес.

Тек ғана, ақшамында жанып шыра,
Қызлар менен ойнасып ара-тура,
Ермек етип жур ғой деп, көңил бермей,
Менсинбеген едим-аў буны сирә!

Мен енди өкинбейин оның ушын,
Ырайын қайтармайын етип қысым,
«Күш атасын тыңламас», - деген сөз бар,
Сынасып көре берсин, ақыл күшин» -

Деп ойлап шақыртқан соң келип байға,
Жас жигит киргизилди, аўлақ жайға,
Тулғасы Үристемдей, келип қалған,
Туси уқсас жарқырап туўған айға.

Жас болса да, дәў менен алысқандай,
Айбатлы омыраўы арысландай,
Кулимлеген көркине жарасықлы,
Сымбаты Юсип пенен жарысқандай.

Ҳасыл бешпент кийинген, сәдеп пенен,
Иси жоқ жыртақлаған әдет пенен,
Сөйлегенде, далаға ылақпастан,
Мәнили сөз айтады, әдеп пенен.

Парамон, деп билдирген еди атын,
Айтқан жоқ оннан басқа ҳаслы-атын,
Дәўқараның өзи де ардақлады,
Хош минез, сыпайылық салтанатын.

Көриўден-ақ ықласы кетип еди,
(Дәўқара орыс тилге жетик еди),
Тек оны шатыраштан утқанлығы,
Шамалы өңменине өтип еди.

Сонда да, жүзи жайнап күлимледи,
-Бәрекелла, хош келдиң улым!- деди,
Әлпи алысқан мазалы сөзлеринен,
Ийнедей жатлық белги билинбеди.

Гей қартларда әдет ғой - адам бақлаў,
Қәтесин айтпай, гейде иште сақлаў,
Парамоннан қурттай мин табылмайды,
Мәзи жаслық минез бар, уялшақлаў.

Көргенли өскенлиги аттан анық,
Аз болса да, сөзине қалды қанып,
Макарья периштедей, жалт еткенде,
Лал болып қалды жигит, естен танып.

Умытып жер – жәҳәнди, дүнья-малды,
Бир от шарпып жүрегин қыйнай қалды.
Түс көрип оянғандай мең-зең болып,
Ес-ақылын күш пенен жыйнап алды.

Өскен қыз, ҳеш ўақытта сағы сынбай,
Таранған, Күншығыстың таўысындай,
- Сәлем, - деп, аппақ тиси ашылғанда,
Лапызы сыбызғының даўысындай.

Жүзинен сездирмеди ишки сырын,
Жигиттен хабары бар еди бурын.
Людмиланың ағасы екенлигин
Билип алды, басқасын қоя турың.

Атасы тайынлады бөлек жайды,
Гей-гейде жеткизипти аўқат–шайды,
Екеўи алаң болмай ойнасын деп,
Өзи де, қапталына жуўымайды.

Байдың турған үйиниң еди қасы,
Басланған, усылайынша ойын басы.
Тық-тық етип гүмилжи еситилер,
Қыз,- жигит, гезек-гезек, көшкен тасы…

- Тағы да, ойнаў ушын келемен бе? –
Деди, жигит минерде телегенге,
Перийзат ынтық пенен қарап қалды,
Қос тулпар алға сүрип, жөнелгенде.

- Қәлесең, есик ашық ҳәр күн сайын, -
Деп, узатып жигитти, қалды байың.
Түн жарпында досларын жәмлестирип,
Аспанға шыңғытыпты малақайын.

- Шадлыман, шүкир! – деди көпке қарап,
Қуўанышқа тартылды гүлгин шарап,
- Макарья қыз жетикти жеңипти! – деп
Аўыздан аўызларға кетти тарап.

Хөширей мәнзереден алған бәҳар,
Көшелери жаңлаған, ҳәсем шәҳәр,
Макарьяны үйиндей әлпешледи,
Жатсынып жүрсе де ол, келген мәҳәл.

Тилесе, не кереги табылады,
Әлбетте туўған журтын сағынады,
Сонда да, ел сағынған сағынышы,
Бундағы, тамашаға бағынады.

Табылып, Людмиладай неше қурдас,
Үйренип палдан татыў болды жолдас,
Көрмеген қызықларын көриў ушын,
Қыдырып, көбинесе үйде турмас.

Ат жегилген телеген зымырап әтсе,
Қоңыраўын сыңғырлатып келер кеште,
Қыз қуўанса - атаға бәзи-байрам.
Гүманлы пикир сирә түспес еске.

Еске алмас, қызының ержеткенин,
Ыссы самал жүрегин тербеткенин,
Ашық оты денени қаплап алса,
Пайдасы жоқ екенин емлеткенниң.

Билмейди, өз қызының әрманын да,
Сумлық жоқ пикириниң қырманында,
Сезбепти Парамонның қарындасы-
Людмилаға қонаққа барғанын да.

Сайранлап жасыл орман қыры-ойын.
Сазлар менен жаңғыртып дәрья бойын,
Ақ билек сүйиклиге шырматылып,
Қайдан билсин жүргенин салып ойын.

-«Келгели еки айдан өтти асып,
Мәкежан усы күнде кеттиң азып?
Ел сағынсаң қайтамыз, шыда – дейди.
Байқамастан, кеткенин қолдан қазық.

Бар дейдиги - базарға нәзер салыў,
Ўәжлерди қымбат сатыў, арзан алыў.
Байлығының, ағылған булағына,
Дәрья қосып, Қарун бай бола қалыў.

Затларын қымбат десе, қымбат сатты,
Арзан алды жүз түрли ҳасыл затты,
Қайтыўға, мейил берип жүргенинде,
Гезлестирди шамалы патыратты.

Бай отыр, мине өзи үлкен ойда,
Саўдадан көрген менен сонша пайда,
Жүректе, бир азырақ гүптиктей бар,
Тунжырап қалатуғын усындайда.

Князь бенен гезлескен, хош хабары,
Неге толық айтылмай, бул сапары,
Тилиниң түбиринде түйиншиклеп,
Сандығы ашылмай тур оннан ары.

Неге дым толғанады, ойға батып?
Дослары әллеқашан қалған жатып,
Симирип, тартып турып, жаздырады,
Қуркур шылым түтинин, бурқыратып.

Парамон келип турған ара-тура,
Бүгин де, отырыпты жанып шыра,
Гезек-гезек утады, утылады,
Булардың бир қыялы бар ма сирә!

«Не себеп терезелер илик енди?»-
Деп ойлап, ҳәзир ғана гүдикленди.
Қапысына жақынлаў барыңқырап,
Тыңлап көрсе, қулағын түрип енди:

- Жараландым, түстим де жарыспаққа,
Ойында анаў - мынаў тарыссақ та,
Жүрегимди, суўырып тутқын етип,
Кетейин деп турсаң-аў, алыс жаққа.

Сырласып айттым барлық билгенимди,
Мат еттиң ойнағаным, күлгенимди,
Өмиримниң жәннети деп ойлайман,
Сениң менен гезлескен күнлеримди.

Сөзимде болмас, мениң зәрре қылап,
Үмитим, сынған жайдай, қалды қулап,
Сени, көрип, ажарым енген менен,
Баўырым, түни бойы шығар жылап.

Сенде де пәк мухаббат қозғалғанын,
Шек қоймай, сезип жүрмен, абзал жаным.
Өзиме сенсиз дүнья - қараңғылық.
Мойынлайман, өмирим аз қалғанын.

Қыймайды атаң сени мендей жасқа,
Себеби, ели алыс, дини басқа.
Өзиңнен де еситтим усы гәпти,
Бас ийсем де, жалыныш кетер босқа.

Қандай бахыт-отырсақ күлип-ойнап,
Қамықпа бир азырақ ести жыйнап,
Соншелли өксигеннен не пайда бар,
Еки жанның жүрегин теңдей қыйнап!...-

Дейди бул, қыз солқылдар бетин жаўып,
Сыртта адам барынан етпей қәўип,
-Маған да сенсиз өмир қараңғы гөр,
Қайтадан тирилтпесең, излеп таўып.

Қыйнайды жүрек толы оттай әрман,
Күни-түн зор қайғыға шалығарман,
Излеп барсаң анамның мийрими мол,
Сырымды ашық айтып жалынарман….

-Өлмесем изиңдемен!-десип еди,
Ортада жары ашық есик еди,
Ҳеш ханнан қәўетерсиз, қыз атасы.
Олардың ҳәмме гәпин еситеди.

Келе сала:-Тоқтат!-деп урысты да,
Шаппақ болды, әкелип қылышты да.
Аталық аянышы жеңип шықты,
Ашыўы, суў серипкендей суўысты да.

Сезди ол қызға, жигит унағанын,
Бурын ҳеш сыр билдирмей, шыдағанын.
Ес енгели, тап ҳәзир, көрип отыр,
Қызының ең биринши жылағанын.

Сонда да мисе тутпай көздиң жасын,
Артынып-тартынды да бар дүньясын,
Ертеңине жел қуўған булттай, көшип,
Атлап шықты шәҳәрдиң босағасын.

Күн батып, қараңғылық болды алды,
Макарья жылай-жылай көзи талды,
Людмила, Парамондай жан сүйерлер,
Кәрўанның көшкенин де билмей қалды.

Бай, қызын бөгенекке салып қойды,
Қыз отырды, жүреги жанып, ойлы,
Соншама, алып ушқан қуўанышлар,
Арзамас шәҳәринде қалып қойды.

-«Бул журтқа енди қайтып келеменбе,
Жер алыс, дуўшарласпай өлемен бе?!
Ҳәр кимге ең сүйикли биреў екен,
Дүньяға адам болып дөрегенде.

Жасымнан, палапандай қанат қақтым,
Ержетип, сүйиклимди буннан таптым,
Егерде еки көңил жараспаса,
Адамға кереги не дәўлет-бақтың?

Ашықтың сести келмес қулағыма,
Өмиримниң үмити қуладыма?-
Дегендей, қорқыныш ой толқынлады
Қапалы қыз көңилиниң булағына.

Тәбият қәҳәри де келип қатты,
Аспанның асты гүўлеп жалын атты.
Гүлдирмама кемпирди ашыў кернеп,
Төбеден даңғарасын даңғырлатты.

Кәрўанлар қалың орман сағалады,
Дүбелей, жаў бөридей қамалады.
-Пәнт берип кетесең бе, -дегендей-ақ.
Қара булт жаңбыр менен сабалады.

Жаўратты гүздиң түни, болып қыстай,
Булт шабысып жарысты, асығыстай,
Баратыр Макарьяның көңили сайрап,
Қәпестеги, бәнт болған бүлбил қустай.

Досларым, отырсыз ба, қулақ асып,
Шадлыман жазғанымды көрсе халық,
Бул қыздың жай-жағдайы болды аян,
Қайтайық жигиттен де, хабар алып.

                    IV

Парамонның сынған сағы.
Ойын бийлеп кеткели,
Өзин беккем тутсадағы,
Ырадасы жетпеди.

Басқа жаққа бурмақ ушын,
Қыялына дем берип,
Салған менен қанша күшин,
Жеңбек мүшкил, меңгерип.

Көкирекке сыймаса да,
Ой, толқынның азабы,-
Бир жағынан, қыйнаса да,
Бир жағынан - мазалы.

Сүйиклиси турғандай-ақ,
Көз алдында күлимлеп,
Нәзик көрки бастан -аяқ
Елеслейди биримлеп.

Сүп-сүйкимли қыз жылўасы,-
Қайғысына таяныш,
Соңғы күнги көздиң жасы-
Естен шықпас аяныш!

Соны көрип кетип еди,
Жанып жүрек шоқ болып.
Өңменине өтип еди
Моншақ жасы, оқ болып.

Жүрексинбей барыўға да,
Қалды қатты азапқа,
Хабаршысы Людмила да
Кетип еди узаққа.

Жан сүйери кетип қалса,
Гөзлеп узақ қыяны,
Көп қайғырар еске алса,
Жигит шарлап дуньяны.

«Түби - терең, думанлы жар,
Асқар шыңның басында,
Айдай арыў Макарья бар,
Парамонның қасында.

-Көп қыйналдық шаршап-талып,
Таў басына асқанда,
Қустай, қанат байлап алып,
Ушайын ба аспанға?

Я мынаў бир терең жарға,
Түсейин бе секирип?
Жүрегиме салды жара,-
Деп еңирейди өкирип.

-Жылай берме көп қыйналып,
Мени ўайран етерсең.
Сақ болмасаң мий айналып,
Таўдан, қулап кетерсең!-

Деген шақта дүнья жүзин,
Қараңғылық қаплады..
Байланды да жигит көзи,
Перийзатын таппады.

-Қайда кеттиң, даўыс берши!-
Сүренледи тынбастан.
- Көринбейсең маған ерши! -
Сес шықпайды дым ҳаслан!

Олай-булай қармалақлап,
Табыў ушын асықты.
Мың қаўетер ойды қаплап,
Жигит көзден жас шықты.

-Даўыс бермей шыдадың ба,
Турып едиң жақында,
Я тик жардан қуладыңба,
Сыяр емес ақылға?!-

Деп, жигиттиң тарғылланып,
Еситилер даўысы.
Деми қысып, естен танып,
Туўлап қыял ағысы.

Жарқ етти де, таўдың басы,
Қараңғылық тарады.
Бирге келген Макарьясы,
Булт үстинде барады!

Бийик таўдың бас жарындай,
Жылжып самал өрине,
Қалай турған булт жарылмай,
Кәрамат па, пери ме?!

Қыз былғайды орамалын,
Сести жетпес қулаққа.
Көрди жигит қарағанын,
Ғайып болды бирақта.

Жигит жалғыз, панасыз тур,
Бәлент шыңның басында,
Шоршып кетсе, анасы тур,
Гүмис кәттиң қасында.

-Ҳаплығасаң бунша неге,
Көп қысылдың, шырағым,
Көринди ме ғәрип әке,
«Жоғалдың»,- деп жыладың?!

Көрмеп едим, көптен бери,
Көзиңнен, жас аққанын,
Сол, анаңның қорққан жери,
Дениң саўма, айт, жаным? –

Деди ана жыламсырап,
Басын сыйпап еркениң,
Билдирмеди жигит бирақ,
Түсиндеги көргенин.

-Аўырмадым, жаман ойды,
Еске алма, апа,-деп.
Қыйналса да күлип қойды,
-Болагөрме қапа,-деп.

Шығып көрсе, күншығыстан,
Гүздиң таңы сарғайып,
Қуяш нуры тумлы-тустан
Қызыл жаққан ақ жайып.

Жым-жыртланып уллы дүнья,
Тынышлыққа бөленген.
Шық жамылып гүллән гия,
Ҳаўа шаңнан еленген.

Жасыл дарақ өскен, қалың.
Бир-бирине тирелип,
Қораз, көрип, таўықларын,
Шақырады ширенип.

Сатырласып өтти жолдан,
Телегенлер ертелеп,
Қасқыр ийти келди жылдам,
Парамонға еркелеп.

Жүрип жигит маўқын басты,
Сап ҳаўаны симирип,
Сондай көркем аспан асты,
Қарап турды тигилип.

Еске алып қайталады
Көргенлерин түстеги.
Түринен де байқалады,
Көкиректиң искени.

«Макарья да қарады ма,
Мени көрип түсинде?
Еле кетип барады ма,
Көшкен булттың үстинде!»-

Деди де ол,- өз-өзинен
Адым атпай иркилди,
Ушқын ойнап от көзинен,
Мыйық тартып бир күлди.

Шынында да жалған деме,
Қыздың бәдәр кеткенин.
Көремен деп етер дәме,
Билмей истиң өткенин.

Бәлент тутып көкиректи,
Көрмек ушын сүйине,
Кешке қарай сапар шекти
Қыздың жатқан үйине.

Барғанда ол нени көрди,
Уйқыдағы түсиндей:
Қайта-қайта қарай берди,
Өз көзине исенбей.

Бурын көрген кисилердиң
Ҳәзир бунда бири жоқ,
Я жанына, усы жердиң,
Усағандай түри жоқ.

Макарьяның жайында тур,
Саўдагери арабтың,
Жигит әстен билдирмей сыр,
Аң-таң болды қарап дым.

Жаңа мийман өткир көзден
Гүдикленип қарады,
Сескенгендей, ол да әстен:
-Ким керек?- деп сорады.

-Излеп едим қыз қонақты,-
Деди, жигит бөгелмей,
Саўдагер де, ийнин қақты,
-"Билмедим ғой",- дегендей.

Кеткенлигин сезди анық,
Жорыттырып қыялды.
Турғанында иши жанып,
Көрди таныс ҳаялды.

Жигит, оны билип и жүрген,
Бунда хызмет еткенин,
Орыс ҳаял көрип, бирден,
Айтты қыздың кеткенин:

-Сулыў жигит, сезген едим
Екеўиңниң сырыңды.
-Гүдериңди үзбе! - дедим,
Серти беккем бурынғы.

Дилгир болды, келеди деп,
Етип еди көп дәме,
Қыздың, сондай жүреги пәк,
Айныйды деп, ғам жеме.

Қалдырды ол, алтын жүзик,
Естеликтиң саўғасы,
Кетпеў ушын, гүдер үзип,
Ҳақ жүректиң - гүўасы.

Көрисерсиз саламат,- деп,
Көңил аўлап, тил қатты.
Берди қыздан аманат деп,
Жүзик пенен бир хатты.

Жигит, қолға, алады да,
Гәўҳар қаслы жүзикти.
Қалтасына салады да,
Хат оқыўға қызықты:

МАКАРЬЯНЫҢ ХАТЫ

«Жаным жақын, жер шалғай,
Жүректиң шери тарқалмай.
Көрмей кеттим қайрылып,
Әрманда болдым айрылып!
Сен келмесең егер, деп,
Людмиланы келер деп,
Еки көзим төрт болды,
Хошласпай кетиў,- дәрт болды.

Мәканым қайда, ел қайда,
Биз жетемиз төрт айда.
Өртенип ғана бараман,
Алдымыз қыс бораған,
Кетсин десең дәртимди,
Орынла айтқан сертиңди!
Ўәделестик усында,
Ҳәлекленбе қысында.
Қар ериген мәҳәлде,-
Атланарсаң бәҳәрде.
Барыў ушын жыраққа,
Оңай да емес бирақ та.
Едилден арман өтерсең,
Ақ Жайыққа жетерсең,
Тулпарға қына басарсаң,
Орал таўдан асарсаң,
Орын дәрья жем бойы,
Ырғыз, Торғай кең ойы,
Оннан да арман өтерсең,
Көк теңизге жетерсең.
Ол-Хорезм теңизи,
Бул да емес ең изи;
Ат туяғын сабалап,
Бул теңизди жағалап,
Аралап елдиң аймағын,
Сәйҳун деген дәрьяның
Ағымына жетерсең,
Атыңды жалдап өтерсең,
Жаңа дәрья, Жүзарық,
Қызылқумды қақ жарып,
Ийрими тайдай туўлаған,
Ағыны желдей зуўлаған,
Жәйҳунға қарай кетерсең.
Туран дейди жеримди,
Байсын дейди елимди.
Үстирт пенен Астыртым,
Жәйҳунның бойы ел-журтым.
Жармышлы егис дала бар,
Мыңлаған қорған қала бар.
Бағдатты излеп барарсаң,
Сорастырсаң, табарсаң.
Жүриў ушын ес көрип,
Жүзигим саған естелик,
Өлгенимше күтермен,
Өмиримди қурбан етермен.
Егерде, сен бармасаң,
Еки қолым жағамда,
Әрман менен өтермен!»

Жигит оқып усы хатты,
Толқығаны байқалды.
От көзинен моншақ атты,
Басқалардан тайсалды.

Қуўанды ма, қыйналды ма,
Хатты тутып қолына,
Басы ғыр-ғыр айналды да,
Түсип кетти жолына.

Келисер ме барағойса,
Тәўекелге бел байлап?
Қәйтер еди алағойса,
Өз елинен қыз сайлап?

Атасы да тегин бермес,
Намыс ушын тарысқан,
Мүмкин, барып бахыт көрмес,
Аспан-жердей алыстан.

Өмир бирақ олай емес,
Жаслық дәўран бир басқа,
Жулқып алыў оңай емес,
Еки жүрек жалғасса.

Ҳәли жетпес ҳеш күштиң де
Тойтарыўға үмитин.
Болса егер жер үстинде,
Қарап қалмас жигитиң.

Биразларды гүл бахытқа,
Жеткереди бул дәме.
Адам улын ҳеш ўақытта,
Машақатқа қул деме.

Айралықтың оты жаман,
Қәдирданым халайық,
Бул жағдайға қыйналаман,
Қызды таўып алайық?

Қашықласты соннан кейин,
Тәғдир ширкин мат етип,
Мен де бирге излесейин,
Қыялымды ат етип.

                    V

Жүкли нарлар кеңнен таслап қулашты,
Сонша мәнзил таўлы-таслы қыр асты.
Сумбилениң ақырында жол шегип,
Мийзан келди, күн қәҳәри уласты.
Жел өкпели ақыраптың ишинде,
Дүбелейи аш қасқырдай шуўласты,
Далаңлықта омба қарға малынып,
Әўесектей сағыныпты қуясты.
Ҳәп жыландай ысқырысқан аязға,
Жолаўшылар мәртлик пенен шыдасты.

Қызылқумда гезлестирди қаўысты,
Келе-келе күн ырайы аўысты.
Қуяс нуры жаз күниндей жалтылдап,
Көл баўырлап күлимледи таў үсти.
Мәгәр болса араласты елине,
Узақ-узақ қыйын жолды таўысты.
Көл кенары ырым-жырым ылашық,
Еситипти сүренлескен даўысты.
Сәрўанлары мине салып атына,
Дүсирлесип соған қарай шабысты.

Ат ойнатып ҳәпзаматта барады,
(Жалт-жулт етер қапталларда жарағы),
Көз ушынан жаңа көрген адамлар,
Пыж-тыж болып, тумлы-тусқа тарады.
- Неге бизден, тым-тырақай қашты?-деп,
Бул жумбаққа ҳайран болып турады.
Излестирип таўып алса биразын,
Жабайыдай үрпейисп қарады.
Қолларында қармақ пенен торы бар,
Қапталында кепше менен орағы.

Көл қасында, мүлгип турған жалғыз тал,
Тал қасында қамыс пенен жекен сал.
Әсте-әсте жәмленисти адамлар,
Сам-саз ғана, индеместен, болып лал.
Жарқын жүзли жас дегеннен наўа жоқ,
Бәри, бирден аппақ шашлы кемпир шал.
(Арасында бирди-жарым нәресте)
Көплериниң кийимлери дал-дал.
Онша неге аянышлы түрлери,
Басларына түскен екен не аўҳал?

- Сәлем берсек, қатыўланған жүз бенен,
Не себепли гәплеспейсиз биз бенен?
Бәримиз де баласымыз адамның,-
Бир-биреўден үмитлерин үзбеген.
Қайда кетти бул әтираптың жаслары,-
Жигит деген, ҳаял деген, қыз деген?
Гүдикленбей, ата менен аналар,
Сыр шертиңиз жыллы шырай жүз бенен!
Алыс жолдан киятырған сарылып,
Жолаўшымыз, елден хабар излеген,-

Деп, Даўқара мыйық тартты ақырын,
Айтып берди елиниң де жақынын,
Аттан түсип қолларынан алысып,
Бежереди дәстүриниң мақулын,
Узақ емес өзиниң де шәҳәри,-
Усы жерден жетпис-сексен шақырым,
Адамлардың бундай болып турысы,
Алды байдың ҳуўшы менен ақылын,
Не болса да шоршынғандай бәле бар,
Елдиң душпан шығарды ма тақырын?!

Сүйсинди ме, сәлемлескен жүзлерден,
Емиренискен, жанға жайлы сөзлерден,
Ғаўырласып қоршап алды ғәрийплер,
Қәпелимде кейиплери өзгерген,
- Шер тарқасын, сөйлесейик ашылып,
- Сизлер баслаң Өтемурат, Әзберген,-
Бир-бирине мирәтлести ғаррылар,-
Аянышлы ушқын ойнап көзлерден.
Узын бойлы Өтемурат қария,
Гәпти қозғап, айландырды көп жерден:

- Дос екенсиз, үйимизге кириңиз,
Ат-жарақлы адам көрсек, - жинимиз,
Жолбарыстай сескенемиз жаў ма деп,
Кеширилсин қәте менен минимиз!-
Деп, буларға қамыс төсек төсетти,-
- Ылашықта өтип атыр күнимиз
Анаў Бағдат шәхәрине жақынлаў,
Жасап келген халықлардың биримиз.
Мине ҳазир әпендедей түримиз!-

Деп қамықты, сақалға жас қосылып,
Басқалар да еңирейди қосылып,
(Дәўқаралар еситиўге ынтықты,
Шәҳәриниң хабарына асығып).
Шағынғандай тоқтамады жүреклер,
Даўысларын бир-биринен асырып,
- Қурыдық ғой!-деп кемпирлер шуўласты,
Ылашықтың белдеўине асылып,
Ғарры тағы даўам етти сөзлерин,
Болғаннан соң бир солығы басылып:

-Ерик, шабдал жетилисип бағыңда,
Ҳәсеттеги истиң қызғын ўағында,
Көкше залым нөкер менен атланып,
Келе қалды шаңқай түстиң шағында.
Ат туяғы егинлерди унтады,
Бийдай қырман тоз-тоз болды тағы да.
Қалдырмастан аша туяқ малды да,
Дүркиретип айдап кетти алдына,
Бир аўылдың мал-дүньясын қопарып,
Бәдер кетти, булағайды салды да!

Айдарлысын айдап кетти, қул етип,
Тулымлысын байлап кетти, күң етип,
Көз тоймастай, қарсыласқан ерлерди
Шалып кетти, өртеп кетти күл етип.
Көзлер көрди қыяметли күнлерди,
Тилим жетпес, баянлаўға, сыр етип!
Шайыр болсам, ел көз жасын тәрийплеп,
Жазар едим, таўсылмастай жыр етип.
Таўдай қайғы салмағының астында
Зорға жүрмиз, ырыл-тырыл күнелтип.

Жаман екен көкиректиң намысы,
Жаў келгенде алаўласып шабысып,
Ҳаса менен бир душпанды сулаттым,
Мине мынаў қолымдағы тап усы!
Кетпен пенен ерлик етти мәртлерим,
Әттең бирақ қурбан болды жарысы.
Жаў шыңғытып нәрестесин арыўдың,
Жутып турды, гәўҳар дәрья ағысы!
Еле мениң қулағымнан кетпейди,
Шырқырасқан балалардың даўысы!

Ел сыйлаған, Өтемурат шал едим,
Жигитликте дара өскен тал едим,
Алпамыстай болмасам да жасымда,
Атын шапқан Қаражандай бар едим.
Ҳәзир мениң «ақ сарайым» - ылашық,
Нан орнына шортан болды қөрегим,
Жасым жетип, ҳәлим питкен шағында,
Төрт улымды мәдет көрип жүр едим.
Үши өлип, бири кетти қуллыққа,
Ҳалым мүшкил, ўайран болды, жүрегим!

Гириптармыз қан шашылған заманға,
Үш перзентим найзаланды табанда,
Тири кетип жалғыз Аяз баўырым.
Өлмегей деп еки қолым жағамда.
Мынаў Ҳәмира - барлығының анасы,
Аз қайғы ма мениң менен буған да!...
- Еситсеңиз, хабар бериң атажан,
Бағдаттағы, шәҳәр халқы аман ба?
-Хабарым бар билгенлердиң сөзинен,
Аман, бирақ булт дөнип тур, оған да.

Көкше ханның ызасына не шара!
Мынаў, бәри – тап, өзимдей бийшара.
Улы, қызы, туўысқаннан айрылып,
Ҳәр бириниң, жүрегинде мың жара.
Мүсийбеттиң дозағына шыдамай.
Келген соң да өлип кетти бирпара.
Душпан еле шет-шебирден ел талап,
Арыўларын тартып алған, масқара!
Күшин топлап бағдат деген шәҳәрге,
Турған дейди ҳәзиринше жасқана.

Әдеп бастан, тәрийплейин Көкшени,
Усы елге, келип, бес жүз сексени,
Уры менен сандырақлар жыйналып,
Бес мың ләшкер болды, дейди өскени,
Қорған салып Гәўҳар дәрья бойына,
Қонысланып басып алған өкшени.
Нышапурда өз атасын өлтирип,
Мәлим дейди Қызылбастан көшкени
Бул елде де, машҳур болды халыққа
Жазықсыз, көп геллелерди кескени.

Дәўқараға арнап, қағаз жазыпты:
«Жибер әўел бир он жыллық азықты,
Бағынасаң, шегарамды белгилеп,
Өзиң келип, қағып кет тез қазықты!
Қызыңды да, қатынлыққа бересең,
Геллең кетер болсаң егер жазықлы!»-
Депти, бирақ қалабасы жоқ екен…
Бул гәплерге, байдың кәйпи қашыпты.
Тула бойы уў жутқандай дирилдеп,
Гидирместен, қайтыў ушын асықты.

Бас шайқалды:- Бүлинипти ел! - десип,
Сөзди бөлди усы жерден шорт кесип.
Алғыс та жоқ, қайтыў ушын, оқталса,
Келип қалған қап - қараңғы булт көшип,
Дүсир-дүсир тас буршақлар атылды
Сатыр-сутыр қыян-гести жел есип.
Зикир салды уйқы-туйқы аласарт,
Жуўғарада кетеғоймай жөнлесип.
Ылашықлар, қаңбақлардай домалап,
Зырылдады бир-бирине мингесип.

Ашыўланып, аспан тобын атқандай,
Гүркиреди урыс ашып жатқандай.
Булт, көрпесин ашатуғын түри жоқ,
Усы жерге, бар ыдысын, ақтармай.
Ылашықтың түңлик пенен шыптасын,
Самал көкке шыңғытып жүр, сақпандай.
Ызың-ызың шуўылды ҳәм сатырлы,
Жаўлар, келип, аўылларды шапқандай.
Ҳәмме бирден жалбарынды қудайға,
Гүнә ислеп, өз пейлинен тапқандай.

Ойқан салып, жым-жырт болды ылайсаң,
Жолаўшылар қорықса керек қудайдан.
Ғәрийплердиң көңлин алып, жалтақлап,
Шүкир етип, қайтты бәри ырайдан.
Инам етип напақалар қалдырып:
- Гезлесермиз арғы шети бир айдан,-
Дегеннен соң, ғәрийп көңли хошланды,
Адамзаттың бир дозағы муңайған.
Еске алсам жаўгершилик заманды,
Ҳәсиретине мен өзим де жылайман.

«Мама кемпир» бийҳаядай барқырап,
Күн күлип тур, аппақ түси жарқырап.
Шубатылып кемарындай аспанның,
Жасын туўды қылышлардай жалтырап.
Марғуланның атласындай қубылған,
Жасыл, сары, қоңыр, гүрең, қызыл, ақ,
Қуяс патша жер жүзине сән берди,
Астында тур, сондай көркем алтын тақ,
Өмирдиң де, ҳаўа киби, райы,-
Жылаў, қайғы, күлки, шадлық дәўлет-бақ.

Келер кәрўан көшкен булттай ағылып,
Киятырсаң мәканыңды сағынып,
Әшекөйли бөгенектиң ишинде,
Зер шашақлы мамық көрпе жамылып,
Елди ойлап, келгенине қуўансаң,
Ярды ойлап, қыйналасаң қамығып,
Аманбысаң, Макарьяжан қарағым,
Нәйлаж болдың, узақ жолда жабығып,
Шайырлықтың әрўағына бас ийдим,
Ашықлықтың ҳәмирине бағынып.

Жорға қәлем, тақымыңды жазайын,
Жеткеремен сыяң қалса азайып.
Еле узақ атланыслар алдыңда,
Қанхор душпан алғанынша сазайын,
Кәрўанларға булдыр-булдыр көринди,
Қорғанының мунарлары шошайып.
Сүйиншиге шерик болың оқыўшым,
Шәҳәриниң дәрўазасын ашайық!
Шаршағанлар үйлеринде дем алсын,
Қыял минип, дәс жолларға ушайын!

                      VI

                     «Киев князи Изяславтың өлими барлық орыс елиниң
                     ҳәм пүткил қарақалпақлардың   көзлеринен жас шығарды»

                                1149- жыл ўақыясы ҳаққындағы рус шежиресинен.

Қарақалпақ жат көрген бе орысты,
Тәғдийрине Долгорукий болысты.
«Шадлығым - бир, қайғым - ортақ» дегенде,
Найза менен Шыңғыс кескен қонысты.
Булағайлы әсирлерде адасып,
Бабам жеди қылшылдаған қылышты.
«Орыс достым кел жәрдемге, қолла!» деп,
Қушақ ашып көриспекке тырысты.
Үмит етти Россия елинен,
Көрген сайын қанлы қырғын урысты.

Әрман етип, «келеғойса - жан» депти,
«Келиң!» - деген сес жаңғыртты жер-көкти,
Қастын тиккен ханлар менен жулқысып,
Ерназардай мың сан қурбан қан төкти.
«Бабам көрген Мәскеўим» - деп ынтығып,
Муҳаббатлы өмирлерин тәрк етти.
Ҳалықлық оты өшейин деп турғанда,
Туўысқанның ләшкерлери жарқ етти,
Душпан қашты, бахыт күлип, күн туўып,
Ақ жарылқап, ықбалымды ғарқ етти.

Ҳалқым сүйген өз журтыма, дәрекпен
Орыс достым – баўырыма керекпен.
Оған деген қарақалпақ мейири
Әсир бойы өтип келген електен.
Мың жылларғы дослығының тамырын
Бабаларым шығармастан жүректен,
Талықканда дәрман етип бойына,
Шынлық ушын әпсаналар дөреткен.
Бабалардың берип кеткен мийрасын,
Қосық пенен баянлаўға ҳәлекпен.

Орыслардан көринбейди менменлик,
Есиртпейди душпанларын жеңгенлик.
Олар менен қушақ ашып, дос болсаң,
Бирге жейди жарты нанын, тең бөлип.
Гәпти енди, басқа жаққа бурайын,
Қыялымның шабысларын меңгерип.
Дилгир болып жүр ғой еле, еки жас,
Қос жүректи, бир-бирине теңгерип.
Сапар шектим Арзамастың журтына,
Жүриң дослар, қыдырсаңыз, ел көрип!
   ***
- Билмейсең де, қыздың қайда турарын.
Қой - деп талай жалбарындым, шырағым,
Дайың еди Владимир князи,
Сол арқалы, айттырып та сорадым.
Ҳеш жуўабын бермей кетти атасы,
Билдирместен жүрегиниң хабарын.
Ғайры журттан қыз аларың нағайбыл,
Мәлим болды тәўекел деп барарың.
Илажым жоқ енди саған берейин,
Мәрт атаңның, мийрас қалған жарағын.

Мине саўыт – жаўдың оғын өткермес,
Алмас қылыш-таўды, тасты түк көрмес,
Тай күнинен нийетленген тулпарың,-
Қус болмаса, жер жүйригин жеткермес,
Қолдан келсе ҳүрмет исле халыққа,
Ҳеш бир ел де сыйлағанды жек көрмес.
Жалғыз жүрип, душпанларын көбейтсе,
Қандай батыр болған менен шақ келмес,
Дос таппасаң барған елдиң халқынан,
Дәў болсаң да мурадыңды питкермес,-

Деп нәсият берип еди анасы,
- Қуп ана! - деп қабыл алды баласы.
Қаршығадай қарғып қонып атына,
Тура қалды жүзик қастай жарасып,
Шертилип тур жийрен қасқа - өр тулпар,
Айдай болып маңлайының арасы.
Төрт туяғы, жерге, қаққан қазықтай,
Омыраўы аспан менен таласып,
Пысқырады қос қулағын тикирейтип,
Жалт-жулт етер дөңгеленген қарашық.

Ат үстинде жигит көңли тасыпты,
Хошласты да, үлкен жолға, асықты.
Шуў дегенде шегирткедей секирип,
Алға қарай, өр кийиктей атлықты.
Дойнақлары жай оғындай жапырып.
Тас жаңбырын көкке қарай атыпты.
Жел ушырған жапырақтай шайқалып,
Қыза келе, сайдан сайға асыпты.
Шақмақ тасты шақылдатқан сестине,
Еситкенлер қулақларын басыпты.

Жар тасындай жалтылдаған сәни бар,
Көбик атып гүрилдейди жаныўар,
Суўлық шайнап, басын былғап қулшынып,
Сәл жаздырса, қыр желиндей, ағылар.
-Я әлҳәппиз, мынаў жигит ким екен?
Қастын тиксе жүз шәҳәр де бағынар!-
Деп таңланды жол бойының кәрўаны,
Себеп бунда уллы орыс жаны бар.
Таў айбатлы қылшылдаған жас жигит.
Жалғыз ғана Макарьясын сағынар.

Орынламақ жүрегиниң әрманын,
Жоны қызды шапқыр ҳәмде жорғаның,
Ушқыр қустай басып өтти бир мәҳәл,
Ўатанының шәҳәр менен орманын.
Орал таўдың омыраўын жағалап,
Жайлаўына араласты шарўаның.
Дүбиринен дүсирлести кийиклер,
Қасқырлары қаңсыласты, саҳраның,
Ырғыз, Торғай, Жем бойларын қуўсырып,
Жер танабын қуўырмақта тарланың.

Бәҳәр, сәўир самалындай, ағыла,
Қулдыраўын өршелетсин тағы да,
Тулпардан да жүйрик қыял үстинде,
Мен барайын Султан Ўәйис таўына.
Ерик, шабдал, қызыл, жасыл гүл жарып,
Сән орнады Макарьяның бағына.
Сайрап турған, бүлбил сестин еситип,
Ҳәўесленер сүйген ярын сағына,
Жүзи жайнап, қара көзлер мөлдиреп,
Ойланады қолын салып жағына.

Самал ессе,- жолға сапар тартқандай,
Жаңбыр жаўса,- қапалығы артқандай.
Қуяс нуры күлимлесе аспанда,-
«Киятырман, ғам шекпе» - деп айтқандай.
Азда болса айралықтың дәртинен,
Жаслық өмир күни өтер шадланбай.
Жаў Көкшениң қорлап жазған гәплери,-
Жанға өтти, мылтық пенен атқандай.
Күншығыстың интизары күтип тур,
Жаўдан бурын, жет жигитим, тоқтамай!

                    VII

                     Биреўге уў берип өлтирсе егер,
                     Өлтириўши бир күн зәҳәрин шегер

                                                                      Наўайы
Шағлайды Жапар рәҳәт көрип,
Көпшикке ийнин қадаған берик.
Олжаға түскен - Қарлығаш айым,
Солғынлаў отыр, кәсени берип.

Урыста үлкен ҳоппықыл салып,
Қул таўып сатты Еранға барып,
Бүгин, бул үйде пәйнекке қашып,
Отыр ғой батыр, тәнепис алып.

Гүзеде ойнар көпирген шарап,
Қуўаныш бойдан кеткендей жырақ,
Жалбақлап сулыў қыйнайды жанын,
Күледи азлап, жалған-аў бирақ.

Сезбес пе адам, қараған гезден,
Қайғының уўы денесин езген.
Сағыныш дәрти жүректи шырмап,
Шадлықтың оты жоғалған көзден.

Жалтырап турған бәдия шети,
Ишинде толы қозының ети.
Бадырайтып көзин асайды батыр,
Таўлайды муртын, былшыйып бети.

Көтерди кейпин шараптың деми:
- Сулыўым жандай сүйемен сени,
Гүл түсли көркиң - ғәзийне маған,
Шақақлап күлип, қуўантшы мени!-

Деген де, сөзлер жүрегин жылтпай,
Қасарды қабақ, жаңбырлы булттай.
- Меннен де бөтен ярларың аз ба?-
Деди де, тилин байлады қулыптай.

Сандығы толы, таўсылмас гәп бар,
Ашпастан гилтин пинҳаны сақлар.
Кереге үсти жайнаған қылыш,
Илиўли садақ, бир батпан шоқмар…

Ерки бар ердиң сабаса, сөксе,
Өлтирсе гүңи, ләм демес Көкше,
Адамның қуны үйректен арзан,
Әкелер жүзин бир жорық шексе.

Батырдың бири - минекей усы,
Жапарға қарсы шығарма киси!
Қарлығаш буған - байлаўлы баспақ,
Жыласа жетер көзине күши.

- Не дедиң сулыў, қайталап қара,
Жазықсыз маған саласаң жара.
Басқаға қатал, өзиңе ҳақпан,
Инанбай қалсаң, жүректен сора! -

Деди де, жаўыз ғарқылдап күлди,
Гөззалдың ярын унтаған жилли.
Күлкиси менен «ҳақ» деген сөзи,
Сулыўдың жанын қанжардай тилди.

- Зорлыққа көнбес ашықтың оты,
Мен де бир, торға қамалған тоты.
Ҳағына келсем, сүймеймен сени,
Буйырған солай жүректиң соты!-

Деди де, жаўды, көзинен тамшы,
Аяйма, адам аўлаған, аңшы!
«Жортаға айттым, өлдим ғой аға!» -
Дегенше дөнди буршақтай қамшы.

Басына түскен мүшкилли ғаўға,
Бәнт болған өмир шалжала-даўға,
Ашығын айтып, ҳазарын шекти,
Базналық бар ма, бассынған жаўға!

   ***
Түтинин шаңның, аспанға, айдап,
Өристен қойлар келеди жайлап,
Қойшы да кирди шеткери үйге,
Қазыққа, мықлап ешегин байлап.

- Келдиң бе шопан гезекли асқа
Отырар жериң - бул емес, басқа,-
Деп Жапар, кейин қайтарған мәҳәл,
Тигилди қойшы көздеги жасқа.

Жумбағын шешти, излеген бурын,
Сездирмей, бирақ, жүректиң сырын,
- Қуп аға, - деди көзин бир қадап,
Адымлап кери, бурылды қырын.

Отырды жайлап, ас үйге барып,
Басында жумыр, аяқта шарық,
Жүзинде ойнар жаслықтың оты,
Салмақлы ой тур көзинде жанып.

Өтеке шалдан еситтик буны,
Талаўдан тапқан, Көкшениң қулы,
Ағасын Жапар өлтирген гезде,
Байлаўлы еди Аяздың қолы.

Үш аға, бирден, жайрады ҳақтан,
Баўырлар сирә шығарма ядтан,
Қарлығаш - туўған жеңгеси еди,
Үш-төрт жыл удай дузларын татқан.

Көрмеген оны келгеннен бери,
Тарқарма ҳасла жүректиң шери!
Душпаны қулды менсинген емес,
Танымас мудий – бир, жақсы жери.

- Парт болды жаным, гәпиме исен,
Минекей гилти, атында кисен,
Ел жатқаннан соң, атлан да жөнел
Жеткейсең елге саламат-есен!

Ағаңның көзи - бир нәрестени.
Қәдирлеп, сақлаң, саў болса дени,
«Бийшара жеңгем хор болды» - дей бер,
Сезген соң ертең өлтирер мени!-

Деди де кетти тамақты берип,
Исинди жүрек, жеңгесин көрип.
Айтажақ сөзин үлгермей қалды,
Не шара баста болмаса ерик.
   ***
Қара сур жаўлық жамылып ымырт,
Ҳүўлейди самал аспаны гүңгирт,
Геўиректей сийрек ҳәр жерде бир үй,
Аўылдың иши мазардай жым-жырт.

Ай шығар булттан атылып, қалқып,
Жапар да, бүгин бир өзи шалқып,
Отырып дарқан, серрийип қалған,
Мамықлы төсек үстинде балқып.

Дәлизде жанар, жылтылдап шыра,
Дәрўаза сыртын айланып, ғырра,
Келеди биреў жападан жалғыз,
Белгили шопан Аяз-аў сирә?

Түнниң де жарпы кетип тур, аўып,
Қапысын ашып, қайтадан жаўып,
Ишкеридеги үйге де кирип,
Байлады белге қанжарды таўып.

Сезип те қалды Қарлығаш бирден,
Сескениңкиреп, «Бул ким?» - деп кирген,
Шыраға жақын, айналған, мәҳәл,
Таныған еди әдеўир жерден.

Қылышты қармап кереге жақтан,
Жарақтың бәрин жыйнады шаққан.
Далаға барып, жайласа керек,
Қалайша жигит есабын тапқан!

Шыраны тутып әкелди ишке,
Киристи, тағы тамаша иске,
Жапардың басын жулқылап тартып,
- Түргел ҳәй батыр исенсең күшке!-

Деди де, тағы қолынан бурап,
Мәрдана турды бетине қарап.
Оянып, Жапар, уўқалап көзин,
Үйренген әдет - изледи жарақ.

Қарлығаш пақыр солқылдап жылап,
Әдеми көзден атылды булақ:
- Гүлиңде өскен гүбелек едиң,
Урындың отқа, билмедим, бирақ?...

Қарады жигит, батырға, күлип,
Жарақтың қолдан кеткенин билип,
Әўдеңлеп, тысқа атылса Жапар,
Бекинип қалған есикте қулып.

- Келдиң бе, бала қаныңа тойып,
Көрдиң бе, сирә таўықты сойып?!
- Көрмеген едим таўықты сойып,
Кетемен, бирақ басыңды жойып!

Устазлық еттиң, болмайын менмен,
Батырсаң бизди саўашта жеңген.
Ағамды шалдың, жеңгемди алдың,
Сойыўды енди үйрендим сеннен.

Пәш келип қалдың қүдиретим жетсе,
Егерде саған нәмәртлик етсем,
Жаттың ғой ҳәзир, өликтей болып,
Не ислер едиң, жайратып кетсем?

Әрманда қалма, түргелттим! – дейди,
Бул гәпке, Жапар парт болып, күйди.
Көтерген қолы оралып келип,
Жалп етип буның ийнине тийди.

Аяз да шапшаң көтерип мушын,
Жолбарыс киби суўытты түсин,
Буўрадай қатаң шайқасты қурып,
Бирине-бири көрсетти күшин.

Турысар гейде жудырық гөзеп,
Шоқмардай соқты, гезек ҳәм гезек.
Сүринип барып бийшара жигит,
Тикледи бойын қайтадан дүзеп.

Бедени қызды отлардай, ғаўлап,
Жулқысты, қанша екеўи аўлақ,
Бириниң-бири қасына соғып,
Бириниң-бири қолларын таўлап.

Жоқары қойған Қарлығаш шамды,
Аяздың, көрип бетинде қанды,
Аяныш ғаўлап жалына берди:
- Өлтирме батыр бир жап-жас жанды!...

Шыр-пыры шығып жанды да күйди,
- Жолама ҳайўан, өлерсең!- дейди.
Қайымлап турып силтеген шақта,
Жапардың мушы буған да тийди.

Пиллердей, туўлап, дос пенен душпан,
Шашырады қанлар шоқмардай муштан,
Қарлығаш сонша қырқыстан шоршып,
Қуйқасы жуўлап, ҳүрреси ушқан.

Аяздың күшин билди жаў, артық,
Алмақшы болды қанжарды тартып,
Дем бермей үш-төрт дөндирген шақта,
Пуш болды душпан димарын сарқып.

Екеўи қанға боялды үсти,
Ентикти Жапар, мес болып, исти.
Таўлардан төмен қулаған жардай,
Тәлтеклеп барып, астына түсти.

Үстинде қулы, астында батыр,
Жүйкеси қурып, мат болып жатыр,
Қолларын бүклеп пәнжеси менен
Хожасын жигит қул етти ақыр!

Өлтирген Жапар талайды шалып,
Қасқыр деп, оны атаған халық.
Нешшени қуртқан, қос жүзли, қанжар,
Жалады оның жүрегин барып.

- Ынтықтың адам қанына қанбай,
Билдиң бе, өлим болады қандай?!
Өмирди қыймай, булқындың сонша,
Жаттың ба гүм-жәм, жазықсыз жандай!

Тынышлан, мәңги уйқыда жатып,
Кеттиң, сен мени бәлеге шатып,-
Таўықты сойып көрмеген қолым,
Қан төкти, үлкен гүнаға батып!

«Биреўге наҳақ уў берсе егер,
Гүнәкәр, өзи зәҳәрин шегер».
Қудайдай көрип, сыйынған Көкшең,
Қайғырса - сени апарып көмер.-

Деди де, жайсаң атланды енди,-
Қапалы күнлер жеңиске дөнди.
Жеңгесин қоса миндирип атқа,
Жамылып кетти қараңғы түнди.

Шымырлаў самал шымшыйды - жайлап,
Алағат бултты түўести, айдап.
Алтын ай қалқып аспанда жүзген,
Жулдызлар күлип, жайнап тур аймақ.

Таўдың да басын бадырайтып жарық,
Жолаўшы сиңди, тоғайға барып.
Қыраўды серпип сыбдыр жол менен
Баратыр тынбай, ҳаўаны жарып.

Мүлгийди тоғай, уйқыда дала,
Қайғырған дем-дем қырғаўыл ғана.
Шоқланған шошқа, пыр-пырлап, қашып,
Жапырып шөпти таппақта пана.

Батыры - Аяз бүгинги күнниң,
Астында бедеў ойнақлар диң-диң,
Кешеги шопан, Көкшениң қулы,
Патшасы болды ғаўғалы түнниң.

Үстинен өтти бәндирги жолдың,
Бөгемес ҳешким булардың алдын,
Гезлесип сондай бийжағдай жерге,
Жуўлады қуйқам, қорқып та қалдым.

Жүйрикке тезден қынаны басып,
Егленбей, дәрҳал кетейин қашық.
Макарья ушын интизар болған,
Қай жақта екен ҳақыйқый ашық?

                    VIII

Гейде суўық, гейде күн қарасады,
Кең жазық, адам көзи қамасады.
Гезлесип гирес-гирес шарўаларға,
Жолаўшым көрди талай тамашаны.

Паромон жетик еди булғар тилге,
Жол бойы ушырасса да қайсы елге,
Жалғаўлық айырмасы болған менен,
Еп-еркин сөйлесип жүр болып бирге.

Қыпшақ деген ел екен узын-шубай
Аўыллар гейде узақ, бирде сыбай,
Жай салыў, қоныс басып дарақ егиў,
Оларға дәстүр емес, отырықшыдай.

Мыңлап қой, түйе, жылқы сақлар байы,
Бир ғана ойлағаны малдың жайы.
Ҳәр урыў, малы көпти көсем тутқан,
Елине хан-патшадай абырайы.

Көшеди жайлаў излеп бирден бирге,
Малларын апарады отлақ жерге,
Дүньясын түйесине артып алып,
Қоныўдан үйин тигер, жайып ирге.

Барғанға:-Қайдансыз? - деп сорасады,
-Бизге қонақ болың!-деп таласады.
Мийманды ҳәммесинен улық тутар,
Бул да бир адам ушын жарасады.

Ҳалы жеткен қонағына малын сояр
Ҳаял-қыз хызметине болар таяр
Танысын, танымасын, мийман десе,
Ийилип, дәстүрханға барын қояр.

Бес күн қонақ келмесе - сағынады,
Жасы киши үлкенге бағынады.
Хорезм деп сораса, халық ишинен,
Анықлап жол силтеўши табылады.
   ***
Бир гүмбез қула дүзде турған көптен,
Белгисиз қай заманда соғып кеткен,
Гүзедей иши сырлы, сырты-суңқақ,
Дөңгеленип, түскендей аспан-көктен.

Күн батты, геўгим қара кийим кийип,
Дүнья жым-жырт, түксийген, қабақ үйип,
Қос жолаўшы пияда аяңлаған,
Гүмбезге жақын келди турған бийик.

Узақта болғанлықтан барар ирге,
Қоныўға мақулласты олар бирге.
«Жин-жыпыр да, ийт-қус та жоламайды,
Гүмбезли, әўлийели бундай жерге»,-

Деп ойлап, шақмақ шағып, билди төрди,
Тамызық етиў ушын шөпшек терди.
От жағып қыздырынса, бир жағынан,
Бәлени дарытпаўға сүйеў көрди.

Екеўи қула дүзде отын жақты,
Ай туўып, Күншығыстан күлим қақты,
Буларды мазақ етип турғандай-ақ,
Бир байыўлы ушып-қонып, шықылық атты.

Бир қарт айтты:-апырмай, билмей турман,
Неге көп қақылдайды қудай урған?!
Адамның алдап, аўзын қыйсайтыўшы,
Тап нағыз жин емес пе усы турған?!

Бири айтты:-көк соққыр, олай деме,
Жин емес, байыўлы деген ол бир неме…
- Тоқтай тур, тағы сестин түрлендирди,
Адамдай сыңсып атыр онда неге?!-

Деп елирип екеўи қатты састы,
Тағы аттай дүбирлеп жақынласты,
«Бул жер де жин-жыпырға орда екен»-
Деп екеўи тапырақлап тура қашты.

Алды-артына қарамай айрақласып,
Ҳәпзамат бир төбеден кетти асып,
Сол мәҳәл, қулдыраған жалғыз атлы,
Келип қалды гүмбезге жақынласып.

Жолаўшы аттан түсип, демин алды.
Қазық қағып, байлайды жипек жалды.
«От жанып тур, бундағы адам қайда?»-
Деп ойланып, шамалы ҳайран қалды.

«Бүгинше усы жерде гидиремен»-
Деп енди суўын ишти мүдиреден.
Нанын жеп, от басында отыр еди,
Бир даўыс еситилди илбиреген.

Созылып, үзиледи сыңсығандай,
Гейде тоқтап қалады тыншығандай.
Қәпелимде шапшыйды солғын даўыс,
Беденин темир менен шымшығандай.

Бир хабар алыў ушын шыққан сестен.
Ер жигит ҳеш нәрседен сескенбестен,
Қулақ салып, тың-тыңлап, адым атып,
Дәл даўыс шыққан жаққа жүрди әстен.

Қараса қатар-қатар өңкей мазар,
Орын аз адым атлап, тақым жазар.
Жипектей шыйратылған нашар даўысы,
Бийшара көрген екен қандай ҳазар?

Ай аспаннан көз тигип, жарық берген,
Шоршып кетти жолаўшы барып бирден,
Қулағына ап-айқын еситилди,
Тақыядай ойылған жарық гөрден.

Ултаны терең етип қаздырылған,
Қапталлап, ағаш пенен жапсырылған,
Үстине қамыс шийден қоршаў етип,
Мол-молақай топырақ бастырылған.

Жолаўшым қайта кейин адым атты,
Не ислерин билместен басы қатты.
Жер астында еңиреген жумбақ даўыс,
Жигиттиң ой жигерин толқынлатты.

«Жин емес, бул бир нашар адам шығар,
Өлди деп көмип кеткен надан шығар,
Әждарҳаның аўзындай гөрге сиңип,
Әрман менен жүреги талған шығар».

Пикириниң ақыры соған соқты,
-Бирақ мен түсинбедим мына отты?-
Десе де, тәўекелге белин байлап,
Қайтадан даўыс бетке адым атты.

Қыялый қорқынышқа қарсы барды,
Гөрдиң үстин ақтарып, аршып жарды.
Ишинде тикке турған бир адамды,
Кепиннен тутып турып, тартып алды.

Ақсүптиң жыртылғанда бастан шети,
Жалт етти бир арыўдың айдай бети!
Қара шаш булттай дөнип төгилип тур,
Ай менен шағылысқандай түс-келбети.

Баста азлап зақым бар, билинбеген,
Кеселдиң қармағына илинбеген,
Ғаз мойынлы, қаракөз, аршын төсли,
Омыраўында қос алма дирилдеген.

Ийбенип, ақ денесин жасырады,
Ийегине көз жасы тамшылады.
Тулабойы қалшылдап, қамықанда,
Көкиреги ентигип басылады.

Суўық жел етин сүйип, тоңды қатты,
Жигит дәрҳал үстине кийим жапты.
Қалжыраған денесин жылытыў ушын,
Лаўлатып сора менен қаңбақ жақты.

Мийирманлы түр менен қызға қарап:
-Не аўҳал, қарындасым? - деди сорап.
Паромон булғар тилде сөйлесе де,
Бир-бирине түсинди олар бирақ.

- Әкем мениң Әлимбай, емес жарлы,
«Саўма» - деди жан анам асаў нарды.
- Ол мени теппейди,- деп саўып едим,
Сезбедим одан соңғы хабарларды.

Тур еди, ертең аўыл көшейин деп,
Ойлап ем шубат ислеп ишейин деп.
Ана тилин алмаған сорлы басым,
Тур екенмен, тар гөрге түсейин деп.

Қара нар маңлайымнан тепкен шығар,
Тапжылтпай, бирден бийҳуш еткен шығар,
Өлди-деп ата-анам зар-зар жылап,
Уламалар көмдирип кеткен шығар!-

Деп, көзинен ағызды моншақ жасын,
- Жылама, аман қалдың қарындасым!-
Деп, жигит аянышлы жүрек пенен,
Сыйпады желбиреген жипек шашын.

Әжел менен айқаста көрген қысқы,
Топыраққа былғанған қыздың үсти.
Маңлайынан сыйпалап, еркелеткен,-
Өзиниң Людмиласы еске түсти.

   ***
Жолаўшы сапар шеккен дым алысқа,
Ислесин азлап енди демалыспа,
Әлимбайдың аўылы аза тутып,
Қайғының изи дөнди қуўанышқа.

Теректей жапырылып аўыл-аймақ,
Қыз атасы, анасы алақайлап,
Жас қонақтың алдына қоя берди,
Ет, қымыз, қазы-қартаң, ыссы қаймақ.

-Тәңири қайтармаған дәўлет-бағын,
Алса да Әлимбайдың бир тырнағын,
Әўлийе жер астынан тартып шығып,
Жан берген, солдырмастан жапырағын.

- Қудайға қәтерели Әлимбай да…,
- Тәңири менен сөйлесиў оған қайда?!
Мениңше, ҳақ безерген қонақ жигит,
Тәңирим сүйиклисин сыйламай ма!

- Дүлдүлин кисенлеп, я тусамайды,
Жетер еди жаныўар қуўса айды.
Өзи де ҳәзирети Қыдыр шығар,
Қарапайым адамға усамайды.

- Сонлықтан, жан бериўдиң жолын тапқан,
- Ол өзи келдим, депти, Мәскеў жақтан.
- Әўлийе елге сырын паш етпейди,
Хабар алып турса да тәңир-ҳақтан.

- Мен көрдим жигит ҳәсем, тулпар-аты,
Пайғамбарден кем емес салтанаты,
- Бизлердей жарлы-жақыбай сорлыларға,
Қәнекей тийеғойса шарапаты!-

Усындай сөз даўылы қуйынлады,
Гүўилдеп ел аўзынан тыйылмады.
Паромонның дабылы көкти жарып,
Барлық журт «әўлийе» деп мойынлады.

Бүгилген бел тикленип, жазып бойды,
Әлимбай гүрилдетип берди тойды.
Ат шабардың, гүрестиң жарысына
Атан түйе, қос жорға бәйги қойды.

Далада алпыс жерден ошақ қазып,
Түтинлери аспанға буўдақласып,
Жыйналған аламанды тойындырды,
Сараң бай Хатамтайдай қолын жазып.

Домбырасын шалқытып серилери,
Бурқып-бурқып алады әри-бери.
Жигитке араласып ҳәзиллесип,
Қосыла қосық айтты перилери.

Жигит-қыз жорға сүрер жалтылдаған,
Бай қызлары кийимин алтынлаған,
Басында жарасықлы, сәтең бөрик,
Төбесинде жығалар жарқылдаған.

Гей үйде жыйнап елдиң ғарры-жасын,
Қарт жыршы гүмбирлеткен домбырасын,
Бурынғының батыры мақталғанда,
Үлкенлер отырады шайқап басын.

Атшабар, гүреслери болды тамам,
Қызық көрип, еки күн уйықламаған,
Жолаўшы тағы үш күн демин алып,
Етпекши болды енди жолын даўам.

Атқарып болыўдан-ақ, усы тойды,
Биреў жылқы, биреўлер айдап қойды,
Әкелип әўлийениң атағына,
Сыйлық ушын, шаңлаққа байлап қойды.

Жырласам буның өзи үлкен дәстан,
Узақ сөз айта берсем қалдырмастан,
Жолаўшының маллары артып кетип,
Анаў-мынаў байларға шамаласқан.

Мынаған да сүйсинди барлық халық:
Жетим-жесир жарлыны жыйнап алып,
Жолаўшым барлық малын үлестирди,
Хошласып жүрип кетти ылғал салып.

«Диний дәстүр дегенлер шықты қайдан?-
Ҳийлекерлер алдаған усындайдан.
Кәраматым жоқ десем исенбейди»-
Деп жолаўшым, бул иске болды ҳайран.

Гейде динге исенсе, гейде ермей,
Жүрген еди жүреги ярый бермей,
«Дүньяда ҳеш бир халықтың жаманы жоқ,
Бирпара түсинбейди өзи көрмей.

Қонаққа, туўысқандай жалбақласып,
Туратуғын ел екен жүрек ашық.
Мениң тек адамшылық парызым ғой,
Тири қызды гөринен алсам ашып.

Усынша елжүреги жалынлады»-
Ядында қыздың қал деп жалынғаны.
- Сен ушын жаным қурбан, ағажан!- деп,
Айтса да тилек қабыл алынбады.

Жақсыны қайта көрмеў, жанға өтер,
Ҳәрким де өз қатарын таўып кетер.
Әттең тек, ер жигиттиң алдын күтип,
Қара булттай дөнбесе қәўип-қәтер.

Жаслық от жигеринен ушқын атты,
Муҳаббат тыным бермей лаўлап қатты.
Кең қыял ләззет берип қуўатына,
Сағыныш геўдесинде туўлап жатты.

Намыс қымбат мал-дүнья, ақшадан да,
Ел сыйлаған ер артық патшадан да,
Кел тулпарым тезирек атланайық,
Бурынлаў жетиў ушын Көкше ханға.

                    IХ

Көкше отыр бир бәлени ойлана,
Өз-өзинен гүбирлейди жай ғана.
Жүрегине уў жыланлар уялап,
Макарьяға ашық болған, ғайбана.

Дүньяда ҳеш болмаса да кемиси.
Қыяллары бирин-бири тебисип,
Макарьяны сонша қатын үстине,
Жупты етиў бир әрманы - тек усы.

Тоғайларда қуўсырынып қасқырдай,
Үлкен-үлкен шәҳәрлерге бассынбай,
Бийғамлықта шет-шепирди дуўлатып,
Жайап өтер, Жәйҳундеги тасқындай.

Ийек қақса - бәржай болар пәрманы,
Қан қақсатып дийхан менен шарўаны,
Сиңип кетер Қызылқумның шөлине,
Бир өзиниң, үш-төрт жерде қорғаны.

Талап алған олжаларын жасырып,
Бир ақшамда жоқ болады, асығып,
Қул да, гүң де саттырады Еранға,
«Башы ғарлы аладағдан» асырып.

Сәйҳунге де барып қайтты, ел талап,
Байларының алтынларын қалталап,
Қарсыласқан шарўалардың геллесин,
Домалатты, қылыш пенен балталап.

Қурал менен қарыўына сүйенип,
Бағдадқа да, етпекши ол ийелик.
Урман-пәрман, хабар алар шәҳәрден,
Жансызлыққа, дийўаналар жиберип.

Пәш түсирсе дейдигине келтирип,
Бир ақшамда әскерлерин желдирип,
Сол шәҳәрди қылқ еттирип жутпақшы,
Халқын қырып, Дәўқараны өлтирип.

Байдың елге келгенлигин еситти,
«Дәўқараның көкиреги өсипти.
Ләшкеримди жаңбыр етип жаўдырсам,
Таппай қалар кирерине тесикти!»,-

Деп бозарып қыймылдады ерини,
Өз сертине сүйсингендей керилип,
Аспандағы, айға шапшып жүреги,
Отыр еди қыялына берилип.

Биреў келип:- Патша ханым дат - деди.
-Ҳәй бийдәўлет, арзың болса айт,-деди.
-Гүнам болса, кеширегөр тақсырым,
Мине Бағдат шәҳәринен хат,- деди.

Сөйтти де ол төгип турды көз жасын,
Тилегим, тек жаман хабар, болмасын!-
Деген шақта, пәшшеплерге буйырып,
Заматында тайын етти молласын.

Кейнин көрсе Макарья қыз жазыпты,
(Хат бергенниң, бетинен қан қашыпты.
Себеби сол,- жаман-жәўтик хабарға.
Хатты, алып келген адам жазықлы).

«Дуўай сәлем, дәбдебели ханымыз,
Аманлық па геўдедеги жаныңыз,
Келе сала, азық-түлик соратып,
Таўсылды ма шайнайтуғын наныңыз?!

Бир есаптан бизиң елге миймансыз,
Бүлдиргини салып жүрген иймансыз!
Ат ойнатып дийханлардың жерине,
Қырманларын айдамастан «жыйғансыз!»

Келип бирден тепкилепсиз төримди,
Көзиңизге қандай бәле көринди?!
Жақсы мийман «төр меники» дей салып,
Ғайры елге көрсетпейди көримди.

Ханман депсиз, ханлар сондай болама?
Гедир-будыр хат жоллапсыз қалама,
Дийўанадай бирден азық соратып,
Халық ийеси қайыр тилеп алама?!

Бериң депсиз шегарадан жер бөлип,
Ҳеш ким елге тиймеп еди жел болып,
Бола қалды, сиз келгели булағай,
Маңқыйысып жүре бермей ел көрип.

Жанған оттай шарпып турсыз жараға,
Көп ғулғула түсти енди араға.
«Көкше ханның қол астына кириң!» - деп,
Зорлағанда енди адам бара ма?!

Залымлықтың ықбалына ергенсиз,
Бар ықласты қан төгиўге бергенсиз.
Мени сорап не жаздыңыз атама,
Яр боларма, сен сыяқлы көргенсиз!

Бәри адам хан ба, мейли қараша,
Ашық көңили бир-бирине жараса,
Яр атасын муш көрсетип қорламас,
Оның қызын сүйгеним деп санаса.

Есер екен бир аўылдың Дүйсени,
Жалаң аяқ тепкилеген шийшени,
Шашыраған қыяқлары кадалып
Аўырыўға шатылыпты сийсери.

Бир заманда әждарҳалар көп болған,
Көрген жанды жутып, жалмап жеп болған,
Ләпсиқаўлық өз басларын жалмапты,
Туқым қалмай, бул дүньядан жоқ болған.

Сизиң бәлким сондай шығар күшиңиз,
Бизлер емес жутатуғын кисиңиз,
Келиссеңиз сөйлесейик адамдай,
Ысқырсаңыз омырылар тисиңиз.

Жеримизге, қанат жайған қыс қары,
Кетсин қыстың, суўық пенен ызғары.
Хан болсаңыз, бес ай мәўлет сораймыз,
Болсаңыз сиз ашықлықтың қуштары.

Буның ушын сынбас деймен сағыңыз,
Сыналады ықбал менен бағыңыз.
Гүрес пенен ат бәйгиге бас тиктим,
Палўан сайлап, атыңызды бағыңыз.

Сабыр әйлең, сонда сизди күтермиз,
Өзимиз-ақ той-тамаша етермиз,
Ат оздырып, палўанлықты асырған,
Мәрт болсаңыз еркиңизде кетермиз».-

Деп, перийзат салмақлырақ жазыпты,
Имза менен, бай да мөрин басыпты,
Көкше буған мыйық тартып күлген соң,
Бийғам болды хат әкелген, «жазықлы».

Зилдей сөзлер, жанға сирә өтпестен,
«Тап сол қызды алмай биллә кепеспен»,-
Деп-те қойды, шадман болып Көкше хан,
Утпасына тийттай гүман етпестен.

Жуўап берип, кереклини қалдырды,
Яранларын шарап пенен қандырды.
Қыял туўлап, сазенделер жыйнатып,
Жин соққандай қыздырмақта тандырды.

Даңғаралы гиржек, дуўтар шалдырды,
Гейбиреўлер дыңғырлатты тамбурды,
Бенде болған айдай арыў қызларды,
Қосық айтып бериў ушын алдырды.

Ханы отыр қулақ салып буйығып,
Қызлар бетте көзлериниң қыйығы,
Қосық түўе, қолға түскен қызлардың,
Жылый-жылай, түсип кеткен ыйығы.

Қорыққанлықтан, даўыс қосты бәри де,
Бундай лапыз Көкше ушын дәри ме,
Басы-қосық, изи-жылаў болса да,
Залымның, ҳеш келер емес, кәрине.

Жүреклерге қасақана уў басты,
Ғам кеўиллер қайғысына шуўласты.
Хан да адам, не себептен күледи,
Көре турып көзлердеги нуў жасты?!

Селкилдетип, ғаўдай муртты, сақалды,
Күле-күле, түкирикке шақалды.
- Маған шадлық - душпанларым жыласа,
Болды, әкет шуўылдасқан сағалды!-

Буйрық берип ҳәммесинде таратты,
Қотарады қызыл қандай шарапты.
- Бағдат пенен көрермен! - деп тағы да,
Қәҳәр менен силтеп қойды жарақты.

- Дәўлет қусы кетпей турса басымнан,
Қайтпай турса күш-ғайратым тасыған.
Макарьясын, көкке ушса аяқтан,
Жерге сиңсе жулқыларман шашынан!

Мине мениң арысландай турысым,
Таўды бузар Зулфухардай қылышым,
Ат оздырып, палўан жығып алмасам,
Бул дүньяда, Көкше атым қурысын!-

Деп, гижинип былғап қойды билекти,
Өжетленсе - аўнатады үлекти,
Бир өзинде он қабанның күши бар,
Қан шашыўға, қасқырдан да жүрекли.

Саўашларда мүдирмеген, талмаған,
Өз атасын қанжар менен жалмаған,
Адамдағы шарапаттың, мийримниң,
Бунда сирә, бир түги де қалмаған.

Муш жумсаса жудырығы батпандай,
Күш-ғайраты шыдатпайды мақтанбай.
Қастын тиксе, қан қақсатпай қоймаған,
Әпшеринен көрген адам қорыққандай.

                    Х

Тоз-тоз етип зимистан қарын,
Самал сорып жердиң ызғарын,
Бәҳәр келип ашты қушақты,
Жабайы гүл жипек шашақлы,

Жуўсан, селеў жупарын себер,
Күн сәўлеси нурларын төгер.
Буйраланған жантақ соралар,
Шырмаўықлар оған оралар.

Топырақты уйпа-жуйпалап,
Екпин самал өтер сыйпалап.
Толқынлардай ойлы-бийиклер,
Шапқыласпып қулан кийиклер.

Тап мысалы, дәрьядай ағын,
Көз ушында, булқыйды сағым,
Болса керек шарўалар, байлар,
Мөңкилдесип бир үйир қойлар,

Шоқ сақаллы бир қара серке,
Басын шайқап үңилип жерге,
Әсте ғана адымын атлап,
Баслап барар, ҳәр шөптен отлап.

Қойлардың көп: сарысы, ағы,
Қаракөл де аралас тағы.
Сәўле жайса аспанның күни,
Илгеклердей қамардың жүни.

Бүлкилдейди ҳәр түске енип,
Жалтырайды көк-жасыл дөнип.
Жол бойында әйемги қорған,
Сақшылардай бозарып турған.

Қатарласып, сексеўил өскен,
Иннен шығып созылып әстен,
Тыста ойнар қырдың жыланы.
Еркин жүрип, машқы қылады,

Шыйратылып, қайысқа усап,
Бес бүкленип, қуйрығын тусап,
Қыздырынар бийиктен түспей,
Шағылысады күнге гүмистей.

Жан көринбес қорған қасында,
Қашығырақ төбе басында,
Еки шопан қойларын жайып,
Жамбаслаған зәрре қыйсайып,

Гәплеседи басларын таяп,
Қасында ийт, қолларда таяқ,
Бир нәрсеге таңланып бирақ,
Өрре турды едирейип қарап:

Қула дүзде бир жалғыз атлы,
Қулдырайды, келиси қатты.
-Я әпәрин, апырмай жора,
Атлының бир түрине қара!

-Келисикли сыны-сымбаты,
Қандай көркем астында аты,
Қоблан минген торыдан бетер,
Қунтыйғанда қусқа да жетер…

-Кәрамат ғой бастан аяғы,
Тулпар деген сол ма баяғы?
Үстиндеги мәрт Қоблан шығар,
Гүрескенде бир мыңды жығар!

-Қандай қызық түрине қараў,
Адамзатта наркелле бар-аў!-
Шопанлар тур, таңлайын қағып,
Өтти атлы, жулдыздай ағып.

Гүркирейди жаныўар терлеп,
Бийикледи кем-кемнен өрлеп,
Тынбай желип, тынбай шапқылар,
Мунарланды булттай шоққылар.

Өркешленип түйедей шөккен,
Күн сәўлеси күлимлеп көктен,
Нуры егеп таўлардың басын,
Самал жалап айнадай тасын,

Ала бултлар көшип төбелеп,
Өтип кеткен, суўын себелеп,
Тамшы қонып, шөпке, путаққа,
Жалтырайды гүмис шытақтай.

Сап ҳаўаның, салқын самалы
Желпип өтер беттен шамалы.
Қара таўдың төбеси қызық:
Жар сайлары мысалы сызық!-

Бири бәлент, бир жери алаң,
Шоққылары кийимсиз жалаң.
Ақ, қызыл, көк, қоңыр ҳәм сары,-
Бояў яңлы, топырақлары.

Тасбақалар мамырлап басып,
Арқасына қыстырған қасық.
Алашубар жылтырақ тастай,
Жайылып жүр, асықпай, саспай,

Көкке шашы, таўдың қыраны,
Әл ҳаўада ойын қурады.
Олай-булай атылып топтай,
Желди тилип зуўылдар, оқтай.

Тағы бири самғап қышқырып,
Тырнағына қоян қыстырып,
Олжа таўып асар асына,
Барып қонды шыңның басына.

   ***
Бәрин де, көрип баратыр атлы,
Теңизге келди толқыны қатты.
Тирелип жарға, тақалған мушы,
Аспандай жасыл, көринбес ушы.

Шапшыйды ақбас, көбигин шашып,
Қашады, таўдың аяғын қасып.
Оқталып турып, қайтадан шабар,
Тыңламас сирә алдында не бар.

Көп-көңбек толқын маңлайы қасқа.
Керилип турып, соғады тасқа.
Қуслардың сонша базары қызған,
Әткөншек етип қалғынды муздан,

Биразы отыр қайқайып, буғып.
Үстинде муздың шайқалып, ығып,
Қасқалдақ жүзлеп жайылған суўда,
Үйрилип ушар ғаз бенен қуў да,

Алмабас үйрек жасыл ҳәм сары,
Гүллердей дөнген, басында пәри.
Музлардың майда қыяғын шөпшеп,
Қанатын қағар, басларын екшеп.

Аққуўдай, көкке қулашын жайып,
Баратыр зырлап желқомлы қайық.
Қайтқан ба деймен қазасы майлап,
Жулқыйды самал, қаңбақтай айдап.

Желкилдер желқом зуўылдап ыққа,
Ернеклеп кеме толыпты лыққа.
Жайпаўда өскен бес-алты терек,
Аржағы оның ел болса керек.

Жолаўшы өтти, қуйындай зырлап,
Хошласты теңиз, толқынын былғап.
Кем-кемнен узап, көринбей қалды,
Өркешли шоққы еле-де алда.

Төбеден өтип, төбеге жетер,
«Шуў» десе тулпар атлығып кетер.
Қаншелли ой ҳәм қырлардан асқан,
Ҳәммеге ортақ көгерген аспан,

Жерлердиң бири - биринен өзге,
Жаңалық болып көринер көзге.
Жол бойы ылғый миймандос халық,
Шаршаса қонды дем-пемин алып.

Минекей булар Хорезм жери,
Лүпилдеп жүрек келгеннен бери,
Көринер ысық Макарья қыздай,
Келеди жигит жүрисин бузбай,

Барғанда қандай өзгерис табар,
Белгисиз буған, жаңалық хабар.
Соншелли жолдан келгенде жетип,
Атасы қыздың тас-талқан етип,

Сезиўден буны бурқыса, қызса,
Жүректи унтап, шырышты бузса,
Не болар буннан кейинги өмир,
Деген де ойлар қыйнайды не бир.

Әўели өзим байқайын барып,
Жүре тур, жигит, алдыңыз жарық.

                    ХI

                     «Ең алды менен араларымызда елшилер
                    қатнасығы болған еди…
                    Ҳәзирги мәҳәлде елшилериңиз келиў менен
                    бирге, Сизиң жиберген идаранамаңызды
                    алдық ҳәм елшилериңизге өзимиздиң
                    елшилеримизди қосып жибердик…»
                                       
Қарақалпақ ханы Ешмухаммед султан
                                        тәрепинен 1721- жылы уллы Петр патшаға
                                        жиберилген жарлығынан пәрше.

Басы мең-зең Дәўқара,
Шыр-пыр болып бийшара,
Қалды үлкен ҳәлекке,
Өйтпесликке не шара.

Үстинен түсип жорғаның,
Минип көрди қорғанын,
Шығып таўдай бийикке,
Ойлап турды әрманын.

Жаўдың зықы өтпекте,
Күнлер жылжып кетпекте.
Тақалып кем-кем киятыр,
Ўәдели мәҳәл питпекке.

Ислеседе ҳәмелин,
Я өлтириў, я-өлим -
Көкше менен шайқас бар,
Не болары нәмәлим.

Уйқы қашты көзлерден,
Сарғайып жүзи өзгерген.
Сескенбекте «Көкше хан-
Мийримсиз деген сөзлерден.

Гезлескен емес хан бурын,
Аты шығар жаңғырып.
Сескенсе де Дәўқара,
Сездирмес журтқа жан сырын.

Қалтырайды жүреги,
Шыйрағырақ жүреди,
Устаға садақ соқтырып,
Таярланды кереги.

Жыйналды ләшкер алдырып,
Сәркабын бәлент салдырып,
Қыйсық топлар оңланды,
Кепсерленди жаңғырық.

Үлкен-киши жыйналды,
Әскерий ойын ойналды,
Жаўға қарсы турмаққа,
Батыр, палўан сайланды.

Дәрпенип турған бири жоқ,
Сазланбақта ири оқ.
Көкше ханның лабынан,
Қорқатуғын түри жоқ.

Соранды ҳәмме, барсақ деп,-
Жаў жүрегин жарсақ деп.
Ҳәкимнен буйрық күтпекте,
Аламанлар қоршап көп.

Исенбей ме қарыўға,
Рухсат жоқ барыўға,
Бийғамлықта жүрген жоқ,
Макарьядай арыў да.

Өз дәскесин жасырған,-
Алмас-полат ҳасылдан.
Қырық қыз шықса сайранлап,
Қарыў-жарақ асынған.

Күш күн-күннен артады,
Дийўаналар арқалы,
Лапылдаған гәплерге,
Бул неге көп қорқады?

Дик-дик етер қулаққа,
Дослар жатыр қамақта.
Урысса, жаў соларды,
Алға тутар, бирақта.

Ул - қызларды қамады,
Жас жаңбырдай тамады.
Айдына айдап әкелсе,
Булар қалай шабады!

Жаў қолында әсир көп,
Жүрегинде тәсил көп.
Қайтпақ емес ырайдан,
Жалынса да есиркеп.

Турыў мүшкил, жай жасап,
Аңсат емес байқасақ,
Бир ҳәрекет етпекши,
Елди жыйнап той жасап.

Той мәниси басқалаў,
Болар үлкен бас қанаў,
Жеткермейди муратқа,
Жаўдың күшин пәс санаў.

Турмаса да қамалап,
Ўақыт келди шамалап,
Аўлағында, жас шығар,
Бай көзинен домалап.

Адымларын жай баса,
Сарсылады ойласа.
Сондай болар адамның,
Қанын қайғы жайласа.

Ғаўға түсип араға,
Қәтер туўды қалаға,
Айдай арыў Макарья,
Жаўға бенде болама?!

«Шаштан сүйреп тағылары даланың,
Жаў қолында шырқыраса арыўы,
Ҳәл жетпеген, ата менен ананың,
Еңиреп қалыў- жалғыз ғана қарыўы.

Жабайылар сулыўларды қамшылап,
Ериксиз айдап кетпеди ме гүң етип,
Қарсыласса, мойнынан қан тамшылап,
Адымында жайлады жаў гүм етип.

Қандай жүрек шыдар қызын қыймаға,
Көринбесе адамшылық ҳүрмети,
Инсаният шерик бирақ дүньяға,
Жақсылардың жат болмайды миллети.

Орыс пенен қыз берисип, қыз алыў,
Әйемгиден, ата-баба дәстүри,
Жабайылық - миллет бөлип қызғаныў,
Жатсынған жоқ орыслардың ҳеш бири.

Князға, мен жөнли жуўап айтпадым,
Перзентимди сорағанда келинге,
Неге бирден, ўәде берип қайтпадым,
Пайғамбарға беремен бе, елимде.

Еки жүрек бирин-бири сүйипти,
Өз қызымның ынтық оған қыялы,
Излемей-ақ Паромоннан бийикти,
Қосағойсам болмас еди зыяны.

Арқамызға, аязлардай тур батып,
Перзент ушын ой-қыялым сол мениң.
Зорлық пенен Көкше алса шырлатып,
Онда нағыз зарлаў менен өлгеним!

Сақла қудай, тап соныңдай дозақтан,
Келтиргейсең ықбалының орайын.
Арзамасқа, өз қолымнан узатсам,
Болар мениң барып-келер сарайым!»-

Деп, Дәўқара налып отыр изинен,
Айттырғанда шоршып көшкен кәрўаны.
Сезгир адам оқыр еди жүзинен
Ағыслардай ийримлеген әрманын.

Сасқалақлап, Арзамасқа, жазды хат,
Ҳаплықпалы гәплер менен, бир неше,
Ер жигитлер минип кетти сайлап ат,
Князына жоллап еди, дәл кеше.

Еркетайым билмесин деп, мақулы,
Хаттың сырын сездирмеди ҳеш жанға.
Егер күйеў келмей қалса шақырып,
Гәп боларман деп ойлады, душпанға.

«Перзентим бар қолдағы
Өмир бизди алдады
Туўлаңқырап кетип ем,
Пикирим дурыс болмады.

Әпиў етсин тақсырым,
Бабаңыздың әрўағы!
Өкинишли мен болдым,
Тислеўли турған бармағы.

Көп ғалаўыт туўдырды,
Қызылбас пенен қалмағы.
Жүрегиме батып тур,
Қапалықтың салмағы.

Ҳәзиринше қараңғы,
Тәғдиримиз алдағы.
Гүң болып кетер перзентим
Илинсе жаўдың қармағы.

Гедир-будыр сөз жазып,
Душпан бизди қорлады.
Намыс болар қызымның,
Өзи излеп бармағы.

Сиз бенен қуда боламыз,
Тезирек жетсин балаңыз!
Шыбын жаны саў келсе,
Иззетте күтип аламыз.

Қызым ушын қыйналса,
Биз де ырза боламыз,
Жаў жағадан тутпаса,
Той-тамаша қыламыз.

Қуўаныш пенен узатып,
Жақынласар арамыз.
Бастан өткен, қәтеге,
Не десеңиз турамыз!»-

Деп жазыпты, сасқаннан,
Қарап тур жерге аспаннан,
Гүўлейди сәўир самалы,
Пәт алғандай, душпаннан.

Булт зуўлайды, ҳаўалап,
Күн сәўлесин қамалап,
Қорғанға жел соқпақта,
Шаң-жапырақ сабалап.

Дәрья суўы ырғалар,
Ислемей тур, дарғалар,
Жол бойынша шыйқылдап,
Ўай-ўайласар арбалар.

Нөкерлер де жалақлар
Қолларында жарақ бар.
Ҳәлиң нешик дегендей,
Бас шайқайды дарақлар.

  ***

Дәўқара аға, муңайма,
Көп сыйындың қудайға,
Бултлы күн келсе бураңлап,
Ел басқарыў оңай ма!

Хат жазыпсаң мақуллап,
Баратыр елшиң, ағынлап,
Тусынан өтти күйеўдиң,
Келип қалған жақынлап.

Билмей қалды, бул, бирақ,
Олар да кетти қулдырап,
Ҳәли мүшкил елшиниң,
Шәҳәр алыс, ел жырақ.

Әсер етти маған да,
Ғалаўытлы заманда,
Ортақ болып қайғыға,
Көп қыйналдым соған да.

Жолларына қарайын,
Күйеў менен ағайин,
Дийдарласар күн туўса,
Сүйиншисин алайын!

                     ХII

                    «Досты басыңа ис түскенде сына».
                                                            Халық нақылы.

Көл бойынан жапырылып ылашық,
Бийшаралар көширилди шың асып,
Пана тутып әтирапын Бағдаттың.
Қатар-қатар үйлер қонған сығасып.
Жаўға оттай кеги артқан елиниң,
Отырмастан бурынғыдай жуўасып.
Кимде қылыш, кимде найза, кимде жай,-
Жигерленди төбесине туў асып.
Сол аўылдың, ишиндеги бир үйден,
Таң сәҳәрде даўыс шықты жыласып.

«Ырыл-тырыл өтсе болар бес күним»-
Деп, айтылған нақылындай ескиниң:
Ҳәли жеткен жалғыз сыйыр асыраса,
Биреўлери сүтин ишер ешкиниң.
Бул ушын да, шүкирлик көп қудайға,-
Жаў шаппаса зәлели жоқ ҳеш буның.
Өтемурат болған емес үмитли.
Елге аман келеди деп, ҳеш кимин.
Үлкен улы майып болып табылса,
Аяз келди серпип таслап кеш түңин.

Қуўандырды ғаррыны да, жасты да,
Арқыраған арғымақ бар астында,
Қарлығашы егил-тегил жылады,
Нәрестесин баўырына басты да,
Жабырласты ата, ана, ағайин,
Сәпурадай қыз әкеси бас қуда.
Аяз аты бирден бирге таралып,
Таңландырды душпанды да, досты да.
Жигит кетти бир күн тағы атланып,
Қарлығашты ағасына қосты да.

Аўыл қалды бир көргендей жыл қусын,
Туўысқанлар ҳайран болды бул ушын,
Ал, Аяз жүр көлден көлге шапқылап,
Бағып алып Дәўқараның жылқысын.
Ер жигиттиң бир мәқсети және бар,
Жүрген емес, қара бастың қулқы ушын.
Сүйген қызы Сәпураны ойласа,
Түн жарпында бузар татлы уйқысын.
Не себепли шыңға шығып қарайды,
Өткен-кеткен адамлардың түр-түсин?

Сәпуўраны атастырған жасында,
Қыз бурыннан Макарьяның қасында.
«Паромонды жол бойынан күтип ал!» -
Деген де, бир тапсырма бар басында.
Айтып қойған, түрин келер қонақтың.
Оған уқсас жан көрмеди ҳаслында.
Ара-тура, барып қайтар қызларға,
Көбинесе, болған менен усында.
Жалғыз ғана алып барар сыйлығы-
«Келип қалар, Макарьяжан қысынба».

   ***
Қуяш күлип, аспан жерге нур төкти,
Сәўле шашып, жарқыратты жер көкти,
Жәйҳун дәрья сылдыр-сылдыр атылып,
Боз жорғадай секириўин үдетти.
Жет бетиниң қары кетип, доланып,
Бай тәбият ғәзийнесин дөретти.
Екпин самал қолтығынан қыдықлап,
Талпындырды жапырақлы теректи.
Жалғыз атлы душпанынан пәрўайсыз,
Киятырған Аяз - нағыз жүрекли.

Ҳасыл топырақ жасыл гилем жамылды,
Дарақ бөртип, көк моншақлар тағынды.
Жипек ҳаўа сағынғандай, сыйпалап,
Бой балқытып, шымбырлатар жаныңды.
Ушқыр қыял, алғыр қустай шарықлап,
Жеткермейди желдей жүйрик сағымды.
Бәҳәринде айра түскен ашықлар
Сүйген ярын бир көрмекке сағынды.
Сәпураның оң жағынан күн туўып-
Тап усындай сүйиклиси табылды.

Ҳәзлик леби шымбыр-шымбыр сезилип,
Қырғаўыллар таранады сүзилип.
Үйрек, ғазлар кәрўан тартып баратыр,
Көк моншақтай қатар-қатар дизилип.
Сыбызғы сес сыңқылдаған ақ қуўлар,
Қанат қағып, қонар көлге сызылып,
Аяз жүзди сап ҳаўаның теңизин,
Жупар сепкен көринислерге қызықып.
Гейде сонша сүйинеди жүреги,
Гей ўақытта, көкиреги бузылып.

Адам көңили ҳәр нәрсени ойлаған,
Жан-жаныўар шадлық пенен ойнаған.
Көлбуғаның дүңкилдескен сестине
Бәрше қуслар даўыс қосып сайраған.
Ел де қысқы уйқысынан оянып,
Еңбек ушын белди бкккем байлаған.
Шарўалары мал-қарасын төллетип,
Дийханлары жер сүрип, қос айдаған.
Жаңа келген ашық жүзли арыўдың,
Дийдарына ҳеш бир мақлуқ тоймаған.

Таў төсинде, жалтырайды ақ булақ,
Келеберди жигит атын шапқылап.
Олай-булай, қадап өтер көзлерин,
Қорқынышлы душпанынан сақ бирақ.
Күндиз бөрки жалт-жулт етер басында,
Дөңгеленип күн астында жалтырап.
Желбиретип көйлекшениң шашағын,
Уйтқып келер жер жүреги-көк қулақ.
Бирде желип, гейде шаўып жаныўар,
Селтең етсе өршеленер қаттырақ.

Ағыларма ат туяғы қызбаса.
Жаўға ердиң көкиреги музласа,
Еритпейди жыллылығы бәҳәрдиң,
Ем болмайды қайғы дәрти сызласа.
Зәрре ғана жеңиллетер жүрегин,
Ой-пикрин ашықлықтан қозғаса.
Қусқа дүнья кеңлигинен не пайда,
Еркин ушып, қанатларын жазбаса.
Аўзын ашқан әждарҳалар аңлып жүр,
Бир үлкен күш ордаларын бузбаса.

«Дийўаналар елин барып шарласын,-
Қала менен аўылларын барласын»-
Дегеннен соң, билип қайтты жансызлар,
Гезип жүрип Дәўқараның шарўасын.
Көкше бирден бес батырын жумсады,
Даўам етип буйрығының жалғасын:
«Аяз қулды тутып, тири әкелиң,
Ҳеш бир қулда бундай нәрсе болмасын.
Елди жыйнап ортасында халықтың
Көзлерине қуйдыртаман қорғасын»-

Алып келген, Көкшениң бул пәрманын,
Қарақшылар қаңырап қалған арнаның,
Иши менен аңлып жүрип мышықтай,
Шамалады қай жерлерге барғанын.
Қол шошайтып танып қалды сыртынан,
Жапар елден тартып алған тарланын.
Усы бүгин сол Аяздың мойнына,
Душпан қайттан илдирмекши қармағын.
Сай ишинде қылышлары селтеңлеп,
Жылысады пәти менен жорғаның.

Бул бәледен бийхабар-аў Аязым,
Аўҳалына көзим жетип, аядым.
Жаў қызылбас өширмекши дүньядан
Өтекеңниң қалған, генже туяғын,
Адам жанын түршиктирер көргенде
Душпанлардың секил менен сыяғын.
Иши майлы, күлер олар мырсылдап,
Усы бүгин кисенлеўге аяғын,
Қайтты жигит жылқышыны аралап,
Былғаңлатып жалғыз қурық таяғын.

Аттан түсип, тусаў салды жүйрикке.
Көклесин деп, жиберди де сүйрикке,
Жата кетти, ер-тоқымын дастанып,
Шоғырланып қум үйилген бийикте.
Ойында жоқ, аңлып жүрген душпаны,
Жас жигиттиң бийғамлығы дейик пе!
Жас та болса, жаўызлығы душпанның,
Көрип еди басларына тийип те.
Услап, көзге қуйдырғанда қорғасын,
Шийрин жаны қалай шыдар күйикке!

Мәртлик даңқы қара жерди қақ жарып,
Ел ишинде жаңғырмақта мақталып,
Сәпуўраны шақыртқызып қасына,
Ақшамында отырыспа атқарып,
Қыз-жигитлер қурып үлкен тамаша,
Көрген емес бир-биринен сақланып,
Түн жарпында шықты жигит шәҳәрден,
Қурбы менен қурдасларын жатқарып
Шаршап ҳәзир көзи илинип баратыр,
Қайдан билсин жаў турғанын оқталып.

Қара қуслар сарқып өтти өлик деп,
Жүрген жаўлар қасқырларға еликлеп,
Тарбаяқлап шығып қумның басына,
Жатқан жанды шырмап алды келип тек.
Сол ўақытта Аяз шоршып оянып,
Биреўине жудырықты берип кеп,-
Өрре турса аяқлары байлаўлы,
Келип қалған душпанында шерик көп,
Қайтып барып, жаў азабын көргеннен,
Қайыл еди кете ғойса өлип тек.

Тап болыпты жуўҳалықтың зорына,
Шырматылған жаздырмастай торына,
Енди буны көриў қайда дүньяда,
Ата менен анасына, ярына!
Жылағанда, кимлер ортақ болады,
Ер жигиттиң қайғы менен зарына.
Ат үстине кесе артып өликтей,
Дырды сермеп бас ҳәм аяқларына,
«Батыр», «қул» - деп ермек етип мазақлап,
Оқтай, тийди намысына, арына.

Өзлерине бахыт санап бул исти,
Оқ жыландай ысқырысып күлисти.
Қырдан кийик тутып алған мергендей,
Жалақласып, қоқаң-қоқаң, жүристи.
Талай жанның қанын төккен гәззаплар,
Рейимсиз азаплаўға киристи.
«Тири келтир»-деген буйрық болмаса,
Урар еди жалақлатып қылышты.
Жаў жолына бенде болған жас жигит,
Сыр билдирмей өлиў ушын тырысты.

От қуйыны жүрегинде борады,
Жас жолаўшы жар басынан қарады:
Бес адамның бир адамға ҳийлесин
Бастан-аяқ көреди де турады.
Шыдатпастан адамшылық намысы,
Соған қарай аттың басын бурады,
Жолаўшымыз мегземейди өзгеге,-
Айбатлырақ аты менен жарағы.
Узақ мәнзил қыялардан жол шегип,
Келди әне орыстың зор қыраны!

Ескен желдей жетип барды гүрилдеп:
-Мүмкин болса, жол силтеңиз бириң,-деп,
Әдеплилик, икрамлылық көрсетип,
Жуўап күтип турып еди күлимлеп.
Алды менен тутқын жигит тил қатты:
-Паромонға уқсамай ма түриң?-деп.
Аң-таң болып: «Аўа» деген сөзден соң,
Ким екенин айтып берди биримлеп.
Жолаўшының толқынланды жүреги,
Бир қуўанып, бир қыйналып, дирилдеп.

Биреў айтты:-Қашып кеткен қулым,-деп,
Тутқын айтты:-Шыққан емес пулың – деп,-
Сизлер менен бир шайқасып өлмедим,
Ғәпилетте шырматылды қолым! – деп.
Қонақ айтты:-Жаңа келген адамман,
Билмей турман елиңиздиң сырын көп.
Мәрт болсаңыз аяқ қолын жаздырып,
Жекме-жекке қәне қарсы турың!- деп,
Душпан буған қылышларын көтерди:
-Қымбат емес өзиңниң де қуның! - деп.

Яр хабары, жолаўшыны мәс қылды,
Жалынлатып күш-жигерин тастырды.
Намысланып қабағынан қар жаўып,
Бел байлады, қутқарыўға жас қулды.
Қынабынан жарқылдатып қылышын,
Душпанларды албыратып, састырды.
Ерегиссе, қоян қуўған, бүркиттей,
Бирим-бирим жайратажақ қасқырды.
Ҳешбир ҳәйле - пәйлесине қаратпай,
Жас жигиттиң аяқ-қолын жаздырды!

Жақсылық - дүр, сақланады кир жуқпай,
Жаманлық - кир, басқа түскен қырсықтай.
Бетлерине салық болар жаманның,
Маңнайдағы бадырайған тыртықтай.
Күш тәғдири бирден бирге өзгерип,
Аўып кетти зырылдаған уршықтай.
Аяқларын қыя басса душпанлар,
Еки батыр шертилип тур мылтықтай.
Жаңа ғана, ысқырысқан, жыланлар,
Шүйик болды, қус талаған, шымшықтай.

Жарақ кетти, күш те кетти душпаннан,
Артық емес қапты тескен тышқаннан.
Әждарҳадай, аўзын ашқан әжелди
Жеңип шығып, Аяз қалды осаннан.
Қапалықтың қара булты серпилди,
Бир уллы күш жетискендей аспаннан.
Досты ушын жанын қыйған жанларды
Еситкенбиз талай мийрас дәстаннан.
Аяз енди өмирине миннетдар,
Не аяйды бундай батыр дос жаннан.

Жаздырылып жаўызлықтың қармағы,
Быж-тыж болды қапалықтың салмағы,
Сәтли болсын сапар шеккен жигиттиң
Нийетленген шәҳәрине бармағы.
Еки суңқар емиренип табысты,
Орынлансын жүреклердиң әрманы!
Шаршамастан шарықласын бийикке,
Қыялымның, айға шапқан тарланы.
Тәриплерин тағы даўам әйлейин,
Қоллай ғойса шайыршылық әрўағы.

                    ХIII

                    «Төрт аяқлы ҳайўаннан гөре, еки аяқлы
                    ҳайўаннан қудай сақласын»

                                                                      Халық мақалы

Түлкиниң иси түлкидей,
Қасқырдың иси қасқырдай.
Басқаларға күлкидей,
Өзлерине жақсыдай.

Адамның иси адамдай,
Бир-биринен жақсырақ,
Қанхорлар жүрер ҳарамдай,
Ўәдесин бузар қансырап.

Көкше келди кешқурын,
Қырық жигит бар қасында,
Көрмеген жер ҳеш бурын,
Төбешиктиң басында.

Селкилдескен, жаў-жарақ,
Нешше түрин асынған
Мүдире менен шынықап,
Қалдырмаған қасынан.

Адамлықтан жат бәри,
Қылўалары сапырық.
Кисенде жүр атлары,
Егинлерди жапырып.

Сойып, сойып таслатқан,
Дийханлардың малларын,
Биразларды қақсатқан,
Қырып-жойып жанларын.

Қуўырдақлар тасылған,
Гирес-гирес табақлар.
Он бес қазан асылған,
Ағыл-тегил тамақ бар.

Жыйнап жап-жас арыўды,
Қыйнап шарап қуйғызған,
Болғанлықтан қарыўлы,
Намысына сыйғызған.

Адам қарар түри жоқ,
Секеклеген есерлер.
Қан төкпеген күни жоқ,
Ылғый гелле кесерлер.

Биреўлер бар ишинде,
Бети тилким, бой арық,
Бала көрсе түсинде,
Шошығандай оянып.

Айтар шерин тарқатып,
Салған талай ойқанын.
Балаларды зарлатып,
Аналарын сойғанын.

-Неге керек жан ашыў,
Тилким-тилким кескенмен.
Бизлер ушын қан шашыў,
Аңсат шарап ишкеннен,-

Деп айтысар қырсықты,
Күлкилери ызғар дым.
Тулабойы түршикти,
Шарап қуйған қызлардың.

Булар отыр не күтип,
Таўып тағы бәлени?
Буйрық берген бекитип,
Шәррик батыр келеди.

- «Жансыз айтты жақында,
Қорғанынан тысқары,
Сайран етип бағында,
Қонар шәҳәр қызлары.

Менсинбестей ис қылды,
Он жигит ерт қасыңа,
Салып қайтың мүшкилди,
Макарьяның басына!

Дәўқараның сол қызын,
Ертип әкел көндирип.
Асаўланса жулдызын,
Қайта бериң сөндирип!

Түнде барыў қолай дым,
Он жигитке бас болып»,-
Деген буйрық қудайдың,
Пәрманындай тас болып.

Кеткен Шәррик палўаны,
Болып өзи қумарлы.
Көп кешигип қалғаны,
Асықтырды буларды.

Шарап ишип, лап урып,
Қурып атыр кеңести,
Жолбарыслар ақырып,
Ызыңлаған жел ести.

Бирден танып көрипти,
Сақшылар да сақ бирақ:
Келди жалғыз көликли,
Алақуйын шапқылап.

Ҳәмме көрди қоршаған,
Шәррик палўан ашыўлы.
Көп қысынып шаршаған,
Айтты бирден қашыўды:

- Қалды бүгин қапылып,
Иркилмейик кетемиз,
Әскер келсе ағылып,
Бизлер азлық етемиз!...

- Қыз қайда, айт гәпиңди,
Қаштың ба сен қарамай?-
Деп, Көкше хан дәпинди,
Жигитлерин сорамай.

- Бираз ўақыт адасып,
Зорға таптық кешигип,
Бир бәлеге шатасып,
Келдим жаман өшигип.

Онбес жигит, онбес қыз,
Отырыспа қурыпты,
Барлығы да жарақсыз,
Бара салдық қурықты.

Бизлер бирақ мәс едик,
Бола қалды булағай.
Ерегистим бәс етип,
Ерлик еттим қуламай.

Душпанларға қарасам,
Балта, кетпен-жарағы,
Батырлығы орасан,
Қырғын салып барады.

Жолдасларым тутылып,
Набыт болды табанда.
Қашпақ болдым қутылып,
Қәўип туўды, маған да.

Арқасында қуўаттың,
Жаздырмадым жыйрығын,
Бир нешшесин қулаттым,
Орынланды буйрығың!

Танып алдым түсинен,
Қызларының ханы бар.
Мыналардың ишинен
Макарьяңды танып ал!-

Деди, Шәррик күлимлеп,
Аттан тиклеп геўдесин,
Ылақтырды биримлеп,
Үш-төрт қыздың геллесин.

-Азаматым жарайсаң,-
Ләшкеримниң батыры!
Салып келдиң ылайсаң,
Жақсы болған ақыры.

Ашый берсин жүреги,
Жалғыз қыздан айрылып,
Писент етпей жүр еди,
Қалды ҳәким майырылып.

Минип бедеў атларға,
Тепкилетиў-қумарым,
Жалатарман отларға,
Шәҳәр менен мунарын!-

Деди Көкше ғарқылдап,
Өз исине мақтанып.
Жарақлары жарқылдап,
Жүрип кетти атланып.

Кеткен тоғыз батыры,
Садақаның малындай,
Сулап қалды, ақыры,
Тилине де алынбай.

Муҳаббаты әнекей,
Қыз айттырған батырдың.
Жайнап өтип, жөнекей,
Ел қорлаўға батыл дым.

Қара көзлер сүзилген,
Ынтық болып ҳәр ашық,
Қызыл гүллер үзилген,
Қасқыр қоллар жармасып,-

Сулыўлардың геллесин,
Таслап кетти далаға.
Қарға-қузғын көрмесин,
Мен тапсырдым аллаға.

Бурымлар тур шубалып,
Қорқынышлы жыландай,
Гөззал түслер қуўарып,
Әрман ушты думандай.

Қыз султаны өлди ме,
Себеплерин қарайық.
Ашық яры келди ме,
Көңил айтып барайық!

Ақырзаман бирақ дым,
Көрсе ярдың қуў басын.
Елге келген қонақтың,
Жанына қәтер туўмасын!

                    ХIV

                  «Орыс князьлары қыпшақ
                    қызларына үйленетуғын еди»

                                                 Тарийх бетлеринен

Ана отыр қабарып,
Түси солған ап-арық,
Қорқыныштың оқлары,
Баўырына қадалып.

«Ананың көңли балада,
Баланың көңли далада»
Перзенти кетсе белгисиз,
Жыламай ана қалама.

Жырақ жолдан сыр күтпей,
Ғалма-ғал айтып үркитпей,
Ғайып болды жулдызы,
Бултқа сиңген бүркиттей.

«Келер ўақыт узады»-
Деп ана бәрҳа ызалы.
Әлбетте буған не ғайбыл,
Жолының сондай узағы.

Сағыныш өрти тасады,
Жүректен жалын шашады,
Лаплаған қайғы дебдиўин,
Көз жаңбыр менен басады.

Жолына күнде қарайды,
Жолаўшы өтсе сорайды.
Уўайым менен өткерди
Ҳәр-бир күнди, ҳәр айды.

Сақлайды мудам есинде,
Уйқыға жатса, түсинде,
Кирпик қақпай шығады,
Гей бир түнниң ишинде.

-Ай оңынан туўыппа?
Келер ме баўырым жуўықта?!
Қалай жаны шыдайды,
Ыссы менен суўыққа»…

- Илаж жоқ. Қудай қорғаса,
Күш-қуўаты талмаса,
Келип қалар баўырым,
Жаў қолында қалмаса…

Айтарының бири - сол,
Сөзлериниң түри сол.
Людмила менен ананың
Жырлайтуғын жыры сол.

Өткерип солай ўақытты,
Айралық дәрти аҳ уртты.
Дегбирден сасып жүргенде,
Бир күни князь шақыртты:

-Ат себилтип көликли,
Узақтан елши келипти,
Ойланып черный клобук,
Қудалыққа көнипти.

Қайда Сизиң балаңыз?
Араға елши саламыз.
Журт жаңартып, қатнасып,
Жақын болар арамыз,-

Деди князь ашылып,
Жуўабын күтти асығып,
Тил қатты ана бийшара
Өксиги зорға басылып.

Айтып берди кеткенин,
Бир неше ай өткенин.
Тәрийпледи тағы да,
Пикириниң жеткенин:

-Узап кетти арасы,
Жазылмай жүрек жарасы,
Еле оған бармаса,
Қурыдым деймен шамасы!

Жибердим неге сорыма,
Түскен ғой жаўдың торына…
Дегенде бөлип сөзлерин,
- Жаманлыққа жорыма!

Дәлил жоқ жанып күймеге,
Қайғырып қабақ үймеге,
Әжелли бенде өледи,
Шықпастан жатып үйде де.

Ҳаўлықпа ана, ҳаўлықпа,
Өспесин жаслар қамлықта.
Перзентин ҳеш ким сақламас
Салып қойып сандыққа.

Жигитлик оты жел берип,
Сайран етсин, ел көрип,
Жүргенликке не жетер,
Жаслығында үлгерип.

Кеткен шығар жол асып,
Болған шығар алжасық.
Қосылар мүмкин балаңа
Ынтық болған сол ашық.-

Деп тәселле берипти,
Адам еди көрикли,-
Князьдың айтқан сөзлери,
Ананың баўырын еритти.

Кәтқуда еди озалдан,
Қыпшақтан сайлап қыз алған.
Жәмийла сөзин жөнлеп тур,
Қапталында буралған.

Тағы да князь ойланып:
- Қапаланбаң қыйналып,
Жиберейин он батыр,
Таўып қайтсын айналып,-

Деди жүзи күлимлеп,
Қорықса да әўел дирилдеп,
Ананың көңли жай болды:
- Даналық ақыл буның!,-деп.

Толықтырды кемисти,
Ақыры-арқаў, ерисли.
Ел ағасы айтқан соң,
Қуўанып ҳәмме күлисти.

Елшиден арнап хат берди,
Қосаққа байлап, ат берди,
Ҳасылдан-тартыў-сыйлығын,
Ат белине бөктерди.

Сазланып жарақ-қарыў да,
Жыйналды ерлер барыўға,
Өз пикирин билдирди,
Людмиладай арыў да:

-Рахмет, бәрше ағайин,
Өзим бирге барайын,
Ағаны излеп табыўға
Келтирсин қудай орайын!

Турмаспан бунда арқайын,
Болажақ исти байқайын,
Сағынған достым Макарья,
Ел-журтын көрип, қайтайын,

- Деп нықлап айтты сөзлерин
Ойнатып наркис көзлерин.
Қарағай тулға, алтын шаш,
Үлпилдеген қыз ерин.

Алмадай бети жалтылдап,
Өткир көзи жарқылдап,
Тик қараса, гей жигит,
Шыдамайды қалтылдап.

Гәпине дослар ойланып,
Пәтия берди, жыйналып,
Ана да қайыл болыпты
Турса да әўел қыйналып.

Тоқпақтай шашын түйинди,
Ер кийимин кийинди.
Бабасы батыр орыстың,
Әрўағына сыйынды.

Жылқыдан таңлап ат алып,
Жүрип кетти пәт алып,
Изинде жалғыз анасы
Қарап қалды қадалып.

Түсликке бети қарады,
Бойында қурал-жарағы,
Үш елши, бир қыз, он батыр,
Сапар шегип барады.

Қыялым, дәрҳал қанат қақ,
Жулдыздан бурын зуўлап ақ.
Елиңе барып хызмет ет,
Узақтан мийман кележақ.

                    ХVI

                    «Бир жола Макарьяның излеп
                     келген ашығы уйықлап жатыр екен.
                     Узақтан бир гүрсилдеген сес пайда
                     болыпты. Бул тегин гүўилди емес деп,
                      халықтың зәрреси ушып қорқыпты».

                                         Сейфулғабит Мажитовтың китабынан.

Заманлас дослар, еске бир алып қараңлар,
Тыңланса сөзим, жырлаўға, мениң шамам бар.
Толқыған теңиз, ысырапыл даўыл есирип,
«Қарағай басын шортанлар шалған заманлар».

Тутасып жерлер шәҳәрлер менен мунардан,
«Тоқпақтан минген мышықлар шығып Бухардан,
Толысқан шақта әждарҳа жутып, ақырып,
Талай бир сапар ўайранын халықтың шығарған».

Деген де сөз бар, айтылып келген бурыннан,
Ақшыйтып тисин, ҳайўанлар келип урынған,
Жамылған қумды қалалар жатыр гүўасы,
Әждарҳа түсли, жаўлардан еллер қырылған.

Жағасын услап, тәсийин қалар барғанлар:
Бухарға шелли, отыз мың жерде қорған бар.
Дийўалын түртсең, сағысқан инсан сүйеги-
Әждарҳа жалмап, қақсатып қанын сорғанлар.

Туяғы аттың унтапты ашты-арықты,
Урыс ҳәм ашлық қамалап, беллер талықты.
Орыслар келип, ағалық бийлик еткенше,
Дәрьясы қанның шайпалтты бәрше халықты.

Әдира қалып, Қаран да қалып Қырымда,
Турақсыз тәғдир қаңбақтай қуўған шынында,
Ераннан баслап, Қытайға шенли жайлаған-
Қаракалпақ деген, уллы ел екен бурында.

Батыр да болған, батыл да болған, көп болып.
Жылғадай тарап, бултлардай көшкен топ болып,
«Ишинде оттың тутанбай қалған пахтадай»
Қалыпты урпақ, кетипти көби жоқ болып.

Халқымның сөзи: «Әждарҳа жутқан азайып»-
Бир жағы, шынлық, ертек те болса, жазайық.
Өз көзи менен көрипти мениң батырым
Тоқтайын соған кетпесин сөзим узайып.

Жас мийман бир күн шәҳәрге жетип барады,
Көркине оның таңланып журтлар қарады.
Гезлескен жанның көзиниң отын алмақта,
Астында тулпар, жалтылдап қарыў-жарағы.

Жарасып жүзге қаралтым мурты тәп берген,
Шашлары буйра, бетлери аппақ дәптерден,
Дөңгелек көзи алмастай өткир, арыслан,
Сымбаты бөлек - екени мәлим жат елден.

Қадаған қорған, кириўге еркти бермеди,
«Келдиң деп, қайдан», - дәрўазабанлар тергеди,
Узақтан шаршап, сегбирлер тартып жеткенде,
Әрманда болған ашықтың жүзин көрмеди.

Шәҳәрден тыста, мийўалы бағқа барады,
Сейислеп атын, Аяздың өзи қарады.
Пинҳаны бағда сайранлап мийман жатса да,
Паромон аты - Қараман болып тарады.

Жасынан адам, соныңдай даңққа ериссе,
Сырттағы жанлар бахыт деп ойлар көриссе.
Келгеннен бери, көргени оның булағай:
Атанды талай «аспаннан түскен периште».

Тусында таўдың, шүңгилли, сайлы жырадан,
Толықсып Жәйҳун, бийиктен суўлар қулаған.
Қалдырмай жайлап «Монтықлы» деген аўылды,
Бесиклер ығып, адамлар шуўлап жылаған.

Шабысып атлар, ҳәр жақтан келди аламан,-
Жыйналды халық, аўыллар менен қаладан.
Жығылған суўды байлаўға мурса берместен,
Әждарҳа турды ысқырып, көпке қараған.

Гүўилдеп даўыл, ағылды жаңбыр, булт қаплап,
Таў менен жерди қараңғы басты қундақлап.
Жантасқан жанды дем менен тартып жутпақта,
Әпшери жаман, шаншылған көкке бултақлап.

Атылды суў да, таўланып тартып жыландай,
Серпилди журтлар, ҳеш ким де қарсы туралмай,
Шуўласып ҳәмме дегбирден сасып жүргенде,
Қос атлы шықты, аспаннан түскен қырандай.

Ойнатып атын, қадады Аяз найзаны,
Бәлемәт жайсаң, полатты ғырш-ғырш шайнады,
Шыңғырып қатты, жутыўға мейил бергенде,
Екинши ердиң тулпары көкте ойнады.

Үстинде полат, алтынлы саўыт жалтылдап,
Қолында найза, жәўҳарлы қылыш жарқылдап,
Қуйындай уйытқып, ақырып айбат шеккенде,
Зәрреси ушып, әждарҳа турды қалтылдап.

-Нешше мың жыллар қастыңды тиктиң адамға.
Үңгирде тыныш жатпадың неге оннан да?!
Инсанды қорлап, дәўраның өтти басыңнан,
Адамлар теңлик бермейди енди ҳарамға!-

Деди де бастан секиртти атын, ағыла,
Әждарҳа туўлап, күшлерин жыйнап тағы да,
Екеўин бирден жутпақшы болып турғанда
Орыстың кескир, жәўҳары соқты жағына.

Жағасын услап, таңланды ҳәмме қарасып,
Тайғақлар қорқып, кетип те қалған тарасып,
Әждарҳа қулап, пәллемпик атып ушқан соң,
Жыйналды халық, қуўаныш пенен жыласып:

-Шығайық тезден, жыққынлар менен дегишке,
-Халыққа ғамхор, батырлар жетти жеңиске!
-Биринши жигит шығаннан шыққан ер екен,
-Екинши жигит - аспаннан түскен периште!-

Тең таппай халық, кәрамат күшке усатты,
Ашылып қуяс, даўыл да күшин босатты.
Қолларын былғап, батырлар журтты шақырып,
Екеўи бирден шоққыға шығып тас атты.

Тасларын таўдың уныратты, жерге қопарып,
Жабылып ҳәмме жыққынға урды, апарып.
Сол күни кеште байланып суўдың сағасы,
Ғалаба халықтың басынан кетти қапалық.

Пәтия берип, Аязды қартлар шақырды:
-Ким еди мынаў - айбаты таўдай ақыллы?-
Деп сорап еди, жабылып халық шуўласты,
Алғысқа бөлеп белгисиз мынаў батырды.

-Билгиңиз келсе, батырдың аты - Қараман.
Ҳәзирше меннен аржағын гәптиң сорамаң,-
Деген соң Аяз, есинде қалып халықтың,
Паромон аты, Қараман болып тараған.

Аўылға тегис, қалаға тегис тарады,
Көкшеге жетип, жүрегин қатты жарады,
Дәўқара бир күн шақыртып алып Аязды:
- Сол батыр қайда, әкел – деп, оннан сорады.

-Қәйтесиз оны, зейнимди мениң қайтармаң,
Алдағы бир күн рети келсе айтарман,-
Дегеннен кейин, тоқтады ўәжге Дәўқара:
-Айтпасаң айтпа, ақыры өзим байқарман.

Жақында бирақ, көремиз үлкен шайқасты,
Қырғын да болар, топалаң менен айқаслы,
Егер де сонда, тайсалып саўаш жүргизсек,
Қырылар халық, өликке толар жай асты.

Көремиз сонда қуўаныш болар, я жылаў,
Қорғанды баққан батырлар ушын зор сынаў,
Келип те қалды қыямет күни, жақынлап,
Душпанға, шыннан көрсетпей қалсақ қарсы даў.

Ҳешким де алдын болжамас истиң ақырын,
Жаўлар да күшли, әждарҳа болған ақырып,
Олардың сусты ҳөктелеў болса бизлерден,
Туўылған елдиң шығармай қоймас тақырын.

Тайғақлық етсек, кең дүнья бизге тар болар,
Жеңилип қалсақ, өлим де болар, ар болар.
Өзиңдей ердиң, гүллердей көркем арыўдың,
Денеси сулап, көзлерин шуқыр ғарғалар.

Қорғанлы ел көп, дәрўаза жабық, илик тур,
Жаў шапса бирин, екинши оған күлип тур.
Бүгиннен баслап, сәркарда болдың нөкерге,
Қолыңнан келсе, қаланың бәрин бириктир!

Таярлық жетти, аямаң залым Көкшени,
Қаңғырып келип, көрмеди бизди шөп шенли,
Бассынған жаўдың басына жетсин қылығы,
Булағай салмай көтерсин тезде өкшени!-

Деди де Ҳәким, Аязға берип буйрықты,
Көзинше халықтың, саўғалар тартты сыйлықлы,
Ўәдесин берип, асынып жарақ, кийинип,
Атланды Аяз, ҳағлатып желдей жүйрикти.

Жас мийман қайда, алайық көңлин шамалы,
Талпынған жүрек таўлардай қайғы жамады.
Қуястай көркин қара булт етип түнерткен-
Найзадай шаншып Макарья өлген хабары.

                    ХVI

Түйинин гәптиң баслайын дослар басынан,
Жаршылар көп ғой, хабарды шөптей тасыған.
Жас қонақ жалғыз гүжимли ҳаўыз жанында,
Бир топар адам гәплесип өтти қасынан.

Аяз да кетип, үш күннен бери келмеди,
Еситкен шығар ғалаўыт гәпти, елдеги,
Жел болып тарап, жайылып кетти бир күнде,
Хан Көкше келип, қызлардың жаўдан өлгени.

Сорасса байқап, ҳәммениң гәпи бир шықты,
Жаманлық сөзге таўлады, бәри, уршықты.
Дийўана келип, басынан аяқ баянлап,
Қуйқасы жуўлап, қыйналып мийман түршикти.

Геўдеге сыймай ышқынды ердиң жас жаны,
Көңилли сапар, қайғының сазын баслады,
Мухаббет, үмит өртенип күлге айналып,
Ларс етип жерге түскендей болды аспаны.

Қуястай көрки түнерди бирден қазандай,
Турыппан еле сүўретин толық жазалмай,
Кешеги жәннет бүлбили, гүлли әрам бағ,
Көринди бүгин өликке толған мазардай.

Биреўи кетсе, биреўи келген ағындай,
Туўлайды қыял бирине-бири бағынбай:
«Айралық оты бүликти салды басыма,
Өртенип жүрек лаўлаған, қызыл жалындай.

Жазықсыз жанға, жумсайды қалай қарыўды,
Мақтанса күшке, ҳайўанлар оннан қарыўлы.
Ағызып қанын, көз қыйып қалай өлтирген,
Кептердей жуўас, гүллердей көркем арыўды!

Силтенген қылыш, адамлық еске алынбай,
Бар еди көрки ғыжлаған қызыл жалындай,
Турғанда шығар, мөп-мөлдир, көзи жаўдырап,
Ашығын ойылап, жаўына ҳеш бир жалынбай…»-

Елеслеп ойда гөззалдың нәзик келбети,
Көзлери тынып, гүп-гүңгирт тартты жер бети,
Аяўлы жаның келмеске кети дегендей,
Дарақлар турды басларын шайқап, тербетип.

Дирилдеп дене оқ тийген қустай ес кетти,
Қайғының булты турғандай қаплап жер-көкти,
Анасы өлип, далада қалған жетимдей,
Жападан жалғыз, көзлерден буршақ жас төкти.

Гүрсинип, гейде сам-сазы шығып турады,
Түтинли өрттиң табылмай, басқа қуралы,
Суп-сулыў тулға, аяныш гүйге айналып,
Серппекте суўын, жанардан аққан булағы.

Болса да ердиң айбаты бийик асқардай,
Ашынды жүрек, қыздырып темир басқандай.
Мухаббет оты – күшлирек екен қылыштан,
Делбеси шықты жаралы болған арысландай.

Ҳуўшынан танып, тикледи қайта санасын,
Есине түсти ел-халқы менен анасы.
Людмила жаны «Қайт елге аға», - дегендей,
Ойлардан туўған пикирлер кетти таласып.

Қышқырып қатты «Соншама қайғы жейсең»,- деп,
Қырғаўыллар жүр, жоңышқа шөпшеп, гүйсеңлеп,
Ойланды жигит «Сәўгиниң таўып денесин,
Душпанға барып, бүркиттей болып, тийсем» - деп.

Көтерди бойын, өксиги кем-кем басылып,
-Унтарман жаўды, болмасын бирақ ҳәсилик!-
Жайына барып, асынып қарыў-жарағын,
Адымлап кетти атына қарай асығып.

-Қәдирли мийман, көзиңнен жасың ағылды,
Елиңди ойла, бийшара ана сағынды.
Алдыңда қәтер алартып көзин тутып тур,
Керексең елге, өзиңниң ойла жаныңды!

                    ХVII

                              «Ашықлар ағлайур ләйлиў-нәҳәри,
                              Қара көзли, қәдди далдын айрылса».

                                                                                   Ҳажынияз

Айтылған ақыл қонбайды дейди, ашыққа,
Илажы нешик, болмаса егер жол қутлы.
Адамға келсе, мүсийбет-қайғы қашық па,
Аҳ урған зары көңилимди мениң толқытты.

Сәўгиси ушын шегеди ҳәсирет ҳәр ашық,
Көз жасын төкпек-жүректе оттың белгиси.
Жаслықта сүймек-бәҳәрги гүлдей жарасық,
Соқса да сәўир, тайсалмай өрлеў - ер иси.

Нәкуста жанлар көрмейди бундай саўданы,
Ақылдың қабын ақтарса пулдан мысы жоқ.
Қай ўақта көрсем, ерлердиң басы ғаўғалы,
Бос қалта менен кисепурдың да иси жоқ.

Сандалып қорқақ, излемес бахыт, азаптан,
Қурсағы тойса, сатып та кетер намысты.
Қырандай сарқып келсе де мийман узақтан,
Бир адам ушын, мың адам менен танысты.

Жүрседе, аўлақ келгеннен бери журтынан,
Жулдыздай гейде жарқылдап шығар ҳәрдайым,
Қарасып жанлар, гәп етип турса сыртынан,
Көркине қызып, сулыўлар, қағар таңлайын.

Саз етип шертер, әждарҳа менен айқасып,
Таўлардың тасын қопарып атқан жайсаңды.
Өтеди гейде жаяўлап, адым жай басып,
Болса да ынтық, сустынан қызлар тайсалды.

Тәғдир бирақ, аяныш болып ақыры,
Ишине түсип ордалы, уўлы жыланның,
Көп жаўлар қоршап алдыма жайсаң батырды,
Не болды ҳалы орыстан келген қыранның?

Қарасты қырдан бир топар адам жыйналып,
Ерлери аўған, жайдақ ат шаўып жүрипти.
Көргенлер турды жағасын услап, қыйналып,
Кеткен бе таслап, үстине минген жигитти?!

Жалында аттың шашылған қанның изи бар,
-Тегинбе оның ийесиз шаўып келиўи?
-Сақлайгөр қудай,- көргенниң көңли бузылар,
Шоршытты журтты батырдың жаўдан өлиўи.

-Жақсылық истиң нышаны емес, бул бирақ!-
Жорыды ҳәр ким билгенин айтып, шуўласып.
Ылағып шаўып, айтөбел қасқа қулдырап,
Жуўытпай жанды, ойнақлап кетти қыр асып.

Аяз да келди, тулпары көкке атылған,
(Танып та қалды көргенлер оны ҳәрдайым).
-Өзим ғой жаўды сары жай менен жатырған…-
Деп, журтқа толық айтты ол барлық жағдайын.

Туўылған екен ылайық болып ерине,
Ҳайўан да болса, айтөбел қасқа ақыллы.
Оқыранып кирип күндеги турған жерине,
Кетпеди таслап, жемине толы, ақырды.

Ерлери аўып, ийесиз келген, сол атты,
Қайғырып турса, көзлери шалған, халайық.
Елден де ерек жаңбырдай жасыл боратты,
Буралған сулыў ким екен, нәзер салайық?

Өмирдиң жиби-бирине-бири жалғасық,
Адамға шерик: қуўанбақ, күлмек, тарықпақ.
Өлтирген жаўлар, басқа бир қызды, алжасып,
Макарья тири, көриңлер дослар, анықлап!

Жетискен мунда, аққуўдай ушып журтынан,
Келгеннен бери дабылы шыққан арысланды.
Билдирмей журтқа, сезип те жүрип сыртынан,
Көрсем деп бүгин, пайытын таўып атланды.

Аяздан толық, анығын кеше еситкен,
«Ашықтың көңли - ғыжлаған қызыл шоқ» дейди.
Гүл менен тикен - қуўаныш-қайғы өсип тең,
Тулпарын көрип, жүрекке қайта оқ тийди.

Сәўкеле кийип, гәўҳардан шытақ тағынып,
Қәлемпир, әтир жупарын шашып, аңқыған.
Бас шайы турып, пәс шайы жаўлық жамылып,
Сыр ашпас ушын, дийдарын бурды халқынан.

Геўдесин жапқан қап-қара булттай бурымы,
Желпинип желге ойнайды шапшып, толқынлап.
Кийинген жасыл, ҳинжиге толы тулымы,
Айнадай көзден атылды жасы солқылдап.

«Жетипти ушып, интизар болған жел қусым»,-
Деп, келип еди көкирек тасып аспандай.
Көргенде аттан шашылған қанның белгисин,
Күндиздей көрки қубарды геўгим басқандай.

-Қайсы жаў алды сүйикли ердиң жас жанын?
Излейик бирге, қалдырған жерди тапсашы!
Жаныўар сөйле, денесин қайда тасладың,
Қалды ма жайрап, бағынған жүрек патшасы?!

Муҳаббат онда, гирбеңсиз ҳадал жан еди.
Сол ушын келди, елинде мендей қыз жоқ па?!
Ықбалым ушын ағарған жақты таң еди,
Ким ушын түскен гүбелек болып бул шоққа!

Нийетлеп едим көрсем деп ықбал-бахтымнан,
Қанатым мениң сынды ма мүдий қайрылып?
Мәртебем артық Сулайман минген тахтынан,-
Деп жүрген басым, қалдым ба күннен айрылып.

Берместен пурсат, сағынып жүрек күседи,
Бар болса жаны, өмирлик сүйген ярыман.
Узақтан келип, басыма қонған қус еди,
Зым-зыя кетсе, кешейин мен де жанымнан!-

Деди де, алды киседен аппақ қағазды,
Қашса да түри, алмадай бети жалтылдап,
Қыялға шүмип, атаға арнап хат жазды,
Көзлерин сүзип, маңлайы айдай жарқылдап.

«Жаным ата, әжел келди қозыңа,
Разы бол тәрбиялаған дузыңа!
Биреўлерди жалғызынан айырып,
Тири жүриў - өмир болмас қызыңа.

Сөзим емес айтып турған табалап,
Қайғы оты туншықтырды, қамалап.
Бир мен емес - ата-баба дәстүри,
Нашар басым болмас үйге шаңарақ.

Дәўлетиңде шад өткердим бес күнди,
Соңғы өмирим болды бирақ кескинли,
Өзиң едиң сүйгениме қоспаған,
Өзим өлдим, айыплама ҳеш кимди!»-

Деди де гөззал, тәрийплеп сөздиң жалғасын,
Қағазға тамды, қуралай көздиң жаслары.
Қай жақта Аяз, есимнен шығып қалмасын,
Шешилмек соннан бир талай гәптиң астары.

   ***
Басқа түсип аўыр истиң салмағы,
Кетип достан үш күн хабар алмады.
Қорғанлардан, қорғанларға ат шапты,
Ләшкерлердиң сәркардасы болғалы.

Дослар жәмлеп, талай исти питкерди,
Жеңиллетип мойындағы жүклерди.
Қырық қыз, Думан, Жамбас қала жеринен,
Арадағы ҳәмиреликти тикледи.

Булдыр-булдыр узақ қалды қорғаны,
Баратырған ат, ешекли, арбалы,
Жолаўшылар ынтық пенен қарайды,
Аяз батыр ағытқанда жорғаны.

Арғымағы талпынбақта кептердей,
Басын шулғып алдына жан өткермей.
Қамшы баса, кететуғын түри бар,
Қатарласып, ушқан қусқа, жеткермей.

Қызған сайын желдей уйтқып барады,
Жалт-жулт етип бойындағы жарағы,
Бир нәрсени мәрттиң көзи шалды ма,
Қәпелимде сам-саз болып қарады.

Мағлум болды анық душпан екени,
Қапталында көринбейди нөкери.
Көзин қадап жалғыз атлы кисиге,
Жүрегинен кекли жалын төгеди.

Не болсада көкиректе жара тур,
Астан- кестен шаң көтерип ала қыр,
Не себепли Паромонның тулпары,
Жаў астында секелеклеп баратыр?!

Ашыў қысып, көкирекке сыймады,
Дос тәғдири шийрин жанын қыйнады.
Өзлигинен ат береме душпанға,
Қәўип астында елеследи дийдары.

Жаў сескенип жолбарысты көргендей,
Сыр берместен жүре берди егленбей.
Душпан бирден гезегенде садағын,
Қәҳәрленип, көзи кетти жер көрмей.

Жаўдың оғы - қаңғып кетти дарымай,
Турды әўел ким екенин танымай,
Оқ атқанда нәзер салып қараса,
Көкше ханның жалпылдағы - Сарыбай.

Өз елинде айтысады ҳәр адам:
«Қандар болып қашып шығып шарўадан,
Қара бастың ғамы ушын ел шаўып,
«Қум қапқыр» деп, ели-журты, қарғаған».

-Қалайынша тап болды бул ҳарамы!-
Деп қолына сары садақ алады.
Үзеңгиге ширенип бир тартқанда,
Оқ гүрилдеп, жаў жүрегин жалады.

Тағы атты, жоғалтты ол ерикти,
Қулағанда ат жаныўар желикти,
Үзеңгиден аяқ шықпай салақлап,
Сәдде менен ылақтырды өликти.

Тулпар кетти кейин шаўып асыға,
Жигит келди өлген жаўдың қасына,
Көкше ханға тутқын болып жүргенде,
Талай қамшы урған еди басына.

«Неше жанды шырқыратқан сум болып,
Мине мынаў жатырғаны гүм болып,
Дүнья ушын қан ағызған гәззаптың,
Қалды бүгин көзлерине қум толып.

Ҳарамының қалайынша келгени?
Достым мениң жаў жақынлар ермеди!»-
Деп ойланып, жумбақ болды Аязға,
Дос мийманның атты қолдан бергени.

Туў сыртынан журттың бәри мақтаған-
Қараманды излеп душпан таппаған.
Көкше буны жансыз етип жиберип,
Көшелерде дерўиш болып ҳақлаған.

Қәпелимде көрип қалып көз бенен,
Атын алып, қашпақты бул гөзлеген,
Макарьяның қайғысында жүрген ер,
Жаў мышықтай аңлығанын сезбеген.

Қайғы шегип, зорға келсе песинде,
Бундай ислер болмаған ҳеш есинде:
Ери аўып, қызыл қанға боялған,
Тулпары тур қорасының ишинде.

«Не себептен бунда адам қаны бар,
Не бәлеге шаталдың сен жаныўар?!-
Деп турғанда Аяз келди ат шаўып,
Бир қараса, Макарьясы тағы бар!

Тил қатпастан, аң-таң болып иркилди,
Бәриниң де жүреклери дүрсилди.
Еки ашық бир-бирине тигилип,
Жас аралас мыйық тартып бир күлди.

Тамам болды әңгимениң тармағы,
Айтпасам да, аян шығар аржағы
Гәп ақыры, буның менен питпейди,
Шаршамағай, шайырлықтың әрўағы.

                     ХVIII

Қыр ҳаўасы үш күн бурын бузылған,
Шығыс жақта бояғандай, қызыл қан,
Түни менен әтирапқа жайылған,
Булттың төсин даўыл сүзип айырған.

Демин тартып, жым-жырт болып самалы,
Күлимледи жулдызлардың жамалы.
Әлем нуры жайып кем-кем қанатты,
Шолпан жулдыз жымың қағып, таң атты.

Жердиң шаңын әл-ҳаўаға суўырып,
Иннен шыққан қумырсқадай шубырып,
Киятырған кимлер екен, қарайық,
Билмек ушын жақынырақ барайық.

Топырақт сабаласып ескектей,
Атлар шаўып секирискен шекшектей,
Басларына орап қызыл шалманы,
Алда келер сап тартысқан палўаны.

Басы тасқа тиймеген ҳеш ләшкери,
Еситилер лалаўласқан сеслери,
Жаўдың ойы - тағы адам баўызлап,
Көшелерден қан дәрьясын ағызбақ.

«Ҳеш гәп емес - адам қыйрап қуласа,
Қарт, кемпир ҳәм жананлары жыласа,
Батырларым қыз бурымын таўласа,
Жетим қалған нәрестелер шуўласа.

Ҳәр қаланың алсам сөйтип зәрресин,
Бағынады маған барлық Хорезм,
Ийе болсам ғәзийнеге, ҳасылға…»-
Деген, ой тур Көкше ханның басында.

«Ғәпилетте унтаймыз» - деп Бағдатты,
Қурыжына минди бүгин жаў қатты,
Ертеректе күш сынасып таныспай,
Барасала жапырмақшы қамыстай.

Бирақ, бирден тоқтап қалды жүристен,
Ҳеш хабарсыз, келген екен бул истен:
Көрип қалып, анталасқан ләшкерди,
Тула бойы шимиркенди, сескенди.

Көптен мағлум Көкше ханның келмеги,
Күш толқынлы жәмленискен елдеги,
Ҳеш биреўде отырмастан сүзилип,
Искендердиң ләшкериндей дизилип.

Намыс қозғап аўыл менен шәҳәрди,
Ел ерлери атланысқан қәҳәрли,
Жаўды күтип, жар қасында тоқталып,
Аңлып турған таў бултындай шоқланып.

Әўелинде көрсетпестен келбетин,
Заматында қаплап кетти жер бетин,
Шың астында дәрья болып, ағылды,
Енди Көкше есабынан жаңылды.

Ҳуўшы кетип сөйлер тили байланды,
Дәўқараның жигитлери - сайланды.
Тайын турған қырқысса да жекеше,
Киятырған душпанлардан еки есе.

Ал-сал болып, батырлығы оянбай,
Кейинушты бүркит көрген қояндай,
Өмир бойы урыс пенен ойнаған,
«Ҳеш ким қарсы турмайды», - деп ойлаған.

Менсинбестен жүрген болса ҳеш жанды,
Қорқыныштың бириншиси басланды,
Әскерлерин «қайтпайтуғын ер» деген,
Түсинде де, бир жеңилип, көрмеген.

Қан ағызып, мудам алас-қапаста,
Марапатқа тутқын болған бул қасқа,
Зорды берип найза менен қылышқа,
Ҳәзир жүрек даўамай тур урысқа.

Бос қалдырып дәрья менен таў жағын,
Үлкен ләшкер қоршап алды жаў жағын,
Толқый берди күш артынан күш толып,
Көкше ханның батырлары пуш болып.

- Бул бәлеге шатылдық, биз қай жақтан?!-
Деп, үркип тур жер жаңғыртқан айбаттан.
Ат ойнатып, қыр жағынан жағалап,
Тақай берди таў, дәрьяға, қамалап.

Билгенликтен мингенлигин ашыўға,
Душпан жағы бейимлести қашыўға,
Мәгар болса ҳеш бир, иләж таппады,
Арт жағын да қалың ләшкер қаплады.

Душпан састы, өз пейлинен тапқандай,
Турған сайын, қыса берди, қақпандай,
Алғы саптан жақынласып, өкшелеп,
-Батыр болсаң, шық майданға Көкше!-деп.

Аяз сести еситилди жаңғырып,
Қосылысты нуғыра менен жаңғырық.
Душпан бирден мингендей-ақ қарыўға,
Қолайласты топтың мушын жарыўға.

Ҳүжим етти, қырып-жойып шығажақ,
Үмбе-дүмбе, быған-жыған, шақа-шақ.
Жаўып кетти садақ оғы жарқылдап,
Ақ найзалар соқлығысты, сартылдап.

Ат үстинде ҳәл салысып турысты,
Қоразлардай жулқыласып жулысты,
Жалынлатты уллы қырғын шайқасты,
Не батырлар арысландай айқасты.

Жаўлар сирә қояр емес қанатпай,
Мың-сан билек сермелисти қанаттай,
Толқынлардай соқлығысты, тыйылмай,
Уйқы-туйқы өршип кетти қуйындай.

Үлкен саўаш қызғанлықтан қорғансыз,
Мәлим болды питпеслиги қурбансыз.
Уў-шуў сеслер еситилди қулаққа,
Душпан, бирден мой бермеди, бирақта.

Аяз да жүр, найза урып, шекелеп,
Қойғандай-ақ тулпарына шегелеп,
Дәрпенбеди ҳеш батырдан, ҳеш күштен,
Ҳәр урғанда аўнатады үш-үштен.

Көрди душпан белгисиз бир батырды,
Жап-жас жигит талайларды жатырды.
Тал бойында бир мини жоқ, мүсиндей,
Ҳәрекети мәрт Қобланның исиндей.

Билмейди ол тайсалыўды, қашыўды,
Не болса да көкиреги ашыўлы,
Дуўшар болды бир әжайып палўанға,
Көрип еди, түн ишинде барғанда.

Түп негизи - ел қашқыны усталып,
Көп айқаста зорға жықты күш салып,
-Жайрат Бақый! - деди оған дослары,
Бул гәптиң де терең жатыр астары.

Жерге урды жаўдың Шәррик палўанын,
-Орынладым жүрегимниң әрманын!
Елди сатып, айырылғансаң арыңнан,
Жүдә еттиң қарындастан, ярымнан.

Сол сапары тартпай кеттиң жазасын,
Татлы болса тарт өлимниң мазасын!-
Деп, гүнасын көз алдына келтирди,
Шәррикбекти ўай-ўайлатып өлтирди.

Ел сатқыны қала берди муқ қаўып,
Бақый кетти аламанға, ат шаўып.
Аўыр саўаш батырлары көбейди,
Жаўдың пәти, азынаўлақ кемейди.

Ҳәл сынасып, ҳәдден зыят күш пенен,
Биразлары басқы таўып, тис жеген.
Гейбиреўи атып өзин дәрьяға,
Биразлары батып атыр уймаға.

Гейбиреўин ийрим жутты жайындай,
Көпшилиги айқасып жүр, тайынбай.
Қан жосылып, таўдан аққан жырадай,
Бола берди үзиги жоқ булағай.

Саўаш қызып сексеўилдиң шоғындай,
Душпан еле турған еди бағынбай,
Қызып турып астан-кестен бығырлы,
Көкше ханның туўы қулап жығылды.

Даўам етип атырғанда қырампыш,
Озат шықты жийрен атлы, қыран қус,
Ҳәмме көрди, түри басқа батырды,
Жүрген жерин, қарағайдай жапырды.

Қәҳәрленип, қайда барса, Қараман,
От тийгендей басқы тапты аламан,
Саҳрадағы кийик қуўған бүркиттей,
Барған жерин шыдатпады үркитпей.

Атқан оқтай зытқып шықты ортадан,
Көп душпанлар шуўлап қалды арқадан,
Гезлескенлер нәзер салып қараса,
Әне маймыл ойнатқандай тамаша.

Мәгар болса соның ушын асықты:
Көкше ханды ала сала қашыпты!
Айқасларда ҳәлсиреткен, өлтирмей
Денесине ҳеш бир зақым келтирмей.

Ат үстинде сереңлетип ылақтай,
Тапжылтпастан бүрип алған, қулатпай,
Таңланысып, көрген жанлар, бул исти,
Шыдамастан биразлары күлисти.

Ўайран салған қасқыр еди баяғы,
Қараманның тақымында аяғы,
Ҳәр сумлықты ойлап келген бәле бас,
Ҳәзир, мине қыймылдаўға жарамас.

Ядында жоқ қанша жанды қырғаны,
Болды бүгин пығалының қурбаны,
Атасын да аядыма бул бирақ,
Сур жыландай көзлери тур жылтырап.

Жаздырмастан, талайлардың, ҳақ қаны,
Шарт еткендей, соқты, ердиң қапқаны,
Төбесинен түсиргендей жасылды,
Қатаң саўаш суў серпкендей басылды.

Анықланды урыс тамам болғаны,
Бенде болды, душпанлардың қалғаны,
Олай-булай шаўып өтип арадан,
Көкше ханды көкмар етти Қараман.

Зуўлап келип, бир орында иркилди:
-Сәлем!- деди, мыйық тартып бир күлди,-
-Орынладық елиңиздиң буйрығын,
Мине мениң, жаўдан, алған «сыйлығым» -

Деп, ортаға, атып урды жайсаңды,
Әдеп пенен бетин бурып тайсалды,
Бул аўҳалды көрип турған, аламан,
-Узақ жаса, берекет тап Қараман!-

Деп, ҳәр жақтан қутлықлады батырды,
Дәўқара да Қараманды шақырды.
Жақын барды, тартынады несине,
Шатыраш ойын түсти мәрттиң есине.

Дәўқара да танып алды ҳасылды,
Көзлерине гәўҳар болып басылды,
Гезлесиўден, көңил кетти елжиреп,
- Айналайын жақынырақ келши,- деп.

Не болса да, көзден жасы моншақлап,
-Бахыт қусы!- деп сүйип алды қушақлап,
Баян етип жүрегиниң алғысын,
Бираз сөзлер айтты тағы халық ушын:

-Жаўдан жәбир көргенлерди аядым,
Елди басқар, айналайын Аязым!
Атланыңлар, халқыңызға болып бас,
Енди жолда қәўипли жаў жолықпас.

Бөрилердиң уялары қуласын,
Онда жатыр қыз-келиншек жыласып.
Ҳәрбир елдиң не бир жайсаң уллары,
Ғәпилетте болып қалған, қул бәри.

Тыйың барып көзлериниң жасларын,
Дәртлерине дәрман болың досларым,
Тезден барып азат етиң барлығын,-
Мине мениң нәсиятым, жарлығым!-

Деп, Дәўқара орынлатып пәрманын,
Гүм-жам еткен Көкше ханның қорғанын,
Үш мың бенде еллерине қайтыпты,
Бәрше халық мың-сан алғыс айтыпты.

Көкшени ким, қалай етип услаған,
Орын алып бәйит пенен қыссадан,
Сол жас жигит ерлик еткен бурын да,
Айтылыпты жыраўлардың жырында.

Ҳәр ким ҳәўес, бир көрмекке, мийманды,
Ойдан-қырдан, сансыз халық жыйналды,
Той мәҳәли келип қалды, тақалып,
Умыт болсын бастан өткен қапалық.

Аўзын ашып ертедеги аршаның,
Тәрийплерин айтаман деп шаршадым,
Тойға барып, қонақ үйге түсейик,
Шадлық пенен дос шарабын ишейик!

                                ХIХ

                     «Тезирек келип, ал қолымнан шарапты,
                     Алтын кәсе нәзик белим талдырды».

                                                        «Шора батыр» дәстанынан.

                     «Узақта Макарья деген журт бар екен.
                     Сол атақ Макарьяның атағына қойылған
                     екен…- деп, қарақалпақтың ғаррылары
                    гүрриң етеди».

                                                  1925- жылы Ташкентте басылған
                                                  «Егеделер саўаты» китабынан

                    ЭПИЛОГ ШЕЖИРЕСИ

Жаўынгер ләшкер жеңисли қайтып жорықтан,
Қапқанға түсти қанишер қасқыр, ҳарамы,
Ойда жоқ жерде, қарадан туўған болып хан,
Таңлантып журтты гүўлеген хабар тарады:

-«Дәўлеттиң қусы Аяздың қонып басына,
Қырық қорған елдиң жәмленип басы бирикти.
Айбаты таўдай ўәзирлер отыр қасында,
Ҳәзирети Қыдыр қоллаған екен жигитти…

-Жақлайды жандай аш пенен гедей-арықты,
Дослыққа гүўа, ләттеден жыйған, буйымы.
Жойтпапты сирә кир көйлек, жумыр, шарықты-
Қул болған шақта, үстине кийген кийими…»

Қыялы оның: «Қорлықты көрген қул едим,
Жарлының бәри - тәғдири шерик ағайин.
Қәледи халқым, қус болып қайта түледим,
Ҳәсиге кетпей, ҳәлиме күнде қарайын.

-«Шарқыңа бақ!» - деп, тәселле берген өзине,
Менменлик туўын ысырып таслап, бул бирден,
Болсын деп тәмби, көрсетип қойып көзине,
Жанында тақтың, сырыққа, беккем илдирген.

Бергенде пәрман жақсылар менен келисип,
Унаған екен жарлылар сөзи нақ оған,
Пүтин нан болса, ел менен жепти бөлисип»,-
Деп, Аяз атын урпақтан-урпақ сақлаған.

Өмирден оқып, ўәлийлер алдын болжаған,
Сыйласа халқын, еңбегиң кетпес еш болып,
Қәбирлеп болып, умытса журтың сол жаман,
Жақсылар қурған өзине үлкен естелик.

Хан болған мәҳәл, сыясат болсын көзге деп,
Биринши барып, Дәўқара оған бас ийди:
-Ҳәмел бар жерде өтирик, ғыйбат сөз де көп,
Сақ болың зинҳар, шуғыллар өсек тасыйды.

Қүдиретли тахтқа миндирди қудай, күн етип,
Жеткенше дадың, бултларды серпип, жақты сеп.
Тикенди тикен, гүллерди көрсет, гүл етип,
Патшаға бахыт - пухара айтса жақсы деп.

Шарапат етсең, бөриге жибип жүрегиң,
Отарға шаппай, қойларды тыныш қоя ма!
Қүдиретиң барда орынлап мөмин тилегин,
Тырнағы тийген мышық та болса аяма!

Мийирман елиң, бахтыңа сениң, тилеклес,
«Қараша халықтан хан болсын» - деди барлық журт.
Тикенек жайған жантағын шаппай гүл өспес,
Әдәлат жолда бузақылықтың сорын қурт!

Шашларым қуўрап, дәўраным өтти жастағы,
Кеширдим өмир байлықта шалқып, ел гезип,
Жеңилттиң меннен бир батпан тасты, бастағы,
Дүньядан, малдан турыппан ҳәзир мен безип.

Жөнермен бир күн, арқалап нәрсе әкетпей,
Ҳәрким де билер: Өмирдиң ақыр өтерин.
Ғәзийне-мүлким көринбес көзге кепектей,
Он-онбес аршын бөз екен алып кетерим.

Қәдирли байлық - дослардың еткен ҳүрмети,
Сескенбес жаным, өлмеспен сирә енди аш.
Тырнағым жалғыз, узатың, тойын гүрлетип,
Аямай мени, дүньямның көбин елге шаш…» -

Сөзине елтип, силтедей тынып тур еди,
Инилер ушын сыналған аға, сүйикли.
Көзинде ойнар жақсының, жақты жүреги,
Тик турып Аяз, ант етип басын ийипти.

   ***
Түрленип гүллер, аспанға атты, жупарын,
Жолладым мине, жулдыздай аққан қыялды.
Ертеден сайрап, тарқатты бүлбил қумарын,
Гөззаллар гүлдей - таң менен бирге оянды.

Гей журтта болған гәўҳардай көрктиң урысы,-
Пәренже киймей, жананлар бизде, бос жүрген.
Жеңбестен, кеткен душпанның өткир қылышы,
Диндарлық жолы ҳәлсизлеў шығып, дәстүрден.

Жуўдырлап ҳәсем өңирмоншақ, ҳәйкел, сырғалар,
Келиншек-қызлар қосылып атыр қатарға.
Мирәтке түсип, салланған, сәмен жорғалар,
Сап тартып турды бөгенек кийген ат-арба.

Шықпақта байлар маўыты шекпен жамылып,
Жарасқан атқа, жипектен жона, ақбас ер,
Алтынлы жүўен, сийнебент, моншақ тағынып,
Сиясат ушын, асынған қылыш, нақ әскер.

Нан таппай жүрген жарлылар күни бир басқа,
Биреўлер жаяў, биразлар атлы, арбалы.
«Той болса бәрҳа жумалар, - дейди-қуў бас та»,
Тамағы тойса - жарлының байып қалғаны.

Қуўанып турған, жүреги, журттың шәўкилдеп,
Нақышлы сазлар бурқыды ерте алыстан.
Бәленттен гернай былғалақ атты, ҳәўпилдеп,
Қуйқылжып сырнай, қубылтып сестин жарысқан.

Төрткүллеп ошақ ойдырып, гилең қасынан,
Баў-шуўлы отаў дарақтай қатар тигилген.
Себзаўат, мийўе себетпе-себет тасылған,-
Таўсылмас булақ ағылып атыр, түбирден.

    ***
Ҳәзилли күлки аўыллар менен аймақта,
Дәрьядай, алға ағылды бәрше халайық.
Қыялды минип қосайын мен де байраққа,
Қызықтан қалмай мәрреге ерте барайық.

«Қуўлы көл» төси-таслақлы тақыр, бийик қум,
Созылған узақ, айдынлы жазық алаңда.
Мыңлаған жыллар жайлаўы еди кийиктиң,
Салтанат жайы сазланған сонда адамға.

Сығасқан шатыр, оманлы төбе минбери,
Жалтылдап шоқтай қып-қызыл отаў, ақ үзик,
Өтпекте мине тойының қызғын күнлери,
Жыйналған халық, узақтан қоршап, сап дүзип.

Ат-арба минген арыўлар турды сән қурып,
Қыз болған жерге жигитлер келди, жақынлап.
Гернай ҳәм сырнай қыйқыўды салса жаңғырып,
Саўсақта ойнап, даңғара шықты тақылдап.

Қатнасты тойға, қалмастан ҳешким әрманда,
Алақай салып, шадлықты қурды қаракең.
Шын, Рум барып, жөнекей қайтқан кәрўанда,
Арнаўыт, Мәжер, Алманнан мийман бар екен.

Өткинши кәрўан, талай бир елден, бар шығар,
Есапқа сыймас, ығын да-жығын, аламан.
-Гүреске шық,-деп, айқырық салар жаршылар,
Мысырдан, Шамнан, Техраннан шықты талабан.

Келипти қонақ Гүржистан, Шырўан, Дәрбенттен,
Татыўлық көңил жүректи қалай еритпес.
Көбейди дослар Бухардан, Шаштан, Жанкенттен,
Ҳүргениж, Ҳиўақ тәғдири бирге шериклес.

Елге қут болып орыстан келген мийманы,
Қапалық изи - қуўаныш тойға айналды.
Паромон, Бақый, Аязлар - ысық дийдары,
Гүрлетти халқы Макарья ушын байрамды.

Арқанда ушып қыз бенен жигит - екилик,
Әткөншек, дәрўаз, бир неше жерден қурылған.
Аспанда ойнар дәрўазшы, қустай секирип,-
Ҳайт пенен тойдың үрдиси еди бурыннан.

Руҳы бәлент жарыста абырай алғанлар,
Айбаты суслы гүреске қумар жаслардың.
Сыбанып билек, ортаға шықты палўанлар,
Соғысы күшли, мүйизи полат қошқардың.

Шақылдап шақлар, биринен-бири қорғанар,
Тулпарлар кетсе узақтан шаўып, бәйги алып,
Сүрилди тойда секелек атқан жорғалар,
Сейислер турды муртларын таўлап, бәйги алып.

Шабандоз мәртлер тартысты ылақ шекелеп,
Қолына тийсе, жаздырмай жарып топларды,
Дәрпенбес олар, қойғандай атқа шегелеп,
Шын терге түсип, әкелип атыр көкмарды.

Биреўлер - палўан, биреўлер - сейис, атшабар,
Жулдыздай, ағып жүйриклер өтсе сызықтан,
Көзинше халықтың сезилип атыр хош хабар,
Биринши бәйги алғанға ҳәмме қызыққан.

Майданда, ҳәрким озғысы келер, қалыспай,
Гезекпе-гезек көзлерден өтер күш толық,
Ҳәзирги бизиң атызда қызған жарыстай,
Жеңилип қалған жүрипти, бирақ пуш болып.

Дәрман ҳәм шабыт қарамас мүдий жағдайға,
Үлгили ердиң жүреги тасар жасарып,
Көзинше халықтың жетискен ерлер абырайға,
Алақай салар ҳәзирше айтсақ «бес» алып.

Масқарапазлар өнери басқа өзгеден,
Жал-қуйрық салып, ағаштан тулпар ат еткен.
Қубылтып түсин ҳәрекет пенен, сөз бенен,
Ерсилик исти, әжиўа қылып, мат еткен.

Мазақлап менмен, ҳийлекер, қорқақ, жалқаўды,
Дәлкекке тутып, шалқыйды еркин сол күни.
Айтса да жай гәп, астары болар жалғаўлы,
Олар бар жерде күлкиниң гүжип толқыны.

Қолларын шандып, миндирип терис ешекке,
Қожалақ етип, жетеклеп шығып аяңлап:
-«Өз достым бул» - деп, ушыртпай сарсаң кесекке,
Көкшениң ўаспын жүрипти журтқа баянлап:

-Палўаным еди, қалыпты адам ескермей,
Шошқадан күшли, ешекке қарсы салайық,-
Деген де сөзлер, душпанға, өтсе ништердей,
Ҳәз етип әбден, күлкиге қанды халайық.

   ***
Бир күни, мине адамлар бағқа жыйналды,
Келиншек, қызлар ырымлап елдиң дәстүрин.
Орыстан келген он киси - батыр мийманды,
Көндирди ушқыр ҳәзилге тутып кешқурын.

Түсинип мәртлер қәдесин халықтың сыйлады,
Суў қуйып басқа, жақса да қамыр унатқан.
Арқанды керип, атлатпай бираз қыйнады,
Қосыла күлип, қудалар өтти сынақтан.

Үлкени-жасы орнына қарай бөлинген,
Қызықтан кейин, жайлардан - жайға тарады.
Қонаққа келген ҳәммениң пайы берилген,
Бәриниң тайын бақсысы, нағмет-шарабы.

Күйеў бар жерде отырыспа қызды тамаша,
Наз бенен турып, алысар қызлар кәсени,
Көрсетти онда жүз түрли қызық – тамаша,
Айтысар жуўап қыз-жигит дилўар-шешени.

Қул менен төре болады теңдей, жай халық,
Утылар ўәжден санаған өзин үлкенге.
Жалтылдап турар әребек, ҳәйкел шайқалып,
Ретли сөзге дуўылдап ҳәмме күлгенде.

Айтылмас бос гәп, берилмей турып, гезеги,
Әдеплик ушын кетпекте онда жарыспақ.
Өрминез жасты дәлкекке қысып езеди,
Жараспас ҳаслан бийўәжлик айтып тарыспақ.

Атадан артық сыйлайды, жаслар, ағаны,
Пәйиклер болып, хызметин етер, қулдырап.
Қәдирли оның, жыртық та болса, шапаны,
Қонақлар келсе, оннан да гөре, уллырақ.

Бир жақта жигит, бир жақта қызлар, дизилип,
Сүйсинер ҳәмме келбетли күйеў ҳасылға.
Қудалар отыр, қаршыға яңлы сүзилип,
Кейиплери бәлент, Аяз хан досты қасында.

Ойнаўы шебер рақыс шеккен қызлардың,
Қанаттай қалқып, билезик салған билеги.
Ҳәр жақтан шырқап, ҳәўижге қашты сазлар дым,
Мийманға, халықтың пахтадай аппақ жүреги.

Жыраў ҳәм бақсы шағлатып, көкке шалқытты,
Печенег, оғуз, қарлуқ ҳәм қыпшақ намасын.
Жыйналған халық рәҳәт көрип, балқыпты,
Симирип айдың, гүздеги, алтын ҳаўасын.

Людмила көрип үрдисин елдиң, унатты,
Ойда жоқ жерден, Бақыйды сүйген, ынтығып.
Ўақ-шақты қурып, тамаша менен таң атты,
Тарасты ҳәмме қалғаннан кейин күн шығып.

Өтеди ўақыт қайғылы, шадлы, белгисиз,
Қуўаныш шақта умытар адам басқаны.
Буныңдай күнлер - бир неше жылға бергисиз,
Қайрылып келмес, қартайса адам - жас жаны.

Макарья отыр туўылған ирге қасында,
Гүл менен бирге қосыла қустай таранып,
Липасы дөнип сарыға, көкке, жасылға,
Жүзлери нарттай, мийримли, көзи - қарамық.

Тербейди қыял қапалық, шадлық аралас,
«Қыз патша» болса, түсейин деп тур тахтынан.
Дүньяның заңы көңилге сирә қарамас,
Қайтадан өмир басланар, ықбал-бахтынан.

«Жабыла дослар өткерген тойды тақ турып,
Пәтия алып, шад еткен, бәрше халықты.
Баў-шуўлап қызға, қырық түйе саўға арттырып,
Узатқан» деген, тәрийпи елде қалыпты.

Мениң де бабам, шарапқа қанып, сол тойдан,
Кийипти дейди улықтың берген сарпайын,
Қорғаны жатыр, «Аязхан» деген ат қойған,
Зиярат ушын көремен барып ҳәрдайым.

Бирине-бири жалғасқан, зәўлим қаласы,
Маллары сыймай, отарлар туўып отардан,
Жылқысын жайған Дәўкемпир, Бөрши арасы-
Ҳәзирге шенли Дәўқара болып аталған.

Умытпас халық Дәўқара деген сақыйды,
Ғаррылар айтса, отырдық талай уйысып,
Узатыў ушын жиберген екен Бақыйды,
Сол жақта қалған, Людмила менен, сүйисип.

Таңлапты мәкан Едилдиң қайың төринен,
Орыстың ели көрсетип ҳүрмет батырға.
Ядгерлик қалған, орманы қалың жеринен,
Шәҳәрлер орнап Макарья, Бақый атына.

Әсирлер өткен, торқалар болсын торпағы,
Сүрискен өмир, жүректе қалмай түк әрман.
Жоқ болар жерде, Паромон ердиң урпағы,
Қайтадан келип, елимди жаўдан қутқарған.

Уллы мийрас бабалардан - дослық ҳүрмети,
Тәрийплеймен қосық пенен сазын, жаңлатқан,
Татыў турмыс, халқымыздың елге хызмети, -
Ўатанымның туўын бийик шыңға орнатқан!

                                                           1969-71 жыл.